Интеграл микро схема (имс)



Download 26,91 Kb.
Sana12.06.2022
Hajmi26,91 Kb.
#658087
Bog'liq
Тест 1


Тест 1
1.Көп санлы транзистор, диод, конденсатор, резистор ҳәм оларды бир-бирине жалғаўшы өткизгишлердиң бир конструкцияға бирлестириўи нени пайда кылады?
А) Интеграл микро схема (ИМС)
2. Схемада қурамалы мағлыўмат өзгериўин орынлады, (жеке) бир технологик циклда, бир ўақыттың өзинде схеманың электрорадио элементлери (ЭРЭ) пайда қалыўды, жалғаныўлардың әмелге асырылыўын ҳәм бир ўақытта группалық усылда көп санлы бир түрдеги интеграл микросхемаларды пайда қылыў саўлелендириўши бул ......?
г)Интеграл микросхема (ИМС)
3)...... бул электрон әсбаплар қатарына киреди. В) ИМС
4)...... пән ҳәм техника тараўы болып, мағлыўмат узатыў, қабыл қылыў, қайта ислеўҳәм сақлаў ушын ислетилетуғын электрон қурылмалар ҳәмде әсбаплар жаратыў усылларын үйрениў, ислеп шығыў менен шуғылланады.
Б) Электоника
5)Резисторлар, индуктив катушкалар, магнитлер, конденсаторлар, электромеханик әсбаплар қандай элементлерден аталады?
Б)Пассив
6)Наноэлектроника өлшемлери
А)0,1 ден 100 нм
7)...... бул дискрет элемент функциясын орынлаўшы, бирақ монтаждан алдын ғарезсиз махсулат болған ИМС тиң бир бөлеги. А)ИМС компоненти
8)Конструкциясы бойынша кристалл ямаса тийкардан ажралмайтуғын, ЭРЭ функциясын орынлаўшы ИМСтиң бөлеги ...... деп айтылады.
Б)Элемент
9)Элементлери ярым өткизгиш тийкары сыртына жақын қатламда пайда қылынған микросхемалар ...... ИМС деп аталады.
Б)Ярим өткизгишли
10)Элементлери диэлектрик тийкар сыртында перде көринисинде пайда қылынған микросхемалар
..... ИМС деп аталады.
Б)Пердели
11)...... бул улыўма диэлектрик тийкарында жайласқан пердели пассив ҳәм дискрет актив элементлер комбинациясынан ибарат микросхема.
А)гибрид
12)ИМС тиң функционал қурамалылығы оның қурамындағы элемент ҳәм компонентлер санын көрсетиўши ...... менен саўлелендириледи.
Б)Интеграция дәрежеси
13)Қайсы ИС ларда сигналлар үзликсиз функция сыпатында өзгереди?
Б)Аналог
14)Қайсы ИСлар дискреткөринисте берилген сигналларды өзгертириўге ҳәм қайта ислеўге хызмет қылады?
А)Цифрли
15)...... – Кремный сыртында оксид (Si O2) қатлам (перде) пайда қылыў мақсетинде жасалма жол менен оксидлеўден ибарат процесс.
А)Термик оксидлеў
16)Ярым өткизгиш, оның сыртындағы оксидлер ҳәм басқа бирикпелерди химиялық элементлер ҳәмде олардың араласпалары жәрдеминде еритип тазалаў процесси не деп аталады?
А)Жемирилиў
17)......бул ярым өткизгиш сыртқы тазалаў, оксид қатламда түйиншелер ашыў ҳәм түрли көрииске ийе болған шуқыршалар пайда қылыў ушын қолланылады.
Б)Жемирилиў
18)Ярымөткизгиш пластинадағы металл ямаса диэлектрик перделер сыртында белгили формадағы локал тараўларды.
А)Фотолитография
19)Фотолитография процессинде ультрафиолет нур тәсиринде өз қәсийетлерин өзгертириўши ..... деп аталыўшы, арнаўлы элементлер ислетиледи.
А)Фоторезист
20)...... бул оксидленгенкремний пластинасы маска сыртына сүртилетуғын ҳәм кварц шишасы арқалы жүргилетуғын элемент.
А)Фоторезист
21)Маскалар тынық ҳәм тынық емес тараўларға ийе болған ушын фоторезисттиң белгили тараўларға жақтылық тәсир етип оның қәсийети өзгертирилсеол не деп аталады?
в) Фотошаблон
22).....бул ИС элементлерин электр жақтан жалғаў ҳәмде резисторлар, конденсаторлар ҳәм гибрид ИС ларда элементлер арасындағы изоляцияны әмелге асырыў ушын қолланылады.
А)Перделер
23)Вакуумда термик буркиў, материалды ионлар менен бомбардиман қылыў ямаса газ фазадан, суўлы еритпеден химиялық өткизиў усыллары менен пайда қылынатуғын бул .....
Б)Перделер
24)..... бул кристалл ямаса тийкар сыртында металл перделер пайда қылыў процесси.
в) Металлаў
25)Не ушын алтын, никель, гүмис, алюмин ҳәм Cr-Au, Ti-Au ҳәм басқалар ислетиледи.
А)Металлаў
26)Кремний тийкарында ИМСлерди металлаўды әмелге асырыў ушын тийкарынан пайдаланылатуғын метал қайсы?
в) Алюмин
27)Ҳәзирги ўақытта металлаўда электр өткизгишлиги алюминийға салыстырғанда үлкен болған ...... ҳәм қолланылмақта.
А)Мис
28)..... яд элементи ролин орынлаўшы ҳәм қайта дастүрлениўши яд қурылмалар тийкарын шөлкемлестиреди.
Б)МНДЯ – транзисторлар (Метал-нитрид кремний-диэлектрик)
29)Пән, техник ҳәм слеп шығарыўдың мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм өзгертириў ушын хызмет қылыўшы электрон қурылмаларды ислеп шығыў ҳәмде усыныс етиў менен шуғылланыўшы тараўы ...... деп аталады.
г) Электроника
30)...... бул үзликсиз өзгериўши, электр сигналларын узатыў, қайта ислеў, қабыл қылыў ушын хызмет етиўши ЭҚ-ды ислеп шығыў ҳәм оны үйрениў менен шуғылланады.
Б)Аналог электроника
31)Аналог қурылмалар тийкарын ...... күшейттиргиш каскадлар шөлкемлестирди.
А)Әпиўайы
32).....бул шамасы бойынша квантланған электр сигналларды узатыў, қайта ислеў ҳәм қабыл қылыўға мөлшерленген дискрет ЭҚ ды ислеп шығып менен шуғылланады.
в) Цифрлы электроника
33)Үзликсиз сигналды оның жеке точкадағы шамалары менен алмастырыў процессине ..... деп аталады.
Б)Квантлаў
34Цифрлы қурылмалар тийкарын еки турақлы ашық ҳәм жабық жағдайда ислеў мумкин болған ..... шөлкемлестиреди.
А)транзисторлы электрон шлитлер
35)Электрон әсбапларда ток ҳәм кернеў тосаттан өзгериўлери ...... деп аталады.
Б)шаўқымлар
36)Мағлыўматларға ислеў бериўге цифрлы усыллардан пайдаланыўшы ҳәр қандай система аналог ҳәм цифрлы сигналларды өз-ара ....... системаларға ийе болыўы шәрт.
А)өзгертиўши
37)....... дегенде сигнал амплитудасы, кернеў дерек энергиясының шығыў сигналы энергиясына өзгертирилиўи есабынан частоталардың шегараланбаған аралығында сызықлы емес бузылыўларсыз Кu мәрте көбейтиўине айтылады. А)күшейттириў
38Сызықлы емес аналог өзгертиргишлерди әмелге асырыўшы тийкарғы қурылма сыпатында сигналларға аналог .... хызмет қылады.
А)көбейттиргиш
39)Еки аналог шама U1 ҳәм U2 ни белгили анықлық Δ менен салыстырыў функциясын ..... орынлайды.
А)компаратор
40)......бул қәлеген форма ҳәм ўақыт аралығындағы сигналларды пайда қылыў, өлшеў ҳәм аналог мағлыўматты цифрлыға өзгерттириў ушын ислетиледи.
А)компаратор
41)......деп, дерек энергиясын кириў сигналы нызамшылығына сәйкес раўиште шығыў сигналы энергиясына өзгертириўши қурылмаға айтылады.
Б)күшейттиргиш
42)Күшейттирилетуғын частоталар диапазоны бирлерше герцден жүз килогерцгеше болса ....... деп аталады.
А)пәс частота күшейттиргишлер (ПЧК)
43)Күшейттирилетуғын частоталар диапазоны жүз килогерцден мегагерцке шекем болса ...... деп аталады.
А)жоқары частотал күшейттиргишлер (ЖЧК)
44)Күшейтириў диапазоны он герцтен жүзлеген герцке шекем болса ..... деп аталады.
В)кең полосалы күшейттиргишлер
45Жүда тар частоталар диапазонында күшейтириўши бул ..... деп аталад
Г)таңлаўшы күшейттиргишлер
46)Биринши каскад бул ...... болып, ол күшейттиргишти кирис сигналы дереги менен келисимге келтириеди.
А)кирис каскады
47)Кирис каскадқа жүклеме болып, кирис каскадлы шығыс каскады менен келисимге келтириў ушын хызмет қылыўшы бул ......
Б)аралық каскады
48Айрым жағдайларда куўат күшейттиргишти ..... шөлкемлестиреди.
в) шығыс каскады
49)Өзгермели ҳәм турақлы сигналлардың каскадлараралық узатылыў мүмкиншилигин беретуғын бул ..... деп аталады.
А)– гальваник (үзликсиз) жалғаныўлы күшейтиргишлер
50)Алдынғы каскад шығыслы кейнги каскад кириси менен резистор – сыйымлықлы шынжыр арқалы жалғаў бул ..... деп аталады.
Б)– RS – жалғаныўлы күшейттиргишлер
51Каскадлар арасына трансформатор жалғаў бул ..... деп аталады
в)– индуктив (трансформаторлы) жалғаныўлы күшейттиргишлер
52)Шығыс сигналы формасының кирис сигналы формасынан парқланыўы ..... деп аталады.
А)сигнал бузылыўы
53Транзистор ҳәм күшейтиргиш қурылма басқа элементлери параметрлериниң частотаға байланыслылығы себепли (жүзеге келиўши) пайда болыўшы бул ...... деп аталады.
Б.)сызықлы бузылыўлар
54)Күшейттиргишлерде ислетилген транзисторлар ВАХ ларының сызықлы емеслиги есабынан жүзеге келиўши бул ..... деп аталады.
В)сызықлы емес бузылыўлар
55)Кu дың кернеў бойынша күшейтирилип атырған сигнал частотасына байланыслылығына күшейтиргиштиң .... деп аталады.
А)амплитуда – частота характеристикасы (АЧХ)
56)Күшейттиргиш шығыслыдағы кернеў ямаса ток өз-өзинен ..... жүз бергенде жылжыйды.
А)нөлдиң дрейфи
57)Күшейтиргиштиң шығыс шынжырынан кирис шынжырына энергия узатыўына .... деп айтылады.
А)кери байланыс (КБ)
58)Бир каскадты ийелеген кери байланыс (КБ) ...... деп аталады.
А)жергиликли КБ
59)Көп каскадлы күшейтиргишти пүткиллей ийелеген кери байланыс (КБ)...... деп аталады
А)улыўмалық
60Егер күшейттиргиштиң кирис сигналы ҳәм кери байланыс (КБ) сигналы фазалары бир қыйлы болса, ......... (КБ) деп аталады.
А)оң КБ
61Егер күшейттиргиштиң кирис сигналы ҳәм КБ сигналы фазалары π мүшейке парқ қылса, яғный фазалары кери болса, ...... деп аталады.
Б)терис КБ
62-....... КБ әмелге асарылғанда КБ шынжыры күшейттиргиштиң кирис тәрепинен сигнал дерегине
избе-из жалғанады.
А)Избе-из жалғанған
63)-....... КБ әмелге асырылып атырған КБ шынжыры күшейттиргиштиң кирис тәрепинен сигнал дерегине параллель жалғанады.
Б)Параллель жалғанған
64)Бир ўакытта ҳәм ток, ҳәм кернеў бойынша КБ ҳәмде бир ўақытта избе-из ҳәм параллель КБ болса ..... КБ деп аталады.
В)Комбинацияланған КБ (аралас)
67)Шексиз үлкен күшейттириў коэффициентине; шексиз үлкен кириў қарсылығына; нөлге тең болған шығыс қарсылығына; инверслейтуғын кирислерге; бир түрдеги сигнал берилгенде нөлге тең болған шығыс кернеўине, шексиз үлкен кең өткизиў полосаға ийе бул ......
Б)Идеал күшейттиргиш (ИК)
68)Иқтиярлы шынжырдан алдыннан белгиленген шамаға ийе ток ағыўын тәмийнлеўши электрон қурылма .... деп аталады.
А)турақлы ток генераторы (ТТГ)
69)Қурамалы кирисине берилип атырған мағлыўмат ҳәм паразит сигналлар жыйнағынан берилген частотадағы сигналда ажратып алыўда қолланылатуғын сигналды ажратып алыўда қолланылатуғын таңлаў схемалары бул ..... деп аталады.
А)фильтрлер
70)Өткизгиў полосасының тынық емес полосасынан ажратыўшы частота, (шегаралық частота ямаса ƒКЕС кесиў частотасы) ...... деп аталады.
А)шегаралық частота
71)-...... бул нөлден ƒКЕС геше болған аралықтағы тербелислерди өткизеди ҳәм жоқары частоталы тербелислерди сөндиреди.
А)пәс частота фильтрлери
72)– ...... бул ƒКЕС ден жоқары болған тербелислер частотасын өткизеди ҳәм оннан пәс тербелислерди сондиреди.
Б)жоқары частота фильтрлери
73)– ...... бул ƒ1 ден ƒ2 ге шекем болған аралықтағы тербелислер частотасын өткизеди ҳәм бул полосадан сырттағы тербелислерди сондиреди.
В)полоса фильтрлери
74)– ....... бул ƒ1 ден ƒ2 ге шекем болған аралықтағы тербелислер частотасын өткизбейди
Г)режекторлы (шегаралық) фильтрлер
75)Электрон қурылманың пассив бөлегин пайда етиўши RС -ямаса LC-шынжырлар, яғный пассив фильтрлер ...... тийкарлы пайда етеди.
А)ихтыярлы фильтр
76)Бир басқышлы RС – шынжырдан пайда болған бул .... фильтр.
А)пәс частоталы әпиўайы
77)Бир басқышлы RС – шынжыры ..... фильтр деп аталады.
А)биринши дәрежели
78)Пассив (тийкарынан резистор ҳәм конденсаторлар), ҳәм актив (әдетте ОКлар) элементлерден пайда болатуғын бул .....
А)актив фильтрлер
79)......... – бул еки ҳәм оннан артық сигналларды өз-ара, ямаса бир кирис сигналын белгили бир берилген эталон кернеў дәрежеси менен салыстырыў әмелин орынлайды.
А)Компаратор
80)Компаратор аналог ҳәм цифрлы қурылмалар арасындағы байланыс элементи ролин орынлайды, яғный әпиўайы ...... есапланады.
А)Аналог цифрлы өзгертиргиш
81Екилик санақ системасында берилген мағлыўматларды логикалық өзгертиўге мөлшерленген электрон схемалар ....... деп аталады.
А)логикалық элемент ямаса логикалық интеграл схема
82)Тийкары ЛЭ (логикалық элемент)диң схема вариантларын ...... деп аталады.
А)транзисторлы логикалар
83)Цифрлы қурылмалар тезлигин асырыў проблемасы ....... элементин жаратыўға себеп болған.
А)эмиттерли байланысқан логика
84)Мағлыўматты қайта ислеў ҳәм сақлаў ўазыйпаларын орынлаўшы заманагой микроэлектрон аппаратларда түрли интеграция дәрежесине ийе болған ..... ислетиледи.
А)ИМС лар
85)Кирис ҳәм шығыс сигналлары шамасы арасындағы анық сәйкесликти әмелге асырыўшы логикалық схемалар ..... деп аталады.
А)комбинацион схемалар
86Комбинацион схемаларға ...... киреди.
А)дешифратор ҳәм мультиплексорлар
87)........ деп шығысына мағлыўматлардың информация кирисинен биреўн жалғаўшы, басқарып қайта жалғағышты пайда қылыўшы комбинацион схемаға айтылады.
А)мультиплексор
88)........ деп, еки турақлы жағдайға ийе болған әпиўайы қкрылмаға айтылады.
А)триггер
89)Кирис ипулслары санын есаплаў ушын арналған қурылма ......... деп аталады.
А)счетчик
90)Бир неше триггер тийкарында ....... дүзиўге болады.
А)счетчик
91)Нанотехнологиялардың илмий ҳәм технологик усылларынан пайдаланыўға тийкарланады.
А)Наноэлектроника
93)Нанообъектлерди бақлаў, олардың параметрлерин өлшеў, жеке атомларды ҳәм нанообъектлерди басқарыў мүмкиншилигин ........ береди.
А)арнаўлы технологик үскенелер
94Арнаўлы технологик үскенелер .......
Г)а,б,в жуўаплары туўры
95)...... бул өлшемлери 12÷100 нм болған «нанобөлекше» деп аталыўшы бөлекшелерден ибарат.
А)нанотехнологиялар объекти
96)Наноқурылма бул наноэлектроникада тийкарғы объект - .......
А)электрон наноқурылма
97)Узатыўшы (УОМ-узатыўшы оптик байланыс модули) ҳәм қабыл қылыўшы (ҚҚОМ) оптиу модулларға ийе бул ........
А)оптик байланыс системалары
98Электр сигналларын оптик сигналларға өзгертиў ушын хызмет қылыўшы бул .....
А)узатыўшы оптик байлыс модули (УОМ)
99)....... бул оптик талшықтан алынған оптик сигналды электр сигналына айландырыў ушын хызмет қылады.
Б)қабыл қылыўшы (ҚҚОМ) оптик модули
100)Оптик талшықлы байланыс линияларында (ОТБЛ) кең қолланылады ҳәм ишки күшейтиргишке ийе фотоқабыллағышдан ибарат, жоқары сезгирликке ийе бул ......
А)көшкили фотодиодлар (КФД)
Download 26,91 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish