Қатты жол тоселмелери 7. 7. Қатты жол тоселмелерине :
цементобетонлы қуйма қатламлар ;
цементобетон тыянақлы асфальтбетон қатламлар ;
темирбетон, армобетон ҳәм бетон плиталардан жыйнама қатламларға ийе болған тоселмелер киритиледи.
7. 18. Қуйма ҳәм жыйнама қатламлы қатты жол тоселме тийкарлары қалыңлығының есабы, жол пайы ҳәм жол тоселмесинин ҳәр бир қатламындағы жылысыўдың шегаралық тең салмақлылыгы шәрти бойынша алып барылыўы керек. III ҳәм IV тайпалы жолларда қатты жол тоселменин эластиклик шегарасынан сыртда ислеўине руҳсат етилиўи мүмкин. Бундай жағдайларда жылысыўдағы шегаралық тең салмақлылық шәрти бойынша тийкар қалыңлығын есаплаў талап етилмейди. Тийкар қалыңлығын, беккемлик шәртинен келип шығып, жол ултарағын қурыў дәуири ушын бөлек (тийкарды - қурыўшы транспорт ҳәрекети ушын пайдаланыў мақсетинде) ҳәм автомобилъ жолынан пайдаланыў дәуири ушын болек есаплаў керек. Есаплаў нәтийжесинде үлкен қалыңлықтағы тийкар қабыл етиледи.
7. 19. Бетон тыянақлы асфальтбетон қатламлар есабын еки шәрт бойынша орынлаў керек:
қыстын ең суўық айында асфальтбетон қатламының жарылыўға шыдамлылығы ;
автотранспорт қуралларынан көп марте қайтарылатуғын салмақлық тәсирине қатлам ҳәм тийкар беккемлигиниң шегаралық қарсылыгы.
Асфальтбетон қатламы ҳәм цементбетон тийкарының беккемлигин жылдың ең қолайсыз дәуири - асфалъбетоннинг эластиклик модули ең киши болған жаздың ыссы айлары ушын есаплаў керек.
Қатты болмаған жол тоселмелери 7. 20. I ҳәм II тайпалы жоллардың қатты болмаған жол тоселмелерин, биринши жетилискен ремонтға шекем (ямаса реконструкция етиўге дейин) олардан пайдаланыў дәуиринде қалдық деформациялар жыйналмаслыгы шәрти менен проетлестириў керек. Жол тоселмелери (III - IV тайпалы жолларда ) катнау бөлиминиң тегислигине тәсир етиўши рухсат етилген шеклеўлердеги қалдық деформациялар болыўын есапқа алып жойбарланыўы керек.
7. 22. Қатты болмаған жол тоселмелери қысқа мүддетли жүклениўде беккемликтиң үш критериясы бойынша есапланыўы керек: пүткил структураны эластик иймейиўи бойынша ; топырақ ҳәм бос байланысқан тоселме қатламларының жылысыўға қарсылыгы бойынша ; анорганик байлаўлар менен қайта исленген тас материаллары ҳәм топырақлы тоселме қатламларының иймейиўдеги созылыўы бойынша. Қатты болмаған жол тоселмеленин жүклениўдиң тураклы тәсирине есаплаў топырақ ҳәм тоселменин байланыспаған қатламларындағы жылысыў бойынша атқарылыўы керек.
7. 23. Қатты болмаған жол тоселмеси ҳәм жол пайынын есаплық жүклениў тәсири ҳәм деформациясыны көп қатламлы структуралар эластиклик қоллап, қатламлар шегарасыдағы мүмкин болған ең жаман тутасыў шараятын есапқа алып анықлаў керек. Көп қатламлы жол тоселмелери ҳәм жол пайын еки ҳәм үш қатламлы есаплық моделге келтириўге рухсат етиледи.
7. 24. Жол тоселменин есаплық беккемлик нәтийжелери қандай болыўынан қатътий нәзер тығыз жағдайдағы структура қатламлары қалыңлықларын 40 -кестеде келтирилгеннен кем болмаған баҳаларда қабыллаў керек.
40 – кесте
Йўл тўшамасининг қоплама ва бошқа қатламлари материаллари
Қатлам қалинлиги, см
Йирик донали асфальтбетон
6-7
Майда донали асфальтобетон
3-5
Қумли асфальтбетон
3-4
Органик боғловчилар билан ишлов берилган чақиқ тош (шағалли) материаллар
8
Шимдириш усулида органик боғловчилар билан ишлов берилган чақиқ тош
8
Боғловчилар билан ишлов берилмаган чақиқ тошли, шағалли ва чақиқ тош қўшилган шағалли материаллар: қумли асосда
мустахкам асосда (тош ёки мустахкамланган тупроқда)
15
8
Органик ёки анорганик боғловчилар билан ишлов берилган материаллар ва тупроқлар