Бюджет шөлкемлериндеги техникалық ҳәм жәрдемши персонал ушын жумыс ҳақы төлемлерин жетилистириў. Бюджет тараўында тармақлы тариф сеткасы тек ғана қәнигелер ҳәм басқарыў хызметкерлери жумыс ҳақыларын жетилистириўге бағдарланады. Жәрдемши ҳәм техникалық хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеўде болса бирден-бир тариф сеткасы системасын сақлап қалыў мақсетке муўапық. Бирақ, жоқарыdа айтылғанындай, БТС өз әҳмийетин жоғалтып атырғанлығы себепли усы топар хызметкерлери ушын тармақлар аралық тариф сеткасының қолланыўы мүмкин. Бундай тариф сеткасы барлық бюджет шөлкемлери ушын олардың қәнигелигине байланыслы болмаған ҳалда бирдей орнатылыўы керек.
Жәрдемши ҳәм техникалық персонал лаўазымлары бойынша жумыс ҳақы белгилеўде 10-12 разрядтан ибарат тариф системасын киритиў жеткиликли. Бунда 1-разряд БТСтиң усындай разряд коэффициентине (2,476) теңлестириледи. Соның менен бирге, бул тариф сеткасы хожалық жүритиўши субъектлердеги жәрдемши персонал ҳәм хызметкерлер ушын да тийкар болыўы мүмкин.
Раўажланған мәмлекетлердиң бюджет емес тараўларында мийнетке ҳақы төлеў усылы сыпатында – тарифсиз жумыс ҳақы ямаса “вилка” системасы қолланылады. Бул системаға тийкарынан, жумыс ҳақыны белгилеўде хызметкердиң кәсиплик шеберлиги, жумыс стажы, маманлық дәрежеси, кәрхана ҳәрекетине қосқан жеке үлеси сыяқлы өзгешеликлер есапқа алынады. “Вилка” системасы мийнетке ҳақы төлеўдиң басқа усылларына қарағанда өзиниң ийилиўшеңлиги менен ажыралып турады.
БТСтиң “0” – разрядынан ўаз кешилсе ҳәм оның 1 разряды коэффициенти (2,476) 1 ге теңлестирилсе, төмендеги көринисти алады. Соны көриў мүмкин, жоқары басқарыў хызметкериниң лаўазым айлықлары қәнигесиз 1-разрядтағы жумысшыниң базалық мийнет ҳақысынан тек ғана 4,135 есе көп, бул болса теңлестириў принципине әмел етилип атырғанлығын билдиреди.
Қысқаша жуўмақ
Мийнет ҳақы – бул жалланба хызметкер дәраматының элементи, оған тийисли жумысшы күшине болған мүлкшилик ҳуқықын экономикалық жақтан жүзеге шығарыў формасы.
Кәрханаларда мийнетке ҳақы төлеўди шөлкемлестириўдиң тийкарғы элементлери - мийнетти нормалаў, тариф системасы, мийнет ҳақының формалары ҳәм системалары.
Мийнетке ҳақы төлеў формалары ҳәм системалары дегенде, жумысшыниң мийнет қәрежетлери ҳәм нәтийжелерин оған тийетуғын мийнет ҳақы муғдары менен салыстырыўдың шөлкемлестириўшилик-экономикалық механизмлери түсиниледи.
Әпиўайы ўақытпай система хызметкердиң мийнет ҳақыны оның тариф ставкасына ямаса ҳақыйқатта ислеген ўақтына қарай белгилейди
Мийнетке әпиўайы жумыспай ҳақы төлеў - жумысшыниң мийнет ҳақы жумыспай баҳаға байланыслы болып, ол таярланған өним бирлиги (исленген жумыс), сондай-ақ белгили дәўир аралығында ислеп шығарылған өним (исленген жумыс) муғдарына байланыслы.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң жеке тәртиптеги жумыспай системасында исленген жумыстың (буйым, деталь, операция) ҳәр бир бирлиги ушын турақлы жумыспай баҳа белгиленеди.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң жәмәәтлик (бригада) жумыспай системасы жумысшылердиң мийнет ҳақысы өндирис бригадасы орынлаған жумыс көлемине (өним муғдары) муўапық есаплап шығылады.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай (аккорд) системасында аккорд тапсырмасына кирген жумыслар комплексин орынлағаны ушын төленеди, айырым операциялар ҳәм жумыс түрлериниң орынланыўы есапқа алынбайды.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң туўрыдан-туўры жумыспай системасы соннан ибарат, хызметкердиң мийнет ҳақы оның жеке өндирис нормасына емес, бәлким басқа хызметкерлер мийнетиниң нәтийжелерине байланыслы болады.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай-артып барыўшы системасының өзине сәйкес элементлери нормаларын орынлаўдың басланғыш дәрежеси есапланады.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай-кемейип барыўшы системасы соның менен ажыралып турады, нормаларын асырып орынлаўдың айырым дәрежесинен баслап жумыспай ҳақы баҳасының кемейиўи жүз береди.
Ҳәзирги ўақытта әмел етип турған компенсация қосымшалары ҳәм үстемелердиң барлық түрлерин еки үлкен топарға: мийнет ҳәрекети тараўлары бойынша шекленбейтуғын қосымшалар ҳәм үстемелерге ҳәмде белгили бир мийнет тараўларында қолланатуғын қосымшалар ҳәм үстемелерге ажыратыў зәрүр.
Do'stlaringiz bilan baham: |