АКТРИСАНЫНГ ЫҒБАЛЫ
(ТАНГ НУРЫ)
Лиро-драмалық поэма
Қарақалпақтынг
бринши
драматурги,
қарақалпақ
театрын дузуде белсене ис
корсеткен талантлы актер
Абдираман
Отеповтынг
олмес естелигине арнай-
ман
Автор.
П Р О Л О Г
Ҳей сен, қонгратлы қыз, жаным Арухан,
Қзыл капы алдында иркилдинг неге?
Сғалап турғанды қой тал арасынан,
Жетер тартынғанынг, кир ишкерше.
Кир деймен, қымбатлым, қолынгды узат,
Қанекей, бир батыл қадем ур,—тамам,—
Тек сойтсенг болғаны, уадем ҳақиқат,
Ажайып бир дуньяны ашайын саған.
Сен ушын жат емес бул қзыл есик,
Бикар гудикленип иштен жанасанг,
"Қолдан келмес иске умтылар" десип,—
Кулип журе-ме?—деп гуманланасанг.
Жоқ, бул жерде "саған арман тур" демес,
Жаслар бунда қурар зауықлы кеше.
Бул Жалеке байдынг ҳаулиси емес
Ҳамь шашынгнан суйреп урмас байбише.
87
Бунда жоқ Жалекенинг Айтен гешшеси,
Сени акесинен алмақшы болған.
Излеп келип, кирмей қайтқаны неси?
Неге қамығасанг, жаным Арухан?
Сен жетим қыз единг, сен шоры единг,
Брақ аулымыздынг сани болдынг сен;
Қалжынгбас жгитлердинг сен соры единг,
Жуапты шарлар единг откир созьбенен.
Сен тезек теруге шғып арқашқа,
Гейде қандай жақсы қосықлар айттынг!
Тоздинг сен ыссыға, суыққа, ашқа,
Сулулығынг қаридарды молайтты.
Ананг ерте олди, миримсиз акенг
Сени сатты байға онторть жасынгда.
Кси есиги деген тонг тезек екен,
Ериту қиын болды ғам қусасында.
Брақ аулымызда ҳеш қыз, ҳеш қатын
Алдынга туспеди ақыл, шрайдан
Ҳамь ашық мнезинг, шоқ табиятынг
Қуды ғам-қайғыны сен журген жайдан.
Лекин, тал шбыктай тауланып сонда
Аур жук астында сен оскен сайын,
Азап сонша батты зил берип жанға,
Журтқа ермек ушын сен болдынг қайым.
Гейде айдыллынгнынг жиегин тислеп,
Кеттинг козден таса жийделик бетке.
Бастынг оксигингди озингди кушлеп,
Три жанға мунгынгды шақпадынг ҳатте.
88
Сойтип жургенингде танг атқан еди,
Танг атты, нурлы танг, бир ажайып танг.
"Қапестеги булбил, азатсанг" деди
Ҳамь мангги қутылдынг қуллық торынан.
Налети ақ отау даулдан қирап,
Бай жабиринен азат болғанынг сенинг,
Қуслар дизбегининг артынан қарап,
Есингде-ме: "Ленин" деп губирленгенинг?
Аул муғаллими сени жетелеп,
Торткульге акелип оқуға берди.
Азатлық тангында сунгқардай тулеп,
Козлеринг шын бахыт нурларын корди.
Сен мангги азатсанг, жолдас Арухан,
Ҳей, коп азап корген қарақалпақ қзы!
Нур алып Октябрьдинг алтын тангынан,
Кул сен, кун шғыстынг гауҳарь жулдызы.
Аш қзыл есикти, бас аяқты, бас,
Бахытын қарсы алуы керек ҳарь адам!
Тартынба еркинлик алған қарындас,
Жол ашық,
жол ашық,
жол ашық саған!
89
Бринши тарау
Do'stlaringiz bilan baham: |