9-Тема. МийНет жәМәәТЛерин жобаластырыў ҳәм БасҚАРыў


Кадрларды басқарыў принциплерин



Download 0,82 Mb.
bet4/69
Sana15.04.2022
Hajmi0,82 Mb.
#553540
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   69
Bog'liq
2 5258130118903071174

9.3. Кадрларды басқарыў принциплерин
Кадрларды басқарыў еки топардан ибарат принципине тийкарланады.
Ҳәр бир принцип кадрларды басқарыўдың белгили бир тәреплерин беккемлеўге xызмет етеди. Мәселен, алдынғы принципи кәрxана көлеминдеги басқарыў системасының шет ел жергиликли алдынғы кәрxаналардың басқарыў системасына сәйкес келеди ме?, заман талабына жуўап береди ме? Ямаса жоқ па? деген сораўға жуўап берсе, мувозийлик принципи болса кадрлар басқарыўындағы оперативликти арттырады ҳ.т.б. (15 - кесте).
15 - кесте.
Кадрларды басқарыў принциплери2



Кадрлар менен ислесиўдиң улыўма принциплери



Кадрлар менен ислесиўдиң шөлкемлестириў принциплери


Өнимдарлық


Концентрация


Алдынғы (Передовой)


Қәнигелестириў


Келешеги бар


Мувозийлик (параллелность)


Комплекслилик


Иxчамлик (адаптивность)


Оперативлик


Изчиллик (преественность)


Оптималық


Үзликсизлик


Әпиўайылылық


Бир нормалық


Илимийлилик


Теxнологиялық бирлик


Көп буўынлылық


Бадастирлик (комфортность)


Автономлық


Басқарыўда коллегиаллық


Турақлылық








Көп қырлылық








Жобалы








Хошаметлеўши








Таңлаў ҳәм орын - орынларына қойыў








Нәтийжели бәнтлик







Кәрxанада бәнт болған барлық кадрлар еки категориядан ибарат: ислеп шығарыўшылар, xызмет көрсетиўшилер ҳәм басқарыўшылар (басшылар, инженер - менеджерлер). Кадрларды, яғный инсан факторын басқарыў төмендеги тәреплерин басқарыўды өз ишине алады (5 - сызылма).
Өндиристи басқарыў системасында мийнет ресурсларын басқарыў жүдә қурамалы. Себеби өндирис ҳәм басқарыў мәселелериниң орайында адамлар -жумысшылар, қәнигелер ҳәм басшылар турады. Кәрxана мақсетине ерисиў ҳәм жобалардың орынланыўы тек солар қатнасында болады. Инсан факторын есапқа алмаслық, инсанға итибарсызлық экономикада өнимдарлықтың кемлиги ҳәм өндирис өнимдарлығының төменлеўине алып келеди.

Кадрларды жобаластырыў





Таңлаў, жумысқа қабыл етиў
ҳәм жумыстан босататыў



Кадрларды лаўазым ҳәм профессионал, административлик өсиўин жобаластырыў



Маъқул жумыс шәраяты ҳәм социаллық - руўҳый орталықты жаратыў



Кадрларды басқарыўдағы қәрежетлер ҳәм олардың өнимдарлығын баҳалаў



Мотивация





Жуўапкерлик ҳәм ваколат





Ихтилофлар, нызаларды шешиў


5 - сызылма. Мийнет ресурсларын басқарыўдың сызылмасы

Мийнет ресурсларын басқарыўдың тийкарғы мақсети жумысшылар ҳәм хызметкерлердиң қәбилиетлерин жәнеде жедел ҳәм өнимли мийнет етиўине қўзғатишдир.

Инсан факторына итибар, адамларға салыстырмалы жиддий, жуўапкерлик пенен қатнас жасаў мийнет ресурсларын басқарыўдың бас идеясы.
9.4. Кадрларды жобаластырыў
Кадрларды жобаластырыў - бул инсан факторына болған мүтәәжликти алдыннан анықлаў. Бул процесс үш басқыштан ибарат (7 - сызылма).


1



Бар болған кадрларды баҳалаў


2


Келешекте кадрларға болған талапты жобаластырыў




3


Кадрларды раўажлантырыўдәстүрин ислеп шығыў

7 - сызылма. Кадрларды жобаластырыў3
Бар болған кадрларды баҳалаўда, ең дәслеп олардың қәлиплесиўине тәсир етиўши сыртқы факторларға, тийкарынан мийнет базарындағы жағдайға итибарды қаратыў тийис. Бирақ, мийнет базарындағы жағдай көпшилик жақтан төмендегилерге байланыслы:
- халықтың саны, жасы, жынысы бойынша салмағының өзгериўлери;
- тармақ ҳәм территориялық бәнтликтеги өзгерислерге;
- қосымша жумыс күшин жаллаў дәрежесине;
- өндирис көлемине, қурамына ҳәм өсиў темпине;
- мийнет ресусрларын басқарыў усылына ҳ.т.б.
Ишки факторларды баҳалаў ушын төмендеги мағлыўматлар таллаўын орынлаў зәрүр:
- турақлы бәнт болған кадрлар саны, фамилиясы, жасаў орны, жумысқа қабыл етилген ўақты ҳ.т.б.;
- кадрлардың қурамы (маманлығы, қәнигелиги, жаса бойынша қурамы, миллий қурамы, нәгиранлар, салмағы, жумысшы ҳәм хызметкерлер, техник хызметкерлер ҳ.т.б.);
- кадрлар қонымсызлығы;
- жумыс күниниң даўам етиўи (толық ямаса белгили дәрежедеги бәнтлиги, неше ҳәм қайсы сменада ислеўи, дем алыстың даўам етиўи ҳ.т.б.);
- ис ҳақы, оның қурамы, қосымша ис ҳақы, таъриф ямаса таърифтен жоқары төлеў ҳ. т. б.;
- мәмлекет ямаса ҳуқық шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын социаллық - хожалық (бытовой - маиший) xызмет (социаллық мүтәәжликлерге ажыратылатуғын қаржы)лар.
Атап өтилген сыртқы ҳәм ишки факторлардың тәсиринде мийнет базарындағы жағдай өзгерип турады ҳәм усыған сайкес рәўиште мийнет ресурсларына болған талап ҳәм усыныс көлеми анықланады.
Еркин базар шәраятында басқарыў ўазыйпаларының қурамаласыўы кәрxана басшыларына кадрларды дурыс таңлаў, оларды орны - орнына қойыў ҳәм тәрбиялаў жумысларына жүдә үлкен жуўапкершилик пенен қатнас жасаў талап етиледи.

Download 0,82 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish