Кирисиў Жаңа технологиялар, электрон хызметлер бизиң кунделикли турмысымыздың ажралмас бөлегине айланды . Жамийетимиздиң куннен-кунге информация-коммуникация технологияларына болған мутәжлиги артып баратырғанлығын есапқа алсақ бул технологияларды қорғаў ҳәм оларды пайдаланыў миллий мәплер ушын шешиўши ахемийетке ийе ҳәм жүдә машқалалы темаға айланип бармақта.
Бугинги кунде информациялық жәмийет раўажланыўының керекли шәрти бул киберқаўипсизлик есапланады, оны қәўипсизликтиң техникалық ҳәм нызамшылыққа шекем болған шексиз система ҳәм оларды шешиў жолы менен тәмийнлеў мумкин.
Заманагой шараятта, киберқаўипсизлик машқалалары бөлек компьютер жәрдеминде информация қаўипсизлик дарежесинен ҳәр бир мәмлекеттиң информация ҳәм миллий қаўипсизликтиң ажыралмас бөлегы сипатында жеке киберқаўипсизлик системасын жаратыў дәрежесыне барады.
Сол себептен , ҳәр бир шөлкем ушын киберқаўипсизликти тәмийнлеў мақсетинде бул тараў менен ислесе алатуғын қәнийгелер усыныс етилип атыр ҳәм қәнийгелер киберқаўипсизликке тийкарланған билимлер менен ҳәрдайым таныстырылып барыўы ушын қатар семинарлар тренинг шынығыўлар дузилип атир. Жоқары оқыў орынларында да киберқәўипсизликти пән сыпатында өтиў буған мисал бола алады.
Киберқаўипсизлик ҳәзирде жаңа кирип келген түсиниклерден бири болып оған берилген түрли анықламалар бар. Атап айтқанда, CSEC2017 Joint Task Force дерегинде киберқаўипсизлик ҳаққында төмендегидей анықламалар бар: киберқаўипсизлик-есапларға тийкарланған билим тараўы болип бузыўшылар болған жағдайда амеллердиң туўры атқарылыўына жол қоймаў ушын өзинде технология, инсан, информация ҳәм процесслерди саўлелендирген.