Ибрайым юсупов



Download 0,77 Mb.
Pdf ko'rish
bet5/34
Sana24.03.2022
Hajmi0,77 Mb.
#507838
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   34
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)

 
 
БЕГЛИГИҢДИ БУЗБА СЕН 
 
Бар билгени аўзында.
Саўдырақ қарақалпағым.
Жан сәўлеси көзинде,
Жаўдырақ қаракалпағым.
Кеўили кең майдандай,
Тамға жулдыз жайғандай.
Писип турған наймандай,
Геўдирек қарақалпағым... 
Заман барар өзгерип,
Еситкенди көз көрип.
Арбаның жаман жерлери
Ой-шуқырға гез келип, 


14
«Тартпайды - деп - табанлап,»
Атыңды урма, жаманлап.
Буннан да жаман жоллардан
Жаныўар өткен ҳамаллап.
Аўмастырма ябыңды
Айғырға, қарақалпағым.
Адамсаң ғой сабырлы,
Қайғырма, қарақалпағым. 
Тарийхтың талай өткелин
Сал минип кешип өткениң
Ядыңда ма? Сонда да
Аяққа ығып кетпедиң.
Жабығыңды жел түрип,
Үзигиңнен сел кирип.
Аңсағансаң ғой қуяшты,
Булт артына телмирип 
Келдиң ғой сөйтип келеге,
Қызба, қарақалпағым.
Беглигиңди еле де
Бузба, қарақалпағым. 
Ҳеш қашан сен ҳеш кимниң
Болмағансаң еркеси.
Ҳәмме сеннен үлкенсип,
Гүжирейтер еңсесин.
Инсанның пейли бузылса,
Шошқаның болар гүркеси.
«Аш адам урысқақ» дегендей,
Суў көтермес сиркеси.
Жән-жақта жәнжәл, арасат,
Қубласы жоқ арқаның.
Бундайда ақыл-парасат
Дәнин ек, қарақалпағым. 


15
Бир көзди бир көз жегендей,
Тәкаббырсып атласып,
«Қай баласаң?» дегендей,
Ағайин кетти жатласып.
Қызыўы кетип дослықтың, 
Суўысып барар қатнасық.
Жүзлери күлип жылтырап,
Ишлери турар сотласып.
Ерме журттың сөзине,
Жулма гүлдиң жарпағын.
Бир яратқан өзиңе
Яр болсын, қарақалпағым. 
«Алға бас, алға, алға!» деп,
Артымызға қайырды.
«Ақ алтын бер елге!» деп,
Теңизимизден айырды.
Қурырда байғус Аралдың 
Дүньяға даңқы жайылды.
Бозторғайдай шырлатты
Шынын айтқан шайырды.
Тар жолға турсаң дус келип,
Дана бол, қарақалпағым.
Өзиңе өзиң күш берип,
Пана бол, қарақалпағым. 
Жердиң тилин билесең,
Ҳаслы дийқан халықсаң.
Малдың тилин билесен, 
Шарўаға да алықсаң.
Ҳадал мийнет ислеўде
Қашан ҳарып-талыпсаң?
Өзиңди өзиң асырап,
Қол жаймайсаң тарықсаң.
Қонақ көрсең қуўжыңлап,


16
Суўға кирген балықсаң.
«Ағамлар өтсин деп» жүрип,
Есик бетте қалыпсаң...
Жесир үйдиң қызындай,
Жараспайды жалтағың.
Шыйратып ескен шыжымдай,
Шыйрақ бол, қарақалпағым. 
Тартыншақ жолы жиңишке,
Сарсылма, қарақалпағым.
Араласып кир ишке.
Тартынба қарақалпағым! 
Ноябрь, 1991-жыл Ташкент. 

Download 0,77 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   34




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish