Жумыс көлемлерин есаплаў.
Грунт атлары
|
Грунт топары
|
Салыстырма көлем
|
Көлемлер, м3 (м2)
|
1-қатлам
|
2-қатлам
|
Толық көлем
|
|
|
|
|
|
|
Дамбаларды жойбарлаў.
Дамбаларды жойбарлаўдағы мақсет, олардың өлшемлерин анықлаў, жайласыўын белгилеў канал қурылысында жумыс көлемин анықлаў ҳәмде оның экскаватор ис өнимдарлығына тәсирин үйрениўден ибарат. Канал трассасынан өсимлик өсетуғын қатлам қырқып алынып, жойбарда басқа шәртлер болмаса, онда дамбаларға жайластырылады.
Каналдан қазып шығарылған грунт канал трассасы өтетуғын орынның шәриятына қарап, бир (2.2-сызылма) яки еки тәрепине (2.3-сызылма) дамбаларға жайластырылыўы мүмкин. Есаплаў график жумысында бул жазыў аркалы көрсетиледи. Дамбаларды жойбарлаў жоқарыдағы салыстырмалы көлемлерден пайдаланып орынланады (1-кесте).
Бунда дамбалар салыстырма көлеми төмендегише есапланады:
а) Дамбалар бир тәреплеме болса,
Wд= W1Kж1 + W2Кж2
бул жерде, Kж1,Кж2- биринши ҳәм екинши қатлам грунтларының жумсарыў коэффициентлери (1-қосымшадан алынады).
б) Дамба еки тәреплеме болса,
Wд= (W1Kж1 + W2Кж2)/2
Дамбалардың кесе-кесим формаларын төмендеги шәрт тийкарында белгилеў мүмкин.
Егер дамбалардың салыстырма көлеми W< 25м3/1му болса, дамба үш мүйешли формада қабыл қылынады ҳәм жойбар өлшемлери төмендегише табылады:
Wд = mорh 2д 1мy; м3/1му
бул жерде, mор- дамба қаптал қыялық коэффициенти.
mор=( m1 + m2)/2
Дамба бир тәрепинде жайласқан канал кесе-кесимлери
а) үш мүйешли формада; б) трапеция формасындағы дамба;
m1, m2 – мас рәўиште, дамбаның ишки ҳәм сырткы қыялық коэффициентлери; m1 – гурунт табиий қыялық коэффициенти (2-қосымшадан алынады) ҳәм өз алдына шәрт қойылмаса m2 = m1 деп қабыл кылынады.
Hд = Wд / m ор1мy; м
Егер Wд > 25 м3/1му болса, дамбаның кесе-кесими трапеция формасында қабыл қылынады оның жойбар өлшемлери төмендеги формула арқалы еесапланады:
WTT =(bTT + m ур hTT) hTT ; м3/1му
бул теңлемеде шеп тәреп (2.13) яки (2.14) теңлемелерден табылып, WTT ның орнына қойылады. Теңлемениң оң тәрепи болса (bд ҳәм hд) белгисиз бар, соның ушын алдыннан мәлим болған шәрттен hд < hэтөг
Яғный дамбаның бийиклиги – hд, экскаватордың төгиў бийиклиги - hэтөг ден жоқары болмаслығы керек. Бул шәрттиң орынланыўын төмендеги формула тәмийинлейди.
h д =0.5 Wд; м
онда (2.17) формуладан дамбаның жоқарысы бойынша ени есапланады
bд =(Wд – m ор h2д)/hд ; м
Еслетпе: жойбарлаўда, өсимлик өсетуғын қатламды алып таслаў топырақ көлеми, каналдың қурылыў кесе-кесими жойбарланғаннан кейин есапланады. Қурылыс тәртибинде болса, канал трассасы алдын өсимлик қатламынан тазаланады, кейин кесе-кесими қазылады.
Өсимлик өсетуғын қатлам бойынша жумыс көлемлерин есаплаў төмендегише анықланады:
-салыстырма көлем Wo = Bhөс1му,
бул жерде, В-канал трассасының өсимлик өсетуғын қатламын тазалаў зәрүр болған кеңлиги (2.2, 2.3-сызылмалардан есаплап табылады).
hөс- өсимлик өсетуғын қатлам қалыңлығы
-Өсимлик өсетуғын қатламның толық көлеми төмендеги формула менен анықланады:
Vo = WoL; м3
бул жерде, L-канал трассасының узынлығы, м. (алынған нәтийжелер кестеге жазып қойылады)
Дамба еки тәрепинде жайласкан канал кесе-кесимлери
а) үш мүйешли формадағы дамба; б) трапеция формасындағы дамба;
Өсимлик өсетуғын қатлам грунтын ўакытша дамбаға жайластырыў:
-салыстырмалы көлем Wөс.скд = WoK өсим.ж ж; м3/1му
бул жерде, Kөсм ж – өсимлик қатламының жумсартыў коэффициенти
Егер дамба каналдың бир тәрепинде жайластырылса
W өсд = W0Kөсж,
Егер дамба каналдың еки тәрепинде жайластырылса, олардың салыстырма көлемлери төмендегише есапланады
W өсд = W0 Kөсж /2,
Ўақтынша дамбаның кесе-кесиминиң формасы каналдың үлкен кишилигине, өсимлик қатламы грунтын ислетиў зәрүрлигине ҳәм өсимлик қатламындағы грунт көлемине қарап, үш мүйешли формада яки трапеция формасында болыўы мүмкин.
Егер канал өтетуғын орынның шәриятлары өз алдына келтирилмесе, өсимлик қатлам грунты ушын дамбаның жайласыў орны, жазба ўазыйпа берилген тийкарында, үш мүйешли формада жойбарланады:
- бир тәреплеме болғанда:
Wөсд = (m1өс+ m2өс)hөс 2д /2 м3/1му,
- еки тәреплеме болғанда:
Wөсд = (m1өс+ m2өс)hөс 2д /4 м3/1му,
Буннан дамба бийиклиги төмендегише анықланады:
Hөс д =2 Wөсд/ (mөс1+mөс2) м
бул жерде, mөс1- өсимлик грунты дамбасының табиий қыялық коэффиценти,
mөс2- дамбаның ишки қыялық коэффиценти, mөс2=4,0, яки mөс2=5,0 деп қабыл қылынады.
Do'stlaringiz bilan baham: |