Ибрайым юсупов



Download 0,77 Mb.
Pdf ko'rish
bet7/34
Sana24.03.2022
Hajmi0,77 Mb.
#507838
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   34
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)

ҲАҒЛА, ӘМИЎИМ!
Жазғы таңда шықсам Әмиў бойына,
Ҳаўасы жаныма жағып барады,
Қанат байлап қыялыма - ойыма,
Ылай суўлар бурқып ағып барады. 


21
Терең ийрим тартып, жайлап та ағар,
Базда сазан атып, туўлап та ағар.
Саўлатланып, суў тулпардың жалындай,
Ырыс қазаны болып қайнап та ағар. 
Басқа қызығыңды қоятур дерсең,
Алтын сахналы бир театр дерсең.
Суў ийеси Суләйманның мүлкиндей,
Мол ғәзийне ығып киятыр дерсең. 
Қызкеткен, Кегейли, Пахта арналар,
Ғарқәллезий болып Қуўаныш жармалар,
Көлде ғаз қыйқыўлап, жылымлар майлап,
Атызларда дийқаншылық ырғалар. 
Ҳәрекетке келтирип кең дүньяны,
Қарағандай елдиң, жердиң дәўраны,
Жағалықта жасыл туўын көтерип,
Жас тоғайлар алғыслайды дәрьяны. 
Ҳағла. Әмиў - берекеттиң булағы!
Бар тиришилик саған қуллық қылады.
Сен ҳәўижге минсең, еллер қуўанып,
Шайырлар да сеннен илҳәм алады. 
Теңизди терис қайтқан заманлар қуртты,
Ҳеш ким емес, оны адамлар қуртты.
Сағадағы суў симирип жуўҳадай,
Аяққа ағызбай, теңселтти журтты. 
Ашкөз бенделердиң пейлин байқаған
Тәңирим бәлким талай басын шайқаған,
Жаратқанның өзи жарылқар болса,
Адам ириккен дәрья тасар қайтадан ... 


22
Бойларыңда жүрип ойға таламан.
Демде не заманлар кешти арадан!
Пәтли ағысыңды қайтадан көрип,
Қуўанғаннан көзиме жас аламан. 
Ҳағла, ҳағла Әмиў, - жәўлан урып ақ.
Абийҳаят суўы менен толып ақ.
Әйдарҳадай айбат шегип, жулқынып, 
Ҳәм жилли көзленип, Жәйҳун болып ақ. 
Жағысына бахыт бәҳәрин берсин,
Саған Нуў пайғамбар қәҳәрин берсин.
Қырға шығып қалған байғус Аралға,
Ҳәр тамшың тиришилик нәҳәрин берсин. 
Жуўасып, ҳеш кимге бағынбағайсаң,
Нәўпир суўдан ҳасла арылмағайсаң.
Сен ҳәзирги адамлардың пейлиндей,
Ишкирнелик етип, тарылмағайсаң. 
Август, 1993-жыл. 

Download 0,77 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   34




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish