7.2.Халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеўде мәмлекет сиясаты
Социаллық сиясаттың структуралық бөлими болған халықты жумыс пенен бәнтлик сиясаты үш тийкарғы мақсетке ерисиўди көзде тутады (7.5-сүўрет):
7.2-сүўрет. Халықтың жумыс пенен бәнтлик сиясатының тийкарғы мақсетлери
Мәмлекет халықты жумыс пенен тәмийинлеў сиясатының илажлары төмендеги тараўлар бойынша бөлистирилген:
- тәсир көрсетиў объекти бойынша (улыўма ҳәм қәнигелескен илажлар);
- қаржы менен тәмийинлеў дереклери бойынша.
Халықты жумыс пенен тәмийинлеўге тәсир көрсетиў усылларына төмендегилерди киритиў мүмкин:
тиккелей (административлик) усыллар: нызам жолы менен тәртипке салыў;
мийнет нызамшылығы, жәмәәтлик шәртнамалар;
экономикалық усыллар: финанслық, монетар, фискал (қазна) сиясаты.
Халықты жумыс пенен тәмийинлеўге мәмлекеттиң тәсир көрсетиў түрлери:
Актив тәсир көрсетиў - мийнет усынысын хошаметлеў, мийнетке болған талапты хошаметлеў, талап ҳәм усынысты муўапықластырыў илажлары (мағлыўмат, мәсләҳәт хызметин көрсетиў, кәсиплик тараўда мәсләҳәтлер бериў, халықтың кемирек бәсекиге шыдамлы топарлары ушын бәнтлик дәстүрлерин ислеп шығыў ҳәм басқалар), регионларға жәрдем көрсетиў илажлары ҳәм усы сыяқлылар.
Актив емес тәсир көрсетиў - жумыс пенен бәнт болмаған халыққа социаллық жәрдем көрсетиў;
Мәмлекет бәнтлик сиясаты көлеминде мийнет базарын тәртипке салыўда бәнтлик жамғармаларының әҳмийетин айрықша айтып өтиў керек. Бәнтлик жамғармасы қәрежетлерин шәртли түрде төрт бағдар бойынша бөлимлерге ажыратыў мүмкин:
- жумыссызлық бойынша напақаға жумсалатуғын қаржылар, жумыссызларға материаллық жәрдем көрсетиў, узақ мүддетли пенсиялар төлеў. Буларды актив емес сиясат деп атаў қабыл етилген.
- қайта таярлаў ҳәм жәмийет жумысларына жумсалатуғын қаржылар. Актив сиясаттың бул формасы әмелдеги нызамшылықтан келип шығады, яғный бәнтлик тараўындағы мәмлекет хызмети ушын мәжбүрий есапланады.
- финанслық қоллап-қуўатлаўға, қымбат баҳалы қағазлар сатып алыў ҳәм басқа қәрежетлерге мөлшерленген қаржылар. Айтып өтилген бул формаларды бирлестирип туратуғын тәреп нызам менен кепилленбеген. Соның менен бирге “финанслық қоллап-қуўатлаў” статьясына тийисли қәрежетлерди мийнет базарындағы актив сиясат формаларына киритиў қабыл етилген.
- бәнтлик хызметлерин раўажландырыў ушын мөлшерленген қаржылар (оларды тәмийинлеў, капитал қаржылар, реклама, “Бәнтлик” информациялық хызмети).
Жумыссызларға узақ мүддетли пенсиялар тайынланыўы қатнасығы менен Пенсия жамғармасы қәрежетлери Бәнтлик жамғармасынан қапланады. Халықтың Бәнтлик жамғармасына взнослар төлеўи ушын қамсызландырыў тарифи мийнет ҳақыға төлеўге мөлшерленген қаржылардың 0,1%н қурайды. Взнослар төлеўден нәгиранлардың жәмийетлик шөлкемлери, нәгиранлар ҳәм пенсионерлердиң жәмийетлик шөлкемлери, оларға тийисли болған кәрханалар, сондай-ақ, диний бирлеспелер азат етиледи.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда мийнет базарын басқарыўда бир қатар бағдарлар бар болып, олар халық бәнтлиги мәмлекет хызметине тийисли. Бул хызметиниң тийкарғы ўазыйпасы мийнет базары ҳаққындағы мағлыўматты тарқатыў есабына мийнет базарының хызмет көрсетиў нәтийжелилигин асырыўдан ибарат.
Өзбекстанда халық бәнтлик хызмети 1991-жылда дүзилген еди. Республика халық бәнтлик хызмети жумыстың тийкарғы принциплери халық аралық әмелиятқа муўапық келеди. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан халық бәнтлиги хызмети регионларда (областлар, қала ҳәм районларда) ислеп тур.
Халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў менен байланыслы хызметлер бәнтлик хызмети органлары тәрепинен бийпул көрсетиледи. Базар қатнасықларының раўажланыўы бәнтликтиң жеке характердеги мәмлекетлик емес структуралары да дүзилиўине мүмкиншилик бермекте. Булар хызметкерлерди таңлаў бойынша коммерциялық агентликлери, оқыў орынлары қасындағы мекемелер, диний мекемелер қасындағы ҳәм т.б. мекемелер. Район(қала)лар көлеминде Бәнтликке жәрдемлесиў ҳәм халықты социаллық қорғаў орайлары хызмет көрсетпекте. Тәжирийбелер көрсетиўинше, Бәнтликке жәрдемлесиў ҳәм халықты социаллық қорғаў орайлары мийнет базарының толық мәнисте тәртипке салыўшы тәсиршең қуралы болып қалыўы мүмкин.
Бәнтликке жәрдемлесиў ҳәм халықты социаллық қорғаў орайлары мийнет базары ҳаққындағы, оның аўҳалы ҳәм келешеги ҳаққындағы мағлыўматларды топлайды. Халық бәнтлигин мәмлекетлик емес дәрежеде шөлкемлестириў тараўындағы коммерциялық структураларының басқа формалары да бар.
Экономиканы еркинлестириў шараятында мәмлекет халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм жумыссызлықты сапластырыў бойынша избе-из социаллық-экономикалық сиясат алып барады. Себеби, жумыс пенен бәнтликти асырыў миллий экономиканы раўажландырыў, халық турмыс дәрежесин асырыў ҳәм жоқары раўажланған мәмлекетлер қатарына қосылыўының әҳмийетли факторы есапланады. Жумыс пенен бәнтлик тараўында мәмлекет сиясатының жүритилиўи Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы социаллық ўазыйпаларынан бири.
Өзбекстанда халықты жумыс пенен тәмийинлеў тараўындағы мәмлекет сиясаты төмендеги принциплерге тийкарланады:
• мийнет етиў ҳәм жумысты еркин таңлаў ҳуқықын әмелге асырыўда барлық пуқараларға жынысы, жасы, расасы, миллети, тили, социаллық келип шығыўы, мүлкий жағдайы, лаўазым аўҳалы, динге қатнасы, исеними ҳәм жәмийетлик бирлеспелерге тийислилиги, сондай-ақ хызметкерлердиң исшеңлик тәреплери ҳәмде олар мийнетиниң нәтийжелерине байланыслы болмаған басқа жағдайларға қарамай тең мүмкиншиликлерди тәмийинлеў;
• адамлардың мийнет ҳәм исбилерменлик инициативаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, оларда мийнет етиў ҳәм турмыс кешириўде мүнәсип шараятларды тәмийинлейтуғын өнимли ҳәм дөретиўшилик мийнет қәбилетин раўажландырыўға жәрдемлесиў;
• мийнет етиўдиң ықтыярлылығы;
• жумыс пенен тәмийинлениў тараўында социаллық кепилликлер бериў ҳәм халықты жумыссызлықтан қорғаўды тәмийинлеў;
• социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жумыс табыўда қыйналып атырған пуқаралар ушын бар жумыс орынларын сақлап қалып атырған ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратып атырған жумыс бериўшилерди хошаметлеў;
• жумыс пенен тәмийинлеў тараўындағы илажларды социаллық ҳәм экономикалық сиясаттың басқа бағдарлары менен муўапықластырыў;
• халықты жумыс пенен тәмийинлеў илажларын ислеп шығыў, әмелге асырыў ҳәм олардың орынланыўын қадағалаўда мәмлекетлик органлар, кәсиплик бирлеспелери, хызметкерлердиң ўәкиллик органлары ҳәм жумыс бериўшилердиң өз-ара бирге ислесиўи;
• халықты жумыс пенен тәмийинлеў машқалаларын шешиўде мәмлекетлер аралық бирге ислесиў27.
Республикада алып барылып атырған реформалардың структуралық бөлими есапланған жумыс пенен бәнтлик сиясаты төмендеги тийкарғы мақсетлерге ерисиўди көзде тутады:
- структуралық қайта қурыўды хошаметлеў тийкарында босап қалған хызметкерлерди қайта бөлистириў процессин жеделлестириў;
- жумыссызларды мийнет турмысына жүдә тезлик пенен тартыў;
- жумыс излеп атырғанлардың ҳәр бирин жумыс пенен тәмийинлеў.
Бул мақсетлерге ерисиў ушын болса мәмлекет тәрепинен төмендеги илажлар әмелге асырылады:
I. Егер жумыссызлық дәўирли өзгешеликке ийе болса, бунда мәмлекетлик бюджет, фискал, кредит-пул қуралларын жумысқа салады, яғный:
• жумыс пенен тәмийинлеўди күшейтиў ушын өндириске көбирек қаржы жумсайды;
• исбилерменниң мәпин асырыў ушын ссуда ҳәмде кредитлердиң процент ставкаларын пәсейтиў;
• ислеп шығарыўшы ҳәм тутыныўшыларға салынатуғын салықларды кемейтеди.
II. Жумыссызлықтың фрикцион ҳәм жасырын түрлери өскенде мәмлекет:
• қайтадан кәсип үйретеди;
• тәлим бериў системасын кеңейтиреди;
• бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматларды кең тарқатады;
• мийнет базары инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған инвестицияларды көбейтеди.
Халықты жумыс пенен тәмийинлеўге тәсир көрсетиў усылларына төмендегилерди киритиў мүмкин:
- тиккелей (административлик) усыллар - нызам жолы менен тәртипке салыў;
- жаңапай (экономикалық) усыллар - финанслық, монетар, фискал сиясаты. Халықты жумыс пенен тәмийинлеўге мәмлекеттиң тәсир көрсетиўдиң төмендеги түрлери бар:
• актив тәсир көрсетиў - мийнет усынысын хошаметлеў, мийнетке болған талапты хошаметлеў, талап ҳәм усынысты муўапықластырыў илажлары (мағлыўмат, мәсләҳәт хызметин көрсетиў, кәсиплик тараўда мәсләҳәтлер бериў, халықтың азырақ бәсекиге шыдамлы топарлары ушын бәнтлик дәстүрлерин ислеп шығыў ҳәм басқалар), регионларға жәрдем көрсетиў илажлары ҳәм усы сыяқлылар;
актив емес тәсир көрсетиў - жумыс пенен бәнт болмаған халыққа социаллық жәрдем бериў ҳәм қоллап-қуўатлаў.
Мәмлекеттиң актив тәсир көрсетиў сиясаты аймақлы мийнет базарлары жағдайынан келип шығады. Егер аймақта жумысшы күши артықшалығы (профицит) жүз берип, усыныс көлеми талаптан жоқары болса, ол ҳалда мәмлекет жумысшы күши усынысын кемейтиў ҳәм оған болған талапты көбейтиўди хошаметлеў сиясатын жүритеди. Керисинше, егер аймақта жумысшы күши дефицити гүзетилсе, ол ҳалда мәмлекет жумысшы күши усынысын көбейтиў ҳәм оған болған талапты кемейтиў бойынша анық илажларды белгилейди.
Бүгинги күнде республикамыздың дерлик барлық регионларында жумысшы күшиниң артықшалығы бар ҳәм жумысшы күши базарында усыныс талаптан жоқары болады. Сол ушын ислеўди қәлеўшилердиң мийнет базарында еркин ҳәрекет етиўи ҳәм ғәрезсиз жумыс пенен тәмийинлениўи ушын мәмлекет пуқараларына бир қанша кепилликлерди көзде тутады. Яғный, мәмлекет (7.3-сүўрет):
Do'stlaringiz bilan baham: |