10.3 - сүўрет. Мийнет өнимдарлығын асырыў факторлары
Шөлкемлестириўшилик факторлар системасында кадрлар дүзилисиниң жақсыланыўы - басқарыў хызметкерлери санының салыстырмалы қысқарыўы ҳәм санаат – өндирис хызметкерлери улыўма санында жумысшылар салмағының, олар арасында болса тийкарғы жумысшылар салмағыниң артыўы әҳмийетли орын тутады. Санаат – өндирис хызметкерлери улыўма санында жумысшылар салмағы қанша жоқары болса, бир хызметкерге туўры келетуғын мийнет өнимдарлығы да сонша жоқары болады.
Социал-экономикалық факторлардың тәсири илим-техника раўажланыўының ҳәўиж алыўы, өндирис (техника, технология) материаллық тийкарының тәмийинлеўи ҳәм ҳәр қыйлы, көп жағдайларда болса бир қанша қурамалы шөлкемлестириўшилик илажлардың әмелге асырылыўы өз-өзинен жүз бермейди, бәлким тек социаллық өндирис қатнасыўшылары болған инсанлардың актив мийнет ҳәрекети нәтийжесинде ғана жүз бериўи менен байланыслы болады. Бул мийнет ҳәрекетин ҳәрекетлентириўши күш – анық нәтийжеni қолға киритиўге болған қызығыўшылық болып табылады. Ол өз гезегинде өндирис қатнасыўшылары есапланған инсанлардың материаллық ҳәм руўхый мүтәжликлерин қанаатландырыў мүмкиншилигин береди. Буннан тысқары, өндирис ямаса басқа ҳәрекет қатнасыўшылары анық бир мийнет ҳәрекети нәтийжесин қолға киритиўге умтылыўы менен бир қатарда жетерли дәрежедеги мийнет қәбилетине, исбилерменлик сыяқлы зәрүр жеке сапаларға ийе болыўы керек.
Мийнет өнимдарлығына тәсир етиўши ең әҳмийетли социаллық-экономикалық факторларға төмендегилер киреди:
мийнет нәтийжелеринен материаллық ҳәм руўхый мәпдарлық;
хызметкерлердиң маманлық дәрежеси, олардың кәсиплик таярлығы сапасы ҳәм улыўма мәдений-техникалық дәрежеси;
мийнетке қатнасы ҳәм мийнет интизамы дәрежеси;
мийнет жәмәәтлери өз-өзин басқарыўының раўажланыўы.
10.5. Мийнет өнимдарлығын асырыў резервлери
Мийнет өнимдарлығын асырыў резервлери - техника ҳәм технологияны жетилистириў, өндирис, мийнет ҳәм басқарыўды шөлкемлестириўди жақсылаў есабына мийнет өнимдарлығын асырыўдың барлық факторларынан жәнеде толық пайдаланыў мүмкиншилиги. Резервлер мийнет өнимдарлығын асырыў факторлары менен тығыз байланыслы. Егер қандайда бир факторды мүмкиншилик сыпатында алып қарайтуғын болсақ, ол ҳалда бул фактор менен байланыслы болған резервтен пайдаланыў мүмкиншилигиниң ҳақыйқатлыққа айланыў процесси есапланады.
Мийнет өнимдарлығын асырыў резервлериниң бир неше түрлери бар болып, олардың барлығы еки үлкен топарға бөлинеди.
жанлы мийнеттен (жумыс күшинен) пайдаланыўды жақсылаў резервлери;
тийкарғы ҳәм айланыс фондлардан жәнеде нәтийжелирек пайдаланыў резервлери.
Биринши топарға - мийнетти шөлкемлестириў, мийнет шараятлары, ислеўшилердиң мийнет етиў қәбилетин асырыў, кадрлар дүзилиси ҳәм оларды орын-орнына қойыў, үзликсиз ислеў ушын шөлкемлестириўшилик шәрт-шараятлар жаратып бериў, сондай-ақ, хызметкерлердиң мийнет нәтийжелеринен материаллық ҳәм руўхый мәпдарлықты асырыўды тәмийинлеў менен байланыслы мәселелер киритиледи.
Екинши топарға - тийкарғы өндирис фондлары (машиналар, механизмлер, аппаратлар ҳәм усы сыяқлылар)дан жақсырақ пайдаланыў резервлерин, сондай-ақ, шийки зат, материаллар, аўысық бөлеклер, жанылғы, энергия ҳәм басқа айланыс фондлардан жәнеде тежемли ҳәм толық пайдаланыў киреди.
Резервлер түсинигине өндиристе жумыс ўақтының бийкар жумсалыўы да киреди. Булар смена ишинде ҳәм күн даўамында бийкар турыўы, жумысқа кешигип келиўи ҳәм жобада көзде тутылмаған жумысқа келмей қалыўлардың барлығы; мийнеттиң өндирис пенен байланыслы болмаған ҳалда жумсалыўы - мийнет қураллары ҳәм мийнет материалларынан ақылға муўапық пайдаланбаў ҳәмде белгиленген технология процесслериниң бузылыўы ақыбетинде мийнеттиң жобадағыдан тысқары артықша жумсалыўы.
Резервлер пайдаланыў ўақтына қарай ағымдағы ҳәм келешектеги резервлерге бөлинеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |