Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер


Лекция №4. Өзбек халқының этникалық



Download 0,6 Mb.
bet7/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   36
Bog'liq
Лекция

Лекция №4. Өзбек халқының этникалық

қәлиплесиўи.


ЖОБАСЫ:
1. Б.э.ш I мың жыллықтың орталарынан баслап б.э.VIII әсирге шекем Орта Азия аймағындағы этникалық ҳәм сиясий жағдай.
2. IX-XII әсирлерде Орта Азиядағы этникалық сиясий жағдай. Жазба әдебий тилдиң қәлиплесиўи.
3. XV әсирдиң ақыры - XVI әсирлерде Орта Азияға Дешти Қыпшақ қәўимлериниң кирип келиўи ҳәм олардың этникалық процесске тәсири.
Ә Д Е Б И Я Т Л А Р
1. Каримов И.А. Тарихий хотирасиз келажак йуқ Т. 1998
2. Ахмедов Б. Тарихдан сабоклар Т. 1994
3. Ватан туйгуси Т. 1996
4. Абулғозий. Шажараи турк. Т. 1992.
5. Жаббаров И. Ўзбеклар: турмуш тарзи ва маданияти. Т. 2003.
6. Материалы этнической истории тюркских народов центральной азии. Т. 2003
7. Шониезов К.Ш. Ўзбек халқининг этногенезига оид баъзи назарий масалалар. Ўзбекистонда ижтимоий фанлар, 6-сон, 1998.
8. Ўзбекистон тарихи Т. 2002, 2003, 2006.
9. Ҳасан Ато Абуший Туркий қавмлар тарихи. Т. 1994.
10. Иброҳимов А. Бизким ўзбеклар… Т. 1999.

Әййемги заманларда бир ата-анадан тарқалған туўған-туўысқанлардың жәмлесиўи нәтийжесинде қәлиплескен жәмәәт урыў деп аталған. Тиришилик тәшиўиши ҳәм сыртқы душпанлардан сақланыў, адамлардың туўған-туўысқанлыққа тийкарланған бирлесиўин мәжбур еткен.


Қәўим туўған-туўысқанлық, миллет динлес бир неше урыўдың жәмлесиўи, сондай-ақ бир урыў тәбийий түрде көбейип әтирапындағы урыўларды бойсындырып, өз қурамына сиңдирип жибериў ақыбетинде қәўим ретинде қәлиплескен болыўы мүмкин.
Қәўимниң урыўдан тийкарғы парқы, ол урыўларға бөлиниўден басқа өз аймағы қәўимлик тилине, қәўим кеңесине ҳәм әскерий баслығына ийе болган. Қәўимлер адамлардың аўшылық ҳәм көшпели шарўашылық пенен бирге дийҳаншылық ҳәм әййемги темиршиликке өте баслаған гезлеринде пайда болған. Ақыл жағынан бөлиниўшилик мүлкий бөлиниўшиликке алып келген.
Елат атамасы ең әўели, қәўимлер бирлеспеси, адамлардың тил, аймақ, экономикалық ҳәм мәдений жақтан тарийхый қарар тапқан бирлигин билдиреди. Елаттың келип шығыўына бир-бирине көп жағынан жақын бир неше қәўимлердиң жәмлесиўи тийкар болған. Адамлардың елат болып бир аймақта жасаўлары, олар арасындағы туўған-туўысқанлық улыўма мәпдарлық сезимлерин күшейттирген. Улыўма мәпдарлық үлес ҳәм оны қорғаў ўазыйпасы мәмлекетти пайда еткен. Елат болып қәлиплесиўдиң бир неше белгилери бар. Тил жағынан бир ямаса өз-ара жақын қәўимлердиң жәмлесиўи елат болыўдың тийкарғы белгиси. Бир қәўимниң басқасы тәрепинен жаўлап алыныўы нәтийжесинде бир неше қәўим араласып, елат пайда болған.
1926 жылы өткизилген Пүткил аўқамлық ҳалықтың есабын алыўдың жуўмағында бурынғы аўқамда 230 дан артық миллетлер ҳәм елат жасайды делинсе, 1959 жылғы ҳалықтың есабын алыўда бул 129 ға азайған. Демек, 100 ден артық елат, тийкарынан кем санлы ҳалықлар өз миллийлигин жоғалтып, көп санлы ҳалықтың муғдарын асырған.
Ҳалық атамасына философиялық жақтан нәзер аўдарсақ оның тәрийпи: тарийхтың ҳәмме басқышларында жәмийет ўазыйпаларын шешиўге таяр, жүрт жумысына жарамлы ҳәм қәбилетли қатлам, социаллық бирлик, тарийхтың дөретиўшиси.
Миллет адамлардың тығыз тарийхый бирлиги, улыўма экономикалық турмыс, тил, аймақ бирлиги, мәденият, сана, руўҳый жәмлесиўи демекдур.
Өзбек ҳәм қарақалпақ ҳалықларының келип шығыўы жүдә узақ тарийхқа ийе. Ең әййемги ҳәм ерте орта әсир дәўиринде түрли елат ҳәм ҳалықлардың пүткил Орта Азия, Қазақстанның кең территорияларында қосылыў ҳәм араласыў процесси жүз берген. Бул территорияда бир неше мың жыллар даўамында шегаралары өзгерип турған тарийхый-мәдений бирикпелер жүзеге келген.
Әййемги Туран жерлеринде жасаған отырықшы дийхан ҳәм көшпели шарўа ҳалықтың әсирлер даўамында жүргизген өз-ара экономикалық ҳәм этникалық байланыслары нәтийжесинде бул үлкен аймақта әййемги жазба дереклерде Суғд, Хорезм, Паркана, Шаш ҳәм Тохар аты менен тилге алынған бир қатар оазислердиң ҳалықлары пайда болады.
Эрамыздан алдынғы бир мың жыллықтың орталарында түркий қәўимлердиң қублаға қарай жылысўы менен Мавераннахр ҳәм Хорасанда түркий процесстиң үстемлиги тағы да күшейди.
VII-VIII әсирлерде түркий ҳалықтың үлкен бир бөлеги Жетисуў, Шаш ҳәм де Ферғана ойпатында, азғантай бөлеги Зарафшан ҳәм Қашқадәрья оазислеринде жасайтуғын еди. Олар түркий тилди қабыл еткен сол жергиликли халықтан ҳәм де бул жерге келип орналасқан көплеген түркий қәўим ҳәм урыўлардан ибарат еди. Айырым суғдий ҳүжжетлерде келтирилген мағлыуматларға қарағанда түркий халық орналасқан бул үлке VII әсирден баслап Түркистан деп атала баслаған.
Қулласы араб халифатлығы басқыншылығына шекем Шаш, Ферғана ҳәм Зарафшан ойпатлары Қашқадәрья ҳәм Сырдәрья оазислери, Хорезм ҳәтте Әмиўдәрьяның шеп жағасы халқының үлкен бөлеги әлле қашан түрклесип Мавераннахр ҳәм Хорезмниң социаллық ҳәм мәдений турмысында әҳмийетли орынды ийелеп алған еди.
XI әсирде Мавераннахрда Қараханийлер мәмлекетиниң дүзилиўи менен карлук, оғуз, жигил, яғма ҳәм басқа түркий қәўим және урыўларының Шаш, Ферғана ҳәм басқа ўалаятларда жасайтуғын түркий халық пенен биригип отырықшы турмысқа өтиў процесси жеделлеседи. Отырықшы дийхан ҳәм өнерментши халық пенен араласып дийханшылық ҳәм қала мәдениятының бай тәжирийбеси ҳәм дәстурлери өзлестириледи. Түркий улыўма тил ҳәм халық аўызеки эпосына негизленген көркем әдебият жүзеге келеди. Hәтийжеде түркий тилде сойлейтуғын халық Мавераннахрдың негизги халықларының бирине айланады.
Солай етип, әсирлер даўамында Мавераннахр, Хорасан, Хорезмде жүз берген жүдә қыйын сиясий жағдайда даўам еткен этникалық процесслердиң ақыбетинде IX-XII әсирлерде өзбек халқы пайда болады.
Өзбек халқының атамасының келип шығыўы ҳаққында илимпазлар тәрепинен түрли пикирлер айтылған. Базы бир илимпазлар өзбеклер өз атын Алтын Орда ханы Өзбекханнан (1312-1342) алған деп айтады. Н.А.Аристовтың пикиринше «өзбек аты Өзбекханға шекем улыўма тарийхта ушырамайды. Соның ушын да өзбеклер өз атын усы ханнан алған деп есаплаў керек» деп жуўмак шығарады. П.П. Иванов та усы пикирди жазған. А.Ю.Якубовский «өзбек» сөзи парсы тилинде «өзбекиен»(өзбектики) сөзинен келип шыққан деп шамалап, ол да өзбеклер өз атын Өзбекханнан алған дейди. Шет ел тарийхшылары Г.Ховорс, А.Вамбери, М.А.Чапличка да өзбеклердиң келип шығыўын Өзбекханның аты менен байланыстырады. В.В. Григорьев бул ҳаққында мәлим бир пикир айтпаған болса да, өзбеклердиң келип шығыўы ҳаққындағы айтылған жоқарыдағы пикирлер тийкарсыз екенлигин өз ўақтында биринши болып көрсетти. Профессор А.А. Семенов В.В. Григорьевты қуўатлап өзбек сөзи Өзбекханнан 100 жыл кейин Ақ Ордада келип шыққанлығын, XIV-XV әсирлерде Орта Азия ҳәм Иран тарийхшылары Ақ Орданың түрк-монғол көшпели қәўимлерин усы ат пенен атағанлығын айтады. Және бир группа тарийхшылар (Л.Пельс, А.П. Чолочников) Дашти Қыпшақтың көшпели түрк-монғол қәўимлери өзлериниң еркинлиги себепли өзбек атын алған, деп жазады. Өзбек атамасы буннан басқа XIII-XIV әсирлердеги алымлардың шығармаларында ушырасады, бирақ этноним ретинде емес.
XIV әсирдиң басында көшпели өзбеклер қурамында жәмлескен қәўимлердиң бир бөлеги Мухаммад Шейбанихан басшылығында Орта Азияға бастырып киреди ҳәм ҳәзирги Өзбекстан территориясына орналасып алады. Усы ўақыттан баслап өзбек атамасы халық атын билдириўши этник атама болып қалады. Буннан өзбек халқының келип шығыўын XVI әсирден баслаў керек деген жуўмақ шықпайды. Бул жерде тек ғана өзбек атамасының бир этноним сыпатында келип шығыўы ҳаққында сөз баратыр. Бул үлкени XVI әсирде басып алған көшпели өзбеклер Мавераннахрдың түркий халықлары менен араласып кетти ҳәм оған тек ғана өз атын берди.
1218-1221 жыллардағы Шынғысханның Хорезмге топылыўы барлық Арал ҳәм Әмиўдәрья, Сырдәрья бойларындағы еллерди апатшылыққа ушыратты. Сонын менен бирге Хорезмниң көплеген каналларын истен шығарады. Усының нәтийжесинде Әмиўдәрья Сарықамысқа қарай бурылып ағып кетеди. Ургеништен баслап Арал теңизи аралығындағы жерлерге суў бармай калады.
Бул жағдай узақ жыллар даўам еткен. Ойткени, 1372-1388 жыллары Темурдың Хорезмге жүрислери дәўиринде Әмиўдәрья Сарықамыс арқалы Узбойға ағыўын даўам еткен. Сонлықтан еки-уш әсир Әмиўдәрьяның төменги жерлеринде халық жасамаған. Сондай-ақ усы ўақыттағы Аралдың суўының төменлеп кетиўи де Әмиўдәрья бойларының тәбиятына, ондағы тиришиликке кери тәсирин тийгизген. Усы себепли XI-XIV әсирлерде қарақалпақлар Аралдың қубла тәрепинен ҳәм Әмиўдәрьяның төменги жағынан көшип кетиўге мәжбур болған.



Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish