2. Исбилерменниң жәми қаржы 60 млн сумға тең. Инвестордың пайдалылық функциясы төмендегише берилген:
ОЛ=3r-4σ2
Егер исбилермен қаржыны тәўекелшилик активлерге жайластырса ол 14 % дәрамат, егер тәўекелшиликсиз активлерден пайдаланса 7 % дәрамат алыўы мүмкин. Тәўекелшилик активлердиң тәўекелшилик көрсеткиши 3% ге тең болса, исбилерменниң максимал дәраматы анықлансын.
3. Сиз лотерея ойнаўға қарар еттиңиз ҳәм 100 мың сумлық лотерея сатып алдыңыз. Лотереяның бас саурыны 500 млн сумға тең. Буннан тысқары қуны 20 млн сумлық зергерлик буйымлары да бул ойында ойналады. Бас саурыны утыс итималыңыз 0.0001 ге, тиллаларды утыў итималыңыз болса 0.003 ге тең. Күтилип атырған табыс суммаңыз қаншасы пайда етиўин есаплаң.
4. Сизде 2 кәрханада ислеў имканы бар. Егер 1-кәрхана табыслы ислесе сизге айына 500 $, егерде табыслы ислей алмаса 200 $ айлық төлейди. 2- кәрхана болса табыслы қазана алса 600 $ ҳәм кериси болса 100 $ жумыс ҳақы төлейди. 1- кәрхананың табыслы ислеў итималлығы 0.4, 2- болса 0.3 ге тең болса, қайсы кәрханадан алыныўы күтилип атырған дәраматыңыз жоқары екенлигин анықлаң.
5. Сизди 2 бәсекелесип атырған фирма басшылары жумысқа усыныс етпекте. Еки фирма да айына бирдей 1000 холодильник ислеп шығара алады. 1- кәрхана айына 700 ден 1 000 данаға шекем холодильник сата алса ол сизге 1 000 $ , егер 300 ден 700 ға шекем болса 600 $, егер 300 ға шекем холодильник сата алса 100 $ айлық төлемекши. 2- кәрхана болса 700 ден 1 000 ға шекем холодильник сатса 800 $, 300 ден 700 ға шекем болса 600 $, 300 ға шекем холодильник сата алса 300 $ жумыс ҳақы төлеўге таяр. 1- кәрхананың 700 ден 1 000 ға шекем өним сата алыў итималы 0.2 , 300 ден 700 ға шекем өним сата алыў итималлығы 0.4 ге тең, 2- кәрхананың болса 700 ден 1 000 ға шекем өним сата алыў итималы 0.4 , 300 ден 700 ға шекем өним сата алыў итималы 0.5 ге тең. Қайсы кәрханадан алыныўы күтилип атырған дәраматыңыз жоқары?
6. Алдын пайдаланыўда болған автомобиллер базарында жоқары сапаға ийе болған автомобиллердиң сатыў баҳасы 1100 доллар, сапасы төмен автомобиллердиң сатыўы баҳасы 600 долларды пайда жетеди. Белгили, қарыйдарлар пайдаланыўда болған төмен сапалы автомобиллерге 800 доллар, жақсы сапаға ийе болған автомобиллер ушын 1300 доллар төлемекши.
Жоқары сапалы avtomobilar сатыўшылардың үлеси қанша болса, автомобил базары хызмет жүритеди?
7. Сизде 2 кәрханада ислеў имканы бар. Егер 1-кәрхана табыслы ислесе сизге 1 000 $ жумыс ҳақы, егерде табыслы ислей алмаса 700 $ айлық төлейди. 2- кәрхана болса табыслы қазана алса 1 080 $ ҳәм кери болса 600 $ жумыс ҳақы төлемекши. 1- кәрхананың табыслы ислеў итималлығы 0.4, 2- кәрхананың табыслы ислеў итималлығы болса 0.25 ге тең. Ҳәр бир жумыс орны ушын орташа шетлениў анықлансын.
8. Сизде 2 кәрханада ислеў имканы бар болып егер 1-кәрхана табыслы ислесе сизге айлық 1 200 $ жумыс ҳақы, егерде табыслы ислей алмаса 600 $ айлық төленеди. 2- кәрхана болса табыслы қазана алса 1 100 $ ҳәм кери болса 580 $ жумыс ҳақы төлемекши. 1- кәрхананың табыслы ислеў итималлығы 0.4, 2- кәрхананың табыслы ислеў итималлығы болса 0.5 ге тең. Ҳәр бир жумыс орны ушын стандарт шетлениў анықлансын.
9. Исбилерменниң жәми қаржы 80 млн сумға тең. Егер дәраматын тәўекелшилик активлерге тиксе 10% дәрамат алыў, тәўекелшиликсиз активлерден пайдаланса 5% дәрамат алыўы мүмкин. Инвестордың пайдалылық функциясы:
Do'stlaringiz bilan baham: |