1-тема СУЛЬФАТ КИСЛОТАнЫҢ ҚӘСИЙЕТЛЕРИ ҲӘМ ИСЛЕП ШЫҒАРЫЎ УСЫЛЛАРЫ
Жоба:
1.Сульфат кислотаның физик-химиялық қәсийетлери ҳәм әҳмийети.
2.Сульфат кислота ислеп шығарыў көлеми ҳәм кәрханалары.
3.Сульфат кислота ислеп шығарыў усыллары.
4.ҒМА мәмлекетлери сульфат кислота ислеп шығарыўды раўажланыўына қосқан үлеслери.
1.Сульфат кислотаның физикалық ҳәм химиялық қәсийетлери ҳәмде ҳалық хожалығындағы әҳмийети
Сульфат кислотасының химиялық формуласы Н2SO4 болып, оның молекуляр аўырлығы 98,08 угл.бирлигине тең. Дүзилис формуласы.
Н-О О
S
Н-О О (1.1.)
Сульфат кислота нормал шарарията (t=0 0С, p=1 атм) реңсиз, ийиссиз зат. Сульфат кислота 81,63% SO3 ҳәм 18,37% суўдан ибарат; яғный
SO3 + H2O = H2SO4 + Q (1.2.)
Сульфат кислотасы биринши болып, IX әсир басларында араб ал-химиги Жабр Ибн Хайян (русша Гебер) тәрепинен темир купоросын қыздырыб, оннан шыққан газлерди суўда жуттырыў нәтийжесинде алынған. Саның ушын да, усы ўақытқа шекем сульфат кислотасының қойыў еритпесин техникада купорос майы деп аталады. Бул 93-95%лик сульфат кислотасы. 1742 жылы уллы рус химиги М.В. Ломоносов бул суйықлыққа сульфат кислотасы деб ат береди. Сульфат кислотасы өзине түсер баҳасы бойынша арзан, күшлилиги жақтан ең күшли кислоталардан бири; соның ушын да сульфат кислотасы халық хожалығында ең көп қолланатуғын өнимлерден бири; ол медицинада, текстил санаатында, химия санаатындағы ығал газлерди кептириўде, қорғаўда, нефтти қайта ислеў санаатында, аммиаклы шығынды газлер араласпасынан аммиакты услап, төмендеги реакция бойынша аммоний сульфаты сыяқлы минерал төгин ислеп шығарыўда да көп ислетиледи:
2NH3 + H2SO4 = (NH4)2SO4 +Q (1.3.)
Сульфат кислота органикалық емес химия санаатында ең көп қолланылатуғын зат. Мәселен: экстракцион фосфор кислотасын ислеп шығарыўда Қаратаў ямаса Қызылқум фосфоритлерине үш молекула сульфат кислота тәсир еттириледи:
Ca3 (PO4)2 +3H2SO4 = 2H3PO4 + 3CaSO4 + Q2 (1.4.)
Э.Ф.К. фосфогипс
Сульфат кислотасы әпиўайы суперфосфат ислеп шығарыўда:
Ca3 (PO4)2 + 2H2SO4 + 2H2O = Ca (H2PO4)2 + 2CaSO4 * 2H2O+ Q (1.5.)
Ҳәм де преципитат ислеп шығарыўда қолланады:
CaCO3 + H3PO4 = Ca HPO4 + CO2 + H2O + Q4 (1.6.)
Өз нәўбетинде экстракцион фосфор кислотасы (эфк) на аммиакты тәсир еттирип, моно ҳәм диаммоний фосфатлар алынады:
NH3 + H3PO4 = NH4 H2PO4 + Q5 (1.7.)
2NH3 + H3PO4 = (NH4)2 HPO4 + Q6 (1.8.)
NH4H2PO4 ва (NH4)2HPO4 лар араласпасы аммофос араласпасы делинеди.
Сульфат кислотасы күшли кислота сыпатында күшсиз кислоталарды олардыӊ дузларынан қысып шығарады: Мысалы дала шпаты СаF2 дан водород фторид кислотасын:
CaF2 + H2SO4 = 2HF + CaSO4 + Q7 (1.9.)
Чили селитрасынан нират кислотасын:
2NaNO3 + H2SO4 = 2HNO3 + Na2SO4 + Q8 (1.10.)
Ас дузынан водород хлориди кислотасын:
2NaCI + H2SO4 = 2HCI + Na2SO4 + Q9 (1.11.)
Хәзирги ўақытта НСI кислотасы туўрыдан-туўры синтез етип алынбақта:
H2 + СI2 = 2HCI + Q (1.12.)
Бул жерде пайда болған натрий сульфат дузлар жасалма ашшы таслар ислеп шығарыўда, литопон ҳәм тағы басқалар ислеп шығарыўда ислетиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |