3
Ҳәкти сөндириў.
Ҳаўада қатыўшы ҳәкти сөндириў ушын суў менен
араластырылады:
СаО
Н
2
О
Са(ОН)
2
Ҳәк сөндирилгенде 950 КДж
кг муғдарда ыссылық ажыралып шығады. Ҳәкти
сөндириў процесси жүдә шиддатли кечади, ҳәк доначалари жүдә майда дисперс ҳалға
келеди. Ҳәк минерал байланыстырыўшылар ишинде химиялық реакция нәтийжесинде
дисперсленетуғын жалғыз байланыстырыўшы есапланады. Сөндирилген ҳәктиӊ жүдә
дисперс болыўы оныӊ жоқары дәрежеде суў услап турыўшылық қәсийетин ҳәм
пластиклигин тәмийинлейди. Сөндирилген ҳәктиӊ бул қәсийети оннан қурылыс
араласпалары ҳәм басқа өнимлер таярлаўда үлкен әҳмийетке ийе. Сөндириўде алынған
суў муғдарына қарай гидрат ҳәги (пушонка), ҳәк араласпасы ҳәм ҳәк сути пайда болады.
Гидрат ҳәк ҳәкке (кипелкага) 60-70% суў араластырылғанда пайда болады. Бунда ҳәк
көлеми 200-300% артады. Пайда болған гидрат ҳәк Са(ОН)
2
ниӊ жүдә майда
бөлекшелерден ибарат ақ реӊли порошокдан ибарат болады. Оныӊ еркин ҳалаттағы
орташа тығызлығы 400-450 кг
м
3
, тығызланған ҳалаттағы орташа тығызлығы болса 500-
700 кг
м
3
қурайды.
Гидрат ҳәги тоқтаўсыз ислейтуғын гидраторларда сөндириледи, бунда пайда болған
үлкен ыссылық ҳәм суў пуўы бөлек ҳалаттағы ҳәктиӊ
порошок ҳәкке айланыўына хызмет
етеди.
Ҳәк араласпасы ҳәк кипелкаға массасына салыстырғанда 200-300% суў қосылып
таярланады. Бунда сөндирилген ҳәктиӊ массасы 2-2,5 мәрте артады ҳәм өним көлеми
көбейеди. Ҳәк кипелкаға массасына қарай суў муғдары 300% тен көбирек қосылса ҳәк
сүти пайда болады.
Ҳәк араласпасы толық механизацияласқан арнаўлы араласпалар таярлайтуғын
цехларда ҳәк сөндириўши машиналарда бөлек ҳалаттағы ҳәкти сөндирип алынады. Бул
усылда ҳәк сөндирилгенде ҳәк араласпасыныӊ сапасы жоқары болады ҳәм сөндириў
процесси тезлеседи.
Киши қурылыс майданларында бөлек-бөлек ҳәк арнаўлы хандақларда (чуқурларда)
суў менен араластырылған ҳалда кеминде еки ҳәпте даўамында сөндирилади. Бул усылда
ҳәк сөндирилгенде сөнбеген бөлекшелер муғдары нормадан аспаўы шәрт, кери жағдайда
өним араласпалар алыўда ислетилгенде жарықлар пайда болыўы мүмкин.
Ҳәктиӊ қатыўы.
Ҳаўада қатыўшы ҳәк сөндирилгеннен кейин ашық ҳаўада әсте-
ақырын кебеди ҳәм ҳаўа қурамынан СО
2
газин алып қатады.
Сөндирилген ҳәк төмендегише карбонласады:
Са(ОН)
2
СО
2
СаСО
3
Н
2
О
Ҳәк байланыстырыўшысы
қатыў процессинде Са(ОН)
2
бөлекшелери бир-бирине
жақынласады, тығызласады, әсте-ақырын кристалланады ҳәм кристалланыў процессиниӊ
тереӊлесиўи беккем қурылыс материалы пайда болыўына себеп болады. Ҳәк
байланыстырыўшысы тийкарындағы материаллар беккемлигин тезликте асырыў ушын
оларды ыссылық пенен қайта ислеў усыныс етиледи. Ыссылық Са(ОН)
2
карбонластырыў
процессин (кристалланыўын) тезлестиреди.
Do'stlaringiz bilan baham: