1983-ЖЫЛЛАРДЫӉ МЕКТЕП ПИТКЕРГЕНИНЕ 20 ЖЫЛ ТОЛЫӮ МҮНӘСЕБЕТИ МЕНЕН ШѲЛКЕМЛЕСТИРИЛГЕН
«УШЫРАСЫӮ КЕШЕСИ»
Жеткер:
Ассалам демеклик әӯел басында,
Пайғамбар сүннети, инсанға ҳүрмет,
Досларым, булл мектеп босағасында,
Дийдар кѳрисиӯдиӊ ѳзи ғәниймет!
ЛОЛА:
Ассалам қәдирдан, әзийз досларым
Сизлер жаслықтағы жан жолдасларым,
Ассалам ана мектеп, уллы дәргәйсаӊ-
Ассалам әдиӯлим, сиз устазларым!
ЖЕТКЕР:
Ассалаӯма алейкум қәдири бәлент қәдирданларым, ҳәрбиримизди қарлығаш қылып ушырған Ана мектебимиздиӊ дәргәйында сизлер менен дийдар кѳрисип турғанымыздан қуӯанышлымыз!
ЛОЛА:
Ассалаӯма алекум әдиӯли , меҳри дәря устазларым! Бизлердей ул-қызларды усы дәрежеге жетип, кәмил инсан болыӯдағы пидәйы хизметиӊиз ушын мыӊнан-мыӊ алғыс айтқымыз келеди!
ЖЕТКЕР:
Болды бүгин дийдар несип-
Ушырасыӯдыӊ ӯақты жетип,
Класлар сәӯбетлесип
Алсын дедиӊ 20 жыллық!
ЛОЛА:
Қалмайтын тойсаӊ ескирип,
Кетсе де бизге ес кирип,
Мектеп пенен бир естелик
Қалсын дедиӊ 20 жыллық!
ЖЕТКЕР:
Лола, есиӊде шығар, ҳәр үйдиӊ еркеси ѳз алдына еркелиги менен устазларымызды, әсиресе, баслаӯыш класс муғаллимлермизди талай күйдирип едик, Ҳәзир , барлық класласларды ортаға шақырып, сол ӯақыттағы барлық еркеликлеримизди кѳтерип, жалықпастан тәлим-тәрбия берген устазларымызға тәжим етемиз! (Барлык класласлар ортаға бир катар болып шыгып, колларын кѳксине койып хәмме тендей тәжим етеди хәм бир катар болып дизилип муғаллимлерге саӯға тарқатылады)
ЛОЛА:
Не айтсаӊыз бизге сол болды закон,
Нурлы дийдарыӊыз кеӯил тоғы еди.
Бести беске қоссаӊ пайда болды он,
Сизиӊ билмейтуғыныӊыз жоқ еди!
ЖЕТКЕР:
Бүгин кѳзлеримде қуӯаныш жасы,
Жигирма жыл жазылған дәстан болып тур,
Қушағыӊнан қашпаған меҳир қуяшы-
Жүрегиме сағыныш шоғын салып тур!
ЛОЛА:
Мектебим, парлаған нурға уқсайсаӊ,
Алыстан кѳзимниӊ жаӯын алып сен,
Сен де бизлерди кѳп сағынғандайсаӊ-
Ыссы баӯырыӊа басып турсаӊ сен!
ЖЕТКЕР:
Әзийзлер, ендиги гезекте рухсатыӊыз бенен, ана мектебимизге арнаған арзымас саӯғамызды тапсырамыз! Мәрҳәмат!
(мектепке саӯға тапсырылады ҳәм мектеп директорына сѳз бериледи)
ЛОЛА:
Жас әӯләдлар, келешекке баратқан,
Устазым деп сыйлап, арқа сүйеген,
Қалыӊ елге билим нурын таратқан,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен!
ЖЕТКЕР:
Ҳәммелерден ақыллы ҳәм билимли,
Еӊ дәслеп силтеген жүрер жолыӊды,
Мудамы кѳксиме қойып қолымды,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен!
ЛОЛА:
Бизлердиӊ усы дәрежеге жетип, кәсип ийелеӯде тынымсыз мийнетлери менен үлкен орынға ийе болған устазларымызға арнаӯлы жазылған қатарлар менен шексиз миннетдаршылық билдириӯди бүгин нийет еттик, демек, бизлер баслаймыз!
ЖЕТКЕР:
Керек жерде қаттықоллық жарасар,
Тәртип интизамды қаттырақ услар,
Сағынған шығарсыз класласс дослар
Директор устазымыз Бахыт ағаны!
ЛОЛА:
Жеткер, кел, бизлерди мектеп дәӯириниӊ еӊ қыйын ӯақытларында устазлық етип, ҳәрип танытқан биринши муғаллимлеримизге ѳз алдына миннетдаршылық билдирип ѳтейик!
Do'stlaringiz bilan baham: |