Ибрайым юсупов



Download 0,77 Mb.
Pdf ko'rish
bet4/34
Sana24.03.2022
Hajmi0,77 Mb.
#507838
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   34
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)

 
КОРРУПЦИЯ 
Бир иллет бар «пара» деген, 
Береди екен, алады екен. 
Ҳарам қоллар қалтырамай, 
Қалтасына салады екен. 
Бермегенлер кала берер, 
«Билмегенлер бара берер, 
Билген адам пара берер», - 
Деп журт нақыл қылады екен. 
Ҳәзир жүдә көп айтады,
«Гүжип кетти» деп айтады.


10
Еситкенлер «тоба» айтады,
Алған омма урады екен. 
Халық айтса, қалпы айтпас,
Болмағанды жалпы айтпас,
Гөр өгиз балтадан қайтпас,
Гүйсеместен жутады екен. 
Берген адамына пайлы,
Алғанлардың иши майлы.
Жоллары бар қыйлы-қыйлы -
Бериўшилер биледи екен. 
Бергенлер де тек жүрмейди,
Алғаннан пәнт жеп жүрмейди.
Қыпсалы сыр көп жүрмейди,
Журтқа әшкара болады екен. 
Үйине барғанын айтып,
Қаншама бергенин айтып,
Жумысы питкенин айтып
Ертең өзи-ақ жаяды екен. 
Биреўлер бар - жырып жейди,
Биреў - ийттей үрип жейди.
Ақыллысы - бөлип жейди,
Сөйтсе жақсы сиңеди екен. 
Өлерменлер қалта аңлыйды,
«Бере ме» деп жалтаңлайды.
Көп жегенлер талтаңлайды,
Көзине май питеди екен. 
Қабат-қабат жайлар салып,
Балларына машын алып,


11
Заң-закон пияда қалып,
Бәндиргиде турады екен. 
Бул иллеттиң тәпси урғанлар,
Мут дүньяны қапсырғанлар,
«Тутасаң» деп тапсырғанлар,
Тута алмаған болады екен. 
Ҳарамсынбай алып-алып,
Ақыбети барып-барып,
Артық дүнья көз шығарып,
Бир бәлеге шатады екен. 
Август, 1994-жыл. 
 
КӨЗИМЕ БИР ӘЖЕП ЗАМАН КӨРИНЕР 
(Төрткүлли Абдулла Бекчановқа.) 
Бул сөзди пәҳим әйле, әзийз бирадар,
Таўға—таў, адамға—адам көринер,
Ақшам аспандағы жанған жулдызлар
Сен көрип турғанда маған көринер, 
Сениң ақыл-зейиниң, бийғубар кеўлиң
Уғар, айтсам, дәрҳал дәртимди мениң.
Ҳәр ким дос-яранын, ҳәр ким өз теңин
Сыйласқанда сулыў дәўран көринер 
Сыйласық, сиз—бизлик елдиң дәўлети.
Ырыс—несибениң мол берекети.
Төрткүл бағларында дослар сәўбети 
Биз ушын шайырлық илҳам көринер. 
Арқасы Гүлдирсин, қубласыЖәйҳун,
Бул дәўлетли елди аймалар ай-күн.
Мийнеткеш, миймандос азамат халқын


12
Еске алсам, Баба дийхан көринер. 
Бабалардан айтылмай сөз қалмған,
Бир Әмиў ағады ҳәмме салмадан.
Ырысқымыз бир атыз, бир түп алмадан,
Бир пәлектен жүзлеп урқан көринер. 
Бул елде көп ақлы—даналарым бар,
Нарбайдай кәтқуда ағаларым бар.
Ғош жигит досларым, жораларым бар.
Ел деп ентелеген палўан көринер. 
Жарасықлы əдеп-икрам, назлары,
Заманның Гулайым Сәрбиназлары, 
Ҳүр периге мегзес Төрткүл қызлары.
Ҳәр бири көзиме рәўшан көринер. 
Қарақалпақстан, бул бир кең жаҳан,
Шымбайсыз—Төрткүлсиз бизге жоқ ўатан.
Султан Ўәйис—Қара таўдан қарасаң,
Жәйҳун жағасында нәрўан көринер. 
Саяласақ, бир гүжимниң жапырағы,
Араласқан ата-баба топырағы,
Ойнап-өскен бир аўылдың шаңлағы,
Қай төбеге шықсан, ўатан көринер. 
Дәрбентинде жасап гөне тарийтың,
Өз даңқыңды жер жаҳанға таныттық.
Ҳадал миййет еткен бизиң халықтың
Жүзлеринен нуўры ийман көринер. 
Ғалаўыт қаплаған дүньянын жүзин,
Дурыс ҳәм мәрдана тут өзиңди өзиң.


13
Тыныш, татыў турмысымызды бизиң
Ким күнлесе, бизге жаман көринер. 
Қара даўыл қара булытты үрлеген,
Қулақ еситпеген, көзлер көрмеген,
Төрт уйықласақ тусимизге енбеген,
Көзиме бир әжеп заман көринер. 
Кел әй, опалы дос, әзийз қардашым,
Инсаный мириўбет болғай жолдасың,
Ҳәр ким дурыс айдаса ҳуждан арбасын,
Көп пенен көргениң—дəўран көринер. 
Инсаплы болғай бул дүнья базары, 
Тезирек өткей дағдарыслы ҳазары.
Жақсы үмитлердиң айдын гүзары,
Ниетиң ҳақ болса. раўан көринер. 
Сентябрь, 1992-жыл, Төрткүл. 

Download 0,77 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   34




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish