Ақ-жағыс. Айдос бий, Аға баба: шежиреси ҳәм дереклери. О. Ж. Юсупов үлкен оқытыўшы. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, «Тарийх оқытыў методикасы»



Download 121,5 Kb.
bet2/2
Sana29.03.2022
Hajmi121,5 Kb.
#515787
1   2
Bog'liq
Даулетбаева Гулайым-Бозатау 9 бет

Мусылман некеси: «Көк теӊиз»ли Мойнақ бий қызы-Ақшабақ-пери. Хожели ҳәкими-Жақсылық бий қызы-Хожа-пери қыз ҳәм «Киши Жүз»ден бенде-саўға?…Тилла қыз (1815-жыл).
Дини: Ислам, суфийлик тәлиматы.
Теберик зиярат орны ҳәм ураны: Ҳәким-ата Бақырганий,
Елдеги хызметлер түри: Ақжағыс елатыныӊ «Бий», «Ҳәким», «Ақпышақ-тилла қанжар, алтын мөри» болған.
Әскерий дәрежеси: « Сера»-полковник, 500 нөкери болған.
Мәмлекетлик (ханлық) лаўазымы: Қарақалпақ-қоӊырат улусы «Ҳәким», «Аға Баба», «Бий баба» ҳәмел-ҳүрметте болған.
Портрети: тарийхый «артефакт» белгисиз, живопись емес, қара реӊде китап графикасында художник К.Бердимуратов соққан.
Тарийхый архив дереклери: Россия империясы архиви (Оренбург архиви), Уфалы дипломат-дилмаш, офицер Молла Абу-Насыр Субханкул уғли «Жол дәптери» (1809). Академик Н.Н.Веселовский архиви, Ч.Валиханов мийрасы. «Астраханские известия», (1815)
Надир қолжазбалар:
«Фирдаус ал-иқбол», РКП. ИВ АН Р Узб Қөқүӊ.
Ризо Огахий «Риезуд-давла» РКП ИВ АН Р Узб Қўөўғ.
Юсуф Баяний «Шежирейи Хорезмшоҳи» РКП. ИВ АН Р Узб Қ9ө9ү.
Қарақалпақ шежиреси ҳәм «аўыз еки тарийих». Узб Р. ФАН. КК бөлими, қолжазбалар фонды. 1961-жылғы т.и.д. Р.Косбергенов ҳәм т.б. «Дала жазыўлары»
Тарийхый сюжетлер: Шығыс Арал бойы «теӊиз ели»-қоӊырат улусы бирнеше микроэтнослардан қуралған еди. Базар аталық заманында Сырдәрья алабында жаўгершилик, экологиялық апатшылық, биоресурслардыӊ жетиспеўи, ел-журтта эгойстлик-антропологиялық власть ҳәм ресурслар-жайлаў ушын гүреслер ақыбетинен, белгили этнотопарлар, сакраль географиялық объекти-«Ата-журт-Туркистан»дағы мәдений ланшафты мәжбүрий таслап, Сырдәрьяныӊ сол тәрепине-Куўандәрья-Жаӊадәрья аралығына келген.
Жаӊадәрья ҳәм Ақжағыс фронтири: Қубла Арал бойы Әмиўдәрья дельтасы «АРАЛ-МАНҒЫТЛАРЫ» буфер ўәлаяттыӊ (бос жерлерге өзге этнос-өзлик мәканға жайлаў ушын әсте-ақырын жылыслап келе баслады. Қоныс басты, қорған, қала қурды, боз, тыӊ жерлерди өзлестирди.
Султан бий ҳәм оныӊ әўладларына «Көкдәрья»-«Ақжағыс»-«Сары атаў», «Ширик рабат»-этногеографиялық аймақ-қоӊыратлар фронтири болды.
Хорезм (Хийўа) ханлығында қоӊыратлардыӊ әскерий хызметлери, Қубла Арал бойында «Арал-қоӊыратлары» буфер ханлық, «Арал-мангытлары» буфер ўәлаятлар болып, олар бир қанша жыллар Хийўалы инакларға, қуўыршақ-ханларға бағынбай бийғәрезликте жасады. «Көк теӊиз» бойы қоӊыратлар ҳәм Сырдәрья алабынан келген «қыпшақ-ябгу»лар, «қытай» ели элиталары «өзи ҳәм руўы ушын жайлаў, биоресурсларды ийелеў мәпинде» Хийўа инакларға дәслепки хызметлерин, атлы нөкер болып, мәмлекеттиӊ ишки ҳәм сыртқы жаўларына қарсы ханлық әскерий күш болып қатнасты.
Қарақалпақлар бийлери, батырлары атлы нөкерлер болып, Хийўа ханы ушын хызметте болған. 1768-1760-жыллары Мухаммед Амийин инақтыӊ йомуд, шаўдырлар улусына қарсы жүрисинде, қарақалпақлардыӊ тарийхый тулғалары қытай руўынан Қурбанбай бий, кенегес руўынан Аман Қули бий, қоӊырат руўынан Есенгелди бий, ҳәм Ғайып Бахадыр ҳәр бири 500 нөкерлери менен әскерий жәрдемде болған.
Қубла Арал бойында «қоӊыратлар-қыятлар» ҳәкими Есенгелди қарақалпақ бийлериниӊ ишинде биринши меҳрем. Ол сарайға, инак ҳәм хан қасына туўры бара беретуғын биринши «Бас бий» еди. Есенгелди, меҳрем ўақтында еки арыс «Қоӊырат» ҳәм «Қытай»лардан жыйналған салық, закат өнимлерди Хийўа ханына өзлери апарып бериў дәстүри басланған. Есенгеди бий ҳаққында архивлик дереклеринде «Арал бойы қарақалпақлардыӊ бас бийи» деп айтылған. Есенгелди бий қартайып, ел-журттан, халықтан өнген салықларды Хийўа ханына апарыўға шамасы жетпеген ўақытта, бул ҳәмелди Султан бий улы Майбас батыр бийге тапсырған. Ол Есенгелди иниси Хангелдиӊ қызын алған, күйеў баласы еди. Бирақ, Майбас бий ханлық ҳәмелди, тасырмаларды орынлай алмаған. Не илаж, ханлық ҳәмел-Айдос бийге өткен еди.
Ол ўақытлары «қоӊырат»лы ҳәм «қытай»лы улусы шашаў-шашаў болып, Жаӊадәрья, Көкдәрья (Көкөзек,) Ақжағыс, Сары атаў. Қаратереӊ, Қуўаныш жарма, бир шети Арал теӊизи жағаларына ярым отырықшы турмыста жасаған.
Соӊғы орта әсир ҳәм жаӊа дәўирде Әмиўдәрьяныӊ нәўпир суўлы тармақлары Шығыс тәрепке толып ағыўын, бағдарын өзгертип, енди батыс тәрепке Айбүйир таўы тәрепке, Шоманай ҳәм Қоӊырат қаласы тәрепке бурылды. Әмиўдәрьяныӊ сол тәрепинде, оныӊ тармақларында суўлар мол болып, көллер пайда болды. Бурынғы кәрўан жол Хийўа-Қоӊырат-Оренбург бойында және қарақалпақлар суў жағалап қоныс басқаны саяхатшылардыӊ еске түсириўинде жазылып қалынған.
Қубла Арал бойларында Әмиўдәрьяныӊ төменги ойпатлығында мәкан-еткен «араллы-қоӊыратлар» деп аталған «қоӊыратлы-супылар» ҳәм олардыӊ әўладларыныӊ тарийхнамасы илимий ҳәм жәмийетлик дыққатқа миясар. XIV-XVI әсирден бери Хорезм ҳәкимлери менен қоӊсылас, бийғәрез жасаған қоӊыратлылардыӊ тарийхый тулғалары Сулайман суфы, Шыӊ суфы, Шериф суфы ҳәм Назар хожа өмириниӊ жылнамалары «ақ из» болып қалмақта.
Олар, тарийхый арбаблар Хорезм ўалаятындағы ханлық сиясатқа, тахтқа таласта өзлерин танытқан. Сол әсирлер бойы даўам еткен тарийхый ҳәм сиясий гүреслердиӊ соӊы-Жаӊа дәўирде, он тоғызыншы жылдыӊ басында Қоӊыратлы Хожамурат бий, супы ҳәм Төремурат бий, супылардыӊ жекке ҳәкимлик искерлиги менен олардыӊ бир-бирин қолламағаны, ақыбети ойран болып, тамам болғанын көремиз. Хийўаныӊ арқа-шығыс тәрепинде қарақалпақлардыӊ «Майлы шеӊгел» фронтиринде Хожамурат супы, бий ҳәкимлик еткен, ал Хорезм ўәлаятыныӊ арқа-батыс тәрепинде Қоӊырат қорғаны, Қоӊыратлар елатында Төремурат супы, бий ҳәкимлик еткен. Қоӊыратлы супылар Хийўа ханлығындағы инақлар, аталық ҳәм бийлер менен қатар сиясий ислерге тепериш араласып турған. Соӊлықтан Россия кәрўан басшыларыныӊ билдириўлеринде, Хийўаға баратуғын ески жолларды тәриплеўинде Хожамурат бий ҳәм Төремурат бийлердиӊ ески кәрўан жолларды қадағалаўшы, басқаратуғын, күшли шахслар болғаны еске алып жазылған. Коӊыратлы супылар Хорезм ўәлаятында 400 жылдан берли тәсиршеӊ, абыройлы ҳәм мәртебели болған, қоӊыратлылардыӊ Сыр бойында жасаған топарларыныӊ Әмиўдәрья ойпатлығындағы қоӊыратлы супыларға паналаўы ҳәм туўысқанлық бирлесиўи тарийхый себепли еди. Қоӊыратлар «бир жағадан бас, бир жеӊнен қол шығарыӊыз» деген тарийхый шақырықларды өтмишлер елеси деймиз. Хорезм ҳәм Қарақалпақлар ортасы-шегара жери-«Майлы шеӊгел» фронтирдиӊ ҳүкимдары Хожамурат бий, супы туўралы халық әпсаналарына ҳәм саяхатшылардыӊ еске түсириўине дыққат бөлейик.
«Майлы шеӊгел» көлден баслап-қыслаў мәкан, қорған-қала, отырықшы аўыл орны (Әмиўдәрья районы менен Хорезм ҳәм Дошугуз шегараласқан жери) туўралы тарийхый әдебиятларда жазылған.
«Хийўа ханларыныӊ архиви» атамадағы ҳүжжетлер мийнетте «Майлы шеӊгел» фронтир туўралы дереклер.
Бул жердеги отырықшылар Хийўа ханына салық төлеген, «Майлы шеӊгелде» жети-сегиз мешит-«Аллах үйи»лер болғанын, қоӊырат-қарақалпақларда мусылманшылық дәстүрлер, ислам идеологиясы раўажланғанын көремиз.
Россия саяхатшылары Хийўа шәҳәрине баратырып «Майлы шеӊгел» фронтирде-шегарада» тоқтағанын, бул жерде кәрўан сарайлар болғанын жазған.
«Майлы шеӊгел»-қарақалпақлардыӊ тарийхый-шегара жери туўралы қоӊыратлы аталардыӊ әӊгимесинде, тарийхый гүрриӊлерде еске алынады. Тарийхый гүрриӊлерде «Хийўаға Бухарадан келген Мәдемин хан болған жыллар еди. Қарақалпақлардыӊ бас бийи-Есенгелди бий, меҳрем Хийўа ханы менен дослық туўысқанлықта жасаған. Хийўа ханы Есенгелди бийге, меҳремге «Майлы шеӊгелден» берги жерди «жарлықнама» жазып, мөр басып оныӊ өзине ҳәм әўладларына мийрас етип берген, солай етип «Майлы шеӊгел» фронтир-шегара жерлерди Есенгелдибий, меҳрем сораған»
Бул тарийхый сөздиӊ жөни, дурыслығы бар. Және бир тарийхый өсек гәплерде Хийўа тахтына таласта Есенгелди бий қоӊыратлы Шынғысхан туқымларынан шыққан ақ сүйек-батырлық, шаққанлық еткени, сол ушын «Майлы шеӊгел»ден берги жағын сыйға алып емес, өзиниӊ бийлигинде, бабаларыныӊ жери мәмлекетшиликтиӊ(ханлықтын), ел-журтты өзине өзи басқарыўдыӊ нышаны болған, тарийхый шахслар,бабалардыӊ ақыллығы менен шегара жер-«Майлы шеӊгел»ди ийелеп атырған деп тәриплейди.
Хийўа ханыныӊ тахтына Мухаммед Амин инақ, Елтузер хан Мухаммед Рахим хан болған жыллары «Майлы шеӊгел» ҳәм Қоӊырат ели, қалалары-қорғанлардыӊ ҳүкимдарлары Есенгелди бий, Хожамурат бий, Төремурат бийлердиӊ сиясий искерлиги, даў-жәнжеллерге араласыўы болған. Қарақалпақ әпсанасында қоӊыратлы Хожамурат бий Хийўада аз ўақыт «хан» болған. Бирақ ол туўысқанлары Төремурат бий ҳәм басқалар менен келисе алмай тахттан шетлетилген. Сон, Ол «Майлы шеӊгелдиӊ» ҳәкими болған. Ал, Есенгелди бий, меҳрем Кубла Арал жағасына, Қоӊырат улусына көшип кеткен. Хожамурат бий «Майлы шеӊгелден» берги жағындағы барлық қарақалпақларға ҳәким болған. Қарақалпақ бийлери Хожамурат бийди сыйласа да ҳәм қорықса да мойынлаған, ал Төремурат бий болса Қоӊырат қала-қорғанында «киши хан» ҳәм қала ҳәким болып турған. Ол Хийўадан орысиятқа баратуғын кәрўанларды иркип, бажы алып, ретинде кәрўанларға зорлық етип те турған. Сол себепли болса керек, XVIII әсирдиӊ ақырындағы Россияныӊ сыртқы ислеринде Хийўа мәселесинде, Хийўаға баратуғын ески кәрўан жолларда тарийхый шахслар Хожамурат бий ҳәм Төремурат бийлер күшли ҳүкимдар екени есап-баянлаўда жазып қалдырылған. Россия кньязлары Воронцовлар қоӊырат ҳәкими Төремурат бийге хат ҳәм сыйлық жиберип, орысият кәрўанын Хийўаға ҳәм Бухараға ирикпей жибериўин илтимас еткен. Төремурат бий өз гезегинде «Ақ патша»ныӊ уллы кньязлери Воронцовлар сый ретинде Арал жағаларындағы жолбарыслардыӊ баласын тирилей саўға етип, елшилер арқалы берип жиберген.
«Майлы шеӊгел» фронтир-шегара ҳәкими Хожамурат бий, Қоӊырат қорғаны ҳәкими Төремурат бий олардыӊ туўысқанлары «Ақ жағыс»лы Султан бий уллары Майбас батыр ҳәм Айдос батыр бий арасындағы «коныратия» туўысқанлық, аўқам, бирлесип жасаған, «алтын дәўир» болған. Бирақ сол «коныратия» руўлық, руўхыйлық, әскерий бирлик, күшлерди бириктириўи узаққа бармаған. Қоӊыратлы шахслардыӊ ханлықта «МЕН-Биринши» болыў ушын ҳәрекетлер, шайтан азғырыўлар себепли қоӊыратлар ҳәм қоӊыратлы-супылар әўладларында абырай мәртебе ҳәм өз-ара бирликлери ыдырай баслаған. Әсиресе, хийўалылар Хожамурат бий ҳәм Төремурт бийлердиӊ аўызбиришлигин бузыўда араға ала жип таслаўда ҳәрекети күшли болған. Сол ала көзлик себепли еки туўысқан қоӊыратлы бийлер бир-бирине жаў болып арасында урыс та болған.
Қоӊыратлы Төремурат бий Устюрттеги қазақлардыӊ жайлаўына барып алым-салық, закат өндирип, өзине бағындырып жүргенинде Хийўалылар ҳәм қоӊыратлы Хожамурат бий Қоӊырат қорғанын басып алып, өзинше бай-бийлерге атақ ҳәм ҳәмеллер берип, ҳәкимшилик сүрген. Буған қатты өкпелеген Төремурат бий Бухара әмиринен әскерий жәрдем, қол күш алып Хийўалы нөкерлерге «Майлы шеӊгел» ҳәкими Хожамуратқа қарсы шыққан. Хожамурат бийдиӊ ҳәкимшилик сиясаты Арал бойы қарақалпақлар тарийхында түсиниксиз, Ол Коӊыратлы Төремурат бий ҳәм «Ақжағыслы» Айдос бий менен келисе алмай «Власть ҳәм рессурсқа» таласқан.
«Фирдавс-ул-иқбол» (Бахтлар боғи) тарийхый мийраста «Араллы-кунгратлар» ҳәкими Төремурат бий суфыныӊ «Ок екиш» үстине келгени, үш күн Ақжағысты қатты қамал қылғаны баянланған.
Архивлик ҳүжжетлерде Оренбург ҳәкимшилигиниӊ тапсырмасы бойынша Бухара ҳәм Хийуа ханлығына елши болып барған Россиялы офицер-поручик Молла Абулнасыр Субханқуловтыӊ сырлы «күнделик жол дәптери»нде қарақалпақлар ҳаққында, әсиресе Айдос бий ҳәм Төремурат бий арасындағы халыққа тараған өсек сөзлерден жазып алынғанын көремиз.
Ол qi00 жылы гүзде Оренбургтен шығып, Бухара кәрўанына араласып, Сырдәрья ҳәм Қуўан дәрьядан өтип қарақалпақлар улусында мийман болған еди. Жаӊа дәрья бойы қарақалпақларында да қара күнлери туўып, қоӊсылас Киши жүз қазақ руўлары менен жаўласып, қан төгисип, соӊ тарийхый шахслар енди «қызыл ийттиӊ қанын» ишип келисимге, мәмлеге келип атырған ўақытлар екен. Уфалы елши Молла Абулнасырдиӊ еске түсириўинде қарақалпақлардағы қайғылы аўҳаллар бийлердиӊ аўыз биршилиги жоқлығынан екенин жазды. Башқуртлы поручик Субханкулов «Орынбай қала» дөгерегиндеги кешеги қанлы урыстан өлген қарақалпақларды жерлеў болып атырғанын, бул массалық ўақыяға, урыста қазаланған, шейит өлгенлерди жерлеў жаназаға қарақалпақлардыӊ уллы бийлери Орынбай аталық, Маман бий басшылық еткени жазып қалдырған. Абулнасырдыӊ «узын қулақ»лардан еситиўинше «Араллы-коӊырат» ҳәкими Төремурат бий, супы арасында келиспеўшилик барын, олар қоӊыратлы ақ сүйеклер болса да аўызы ала ел басшысы екенин еситип жол дәптерине жазып алған еди.
Молла Абулнасыр тыӊшылар арқалы Хийўа ханы Мухаммед Рахим ҳәм Қоӊырат қаласыныӊ ҳәкими Төремурат супы арасында келиспеўшилик, соны урыслар болғанын еситкен еди. Хийўа ханы тәрепинен Төремурат супы өлтирилген, оныӊ бала-шағасы «ақ үйли» етилген.
Айдос бийдиӊ намәртлиги ҳәм мәртлиги.
«Фирдавс-ул иқболда» Арал бойлары ҳәкими Төремурат суфы «Ақжағыс» қарақалпақлардан қырық перичеҳра қызларды он бир атқа алмастырып Хорасанга, қызылбасларға түркменлер арқалы узатқан. Бул тарийхый жынаятқа Айдостыӊ қатнасы болғаны ҳаққында жазыўшы Т.К.Осек жазыўында бар. Шет елге қызларды сатыў-ақыбетинде, сакраль «қырық қыз»дыӊ туўысқанлары «Хан» тәрепинде супыға қарсы гүресте турған, Төре супыны жазалаў актке қатнасқан. (Бабаларымыздан үлги емес, ашшы сабақ қалғанба. Арал ҳүкимдары Төремурат бий ким болған. [«Устаз жолы _____ жыл __-апрель 7-8-9 бетлер].
Жаӊадәрья бойы қарақалпақлар улусына қазақ батыр-бийлери «мухосара» қылған хабарды еситкен де «Ақжағыс» ҳәкими Айдос бий бес жүз атлы күш пенен барып «Шумекай»ли тонаўшыларды жайлаўдан қуўған, Жаӊадәрьялы ўатанласларын Көкөзек ҳәм Әмиў дәрья бойына көшириўге ерискен. Бул оныӊ мәртлик, Ел-пәрўарлық хызмети.
Қарақалпақлар тулғалары - Маман бий, Айдос бий, Ерназар бий (алакөз) ҳаққында көркем шығармалар. Ағартыўшы С.Мажитов, тарийхый драммалар жазды. Т.Қайыпбергенов «Дорогу в Россию», соӊ «Сказание о Маман бий». «Қарақалпақ дәстаны» дөретти. Бирақ, Тарийхшы-қәнийгелер, сондайақ, академик М.Нурмухаммедов, академик С.Камаловлар пикир жазбады. Жазыўшы Т.Қайыпбергенов тарийхый пәнинде «Маман Россияға қосылыў жолында өлген, Айдос ханлық қурыў жолында өлген, Ерназар ханлықты сакраль «бес күн» тиклеп өлген. «ОПЕН ХИСТОРИИ»-аўыз еки яднама Төремурат суфы трагадиясы. «Арал» ўәлаяты - қоӊырат қаласыныӊ ҳәкими Төремурат бий, супыныӊ аянышлы өлими туўралы тарийхый яднама гүрринлер Россия саяхатшылары, изертлеўшилери мийнетинде сақланған. Қоӊыратлы Хожамурат бий, Төремурат бий ҳәм Айдос бий бир-бири менен « Власть ҳәм рессурс» ушын, «Кунгратия» элитасы-мәртебеси, бириншилик ушын таласып, бир-бирин мойынламай жасады Хийўа инақлары менен айтысып, өжетлик, ақ сүйек-кунгратия тутим минезлерин көрсетип келген. Енди қартайған Төремурат бий бабалар жолы менен суфы болып аттан түссе де ерден түспейтуғын еди. Ол Қоӊырат қаласындағы ири мәселелерге өзи араласып, өзи буйрық берип, хан салығын да өзи белгилеп турған. Сол себепли, Қоӊырат бийлериниӊ ала аўызлығы Төремурат суфыныӊ қайғылы өлимине алып келди. Қоӊыратлардыӊ үлкен ханы қартайғанда көзли болып, гейде геўишлердиӊ оӊ-терисин билмей, соӊында танымайтуғын ҳалға келген.
Хийўа ханы, инақлар сөзине ерген «ат басындай алтын дәме» еткен Берди деген үй хызметшиси Төремурат супыныӊ еки батыр улы көп күнге аӊ аўлаўға, Устюртке шикарға кеткен пайыттан пайдаланып көзли ғаррыны өлтирген.
Айдос бийдиӊ даӊқсыз өлими Хорезм тарийхшысы Огагий «Айдос нама» өкиниш-одасын-дөреткен, сюжети-мазмуны бизге белгисиз. Ол қартайғанда жаӊа хан ҳәмелден алып, Хийўаға бармастай болды. Ел-журтта ашлық, камбағалшылық, кеселлик, қыс айлары қатты болып, суўықтан маллар қырылған. «көк егис»-бийдай болмаған, салық төлемлер жылдан-жылға өскен. Ел-журттыӊ сабыр кесеси толған. Арқадағы «Қытай» ели хан салық жыйнаўшыларына қарсы қозғалаӊ тапқан. Олар Ақжағыстыӊ бурынғы ҳәкими Айдос бийди таяныш, сүйениш етип, жәрдем сораған. Сакраль қырық жыл Хийўаға хызмет еткен «АҒА БАБА» ел-журтқа жаӊадан басшылық етиўге «ақ пышақ» ҳәм «қамшыны» қолға алды. Кексе-Аға Баба «Қытайы»лардыӊ алпыс бий сөзине, тилегине исенди. Ол журтқа «ғамхор» ҳәм «қорғаны» болыўды күседи. Әттеӊ, кекселер изинен жас бийлер ермейди. Арқа диярдыӊ «микроэтнос»лардыӊ жас төленгирлери жаӊа хан қасында нөкерлик хызметте, хан қорғаўшы «спец топар»да болды. Арқа диярды басқарыўда модернизациялаў болды. Демек, Айдос бийдиӊ қамшы таўлаўлары ҳаўада болды.
«РИЕЗУД - ДАВЛА» мийраста Хорезм шах Абулғози Оллоқули Махаммад баҳадурхон салтанатына жаӊадан хызмет етип атырған Манкыт Мулла Даулетназар бий (Ол Мангыт Орынбай бий аталық улы) Кунграт Кадирберген бий, Қыят Турабек жүзбасы, Қанглы Тулеген жүзбасылар қарақалпақ черики (атлы нөкерлери) менен келип хызметке келди. Ақжағыста ҳәм «Сары атаў» мәкандағы Айдос бий болса, Хазирети Саҳибқыран «изҳори исен» қозғалан көтергенин жазды.
Сарай тарийхшылыр паминде.. Қарақалпақ улусы Туристан «набохийсиғдан кошип келип, арка аймақта жайлау ҳәм утлак кылды.. Ол жамманиӊ катхуда ҳәм бийлери Хийуага келип, Амири кабир Мухаммад Амин инак пенен тиллесип, ушир-закатлар бермекши болды.Озлерине жер ҳәм журт-макан тиледи. Инак, Хорезм тенгизиге шекем –Кок узек нахрини инъом ҳәм суюргал кылган.
Ол ел-Кунгурат улусы кулдаглы тиреси Султан углы ОЙДУСТ бийге берилген.Ол ханга «шойиста хызметлер» кылып журди. Хызметлери ушын,Айдос бийге сарпайи тиллабор,канжари зарин гилоф инам кылды.Ол жана бийлик мансабы- «Ага баба»- « Бий бабо» жарлыгы ҳәм жаммаий қарақалпақ улусыныӊ хокими ҳәм әскерий сардарлыгы, « Саре»-полковник, бес жуз атлык нөкерлерге баслык болған.Заман озгерген,елде ашлык,кембагалшылык,кеселлик.жут жуз берген. Хийуалы Гадойнияз махрам «Қарақалпақия тавойифинан» закат жыйнауга келген. Ол «Кытайы-қыпшақ» хокими Бекпулат бий хаулисине «хашами» га тускен,Ол ел-журттыӊ кыйын аухалына ,айтакн гаплерге исенбеген, Бекпулат бий айтканы « Рост эркони мутахаккик ва мутаяккин болды» . Сол ,заманда. Айдос бий атырапына қарақалпақия улусыныӊ жыйнамак болды. Ол еки улын ( Ризо ,Тура) Конырат калысын камал етиуге жиберген. Олар «Қоӊырат»лы уатанласларын мажбурий «Сары атау»га кошириуге харекет еткен. Сарай тарийхшысы, Айдос бий ,Ага баба ,Саре бабаны- айыплап- «Чу Калпак ахлы изхор айлабон кин» ,-деп жазды. Коныратка жау болып барган Ризо бахадур Таллык дәрьяга кетип,балыкка жем болған, ал , иниси Рура бахадур «оташтгохтан чиккан елиндек » жан халатта кашкан,лейкин, Мухаммад Якуб нөкерлери кууып жетип, мойынан занжири менен орап туткын еткен.
Айдос бий кастына Амири Мухаммадназар инак ҳәм уазири Мухаммад+ Риза кушбеги ,ямуд чериги, човдар сипохи,қарақалпақныӊ « ун турт уругыниӊ » черики журъатпарвар Молла Давланназар бий баслык, саркардалар Суюнбий, Курбаннияз жасауылбасы жол баслап «Сары атау» маканга журис кылды.. Конырат каласына барып, кыргын урыстан ажели жетпеген әскерлер Айдоска барып .барча «сагузашт»ларин бир-бир баян кылган. Айдос бий жаулардан хабар тауып, «Сари атау» масканда тура алмай, арка тарепке, « Калта таш» жолы менен « Буричи тау сангари устинен отип Каска жол менен ел-журтты тарк етип кашкан…Ол ҳәм исенимли уш киси: Арзы кабан, Кулдаглы Куаныш бахадур ,кандекли Нафас, Досым кара менен «Еркебай » кудыгы. «Чурук работ» касында иркилген.
Айдос бий изине ерген ,исенимли топар менен жас келиншек Тилла пери-кыз –торкинине, Коканд ханлыгы сорамына отиуге нийет еткен. Хийуалы нөкерлер «Ширик рабат» кудык аймагында Айдос бийди алдап,суулап исендирип,колга тусирген, Сол жерде трагадиялык актти- ханжар мене басыны шам учидан кесиб ,хаети машъаласин учурдилар ҳәм жисми кафассидан рухи кушин учурдилар. Айдос –инсаныӊ ,антропология власть-хакимшилик тамам болды. Тарийхта инсан . Орны, хаяты. хызмети, акыбети не болған.
Айдос бий- Ози ҳәм озлик- кунгратия улусы ушын , Ақжағыс ел-журт ушын , еркинлик ушын, озин-озлери баскарыу ушын гурести , жаудан кашып, шейид олген кексе шахс.
Айдос бий- ангкылдак ,ак+годек ҳәм ожжет тулга, оз заманында –колынан келгенше,кунгратиялар- руу-кауим баскарганлар, Ол ишки душпаннан , бий+паруа бийлерден,жекке руулык мапдарлык –шахслардыӊ курбаны болды.
Коркем адебиятта ҳәм самоучка-тарийхшы-«Айдос+таныушы»лар пикирлери,жамийетлик угитлери ҳәм тарийхый памлери– Ол –«Қарақалпақ ханлыгын» куседи, Ол купия «секретно» харекет етип «Ярым хан» болыуга сал калды. Ол конгсыласлары «он торт руу» ҳәм казакларга карсы хан тарепте болған,хан атланысларына бес жуз нөкер менен катнаскан ,Ол елин саткан-саткын,-деп айыплауды.
Бизиӊ пикиримиз- Айдос бий ҳәм баска бийлер,аталыклар- озин озлери баскарыуды каледи., « Антропология власть ҳәм рессурслар» ды ОЗЛИК « свой»» етиу, колдан « ОЗГЕГЕ» 9 чужой» ушын , бермеуге тырысты ,сол мапте гурести ҳәм курбан болған. «Қарақалпақ халкыныӊ тауарих етип шыгарган хикаяты» поэтикалык шежиреде ( «Кок тенгиз» варианты , Молла Бабажан Юсуп улы варианты, И. Белеяев жариялаган нускасы. ) ҳәм Бердак «Шежиресинде » қарақалпақ тулгалары ишинде Айдос бий озгеше шахс сыпатында тарипленген. Айдос бий- –оз заманыныӊ инсаны, оныӊ омир мауритлери ҳәм коспалы,сырлы хызметлери-ауладларга ашшы, тарийхый сабак болады.
Download 121,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish