15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Абзаллығы – экономиканың барлық тараўларында ислетилиўи мүмкин, салыстырыўға жүдә қолайлы. Кемшилиги



Download 0,79 Mb.
bet98/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   94   95   96   97   98   99   100   101   ...   198
Bog'liq
Miynet

Абзаллығы – экономиканың барлық тараўларында ислетилиўи мүмкин, салыстырыўға жүдә қолайлы.
Кемшилиги - бул усылда мийнет өнимдарлығын өлшеў жүдә қыйын болып, көп ўақытты, қәрежетти талап етиўши есаплаў жумысларын талап етеди.



Мәселен, егер бес адамнан ибарат жумысшылар бригадасы бир сменада 100 мың сўмлық жумыс көлемин орынлаған болса, ол ҳалда ҳәр бир жумысшыниң сменадағы мийнет өнимдарлығы (ислеп шығарылған өними) төмендегише болады: 120:5=20 мың сўм, тийисли түрде бир саатлық жумыс даўамында 20:8=2,5 мың сўм болады.
Мийнет өнимдарлығын өлшеўдиң қун усылы түрли кәсип ҳәм маманлыққа ийе болған хызметкерлердиң мийнет өнимдарлығы, мәселен, кондитер ҳәм нанбайшының, слесарь ҳәм шофердың мийнет өнимдарлығын салыстырыў мүмкиншилигин береди. Бирақ бул усыл көринистен универсал усыл болыўына қарамай, бир қанша кемшиликлерге де ийе. Тийкарынан оған баҳа факторы, яғный базар конъюнктурасы ҳәм инфляция дәрежеси көбирек тәсир көрсетеди.
Мийнет өнимдарлығын өлшеў усылларының ҳәр үшеўи де өз абзаллықлары менен бир қатарда кемшиликлерге де ийе. Оларды төмендеги кестеде көриў мүмкин:
Өндирис көлемлери ҳәм мийнет өнимдарлығын өлшеўдиң қун усылы бир қанша қурамалы өндирис көлемлерин есаплаўда ең оптимал усылды белгили бир шараятлардан келип шығып таңлаў мүмкин. Өндирис көлемлерин өлшеўдиң ең көп қолланылатуғын усылы жалпы, товар ҳәм сатылған өнимлер көрсеткишлери. Бул көтере баҳаларда «завод усылы» бойынша есапланған жалпы өним товар өниминен тамамланбаған өндирис қалдықларын өлшеў менен, сатылған өним товар өниминен сатыў ушын мөлшерленген, бирақ сатылмаған товар қалдықлары суммасы менен ажыралады. Солай етип, өним өндириў нормасы жалпы өним бойынша анықланғанда ең анық нәтийжелер келип шыққандай сезиледи. Бирақ, базар экономикасы шараятында өнимдарлықты сатылған өним көлеми бойынша есаплаў бир қанша әҳмийетли, себеби тамамланбаған өндиристиң көбейиўи ҳәм сатылмаған өним қалдықларының топланып қалыўы унамлы экономикалық әҳмийетке ийе емес.
Жалпы, товар ҳәм сатылған өним өндирис көлемлерин ҳәм нормаларын өлшеўдиң кемшилиги соннан ибарат, көтере баҳалар барлық материаллық қәрежетлердиң қунын өз ишине алады. Республикамызда ислеп шығарылып атырған өнимлердиң көлем көрсеткишлери тек ғана жанлы мийнет пенен байланыслы болғанлығы себепли пайдаланылып атырған материаллар сыйымлығының ҳәм қун көрсеткишлериниң өзгериўине дуўшар болмақта. Материаллық қәрежетлердиң көбейиўи, қәле қымбат баҳалы материал болсын ямаса басқа кәрханалар менен кооперация бойынша өним жеткерип бериў ҳәм сатыў болсын, бәрибир мийнет өнимдарлығының артып барыў түсинигин береди. Материал сыйымлығының кемейиўи болса, бул көрсеткиштиң пәсейиўи түсинигин береди.
Мийнет өнимдарлығын өлшеўде материал сыйымлығының өзгериўи ислеп шығарылып атырған өнимниң көлем көрсеткишине ҳәм өним өндирис нормасына унамлы тәсир көрсетиўине шыдам бериў ушын қосымша өлшем усылларынан пайдаланылады: шәртли сап, норматив сап өним бойынша ҳәм ислеў бериўдеги норматив қун усыллары енгизиледи. Бул усылларды қоллаў материал сыйымлылығы өзгерислериниң унамсыз тәсирин толық ямаса бөлек-бөлек жоқ етеди. Соған қарамай, олардың ҳәр бири өз кемшилигине ийе болып, ҳақыйқатта олардан ҳеш бири базар экономикасы талапларына толық жуўап бермейди.
Мийнет өнимдарлығын қун усылында анықлаў ушын пайдаланылатуғын шәртли сап өним көрсетишинде жалпы өним қунынан шийки зат, аўысық бөлеклер, энергия, жанылғы ҳәм т.б. жумсалған туўры қәрежетлер алып тасланады. Соның менен бирге бул көрсеткиштен мийнет ҳақы, тийкарғы фондлардың ескириўи ҳәм пайда алып тасланбайды. Бул жерде материаллық қәрежетлердиң өзгериўи алып тасланады, бирақ пайданың салмағы ҳәм амортизацияның салмағы артады. Олардың өзгериси болса өним ислеп шығарыў көлеми ҳәм мийнет өнимдарлығы көрсеткишлерин бир қанша қәлбекилестирилиўи мүмкин.
Мийнет өнимдарлығын анықлаўда пайдаланылатуғын сап өним көрсеткишинде жалпы өним қунынан барлық материаллық қәрежетлерди, соннан амортизация ажыратпаларын да алып таслаў жолы менен есаплап шығылады. Қәрежетлерди ҳәм мийнет өнимдарлығын есаплаўда дәслепки мийнет қәрежетлериниң қәлбекилестириўши тәсири толық жоқ етиледи, бирақ пайданың салмағы артады. Соның ушын өним түрлериниң түрли пайда бериўи шараятында пайда сап өним ҳәм мийнет өнимдарлығы көрсеткишлерин қәлбекилестириўде тийкарғы роль ойнайды. Соны да айтыў керек, пайданың ҳәр түрлилиги бизиң мәмлекет экономикасы ушын сәйкес болып, ол бурынғы аўқам ҳүкимранлығы дәўиринде орайластырылған жобаластырыў көлеминде раўажланып келген еди. Онда пайда ҳәм қунның орташа нормасы бойынша бар болған теңлемеге әмел етилмес еди. Көплеген сытт ел мәмлекетлеринде алынған пайда дәрежеси әҳмийетли айырмашылықтың жоқлығы себепли сап өним усылын өним көлеми ҳәм мийнет өнимдарлығын анықлаў ушын әҳмийетли деп есаплайды.
Бирақ ҳәтте базар экономикасы мәмлекетлеринде де сап өним көрсеткиши товар ямаса жалпы өним көрсеткишлерине қарағанда баҳалардың тербелип турыўына тәсир көрсетеди.
Мийнет өнимдарлығын анықлаўда пайдаланылатуғын норматив сап өним көрсеткиши сап өним көрсеткишинен парқы норматив мийнет ҳақыны ҳәм оған қосып жазылған ҳақы, сондай-ақ орташа тармақ пайдасын өз ишине алады. Соның есабынан өним түрлериниң пайда келтириўге шыдам бериледи. Бул усылды қолланыў тәжирийбесинде қыйыншылықлар ҳәм кемшиликлер жүзеге келеди.
Бириншиден, өнимлердиң барлық түрлерине көтере баҳалар системасына параллель түрде мийнет ҳақының анық нормативлери системасын жаратыў зәрүрлиги пайда болады. Массалық өндиристе бул нәрсе қыйыншылық туўдырмаса да, даналап ямаса киши сериялы ислеп шығарыў ҳәм олардығы өним номенклатурасының тез-тез өзгерип турыўы шараятында қыйыншылықлар пайда болады.
Екиншиден, норматив сап өним тийкарын қураўшы мийнет ҳақы нормативлерин ислеп шығыўда бул нормативлерди асырыўға зәрүрлик пайда болды. Бул болса мийнеттиң сарпланыўының салыстырмалы көбеиўине, демек, мийнет өнимдарлығын асырыў темплериниң әстелесиўине алып келеди.
Үшиншиден, өнимдарлықтың норматив сап өним көрсеткиши кәрханалар жумысының финанслық нәтийжелери менен ҳәлсиз байланысқан болып, өним ислеп шығарыў нормасы ҳәм мийнет өнимдарлығы көлемлери көрсеткишине ийе болыўы мүмкин. Бир усы себептиң өзи норматив сап өним көрсеткишинен, тийкарғы усыл сыпатында пайдаланыўды мақсетке муўапық етип қояды. Оннан тек ғана анализлеў мақсетлеринде кең пайдаланыў мүмкин болады.
Мийнет өнимдарлығын өлшеўдиң қун усылында пайдаланатуғын ислеў бериўдиң норматив қуны көрсеткиши жеңил санаатта өндирис көлемлерин анықлаў ушын қолланылады. Ислеў бериў қуны нормативлерине өндиристеги жумысшылердиң мийнет ҳақы ҳәм оларға жазылатуғын қосымша ҳақылары, цех қәрежетлери нормативи, улыўма завод қәрежетлери нормативи киритиледи.



Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   94   95   96   97   98   99   100   101   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish