География ҳӘм тәбийий ресурслар факультети экономикалық ҲӘм социаллық география кафедрасы


Магистрлик диссертациясының бөлимлерине тийисли есаплаўларды орынлаў, нәтийжелерди анализлеў ҳәм илимий жуўмақлар шығарыў



Download 270 Kb.
bet16/18
Sana24.02.2022
Hajmi270 Kb.
#234355
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18
Bog'liq
I-semestr mag disser esabi

8. Магистрлик диссертациясының бөлимлерине тийисли есаплаўларды орынлаў, нәтийжелерди анализлеў ҳәм илимий жуўмақлар шығарыў

Ҳәзирги кунде Қарақалпақстан өзиниң тәрийхый ҳәм социял-экономикалық раўажланыўнда жаңа басқышта. Базар экономикасын қалиплестириў даўиринде жамийетти аймақлық шөлкемлестириўдиң социял-географиялық машқалалары улкен актуаллыққа ийе. Олар арасында ең әҳмийетлиси, елатлы пункт ҳәм урбанизация машқаласы.


Қарақалпақстанның қала халқы жоқары пәтлерде өсип, аўыл халқы санынан асып кетти, бул улыўма мәниде республиканың урбанизация процессин саўлелендиреди.
1926-жылдағы биринши Путкил Аўқам халқын дизимге алыў мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанның барлық қалалық елатлы пунктлеринде, баржоғы 17 мың адам жасаған. Бул республика улыўма халқының 5,1 %ин қурады.
1939-жылғы халықты дизимге алыў мағлыўматларында республиканың қалалық елатлы пунктлеринде 57,8 мың адам дизимге алынған, бул 1926-жылға салыстырғанда 3 есе көп. Усы дәўирде қала халқының орташа жыллық өсиўи 9,9 %ти қурады. бул Қарақалпақстанның демографиялық тарийхының бәрше дәўирдеги ең жоқары көрсеткиши есапланады.
1939-жылдан 1959-жылға шекем болған дәўирде Қарақалпақстанның қала халқы 80,9 мың адамга кобейип, 138,7 мыңға жетти. Республика халкының улыўма санындағы қала халқының улеси 27,2 % ке тең болды. Солай етип, көрип шығылып атырған дәўирде (1939-1959) қала халқының улеси 2,3 есеге асты, орташа жыллық өсиў 4,5 %ти қурады.
1959-жылдан 1970-жылға шекем қала ҳалқы 110,9 мың адамға көбейип, 249,6 мыңға жетти, қала халқының улеси 35,5 %ти қурады. Усы дәўирде орташа жыллық көбейиў өсти ҳәм 5,5 %ти қурады.
1979-жылда Путкил Аўқам халқын дизимге алыўда Қарақалпақстанның қала халқы 378,5 мың адам болған. Бул 1970-жылдағыға салыстырғанда 128,9 мың адамға көп. Қала халқының улеси болса, улыўма халықтың 41,9 %тин қурайды. Усы жылларда қала халқының орташа жыллық өсиўи 4,7 %тен ибарат болды. 1979-жылдан кейин бул көрсеткиш пәсейиўди баслады.
Ҳәзирги дәўирде (1990-2020) Қарақалпақстанның қала халқы 599,8 мың адамнан, 940,7 мың адамға шекем, яғный 349,9 мың адамға көбейген. Қарақалпақстанның улыўма халқында қала халқының улеси 48,7 % тен 49,1 %ке өсти (0,4 %). Бул соны аңлатады, соңғы жылларда қала халқының өсиўи турақласты. Соңғы 2-3 жыл ишинде қала халқының орташа жыллық осиўи 3,3 % тен 1,2 %ке шекем кемейди. Бул экологиялық, социял-экономикалық ҳәм басқа факторлар менен байланыслы.
Көрилип атырған дәўирлерде (1926-2020) қала халқының өсиў пәти аўыл халқынан жоқары болды. Қала халқының өсиўиниң тийкарғы дереги тәбийий өсиў, жәнеде аўыл-хожалығын механизациялаў менен байланыслы ҳалда бос қалған аўыл халқының көп санлы бөлими жумыс ислеў ушын қалалық елатлы пунктлерге өтиўи есабынан өсти.
Соны айтып өтиў керек, Қарақалпақстанның қала халқының өсиў пәти путкил Өзбекстанның қала халқының өсиў пәтинен сезилерли дәрежеде жоқары болды.
Солай етип, Өзбекстанда урбанизация дәрежеси 1926-жылдан 1939-жылға шекем 158,7 %ке, ал Қарақалпақстанда 340 %ке өсти. Өзбекстанның қала халқы 1926-жылдан 1997-жылға шекем 8,6 есеге, Қарақалпақстанның қала халқы 39,9 есеге көбейген. Бул соны көрсетеди, республикада қала халқы өсиўи улыўма Өзбекстанға салыстырғанда 4,6 есеге жоқары. Усы жыллар аралығында (1897-2020) Қарақалпақстанның қала халқы 14 мың адамнан, 940,7 мың адамға яғный, 67 есеге көбейди.



Download 270 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish