Жол тоселмесин есаплаў.
Транспорт қуралларынын есабий тезликте қолай ҳәм қаўипсиз ҳәрекетлениўи ушын катнау бөлегинде қурылған көп қатламлы конструкция жол ултарағы деп аталады. Жол ултарағы қатлам, тийкар ҳәм қосымша қатламлардан шөлкемлескен (5. 10 -сүўрет).
Жол ултарағы : 1- желиниу қатламы ; 2- қатламдың жоқары қатламы ; 3- қатламдың төменги қатламы ; 4- тийкары ; 5- қосымша қатлам ; 6 - төселген топырақ.
Жол қатламы - жол ултарағының беккем, транспорт қуралларынан түсип атырған салмакты тиккелей қабыл ететуғын жоқары қатламы. Қатлам бир ҳәм еки қатламлы болыўы мүмкин. Қатламның жоқары қатламы тегис майдан есабынан жолдың зәрүрли транспорт-эксплуатацион сапаларын тәмийинлейди. Қатламдың жоқары қатламы транспорт қуралларының дөңгелеклери ҳәм атмосфера факторлары тәсирине тиккелей қарсылық көрсете алады, сол себепли оны байлаў ушын қолланылған беккем тас материалларынан қурады.
Кем интенсив ҳәрекетде қатлам байлаў менен қайта исленген жергиликли грунтлардан қурылады. Қатламда беккемлигин асырыў ушын бос тас материалларынан қурылған желиниуши жуқа қатлам қорғайтуғын деп аталыўшы беккем материаллардан қурылады.
Тийкар - байлаўлар менен беккемленген тас материаллары ямаса топырақтан қурылатуғын жол ултарағының көтерип туратуғын бөлеги. Қатлам менен биргеликте тийкар транспорт қуралларынан түсип атырған басымды төменде жайласқан қосымша қатламларға узатады, олардың жетиспеуи болса жол пайы грунтына байланыслы.
Қосымша қатламлар тийкар ҳәм жол пайи грунты ортасында жайласады. Тийкардың қосымша қатламы суў өткизбейтуғын, тегислейтуғын, шөгиўге қарсы, қардан қорғайтуғын болыўы мүмкин.
Жол пайының жоқары қатламы ямаса ултарақ грунты жол ултарағы қурылысында қатаң беккемленген қатламды өз ишине алады. Ултарақ грунты жеткиликли дәрежеде беккем болыўы шәрт; бир қатар жагдайларда оған байлаў менен ислесиу керек.
Жол ултарағының барлық конструкциялари иймейиўге қарсылыгы бойынша қатты (цементбетонлы) ҳәм қатты болмаған түрлерге бөлинеди. Қатлам конструкциялары бойынша жол ултарағы катоклар ҳәм транспорт қураллары менен баскыланганган ҳәм сүйкелисиў күшин раўажланыўы нәтийжесинде беккемлиги арттырылған (расклинки), қатламдың бөлек бөлимлерин устап турыўшы шашылыўға бийим материаллы ; жатқызыў, баскылау ҳәм қатыўынан кейин монолит пайда етиўши асфалтьбетон ҳәм цементбетон араласпалы ; плиталардан таярланған араласпа цементбетон қатламлы болады.
Жол ултарағының зәрүрли өзгешелиги оның қайта ислеўге қолайлығы, әсиресе ең көп экономикалық технологиялық приемларда пайдаланыўға жәрдем беретуғын қурамы, комплекс механизациясы ҳәм ағыс усылы.
Қатлам түрлери жол қатламынан, соның менен бирге, интенсив ҳәрекет ҳәм транспорт қуралларындан түсип атырған ауырлыктан келип шығып СНиП 3. 06. 03-85 «Автомобилъные дороги» норматив ҳүжжетинде нормаластырылган (5. 12- сүўрет).
II, III тайпалы жолларда (қатар қалларда III ҳәм IV) капитал түрдеги шолкемлестирилген цементбетон қатламларынан (жыйнама ҳәм монолит); ыссы халатда жатқызылған асфалтьбетон қоспаларынан ; бетон ямаса тас тийкарда брусчатка ҳәм мозаикалардан қурылған жоллардан ; беккем щебень тас ҳәм жабысқақ битум қолланылып қайта исленген, сараланған қурамлы қоспалардан қурылады. Қоспалар асфалтьбетон заводында асфалть араластырыу аппаратында таярланады.
I (а-в), II (г-йе), III (ж-и), IV (к-н) тайпалы автомобилъ жоллары ушын ултарақтың конструкцион қатламлары :
а — жыйнама ҳәм монолит цементбетонлы; б — ыссы ҳәм жыллы асфалтьбетон қоспалы ; в — бетон ямаса тас тыянақлы брусчатка ҳәм мозаикали жолларда ; г-жабысқақ органикалық байлаў араласпасында ислеуге берилген, минерал унтақлы ямаса минерал унтақсыз қурам менен сараланған беккем щебень материаллы ; д — майдалау жолы менен қайта исленген щебень (майдаланған таслы ); е — суўық асфалтьбетонлы; ж — жабысқақ битум менен қайта исленген грунтлы ; з —щебеньлы (майдаланған таслы ), таслы; и — органикалық байлаў менен қайта исленген жергиликли бос материаллы ҳәм грунтлы ; к — үлкен тас ямаса бөлинген таслы тас көшелер; л — жергиликли тыянақлы материаллар менен беккемленген грунтлы щебень, майдаланған тас ҳәм б. менен); м- гранулометрик қурамлы грунтлы ; н — беккемленбеген грунтлы ; 1 — жол қатламы ; 2 — тийкар; 3 — тийкардың қосымша қатламы ; 4 — грунтлы тийкар.
III-IV тайпалы жолларда қурылыс дәуиринде ҳәм II, III жолларда : қыздырылған холатда жатқызылатуғын (I жол ықлым регионинен тысқары ) ыссы асфалтбетон қоспасынан ; суўық холатда жатқызылатуғын суўық асфалтбетон қоспасынан ; жолда араластырыў усылы бойынша жоқары дәрежеде жетилистирилген жол қатламлары қурылады.
Аппаратда битум ҳәмде қайта исленген, беккем щебеннен (қурамында даналары 5 мм ден кем болмаған ); ири даналы материаллардан (фракция өлшемлери 40 мм ге шекем ); цемент менен битум эмулъциясида қайта ислеў дүзилисинде қайта исленген, қумлы ямаса супесли грунтлардан таярланған қатламды да жоқары дәрежеде жетилистиририлген түрге алып келинеди.
IV, V тайпалы жолларда жол ултарағының қурыўдың бир қанша дәуиринде ҳәм III-V тайпалы жолларда қурыўдың басланғыш дәуиринде өтиў түриндеги жол қатламынан пайдаланылады :
• байлаушы менен ислетилмеген щебень, майдаланған таслы, таслы;
• актив қосымшалар менен ямаса оларсыз байлаўлар менен қайта исленген грунтлардан ҳәм кем беккемленген жергиликли тас материаллардан ;
• ири ямаса бөлинген тастан терилген тас көшелер.
Төмен түрдеги жол қатламы V тайпалы жолларда ҳәм жол ултарағын қурыў дәуиринде ишки каръерли жолларда ҳәм биринши нәубетте IV тайпалы жоллар қурылысында қолланылады. Төмен түрдеги қатламға түрли жергиликли скелет материаллар менен беккемленген ямаса жақсыланған грунтлар, жатқызылған ағашлы, пүтин ҳәм изли материаллар киреди.
Do'stlaringiz bilan baham: |