3.1. Р-n-өтиўден ток өткен ўақыттағы қозғалыўшы ток тасыўшылардың бөлистирилиўи
Енди биз р-n өтиўге электр майданын яғный кернеў түсирилгенде қандай қублыслар болатуғынлығын көрейик. (-сүўрет).
Енди биз р-n өтиўге сырттан кернеў түсирилсе, онда жыллылық теңсалмақлылығы ўақтында ҳәр бир областта ток тасыўшылардың тең салмақлылықтағы мәниси сақланып қалады. Ал өзгерис тек ғана өтиўдиң атирапында қалыңлығы 0-м аралықта болады.
8 -сүўрет
-сүўретте өткизгишликлери 00(ом-см)- ҳәм (ом-см)- (сәйкес р ҳәм n областлар ушын) ярымөткизгишлер ушын теңсалмақлықтағы тығызлықлықлардың мәнислери көрсетилген.
Енди биз р-n өтиўге сырттан -сүўретте көрсетилгендей етип кернеў берейик.
Р-тип ярымөткизгишликке n-типке салыстырғанда оң потенциаль берсек, онда тесикшелер оң таманға яғный n-тип ярым өткизгишликке, ал электронлар Р-тип ярым өткизгишликке инжекцияланады. Нәтийжеде n-тип ярымөткизгишликтиң басында тесикшелердиң тығызлығы жыллылық теңсалмақлылығына салыстырғанда анағурлым көп болады ҳәм олар n-типтеги электронлар менен рекомбинацияланады.
-сүўрет
Сонлықтанда, өтиўден алыслаған сайын инжекцияланған тесикшелер тығызлығы азайып барып өзиниң салмақлылықтағы мәниси Рn жетеди. Усыған уқсас электронлардың тығызлығыда Р-типте шегарада өзиниң теңсалмақлықтағы мәниси nр көбирек болады ҳәм Р-тип ишине қарай қозғалатуғын болғанлықтан тесикшелер менен рекомбинацияланады, нәтийжеде Р-тип ишине кирген сайын азайып өзиниң теңсалмақлылықтағы мәниси nр ға жетеди.
0-сүўретте тийкарғы болмаған ток тасыўшылардың тығызлығының р-n өтиўге туўры бағытта кернеў берилгеннен кейин бөлистирилиўи көрсетилген. Соны айтып өтиў керек ток тасыўшылардың бөлистирилиўи жыллылық теңсалмақлылығына емес, ал динамикалық теңсалмақлыққа сәйкес келеди.
Кейин биз келтирип шығарамыз n-типтеги өтиўдиң өзинде инжекцияланған тесикшелердиң тығызлығы Рш тесикшелердиң теңсалмақлылықтағы мәниси Рn менен төмендеги байланыста болатуғынлығын яғный
Сондай-ақ инжекцияланған электрлик тығызлығы nш nр менен төмендегидей байланыста болады.
Рео ҳәм nео шамалары тесиклердиң ҳәм электронлардың сәйкес шегарадағы тығызлығының мәнислери (.) ҳәм (.) соны көрсетеди
ҳәм бул қатнас V=0,1 B 50 ге тең. Бул жуўмақларды жоқарыда алынған мысалға қоллансақ, онда төмендегилерге ийе боламыз Рш=50·3,57·1011=178·1017, ал nш=50·1,7 1015=85·1015м-3
-сүўретте р-n өтиўге 0,В туўры бағытта кернеў берилген уақыттағы n-типтеги тийкарғы болмаған тоқ тасыўшылардың тығызлығы көрсетилген.
0, В шамасындағы кернеў тесикшелердиң тығызлығын (-,) м арттырады. Электр нейтраллығы сақланыў ушын n-типтеги электронлардың тығызлығында өтиў қасында усындай шамаға артыў керек, яғный нен баслап (00+)м Демек, тесикшелердиң ҳәм электронлардың абсолют артыўы бирдей болған менен электронлардың тығызлығы тек ғана артады, яғный электронлардың тийкарғы ток тасыўшылардың тығызлығы дерлик өзгериссиз қалады екен.
Do'stlaringiz bilan baham: |