Кецесбай каримов



Download 0,61 Mb.
bet12/14
Sana28.05.2022
Hajmi0,61 Mb.
#614398
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14
Bog'liq
Kenesbay Karimov. Agabiy. 1-2-kitaplar (2017)

26


Ерназар аталық келгенде Ережеп ағабий үйинде жоқ, бул ўақыт- лары әлемнен өткен Турымбийдиц аўылына кеткен еди. Екинши мәртебе келген аталық ағабийди үйинен тапты. Қонағасыны жеп отырып, Ерназар аталық қашып кеткен Алыўшы батырдан гәп қозғады. Оны қашырғанлардьщ ишинде шәҳәр ақсақалыныц қолы барлығынан гүманланатуғынын, бул жөнинде ханға хабарлаў кереклигин айта баслағанда, үй ийеси оныц сөзин бөлди.


  • Аталық, — деди Ережеп ағабий ҳөктем даўыс пенен. Сен ағабийдиц үйине қонаққа келгенсец, арызды болса беглербеги, Сайыпназарға айт!

Соныц менен әцгимеге нүкте қойылды.

  • Ағабий, — деди хошласар пайытта бәрибир наразылығын билдирип қойыў шешимине келген Ерназар аталық. Алыўшы батыр қозғалац баслаўшылардыц шериги еди. Сол ушын ханға...

  • Өзиц ше? Өзиц басында турған жоқ па едиц, қозғалацныц?

Ерназар аталық Ережепке жаў қарас пенен тигилген болса да,
тилин тиследи, аўзынан сөз шықпады. Ҳеш нәрседен тайсалыўды билмейтуғын ҳәм өзи, ҳәм тили батыр ағабий: «Алакөзди сатқан сен емес пе?», десе не айтады?
Усылар қыялынан кешкен Ерназар кенегес аталық үнсиз атланды, бирақ Алыўшы батырды кисенлеп ханға тапсырса саўғаға алатуғын тиллалар көз алдынан кетпес еди. Туўры барып, Сайыпназар беглербегиге жүгинди, Алыўшыны хан излетип атырғанын есине салып, қорқытпақшы болды.
Елин Жацадәрьядан көширип келген мацғыт бийи Орынбай бийдиц ақлығы Сайыпназар беглербеги аталықтық дүнья ушын ҳеш нәрседен тайынбайтуғын ашкөзлиги менен еки жүзлилигинен сескенетуғын еди, Ережеп ағабийге келди.

  • Беглербеги, — деди Ережеп Сайыпназарға аўыр қабақлары астынан тигилип. Адамныц көзи бир уўыс топыраққа толар, емиш. Ерназар кенегеске айта бар, мениц қолымнан ҳәр нәрсе келеди, егер Алыўшы батырдыц басынан бир тал шашы төгилиўине аталық себеп болатуғын болса, меннен аманлық күтпесин. «Тентек» деген атты бийкарға алмағанымды...

  • Яқшы, яқшы, ағабий, — деди Ережептиц қәҳәринен сескенген беглербеги. Аталықтыц тилин тыйғаным болсын.

Ҳәзир Алыўшы батыр Ерназар аталықтыц қолы жетпейтуғын, алыста екенлигин билсе де, Ережеп бул иске үзил-кесил шек қойыў ушын солай иследи.


458




Бәҳәр шыға Лар бойына орныққан қытай-қыпшақ руўларынын дийқанлары Лардан саға алып тон жармадан жап қазды, Наўрызда жерлерин суўғарып, жазлық бийдай екти.

Лар бойынан шардәре салыў қыялына келип, сол таманға барған Ережеп дийқанлардын боз жерлерге дән таслап атырғанын көрип қуўанды. «Қарабайлы бойыньщ басыўындай болмаса да зүрәәти кем шықпас», деп ойлады.
Қасқа жол шардәре тусынан өтип, бул жолдан базар күнлери базаршы тынбас, олардын ишинде Ақжағыс пенен Буйдалыдан, оннан беридеги аўыллардан базарлаўға шыққан дийқан да, шарўа да, базарда не арзан, не қымбатлығын көрип, тамашалаўға баратуғын бийталап та, арқадан мал айдап келетуғын, көмир тийеп келетуғын қазақ қәўимлеринин адамлары да болар еди.
Ағабий ҳәр базар Шымбайға барар, не арзан, не қымбатлығын гүзетер, адамлар менен әнгимелесип, жағдайын билип турыўды дәстүрге айландырды.
Күнлердин биринде қасына атқосшысын ерткен ағабий шардәреден шығып, Қасқа жолға түсти. Боз жорға үстинде қозы териден тигилген, жүни өсик телпегин көзине түсирип кийген ағабийди көргенлер, оны алыстан танып, жол бойында қол қаўсырып турып қалар, қапталласып жүриўге ҳеш кимнин жүреги даўамас еди.
Қәпелимде алысырақта, Қасқа жол үстинде топарласып турған адамлар көзге тасланды. Ат айдап, жақынырақ келген ағабий арба жолдын шанлы изинен шетиректе бетине шапан бүркелген адам менен онын тас төбесинде көз жасын көл дәрья етип, жылап отырған жигитти көрди. Ережепке адамлар жол берди.

  • Жатырған ким? Оған не болды? — деди ат үстинде турып ағабий.

  • Өмирбек ағам! — деп өксип жиберди басында отырған жигит ағабийди көрип. Усы жерде әжели жеткен қусайды. Жолға шыққанымызда әнедей еди! — Енди не қыламан! Я онын кисесинде, я менде бир тийин пул жоқ! Енди не қыламан.

  • Аўырдым деп айтқанын еситпеген едик-ғой, — деди Ережеп. Өлимге шара жоқ, ийманлы болсын!

  • Енди не қыламан!— деп өкиреди жигит.

  • Ҳәй бала, сен кимисен Өмирбек лаққынын?

  • Ағайинимен, изине ерген шәкиртимен, айрылып қалдық...

  • Сабыр қыл, мә, мынаны ал, — деп ағабий кисесинен ҳәмиян алып, бир уўыс тенгелерди жигитке узатты. Арба жаллап үйине апар, сөйтип мерекенин тәтәрригин көре беринлер. Көп өтпей айланып соғарман. Солай деди де, атын тебинди, боз жорға Қасқа жолдын шанын аспанға көтерип шәҳәр таман асықты.


459




Шымбайдьщ ен үлкен базары — дән базары болып, ол жерде саўда бәрқулла кь
1зғын жүрип атар, бунда келип дәннин арзан- кь1мбатына қарай халықтын ҳал-аўҳалын билип алыўға болатуғын, сол ушын ағабий усы базарда көбирек айланып жүретуғын еди. Онын үстине сада, ақ кеўил дийқанлардын гүррицине қулақ түрип, бираз хабарларды еситиў мүмкин.
Тершиген манлайына телпегин түсирип кийген, жүн шекпеннин белинен байланған кәмарында ағабийлик белгиси — қыны алтын менен өрнекленген, ақ пышақ деп аталатуғын гезлик салбырап турған, аўыл арасында ағабий қылыш байламайтуғын еди, узын бойлы Ережепти ким алып, ким сатып атырғанлар, дәнди қаптан алып, кепшик пенен пәлле тәрези табағына салып, өлшенген дәнди қолы- қолына тиймей алыўшы адамнын ыдысына төгип турған, сонын арасында өзлерин де умытпай өлшенген дәннин онсериден, сийсериден, батпаннан зыят келген бөлегин өз қабына салып атырған кеппан- лардын шаўқымы арасында адамлар анғара қоймады.
Ағабий өзинен онша алыс емес жерде үлкен ала қашъщ аўзын шыйырып ашып қойып, анда-санда «бийдайға келин, бийдайға! Келип қалын, мут болды, арзан болды, батпаны гүмис тецге!» деп қойып, жанындағы өзи қусаған сатыўшы менен гүрринлесип турған орта бойлы, көзи ғылай дийқаннын сөзлерин қулағы шалып қалды да, әцгимениц өзи ҳаққында баратырғанын билгеннен сон қулақ түрди.
Ағайинимиз ағабий болды, енди дегенимиз болады, жердин жақсысын аламыз, — деп жүрсек, бизге суўдан қашық тын жер тийисти, — деп налынар еди, ғылай көз дийқан қасындағыға. Кегейлинин арғы жүзиндеги жақсы жерлер кенегес пенен мацғытқа несип етти.
Ағабий олардыц қасында егленбеди, тусынан өтип кете берди.
Оны балық базарында тацқаларлық ўақыя күтип турған еди.
Тацқаларлық демей не деў мүмкин? Жолда өлип атырғанын өз көзи менен көрген Өмирбек лаққы узын бойлы, муртлаш алыпсатар менен арбаныц кегейиндей келетуғын сары сазанныц саўдасы үстинде керилдесип атар еди.
Ҳайран болғанынан тили кәлиймаға келмей қалған ағабий көзлерине исенбей, бастырып кийген телпегин желкесине қарай ысырып қойды.
Алдында, қол созым жерде өзи балалықтан билетуғын, орта бойлы, қарапәрец, жуқа жүзли, қасыныц үстинде қашарман топ ойыны дәстегинен алған тыртығы жасы өтсе де жоғалып кетпеген, бүгинлиги қуўақы, өткир тили менен пүтин Хорезм ҳәм қарақалпақ журтына таныс болған Өмирбек лаққы балық саўдаласып атыр еди.
Көпшиликтиц нәзери ағабийге түсти, тартыс тоқтады. Лаққы да адамлардын; сам-саз болып қалғанынан бир нәрсениц болажағын сезсе


460




керек, изине айланып, аўыр қабақлары астынан өзине тигилип турған Ережепти көрди. «Мени көрип тура қашса керек», деп ойлаған ойы пушқа шықты, лаққы ҳаялы ул туўған адамдай ыржыйып, «Ассалаўма әлейкум, бий баба» деп қос қолын ала жуўырса, оған не дерсен? Дениниз саў ма, көптен өзинизди көре алмадық, бий баба, — деп жуўқылдайды.


  • Ҳә атацньщ... Ережеп күлки қыстаса да өзин иркип тура алмады, бағана арба жолда кесе түсип өлип атырып един-ғой! — деп лаққынын сәлемге созылған қолын алмаўға тырысты.

  • Қүдирети күшли алланын марҳаматы да кен екен, ал қулым деди, мине аман-саў алдынызда турыппыз.

Ережеп пәнт жегенин түсинип жетти.

  • Тенгени қайтар! Ағабий Өмирбектин белбеўинен тутты.

  • Не тенге? — деди лаққы қас қақпай.

  • Бағанағы, жол үстинде басында ўай-ўай салып отырған жигитке бергеним.

  • Қойса, тентек жора. Өзин «шық бермес шығабайсан», он тилланды өлип алып едик, оны да қайтып сорайсан ба?

Ағабий лаққыға тағы бир себеп таўып бергенине өкинди. Балық базарда «гүр» етип, күлки көтерилди.

  • Әй, саған даўа жоқ шығар, аўылдын шәўкилдек ийтиндей гә балақтан, гә шалғайдан аласан...

  • Шәўкилдек ийтти...деп баслап еди лаққы, Хийўада Ережепти ашыўландырғаны, сондағы бийдин қәҳәр еткени ядына түсип, тилин тиследи. Бирақ сөзден женилсе ақшам уйқысы келмейтуғын лаққы басқа таманнан ҳүжимге өтти. Онын үстине лаққынын анасы қыпшақлардын қызы болғанлықтан бир жағын ойынға алды. — Ережеп ағабий, деди лаққы өзин бийлеп алып, еситтин бе, Лар бойына қонған ағайинлерин өкпелеп жүр, Кегейлинин батысындағы халықтын жерлери суўға тийик, бизлер жап қазып, жерлеримизге машақат пенен суў апарамыз деп, қыпшақ болып, қыпшақларға саян түспеди-ғой!

Бунын менен көпшиликтин алдында ағабийди гәптен утып кетпекши еди.

  • Ағайинлерим бийкарға өкпелеп жүрипти, — деди ағабий жай- парахат даўыс пенен. Кегейлинин батысындағыларды мен күнсимир етип қойыппан!

  • Қалай? Қәйтип? Яғ-әй? — деген гүманлы сеслер еситилди.

  • Ол былай, — деп даўам етти ағабий. Шығысқа қонысланғанлар да, батысқа қонысланғанлар да ҳәптеге бир, болмаса еки рет Шымбайды базарлайсызлар, туўры ма?

  • Туўры, туўры, — деп мақуллады көпшилик.

  • Туўры болса базарға киятырсын қуяш қай таманыныздан түседи?


461


  • Арқамыздан!

  • Ал, қайтарсын ше?

  • Арқамыздан!

  • Әне, батыстан келгенлер киятырсын да, баратырсын да қуяш манлайларынан түсип, күнсимир болады.

  • Әй, рас-әй, — деди кимниндур даўысы көпшилик ишинен.

Туўры, туўры! Батыстағылар күнсимир... Ағабийге рахмет деген даўыслар еситилип атты.
Бул бир сөз ойыны еди, оны Ережеп билмеди, деп ким айта алады. Оньщ үстине Кегейлинин еки жағасындағы жерлер ҳәммеге тийисе бермейди-ғой. Булардын барлығын қыялынан өткизген Ережеп тапқырлық пенен халықты разы қылғанына кеўли көтеринки еди. «Занғар, лаққы мени шалқамнан түсирди, бирақ», деп ойлады ишинен. «Өзине де тилди қудай аямай бере қойған» деп муртынан күлип қойды.


27
Кегейлинин ағысындай тоқтамай алға зымыраған ўақыт Ережеп аға бабанын шаш-сақалына ақ қыраў болып қонды. Қатарларынын көпшилиги арадан кетти. Айтысып, шертисип жүретуғын Сырым бий аталық әлемнен өтип, орнына баласы Дәўлетназар аталық болды. Шымбай шәҳәри саўда орайы еди, бул жерде мешит болса да, уламалардан Әмиўдәрьянын арғы жүзинде Көк бойында Жантемир ийшан, Қырантаўда Имаматдин ийшан менен баласы Атаулла, Дәўқараға жақын жерде Қутлыхожа ийшанлардын ашқан мектеплери менен өзлеринин абырайы өрлеп турды, жасы алпысты атлап, жетписке қәдем басқан Ережеп ағабий ақыретин ойлап, пирге қол берер ўақыт келди-аў, деген шамаға келсе де, аттан түсип, ялғаншы тәшўишлеринен ўаз кешиўге кеўли яр бермес, деген менен Турым молла бийден еле жаслығында яд алған Қуран сүрелери умыт болмаған, сонын өзи бес ўақыт намазға жығылмақ ушын жетерли, деп ойлар ҳәм намазды қаза қылмас еди.
Ханлықтын Үлкен дәрьянын сол жағалығына орнатқан тәртиби ис берди шамасы, онлаған жыллар бул таманларда тынышлық ҳүким сүрди. Шымбайға ханнын исенимли адамы — Мухаммеднияз ақсақал болып келди.
Бийлер менен бийлер, аталыклар менен аталықлар ортасында жер үстинде, суў үстинде даўлар ҳәрдайым болып турар, сондай даўлардын бири Ерназар кенегес манғытлардын жерин бөлип алыўға умтылыўы менен жүзеге шығып, әдиллик излеген манғытлар хан дийўанына Ережепти шетлеп өтип, шағым қылған еди.


462




Оннан сәл илгериректе хан ҳәзиретлери Шымбай әтирапынан бағ отырғызыўға қолайлы бес жүз танап жер бөлиўге ҳәмир еткенде он төрт руў бийлери ҳәр немени сылтаў етип, жер бөлиўди изге тартып, дийўанбегини ренжитип, ағабий араласқаннан сон ғана бул мәселе шешимин тапты.

Тахтта бир неше жыл дәўран сүрген Сейдмуҳаммед хан ақыретке сапар шеккеннен кейин тахтқа оньщ мийрасхоры отырды. Муҳаммед Раҳим хан II дәўлети өрлеп хан болғаны 1864-жыл еди.
«Мүбәрек болсын» айтыўға барған қарақалпақ бийлерин хан ашық жүз бенен қабыллады. Ҳәр ийнине бир адам жайласқандай, палўан денели, хоширей жүзине енди сақал-мурт тап берип киятырған, даўысы жағымлы, жас болса да ҳәр сөзин ойлап сөйлейтуғын, соцғылығында Феруз деген лақап алған жас хан илим-билимнен, ҳөнерден хабардар, ҳәм хошҳаўаз, ҳәм шебер сазенде, ҳәм палўан, ҳәм шайыр еди.

  • Елинизде атақлы бақсылардан, шайырлардан кимлер бар, — деди ол ҳәмелдарларға.

Карақалпақлар бундай саўалға ҳаслында таяр емес, себеби бурынғы ханлардын шайырлар менен бақсылар жөнинде гәп ашқанын еситпеген еди. Кимнин қанша салық жыйғанын, қандай даўды шешкенин сораса, басқа гәп.

  • Шайырдан Бердақ, бақсыдан Ақымбет бар, — деди кимдур.

Сонынан тағы бир неше адамлардын аты айтылды.

  • Елинизге барған сон бақсылар менен шайырларды жыйып, Ҳийўаға жибериндер, — деди жас хан. Оларды өзим мийман қыламан.

  • Куллық, қуллық.

Елге қайтарсын, жолда гәп бақсылар менен шайырлар, Хийўада медреседе оқыған уламалар жөнинде болды.

  • Хан илтипат қылды, елден хошҳаўаз бақсыларды жыймақ керек. Олардын қәрежетин бийлер көтереди, — деди Ережеп. Бирақ хан көре жүре, ол узақ өмиринде бир неше ханларды көрген еди, ҳөнер адамлары жөнинде гәп айтқанын биринши еситиўим. Алла өмир берсе бул хан узаққа барар.

Ханнын машқалалары да бисяр еди.
Рус патшалығы Түркстан үлкесин жаўлап алыў мақсетинен ўаз кешиўди қыялына да келтирмес, басып алған жерлерин Түркстан әскерий округинин күши менен услап турар ҳәм Хийўаға көз тигер еди.
Ханнын избе-излик пенен алып барған урыныўлары ҳәр сапары нәтийжесиз тамамлана берди. Өз мәплерин гөзлеген Уллыбританиянын еки таманды келистириў ушын ислеген ҳәрекетлери де нәтийже бермеди.
Калай болмасын Хорезмнин ғәрезсизлигин сақлап қалыў ушын бар күш ҳәм имканиятларды иске салған Муҳаммед Рахим хан Феруз


463




Рус патшалығы Хийўаға басып кирместен бир жыл бурын ақ патшаға еки мәрте елши жиберди. Олардыц бирин Ерназар кенегес аталық басқарды. Елшилер топары жигирмадан аслам қарақалпақ жигитлери- нен ибарат болып, олар қарақалпақлар атынан сөйлеўи тийис еди.

Елшилер Оренбург қаласында иркилди. Талаплар тынданбады, ханныц абырайы менен намысына тийетуғын қарама-қарсы талаплар қойылды ҳәм Ерназар кенегес баслаған қарақалпақлар Хийўаға қайтты.
1873-жылға келип Рус паташалығынын Хийўаны басып алыў ушын жүрис қылатуғынлығы күндей рәўшан болған еди.
Муҳаммед Рахим хан Феруз әмелдарларды ойласыққа шақырды. Олардын ишинде Ережеп ағабий менен Назархан төре де бар еди.
Ақпатшаньщ көп мын санлы турақлы армиясына төтепки бериў қыйын екенлигин сезген хан әмелдарлары менен Хийўаны тәрк етиўге мәжбүр болды. Шәҳәр дәрўазалары душпан ушын ашып берилди.
Көпшилик халық, әсиресе журтын жан-тәни менен сүйетуғын хорезмлилер өз шәҳәринде душпан емин-еркин жүргенин көрип, азатлықтан айрылғанына ғам шекти. Олардын бири атақлы шайыр, тарийхшы алым, өз елинин сүйикли улы Агаҳий еди. Елин жаўға берген, шарасыз шайырдын күйиги ишине түсти ме, арадан жыл өтпей жарық әлемди тәрк етти, ақыретин алла абад қылғай.
Гендимияндағы жазғы хан шардәресине генерал Кауфман ханды шақырғанда Ережеп ағабий хан жанында еди.
Ҳәўиз бойындағы кен ағаш сыпанын үстине қойылған төрт туяғы бәлент хантахта алдындағы күрсиде, үстине жез сәдеплери жалтыраған ақ камзол менен ақ шалбар кийген, жийрен муртын әбден муқыятлап пардозлаған, негедур шеке сақалы қырылмаған, көк көзлери тигил- генде өнмениннен өтип кететуғын өткир адамнын еки ийнине шашақлы алтын пөпек қондырып алғаны ағабийди танландырды. Генерал қолына қандайдур қағазларды услап, тап ийнине дөнип турған, өзине уқсап кийинген, бирақ ийниндеги зер пөпеги киширек ҳәм ақ камзолынын көкирегине таққан шытақлары кемирек, мурты енди тап берген, сары шашын өрлеп тарап қойған жас жигиттин гәпине қулақ түрер, анда-санда бас ийзеп қояр еди.
Генералдын дыққаты келгенлерге аўдарылды, суўық жүзине қәлбеки күлки жуўырып, бас ийзеп қойды, сон бул жерде өзи мәтибий екенлигин билдиргиси келди ме, қолы менен сыпадан жай көрсетти, русшалап: «марҳамат отырындар» деди.
«Күни кеше ханнан өзгелер отырыўға ҳәмир күтер еди, япырмай пәлек айланғанына қара», деп ойлады Ережеп.
Келгенлер гилем үстине дизе бүгип еди, генерал бир нәрсе деди, дилмаш түркий тилде:
Жерге емес, көпшиликлерге отырынлар! — деди.


464




Ханнан баслап ҳәммелер көпшиликлер үстине жайласты.

Отырғанларды суўық нәзери менен бир шолып шыққан генерал ийнинде турған жигитке ишара қылып еди, ол түркий тиллерди араластырып, қолындағы қағазға қарап, сөйлей кетти. Олар жецис ийеси болған рус генералыньщ ханға қоятуғын талаплары еди. Отырғанлардыц уққаны: хан қайтып тахтқа отырып, Хийўа ханлығын басқарады, бирақ русларға ғәрезли болады, ал Әмиўдиц арқа таманындағы қарақалпақлар енди руслар қарамағына өтеди. Ол таман Әмиўдәрья бөлими болып аталар екен.
«Әне, ханнан айрылдыц, ағабий», деп ойлады ишинен Ережеп.
Дилмаш қағазды оқып болса керек, иркилип генералға қарады, оныц ишарасынан соц тилге кирди:

  • Енди мына қағазға мөрлерицизди басасыз.

Ханнан соц Ережеп ағабий мөрин шығарды.

  • Мына ғарры ким? — деди генерал тацланып. Дилмаш аўдарды.

  • Мен Әмиўдиц арғы жағындағы қарақалпақлардыц ағабийи Ережеп бий, — деди аўыр қабақлары астынан генералға тигилип.

Қарақалпақшаны сөзбе-сөз аўдарған дилмаш генералға сораўлы нәзер менен тигилди.

  • Мейли, — деди генерал. Мөрин бассын. Бул ўақытша питим. Дилмаш мөрди қағаздыц қай жерине басыў кереклигин көрсетти.

Рус дилмаш Ережеп пенен Назархан төрени отырғызып қойып, басына қара орамал жамылып, бирнемелер қылды.

  • Сүўретке түстициз, — деди дилмаш. Тарийхта қаласыз.

Бир қанша ўақытлар Хийўа әтирапында болып, бийлер елге қайтты.

  • Хийўаға табанымыздыц соцғы тийиўи шығар. Орыслар енди Палўан Махмуд зыяратына да жибермес, — деди Ережеп, Назархан төреге.

  • Оны алла биледи, ағабий.

  • Мәгар Төрткүлге барармыз.

Ойға талып киятырған ағабийдиц сораўын еситпеди. Ережеп те қайталамады.
Орта бойлы, толық денели, шоқ сақаллы, жасы ортаға барған, Ережептен бир-еки мүшел киши еди, сөзге шешен Назархан төре Жанғазы төрениц улы болып, қыпшақ пенен Султан Увайс таўы ортасында жайлаған қазақ қәўимлериниц бийи еди. Дәрья бойындағы аўылы жанында хошласып қалды.
Шымбайға шекемги мәнзил еле узақ еди. Елге жеткенде Хийўа- дағы ўақыялар ҳаққында еситип үлгерген таныс-билислер, бийлер менен аталықлар ағабийден жацалықты билиўге асықты.

  • Хийўа қолдан кетти, — деди Ережеп сынық даўыс пенен. Оны орыс алды, жақында бизиц есигимизди қағып, келетуғын шығар.


465




«Қулақ еситкенди көз көреди» десетуғыны рас екен, көп өтпей руслар Шымбайға да келди.

Арбаға дәскелерин артып, Төрткүлден салт атлы келген руслар биринши жумысын халықтыц есабын алыўдан баслады.
Шәҳәрдиц Бозшилер аўылында жан есап алып атырған руслар менен халық арасында қәпелимде жәнжел шығып, оған руслар менен бирге әскерлер араласыўға мәжбүр болды. Жәнжелдиц себепшиси, Арзыбек деген бозши болып, оньщ әдети қатын үстине қатын алыў еди, мәгар бул қол мийнетин талап қылатуғын кәсиби себепдур, я өзге себеби бардур, қулласы сол Арзыбек жақында ғана дийқан қызына үйленген, енди таза түскен келиншекти қызғанып, үстине ҳеш кимди киргизбей жүргенде сақаллы орыс пенен жанындағы ноғай дилмаш келиншек отырған өжиреге киремиз, деп турып алса бола ма?
Орыс пенен дилмаш ол жайға есаптан қашқан адамлар тығылды, деп гүманланып, расында бундай ҳалларды олар гезлестирген еди, жабық есикти ашыўға умтылса, олардыц алдын кес-кеслеген Арзыбек бозши есикке жақынластырмаўға урынды. Ақырында кескинлик алысыўға, сөгиниўлер менен жудырық жумсаўға барып жетти, сақаллы орыс пенен дилмашты сырттан бағып жүрген әскер аспанға мылтық атып, оқ сестине адам жыйналып қалды. Бахытқа қарай, ҳеш ким жараланбады, қызғаншақ күйеўдиц айтқаны болмағанын есапқа алмағанда ўақыя парахатшылық пенен ҳәм өжиреге кирип, ол жерде енди ғана он төрт-он бес жасқа толған, тулымшағы салбыраған қара көзли дийқан қызыныц атын сораўлар ҳәм дизимге алыў арқалы аяғына жетти.
Шымбай базарларында сары сақаллы руслардыц айланып жүриўлери, дилмаш арқалы ҳәркимнен ҳәр нәрселерди қызығып сораўлары әдет түсине кирип барар еди.
Бундай қызығыўшылық Қаракөл бойындағы ағабий отаўын да шетлеп өткен жоқ.
Саратанныц ыссы күнлериниц биринде қарақалпақ жолбаслаўшы- ныц изинде үш-төрт атлы Қасқа жолдан Қаракөл бойындағы ағабийдиц шардәреси таманға бурылды. Кийген кийимлери менен сөйлеген сөзлеринен олардыц түркийлер емес екенлиги көринип турар еди.
Сырты пақса дийўаллар менен қоршалған шардәрениц бәлент дәрўазасы ашылып, ишкериге кирген бийтаныс адамлар алдын ала хабарландырылғаны себепли оларды күтип отырған ағабий отаўыныц есигин ашты.
Жасы отыз бес-қырқларға келип қалған, қырма сақал, суқсырдай, ақ камзол менен шалбар кийген, көк көзли рус төреси, жанында 466




егеделеў адам және бет-әспети орыстан көре ноғайға кейип беретуғын, үстине ақ шапан кийип, белине кәмар байлаған, муртын тәрбият қылғанлығы билинип турған, жасы рус төреси менен қатарға мегзеген адам үшеўи кирип келди.

Серсақал, белиндеги қылышлары салбыраған, басларына папақ кийген еки адам сыртта, атлар жанында қалды.

  • Ўалейкум ассалам, — деп сәлемге сәлем менен жуўап қайтарған Ережеп қонақларға төрден жай көрсетти.

  • Саў жүрсизлер ме? Қарақалпақтьщ ыссысы албыратпады ма, жайласып отырыцлар. Соц даўыслап баласын шақырды.

  • Палўанияз бий ишкериле.

Ағабийге мегзеген, узын бойлы, жигит ағасы жасына барған киси сәлем берип, қол қаўсырып турды. Ол Ережептиц үлкен улы еди.

  • Қонақлардан сора, ўақты болса мал сойып, күт, — деди. Мен- ақ сорар едим, тиллерин түсинбеймен-дә.

Әлбетте, Палўанияз да русшаны қарық қылмас еди. Бирақ дилмаш оларды әлле қашан түсинди.

  • Күн ыссы, рус төре асығыс, мал соймай-ақ қойыцлар, жақсысы, шай болса болады, — деди дилмаш.

  • Бас үстине. Ҳәзир, — деп Палўанияз сыртқа шықты.

Дилмаш биринши болып гәп баслады. Ол келген рус төрелерин
қарақалпақ халқыныц өтмиш тарийхы қызықтыратуғынлығын, көп нәрсени билгиси келетуғынын, сол ушын сораўлар берсе, ренжимеў кереклигин айтты.

  • Мейли сорай берицлер, билгенимди айтыўдан шаршамайман, — деди ағабий.

Киргели бери ағабийдиц жүзинен көз алмай отырған қырма сақал киси дилмашқа бир нәрселер, айтты.

  • Рус төреси, биз руслардыц елицизге келгенимиз сизлерге мақул түсе ме? — деп сорайды, — деди дилмаш.

Ережеп ағабий ойланып қалды. Хийўада көрген рус генералыныц суўық күлкисин еследи. Соц «қонақ атацнан уллы, өкпелетип алмас па екенмен?», деген ойда төрениц жүзине тигилди.

  • Биз илажсыз едик, — деди соц ақырын даўыс пенен. Даўысында ыза да, зил де жоқ, өкиниш ғана бар еди. Сизлердиц қылышыцыз бар, оны қыннан шығардыцыз, алланыц болса қылышы жоқ.

Ағабийдиц қылыштай өткир сөзлерин аўдармаўдыц илажын таба алмағанлықтан аўдарыўын аўдарса да, бул сөзлерден рус төрелери ренжип қала ма деп гүманланған дилмаш бийдиц гәпиниц изин жуўып-шайыўды гөзлеп, өзи сөйледи.

  • Сиз өзициз, русларға бағынайық, рус пуқарасы болайық, халықты пуқара етип алыцлар, деп айтпадыцыз ба?


467




  • Яқ, ондай болмаған, ол бийлердин қылған ойынлары еди.

Ережептин алдынғы сөзин жумсартыўды гөзлеп, ғарры бий

руслардьщ кеўлине қарап, «сондай болған» деп айтады, деп ойлаған дилмаштьщ бул ойы да пушқа шықты.
Кескинликти жумсартпақшы болды ма, орыс төре сөзге араласты.

  • Жүзинизге не болған, анығында «көзинизге» деп айтпақшы еди, бирақ, «жүзинизге» болып шықты.

  • Әй, түркменлер менен саўашта.. .деп қол силтеп қойды, ағабийдин ол ҳаққында айтыўды хош көрмегени билинип турар еди.

Қонақлар бәрибир қапа болып кетпеди... Тарийхтан хабардар болған ағабийдин аўзынан қарақалпақлардын алыс ҳәм жақын өтмишинен өзлери билмеген дереклерди еситти. Ол және рус төрелерине қарақалпақлар тарийхын жазған Мәўлана Жәмий деген адам екен, деп қосып қойды.
«Жаман адамлар емес қусайды», деп ойлады Ережеп қонақларды гүзетер пайытта. «Бизин ата-бабаларымызыдын тарийхы менен қызықты-ғой».
Қонақлар да, Ережеп те жыллы жүз бенен хошласты.

  • Қонақасы жемегениниз әнтек болды, төрелер, — деди Ережеп қонақлар атланар пайытта.

Олар күн ыссылығын, ўақытлары азлығын айтып, кеширим сорады.


28
Руслардын Хийўаны алып, Шымбайға келиўи Алыўшынын қулағына жеткенде, ол Ақсуўаттағы үйинде еди.
Көп өтпей Есим бойына көшип келди. Келиўден, елди жыйнап, той бериўдин таярлығына киристи. Мақсети, елге келгенин билдириў, көптен көриспеген ағайин-туўысқан, жора-жолдас, Алакөз қозғаланында зәнги қағыстырып, бирге ат жорттырған зәнгилеслери менен дийдарласыў еди.
Тойға айтыўға ҳәм сәлем бериўге Алыўшы батырдын өзи ағабийге арнаўлы келди.

  • Жигит басы ғаўғалы келеди, аман-есен елге қуўысыпсан, басын аман болсын, деди Ережеп, орта бойлы, толық денели, қырғый көзли, қол-аяғынын жуўанлығы үлкен күш ийеси екенлигинен дәрек берип турған, елиў жаслардан асып баратырған Алыўшы менен қол берип сәлемлескеннен сон. Қәне, төрле, суўсын ишип, шөлинди бас.

  • Ол таманға кетип шеп болмадым, мал өсти, ул-қыз өсти. Ақлай қуда болған достым бар еди, қызы ержетипти, енди ул үйлендирип, той бережақпан, — деди суўсын ишип шөл басқан Алыўшы.


468


  • Мақул болыпты. Той қашан?

  • Алла буйырса, сүмбиледе. Соған айтып, сәлемге өзим келгеним.

  • Қай жерге қондыц?

  • Есим бойына.

  • Буйырса барғаным болсын.

Ағабийдиц пәтиясын алған соц қоныўға кеўли ярый бермеген Алыўшы батыр аўылына қайтты.
Сүмбиле де жетип келди. Бул айда мал семиз, күн салқын, барлық халық егинин жыйып, малын жайып, арқайын болады.
Есим бойында Алыўшы жүзбасы аўылына тойға ағылған адамлар Дәўқара бойынан, Қоцырат пенен Шоманайдан, Шортанбай әтирапынан, Шылпық дөгерегинен келер еди.
Ағабий бир топар аталықлар ҳәм бийлер менен тойдан үш күн бурын келип, арнап тигилген отаўға түсти. Хийўа ханлығы тусындағы аталықлардан: Оразмуҳаммед аталық, Арзы аталық, бул ўақытлары әлемнен өткен Сырым аталықтьщ орнын басқан баласы Дәўлетназар аталық, өлген ағасы Сайыпназар беглербегиниц орнына беглербеги болған иниси Худайназар беглербеги, қазақлардан Йолдашбай аталық бар болып, ендиги жағында олар ханныц хызметкери емес, тек ханлық тусындағы атақлары сақланып қалған. Елге хожа болған рус төре- лерине булардыц хызмети дәркар ма, дәркар емес пе, ол жағы ҳәзиринше намәлим, сол ушын қарақалпакларды кеше ғана басқарып, ат үстинде жүрген ҳәмелдарлардыц баяғыдай хошы жоқлығын көрген адамлар: «ҳәмел қолдыц кириндей нәрсе екен-ғой», деп гүрсинип ғана қойысар, ҳүрмет жүзесинен «аталық, беглербеги», деп атасар еди.
Тойдыц тамашалары басланып, дәслеп палўанлар гүрес тутты. Қайырдыц туцғыш улы, Жарқынайдан туўылған Ешмурат Шымбай әтирапында гүресип жүретуғын, жасы отыздан асып, нағыз толысқан ўақты еди. Бүгинги тойдыц бас палўаны— адамлар «Ешим палўан» деп атайтуғын Ешмурат болды.
Жацабазардан Аманбай палўан, Хийўадан Шырақ палўан, Дәўқарадан Өтесин палўан, олардан басқа аты белгили, белгисиз болған талабанлар бар еди.
Ешмурат Аманбай палўаннан көбирек қәўипсинди. Өз гезегинде ол да Шырақтан көре Ешмурат пенен тутысыўды көбирек қәлемес, сол ушын той ийелери менен сөйлескенде: «Мен Шырақ пенен шығайын, жықсам я бақ, жығылсам, Шырақ Ешим менен беллессин, — деди.
Қыпшақлар да өз палўаныныц хийўалы палўан менен беллесиўин қуп көрди.
Аманбай палўан менен Шырақ көп алысты, олар бурыннан бир- бириниц әмелин билетуғын еди, сол ушын еле кешке шекем тутысса


469




да бир-бирин ала алмайтуғынын билген той басқарыўшы жигитлер ойласып, қонақ деп сыйлап, оған байрақ бериўди келисип қойды.

Шырақ Аманбайдан жасы киши, сол ушын күши де басымырақ болса керек, бирақ жацабазарлы Аманбай палўан тис қаққан, әмелди қолланса көзди ашып-жумғанша қарсыласын шалқасына түсиретуғын, ҳийлекер еди. Сол ушын екеўи де пайыт пайлап, бир-бирине әмел бермей алыса берди. Ақырында Шырақ палўан жамбас салып, қайтарып еди, палўанлардын жаланаяқлары таплап таслаған топыраққа жаўырыны тийиўге бир сүйем қалғанда өзин онлап алған Аманбай палўан қырынлап түсти де, ортадағы төреши гүрести тоқтатты.

  • Шырақ палўан жықты, байрағын бер!— деп қышқырды.

Аманбай палўаннын тәрепи болып отырған қур «гүр» етип
қышқырды.

  • Яқ, яқ, Аманбай жығылған жоқ, шарма-шар!

  • Шарма-шар, шарма-шар!

Шаўқым басылғанша Шырақ палўан байрағын алып болған еди. Ортаға жуўырып шығып, төрешини түйгишлегенлердин ҳәрекетлери зая кетти.
Бир кесе шай ишим ўақыт дем алған Шырақ палўан бас палўан менен алысыўға таяр еди. Палўанлар ортаға шықты. Аманбай палўанға қылған төрешинин наҳақлығына наразы болған аламаннын дыққаты енди қыпшақ палўанына аўды, Алыўшы қыпшақтын аўылы, өзлеринин ағайини санайтуғын Ешим палўаннын жениске жетисиўин жан-тәни менен қәлер еди.
Узын бойлы, денеси толық, алысырақтан қарағанда адамлар: «мынаў дәў шығар» деп қалатуғын Шырақ палўаннын алдында турған Ешим ҳаққында оны айтыў қыйын болса керек, қайын денели, бойында артық-аспай ети жоқ, шымыры палўан жигит анлыған анын алыў ушын тасланыўға таярланған жолбарыс киби, сәл ийилип турар, шынында да белги берилиўи мәттал, қарсыласына тасланды.
Шырақ қанша күшли, сумлықлы болса да қорғаныўы қыйын кешип атырғаны алысыўдан көринип турар еди. Мапраштьщ пайыты келгенде қас-қағым ўақыт өтпей Шырақ палўан өзин Ешимнин ийнинде көрип, «ўақ» деп өкинемен дегенше, аяқ астындағы тепсен болған жерде шалқасына жатар еди.
Орнынан турған Шырақ палўан пәнтқумар қалғанына ызасы келип, жерди бир теўип, өзинин адамлары таман баратырғанда қурдағы аламан өз палўаны Ешимди алғыслап, шаўқымы көклерге көтерилди.
Песин пайытында Ақжағыстан бәйгиге жиберилген атлар ақ көбик болып терлеп, сызыққа жетип келди. Бас байрақты той ийеси Алыўшы батырдын атлары алды. Онын қуўанышында шек жоқ еди.
Кешқурын ортаға от жағылып, адамлар тағы да қурға жыйналды.


470




Олардьщ ишинде басына жүни өсик қозы териден тигилген селкилдек шөгирме кийип, ойма жаға бөз көйлек, сыртынан пахтадан тоқылған, мөрелеп жылтыратылған шапан кийип тойға келген орта жаслы дийқанлар да, енкейип, таяғына сүйенген ғаррылар да, басларын айдынлы орамал менен ҳайўанқаслап орап, мурынларына алтын әребек қадап, қулақларына тилла сырғалар, қолларына аўыр-аўыр гүмис билезиклер салған кейўанылар да, қырмызы атластан киймешек кийген қыпша бел келиншеклер де, гүлге малынған көк көйлек кийген қызлар да, қара телпек, өрнекли шапан кийип, қосбаўларына пышақ байлаған жигитлер де, бас орап, ақ бөзден жаўлық жамылған кемпирлер де, қысы-жазы жаланаяқ жүре берип, табанлары түйенин табанындай болып қатып кеткен, бөз дамбаллары дизесине келетуғын балалар да бар, қулласы қарақалпақ аўылларында кимди көриў мүмкин болса, оларды усы жерде көриў мүмкин еди.

Қурдын басында, сабан үстине төселген текийнементте, кими дизерлеп, кими малдас қурынып, Ережеп ағабийдин дөгерегинде бурынғы беглербеги менен аталықлар саўлат төгип отырды. Жасы жетпистен өтип баратырған болса да қәдди бүгилмеген ағабийдин отырғандағы бойы келтелеў адамлардын тик турған бойына барабар, жана той шапанларын кийип, беллерине бийлик белгиси болған ақ пышақларын тағып алған кешеги хан ҳәмелдарлары болған топардын ишиндеги ен бийиги болып көринди.
Қарақалпақлар арасында аты шыққан Ақымбет бақсынын:
Буннан барсам Рум елине,
Бәлент дағдан ашып келдим.
Ҳеш кимсе тен келмес мецге,
Алғыр қустай ушып келдим...
деп жырлаған ашық ҳаўазы әтирапты жанғыртып, қоныр салқын гүз түнине пайыз киргизди.
Бақсы бир тыма айтып, қурды қыздырғаннан сон той басқарыўшы ортаға шығып, тойға Бердақ шайыр қонақ болып келгенин, той ийесинин өтиниўи менен ортаға шығып, өзинин дәстанларынан айта- жағын дағаза етип еди, қур демин иштен алып, силтидей тынып қалды.
Той ийеси баслаған, орта бойлыдан узынлаў жүзине жарасып турған шоқ сақалына ақ аралаған, қолында дуўтар услаған киси шығып келгенде жыйылғанлар: «ҳәзир дуўтарын сазлап, қосық айтады», деп ойлап еди, олай болмады.
Келген киси халыққа танылған шайыр ҳәм бақсы Бердақ (Бердимурат) еди. Ол дуўтарды шертиўге онтайлап, қулағын бурап, тарына бармақ тийгизип, «дын» етип шыққан сес пенен сырласқан адам киби басын ийип, сәл егленди.


471




  • Халайық, — деп сөз баслады, — ол қоныр даўыс пенен адамлардын, «қосық айтады», деп күткен үмитлерин пушқа шығарып. Даўысы саз ҳәм қулақтын қуршын қандырғандай еди. — Халайық, деп даўам етти қоныр даўыс. Билемен, меннен қосық еситиўди қәлейсиз. Бирақ мен Айдос қыссасынан айтып берсем, не дейсиз?

  • Айтып берин! Айтып берин, — деген ҳаўазлар еситилди.

Бердақ тамақ қырынып алғанда ҳаўазлар тынды.


  • Кел баба, өтициз төрге,

Ҳақ яратқан нәзеркарде,
Тецгени бөлдик төрт жерге,
Бир үлеси Айдос баба.

  • Мәрт болған ўәдеде турар,

Сөзин бузғанды ант урар,
Төрттен бирине дийқан турар,
Тен бөл! — деди Айдос баба.


Қатарлар жигерли ҳәм қайғылы еди. Айдос бийди көрген адамлардьщ көз алдында оньщ батыр тулғасы, ақ сақаллы келбети елеследи.

Мисли ўақыт тоқтап қалғандай, адамлардын кеўлиндеги тәшўишлер менен ғалма-ғаллар гүз ақшамына синип, жоқ болып кеткендей, ҳәттеки ақшам да бир жақларға ғайып болғандай, ортада жанып турған от, онын қасында қысса оқып турған саз даўыслы адам менен онда жырланып атырған адамнын тулғасы қалғандай туйылды.
Қыссанын оқылып болғанын адамлар ацламай қалған янды еди.

  • Тағы, тағы, — дести адамлар. Ерназар қыссасын оқын, тынлайық.

Кимдур шайырға бир кесе суў әкелип усынды.

  • Яқшы, тындан Ерназар бий қыссасын...

Әўел Айдос баба өлип,
Орнын тутты Ерназар бий.
Қарақалпаққа аға болып,
Дәўран сүрди Ерназар бий.


Ережеп ағабийдин көз алдына Хийўа базарында, қур ишинде отырған, шашы тықырлап алынған, ийнинде гүрес шекпени, алп тулғасы келип тура қалды. «Ҳәй, ялғаншы, қандай батыр еди...». Сон онын кишкене өжиреси, онда отырып, сәўбетлескенлери ядына оралды. Мени дарға тартса, кесер ме един, — деген сөзлерин еследи.



472


Гөруғлы бектей ер еди,


Қатарда қоша нар еди,
Толы журттыц дәркары еди,
Шаҳид болды Ерназар бий,
деп шайыр қыссаны таўысып, атырғанда өзине келди. «Әҳ дүнья, мисли қызыл түлкидей, адамды алдайсац-ә!» деген гүбирлини еситкен Ережеп изине қайрылып еди, орта жаслардағы адам көз жасынан сақал-мурты ҳөлленип, үнсиз жылап отырғанын көрди.
«Өттиц бе ялғаншы!», деп гүрсинди Ережеп. Оны ҳеш ким еситпеди, ишинен айтқан еди.
Кеўиллери босасқан халық шайырды ортадан жибергиси келмес, тағы, тағы қысса айтыўын өтинер, еди. «Ақмақ патша» дәстанына кирискен Бердақ пенен қурдағы халайық шығыс тәреп қызарып, гүздиц узақ түни изинен тац атып киятырғанын ацғармай қалды...
Ертецине той тарқады. Сыйлы қонақларды сарпайлаған Алыўшы Бердаққа ат мингизди. Пәтияньщ орнына Бердақтьщ:
Алыўшы ат берди үпшини менен,
Ер-турманы ҳәм де көпшиги менен,—


деп баслаған қосығыныц дәслепки еки қатары ғана ядында қалғанын жолда киятырып еслеген ағабий өзиниц умытшақ болып баратырғанына өкинип, бас шайқады.

Арадан жыл өтпей атырып, келеси жазда рус төрелериниц өткизген сайлаўынан кейин ағабий рус төрелериниц хан тусындағы ҳәмелдар- ларға исенимсизлик пенен қарайтуғынына көз жеткизди.
Ақпатша Шымбай оязлығын дүзип, оныц басына рус ҳәмелдарын қойды. Орайы Шымбай шәҳәри болған оязлыққа бир неше болыслықлар (волост) қарайтуғын болды. Жаздыц ыссысында, шәҳәрдиц жанындағы бағ әтирапына қара үйлер тигилип, адамлар жыйналып, ҳәр таманнан ўәкиллер келип, үлкен жыйынға айланған болыс сайлаўыныц тәртибин бурын адамлар көрмеген еди, сол ушын ол халықтыц ядында узақ жыллар сақланып қалды.
Таллық болыслығына үш адам талабан шықты. Олардыц бири Ережеп ағабий, бири Әдил аталық, ал үшиншиси ояз (уезд)болып келген рус төрениц дилмашы еди.
Сайлаў күни жетип келгенде қара үйлерде иси еригип жатырған сайлаўшылар ўәкиллерине дуп-думалақ, сыйқақ таслар тарқатып берилип, үш адам үш жерде қолларына қап услап: «Ережептиц қабы», «Әдилдиц қабы», деп бақырып турар қолына сыйқақ тас шар берилген адам солардыц қәлегенине тас салып, даўыс бериўге ҳақылы.


473




«Ережеп Кулшиев, ец аз тас...», деп өзи болыслыққа талабан болып турған дилмаш даўыслағанда шетиректе турған ғарры бий изине қайрылып, аты байлаўлы таманға қарай кете берди. Күни кеше пүгкил қарақалпаққа хүкими жүрген ағабий ендиги дүзимге өзиндейлердиц керек болмайтуғынлығын пүткил денеси менен түсинип болған еди.

Арадан жыллар өтти.
Бул жыллар Ережеп ағабийге өткендеги қылған қәтелерин еслеп өкиниўден өзге, хүрмет те, дыққат-итибар да алып келмеди. Намаз- руўзасын қаза қылмай, көндин ҳаққа берди. Дүньяныц өткиншилигин, изинде перзентлер менен халық, жақсылардын атлары ғана умытылмай қалатуғынын түсинип жетти, «қарақалпақ халқы ата журтқа әжеп мәкан басты, иншалла бул жер оларға, сонын ишинде менин перзентлериме мын жыллар мәкан болар», деген үмит ялғаншыдан суўынған кеўлин жылытар еди.
Күнлерден бир күни тан намазынын таҳаратына нийет қылып, орнынан турмақшы еди, негедур тура алмады. Сәскеде де турмаққа мәжалы келмеди. Аталары кеткен таманға атланбақ мезгили жеткенин сезди. Бул ўақытқа келип бәйбишеси де әлемнен өткен еди. Үлкен улы Палўанияз бийди шақыртты.

  • Аға, не болды? Шайҳалқасқа турмады, деп хабарлады. Мазаныз қашты ма, деди сақал-муртына ақ түскен Палўанияз бий.

  • Сөзимди тьщла, балам, — деди улынын сораўларын жуўапсыз қалдырған ағабий. Алланын аманатын тапсыратуғын ўақтым шамаласқан көринеди, белинди беккем буўа бер. Мен олай-булай болсам албырама, Хийўадан, Кқныраттан, Дәўқарадан өзин билетуғын тамыр-танысларға ат жибер, ел ишиндеги аталықлар менен бийлер де қалмасын. Бухарадағы ағайинлер умытылмасын.

  • Койса аға, қаяқтағыны айтып, қорқытасыз, — деди Палўанияз.

  • Гәпимди бөлме, — деди ағабий, күш-қуўатым тәнде турғанда, кеўлимдегини баян қылайын. Атам Кулшы бий Амантүбекте, атасынын қасына барды. Бирақ мени ол таманға апарма, усы әтирапқа жерле. Бухарадан келгенимде он жасқа толмаған едим. Шымбай әтирапында ойнап-өстим, енди усы жердин топырағында жатайын. Денемди Ахунбабаға қойын, қайталайман, Ахунбабаға. Менин қәбирим— атаннын қәбири усы жерде болса, сенин, балаларыннын, әби-әўладыцнын ата журты усы жер болады, енди бар, маған суўсын әкелсин, шөлледим...

Палўанияз көз жасларын сыпырып, отаўдан шықты.

  • Суўсын келтиринлер, атам шөллепти, — деди есикте турғанларға.

Жума күни сәскеде ағабий әлемнен өтти.
Мерекесине Түркстан үлкесиниц бираз жеринен адамлар келди. Сондай адам жыйналды, бундай көп жыйын буннан бурын Шымбай әтирапында болмаған еди.


474




Келеси жума күни сәске пайыт бир топар адамлар Кегейли көпиринен өтип, арқа батысқа тартылған арба жолда жылдам жүрип барар, ақ бөз жабылған табытты ийиннен ийинге абайлап алмастырар еди. Ол сонғы сапарға атланған қарақалпақлардьщ ағабийи Ережеп бий еди...




Download 0,61 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish