Экономиканың еркинлесиўи шәраятында мәмлекет бюджети орынланыўы нәтийжелилигин асырыў бағдарлары . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . .
|
|
3.1.
|
Бюджет орынланыўы ҳәм нәтийжелилигин асырыў бағдарлары. . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . .
|
|
3.2.
|
Мәмлекет бюджети орынланыўын тәмийинлеўде қәрежетлер қурамын оптималластырыў ҳәм финанс органлары исин жетилистириў мәселелери . . . . . . . . . . . . .
|
|
|
Жуўмақлаў . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . .
|
|
|
Пайдаланылған әдебиятлар . . . . . . . . . . . . . . . .
|
| Кирисиў
Өзбекстан Республикасы экономикасы сыпат жағынан пүткиллей жаңа, базар экономикасына тән болған қатнасықларга кирип бармақта. Жәмийет қатнасықларының жаңа принциплерге өтиў дәўиринде көп ғана машқалалар жүзеге келип, бул машқалалар тек ғана әмелий тәрептен емес бәлки, теориялық белгилерде де жүз берди. Жәмийетти экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдың баслы бағдарлары қайта көрип шығылыўы талап қылынып, түптен жаңа талаплар белгиленди, бул болса экономикаға, ҳам мәмлекетке экономикалық сиясатты бас тәртипке салыўшы мийзан сыпатында көрсетилди.
Ҳәзирги заман алымларының излениўлеринде үлкен итибар жәмийетте мәмлекеттиң ролин үйрениўге қаратылған болып, мәмлекеттиң услубы ҳәм формаларының тәсиринде базар қатнасықларын әмелге асырыўдан ибарат ислер үйренилмекте.
Сол менен бирге атап өтиў керек, ҳәзирги ўақытта экономикада сондай ҳалат жүз берди, оның тийкарында социал-экономикалық реформалар дәстүрлериниң концептуал тийкарлары Президентимиз, академик И.А.Каримовтың қатар ислеринде ислеп шығылған болып, бунда мәмлекет басқарыўының социаллық ҳәм экономикалық тараўлардағы тийкарына, яғный бирден-бир системасына арнаўлы өзгерислер киритилиўин талап етти ҳәм булл жәмийеттиң ҳәзирги раўажланыў басқышындағы заман талапларына толық жуўап береди. Усы мәселени үйрениўдиң тийкарғы мақсети базар шәраятында илимий тийкарланған фундаментал излениўлерди өткериў ҳәм мәмлекеттиң финанслық ресурсларынан пайдаланылған ҳалда турақлы социаллық бағдарланған базар экономикасын жаратыўдан ибарат болып табылады. Буннан тысқары, мәмлекет Президенти «реформаларды тереңлестириў, экономика, салық-бюджет сиясатын еле де еркинлестириў, базар инфраструктурасын жедел раўажландырыў» тийкарғы бас бағдарлардан бири екенлиги және бир мәрте атап өтилди.1
Бәршемизге белгили, өткен жылларда мәмлекетимизде экономикалық реформаларды тереңлестириўдиң ең баслы бағдарлары белгилеп берилген еди. Усы баслы бағдарлардан келип шығыўшы ўазыйпаларды әмелге асырыўда салмақлы нәтийже ҳәм сезилерли өзгерислер қолға киритилди: экономиканың жоқары турақлы темплер менен өсиўи ҳәм макроэкономикалық теңсалмақлық тәмийинленди, ислеп шығарыўды қурамлы өзгертиў ҳәм модернизация қылыў, техник ҳәм технологик жаңалаў ислери даўам еттирилди.
Do'stlaringiz bilan baham: |