ҚАРАҚАЛПАҚ БАҚСЫШЫЛЫҚ МЕКТЕПЛЕРИНИҢ ҚӘЛИПЛЕСИП
РАЎАЖЛАНЫЎ ТАРИЙХЫ
А.А.Ережепов, Нөкис қаласы Есжан баксы атындағы 1-санлы Балалар
музыка ҳәм көркем өнер мектеби директор п.и.д (Рhd)
Қарақалпақ музыка искусствосында өзлериниң творчествосының байлығы
менен айрықша халық ҳүрметине ийе болған тараў бақсышылық өнери. Қарақалпақ
халықында дуўтар шертип, қосық айтып, атқаратуғын өнер ийесиниң бири бақсы,
сазенде деп аталады. Қарақалпақларда бақсышылық өнери кеңнен тараған.
Бақсылар өзиниң репертуары, шертетуғын сазы, ҳаўазы бойынша жыраўлардан
кескин ажыралып турады. Жыраўлар қобыз бенен жырласа, бақсылар дуўтар
шертип қосық айтады. Жыраўды “жырлады” бақсыны ”айтты” дейди, яғный
”жыраў жырлаттық”, ”бақсы айттырдық” деп сөйленеди [1;140]. Соңғы заманлары
жыраўды жасы кексе адамлар тыңласа, ал бақсыларды жаслар тыңлайтуғын болған.
Бул жөнинде Қурбанбай жыраў жырлаған ”Қырық қыз” дәстанында атап өтеди:
Биреўлер жыраў тыңлайды,
Биреўлер гәпти жақлайды,
Қызларға жыраў не керек,
Жигитке жыраў не керек-дейди.
Бақсы сөзи түрк тиллес халықларда бурыннан киятырған ески сөз болыўы
керек. Бул сөз ески әдебиятларында ушрасады. Лутфийдиң “Гүл ва Навруз”
дәстанында: (Янадур қуастым бир яқшылардың монгол саўатыны билген
бақшылардың)[1;143], (Жақсылардан ҳәм монгол сазын билген бақсылардан тәмем
бар) дейди. Илимпаз А.К.Барковтың түркий тиллес халықлардың дәстанларын
үйрениўге арналған мийнетинде олардың өзгешеликлерине мәселелерди изертлеп,
қаҳарманлық поәмаларын (дәстанларын) қобызға қосып атқарыўшыларын
«
жыраў
»
деп атайды, ал лиро-әпослық дәстанларды айтыўшыларды болса
«
бақсы
»
деп
аталады. Булардың қосылып айтатуғын музыка әспабы дуўтар деп түсник береди
[3;43].
Бақсы сөзиниң өзбек, қазақ, қырғыз, түркмен, тиллеринде мәнислерин де
көрсетеди. Өзбек әпослық шығармаларының қайсысын болса да «дәстан»
дейди.
Сонлықтан да, әпостың атқарыўшылары әдетте «бахши» ямаса «шайыр» деп
аталған, оның ишинде хорезимлилерде, тийкарынан, «бахши»деген атамасын
биледи. Демек қазақ тилиндеги
«бақсы»,
қырғызша «бақшы» шаман, тәўип
мәнисинде, түркмен тилиндеги
«бақшы»
қосықшы, сазенде дегенди аңлатады.
Түркменлерде «шығыр»
деген атама бар, бирақ оның «бақшы» дан айрмашылығы
ядлап алған қосық намаларды ғана атқарып қоймай, бир жағынан өзи де қосық
30
шығарады (төкпе шайыр). «Бахши»
тек бақсылардан үйренген шығармаларын ғана
атқара алады[4;77]. Илимпаз В.М.Жирмунский «бахши» сөзиниң ерте заманлардан
киятырғанлығын көрсетип, «шайыр» сөзи сол бақсылардан өз алдына шыққан
төкпе бақсыларға берилетуғын атақ ретинде кейинирек пайда болған деген
жуўмаққа келеди [1;142]. Бақсышылық өнериниң бундай жақынлықлары олардың
көп әсирлик мәдений байланысларының терең тамырларының кең ең жайып урқан
атқанлығынан дерек береди. Қарақалпақлар арасынан Ақымбет, Муўса, Еденбай,
Шерназар, атақлы айқтыш бақсылар шығып, бақсышылық өнерди жоқарғы
басқышқа көтерген. Қарақалпақ халқы ески көркем өнерди ҳәр тәреплеме үйренип,
оннан пайдаланған. Нәтийжеде «Ғәрип ашық», «Юсуф Ахмет», «Гөруғлы» сыяқлы
дәстанлардағы түрли шақаплары қарақалпақ бақсыларының негизги репертуары
болды. Бақсылар дәстанды атқарыудан баслар алдын Мақтумқулы, Бердақ,
Әжинияздың нәсият, ақыл сөзлеринен баслайды. Қарақалпақ музыка көркем өнери
тараўында бақсышылық өнери өзлериниң атқарыўшылық жолларына қарай
бирқанша мектеплерге бөлинеди.
филология илимлериниң докторлары
Н.Даўқараев, Қ.Айымбетовлар бақсышылық мектебин төрт топарға бөледи.
Булар, Ақымбет, Ғәрипнияз, Арзы, ҳәм Қутым мектеплери болып, ҳәр
қайсысы өзлериниң айрықша атқарыў жолына, мектебине ийе. Олар өзлери дүзген
усы мектеплеринен шәкиртлер таярлаған, соған ылайық намалар дөреткен. Бирақ
соныда айтып өтиў керек, булар баслаған мектеп текте усылардан басланып,
олардан бурын бул жолдан ҳешким жүрмеген деген пикир туўылмаслығы керек.
Олардан бурында бирнеше бақсылар бул жолға айтып келген. Булардан илгери
Хорезм ўәлаятында шағатайлы аты қосық болып тиллерге дәстан болған әпсаналық
бақсы Ещбай өткен. Ол пүткил Хорезм ойпатлығында жасаўшы өзбек, қарақалпақ,
түркменлер арасынды кеңнен белгили болып, қарақалпақлар арасында кеңнен
мәлим болып халыққа хызмет еткен. Бақсының қарақалпақ арасында терең
ҳүрметке ийе болып, халық Ешбайсыз кеўил хошлық етпейтуғынлығы, оның
атындағы “Ешбай” қосығын елеге шекем сүйип айтатуғынлығында көриўге
болады.
Ешбай бармай ҳешким тойына қурмады,
Жүзин көрмей қызлар ўәкил бермеди…
Қатарларында Ешбай халық бақсыларының атасы сыпатында ҳүрметке
бөленди: Ешбай, Нуржан, Аташ пенен саз өтти…
Өлгеннен соң ўәспин Ғәрипнияз айтты…
Ешбайдың Нуржан, Аташ усаған қарақалпақ бақсылары менен бир дәўирде
жасап, заманлас болғанлығы олардың дослығы усы “Ешбай” атлы қосық қатарында
көринеди. Ал “өлгеннен соң ўәспин Ғәрипнияз айтты” делинген қатарға қарағанда
Сүйеў бақсының устазы-Ғәрипнияз Ешбайдың шәкирти болып оның жолын даўам
еттирген.
Гөне Ургенич әтирапында XVIII әсирде жасаған Мәтнияз қарий деген бақсы
болып, өз дәўиринде 23 шәкирт таярлап жетистирген. Төрткулдеги белгили Әмет
бақсы Султан улының айтыўына қарағанда: Ешбайда, Нуржанда, Аташ та,
Ғәрипниязларда сол Мәтнияз қарыйдың шәкиртлери деген мағлыўматты береди.
Ал Берунийли 95 жасар Серик суўпы улы Нуржан ата Мәтнияз қарыйды
Ниязымбет көрши-лақабы. Мәтнияз қарый өмирин ақырында көзден қалып, заман
қысыўметине налып, төмендеги “көзлерим” қосығын айтқанлығын хабарлайды:
31
-Әй! Қудая өтти өмирим мунша дәўраным қәне,
23 шәкирт шығардым мунша дәстаным қәне,
Арзыў әрман менен алған майы табаным қәне,
Кеўлим истер көрмеге келди қумарым қәне [2 ]
Жоқарыда келтирилип өтилген бақсылардың бәриде тийкарынан еки
мектептен, яғный Ақымбет пенен Ғәрипнияз баслаған мектептен өрбигенлигин,
қалған еки мектеп Арзы ҳәм Қутым мектеби усы мектеплерден соң айрылып
шыққанлығы, айтыў усылларының Ақымбетке-Арзы, Ғәрипниязға –Қутымның
жақынлығы жағынан анықлаўға болады. Жоқарыда айтылған илимпазлардың
Муўса ҳәм Сүйеў мектебине бөлиниўдеги тийкарғы көзде тутқан жолы Муўса
менен Сүйеўдиң устазлары баслаған жолды жоқары басқышқа көтерип,
бақсышылық көркем өнеринде бурын болмаған атқарыўшылық усыллары методлар
менен байытып дөретиўшилик жақтан раўажландырғанлығында. Ҳақыйқатында да
олар текте бақсы болып ғана қоймай, күшли мелодистлер болып, қарақалпақ
музыкасын
байытты.
Бақсышылық
мектеплериниң
аткарыўшылық
репертуарыларында қосықлардың атлары ҳәм намаларында улыўмалық болған
менен атқарыўшылық усыллары пүткиллей өзгеше болды.
Do'stlaringiz bilan baham: |