Тексериў ушын сораўлар
Өнимлерди мәжбүрий ҳәм ықтыярый сертификатластырыў қайсы ҳүжжетте белгиленген?
Мәжбүрий сертификатластырыў қандай жағдайларда әмелге асырылады?
Ықтыярый сертификатластырыў қандай жағдайларда әмелге асырылады?
Сертификатластырылыўы шәрт болған өнимлердиң дизими ким тәрепинен тастыйықланады?
Мәжбүрий сертификатластырылыўы лазым болған өнимлер қандай жағдайларда Өзбекистан Республикасы аймағында реализация етилиўи мүмкин емес?
Мәжбүрий сертификатластырылыўы лазым болған өнимлерди реализация етиўшилердиң қандай миннетлемелери бар?
Нызамшылықта қандай сертификатластырыў жумсыларының мәмлекет тәрепинен қаржыландырылыўы белгиленген?
12.3. Муўапықлықты декларациялаў тәртиби
Өзбекистан Республикасының “Муўапықлықты баҳалаў ҳаққында”ғы Нызамында “муўапықлықты декларациялаў — өнимниң норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер, сондай-ақ, техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлер талапларына муўапықлығын ислеп шығарыўшы, сатыўшы яки орынлаўшы тәрепинен тастыйықлаў” екенлиги белгиленген.
Муўапықлықты декларациялаўда муўапықлықты тастыйықлаў қағыйдалары, тәртиби ҳәм усыллары техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы тийисли норматив ҳүжжетлерде белгиленеди. Егер муўапықлықты декларациялаўда муўапықлықты тастыйықлаў қағыйдалары, тәртиби ҳәм усылларында өнимди сынаўды өткериў зәрүр екенлиги белгиленген болса, бундай сынаў аккредитация етилген сынаў лабораториясы (орайы) тәрепинен ислеп шығарыўшы, сатыўшы яки орынлаўшы менен дүзилген шәртнама тийкарында өткериледи.
“Өнимниң қәўипсизлик талапларына муўапықлығын декларациялаў тәртиби ҳаққында қағыйда” Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2005-жыл 6-апрельде 1465-сан менен мәмлекетлик дизимнен өткерилген ҳәм ол өнимниң қәўипсизлик талапларына муўапықлығын биринши тәреп (ислеп шығыўшы, дистрибьютор, импорт етиўши, дәлдалшы) тәрепинен декларациялаў тәртибин белгилейди.
Өнимниң қәўипсизлик талапларына муўапықлығын декларациялаў өнимниң НҲ талапларына муўапықлығын кепиллеў ҳәм муўапықлықка жуўапкер биринши тәреп (тәмийнатшы)ти анықлаў мақсетинде әмелге асырылады.
Қағыйдаға көре, тәмийнатшы муўапықлық декларациясында көрсетилген өнимниң қәўипсизлик көрсеткишлериниң орынланыўына жуўап береди ҳәм бул көрсеткишлер ислеп шығыўшының сынаўлары ҳәм баҳалаўына тийкарланған болыўы керек.
Егер өним муўапықлығы мәжбүрий тастыйықланыўы керек болған өнимлер дизимине киргизилген болмаса, оның муўапықлығы биринши яки екинши тәрептиң интасы менен декларацияланыўы мүмкин.
Декларацияда келтирилетуғын өним көрсеткишлери НҲке яки шәртнама шәртлерине тийкарланып ислеп шығыўшы тәрепинен белгиленеди ҳәм ол өнимниң қәўипсизлиги, сынаўы ҳәм муўапықлығын тастыйықлаў ушын керекли ис-илажларды әмелге асырыўы керек.
Шеттен келтирилетуғын өнимлер Өзбекистан Республикасы ҳәм өними импорт етилетуғын мәмлекет ортасындағы келисимге тийкарланып декларация етиледи.
Өнимди декларация етиў ушын тәмийнатшы аккредитацияланған сертификатластырыў мәкемесине арза менен мүрәжат етеди (3.14-сүўрет).
3.14-сүўрет. Өнимниң муўапықлығын декларациялаў тәртиби.
Арзага төмендегилер қосымша етиледи:
Аккредитацияланған сынаў лабораториясының сынаў баянламасы;
Шийки зат, материаллар, аўысық бөлеклердиң сынаў баянламалары.
Декларация етилип атырған өнимге тийисли мәмлекетлик мәкемелердеги басқа ҳүжжетлерди (гигиеналық сертификат, экологиялық жуўмақ ҳәм т.б.) сертификатластырыў мәкемеси өзи сорап алады.
Декларация бир НҲ талаплары тийкарында бир яки бир топарға сәйкес өнимге бериледи.
Декларацияда төмендеги мағлыўматлар келтириледи (3.15-сүўрет):
Тәмийнатшының аты ҳәм мәнзили;
Өнимниң аты, түри, модели ҳәм т.б.;
Өнимга тийисли НҲ ке бағдар;
Өним ислеп шығылған сәне, көлеми, партиясы, жарамлы мүддети, тасыў шәрти;
Декларация бериў сәнеси;
Тәмийнатшы ўәкили ҳаққында мағлыўматлар;
Менеджмент системасының сертификатланғанлығы ҳаққында мағлыўмат;
Аккредитацияланған сынаў лабораториясы ҳаққында мағлыўмат.
Аккредитацияланған сертификатластырыў мәкемеси арза ийесиниң ҳүжжетлерин үйренеди, өнимди идентификациялайды. Унамлы жуўмақ болған жағдайда, бес күн даўамында СМ декларацияны реестрде дизимге алады ҳәм муўапықлық сертификатын береди. Унамсыз жуўмақ болған жағдайда, арза ийесине жазба түрде бийкарлаў жуўабы бериледи.
Дизимге алынған декларация нусқасы басқа ҳүжжетлер менен бирге СМде сақланады.
Декларацияда көрсетилген НҲке өзгерис киргизилген жағдайда, арза ийеси бул ҳаққында СМне хабар бериўи керек ҳәм жаңа декларацияны рәсмийлестириўи керек.
Декларация етилген өнимге муўапықлық белгиси қойылыўы мүмкин.
__________________ -санлы
Муўапықлық ҳаққында декларация
Тәмийнатшы _________________________
Мәнзил: ____________________________
Өним ___________________________
Менеджмент системасының сертификатланғанлығы _____________________________
Аккредитацияланған сынаў лабораториясы ҳаққында мағлыўмат _________________________
Норматив ҳүжжет ___________________________________________талабларына сай.
(номери, аты, тастыйықланған сәнеси, мүддети)
Қосымша мағлыўматлар: __________________________________________________
_______________ ________________ _______________
(лаўазымы) (имза) (Ф.И.О.)
(мөр)
Толтырылған сәне __________ ж. “__” _______________
Әмел етиў мүддети __________ ж. “__” _______________
ДИЗИМГЕ АЛЫНЫЎЫ ҲАҚҚЫНДА МАҒЛЫЎМАТ
____________________________________ сертификатластырыў мәкемеси тәрепинен
(СМ ҳаққында мағлыўмат)
_______ сан менен дизимге алынды.
Сертификатластырыў мәкемеси
басшысы ______________ _____________
(имза) (Ф.И.О.)
(мөр)
«___» ________________ ________ й.
3.15-сүўрет. Муўапықлық ҳаққында декларацияның көриниси.
Тексериў ушын сораўлар
Муўапықлықты декларациялаў дегенде нени түсинесиз?
Муўапықлықты декларациялаўда муўапықлықты тастыйықлаў қағыйдалары, тәртиби ҳәм усыллары қандай ҳүжжетлерде белгиленген?
Қандай ҳүжжетте өнимниң қәўипсизлик талапларына муўапықлығын декларациялаў тәртиби белгиленген?
Өнимди декларация етиў ушын аккредитацияланған сертификатластырыў мәкемесине қандай ҳүжжетлер бериледи?
Муўапықлық декларациясында қандай мағлыўматлар келтириледи?
Декларация етилген өнимге муўапықлық белгиси қойылыўы мүмкин бе?
Do'stlaringiz bilan baham: |