Ibrayım Yusupov «Alasatlı dúnya bul»- muń sózi



Download 40,5 Kb.
Sana22.02.2022
Hajmi40,5 Kb.
#80403
Bog'liq
Ibrayım Yusupov (2)


Ibrayım Yusupov «Alasatlı dúnya bul»-
Muń sózi
Ырғалған нар қамыс капелласынан
Жан тербеткиш муңлы сазлар келеди, 17-bet
Кермек дәмли муңлы сезим
Сүтилмеклер кеўлимизде.
Туўып өскен жерге деген
Сол әжайып муҳаббаттың
Орнын басар не бар екен? 41-bet
Бир сулыў тәбассум муңлы жүзинен,
Сырлы сәўле таратқандай өзинен,
Қара көзи көлге ымырт түскендей,
Кете берди енесиниң изинен... 61-bet
Балалықтың муңлы елесли түси,
Еле көз алдымда ушырасыў усы.
Қулағымда, қызын жубата алмай,
"Келин!" леген енесиниң даўысы. 64-bet
Жамғыр жаз ҳаўасын жуўып турады,
Муңлы салқын кеўиллерге урады,
Жас топырақлы бир қәбирдиң басында
Еки ҳаял сыңсып ғана жылады. 70-bet

«Kewildegi keń dúnya»
Гүлпаршынлар баўыры оттай қамылып
Қызлар сыңсып муңын айтқан шағынып,
Сен арқалы ханды жумсап қатынлар,
Әжинияз сайраған елин сағынып. 6-bet

Муңымызды шақтық Қара теңизге,


Қасқыр шапса, бизлер қалдық ең изде.
Қараңғыда биз ҳәр жаққа шығындық,
Ҳәр қайсымыз бир қуўысқа тығылдық. 21-bet
Гоголь ҳәм Шедринниң күлкиси менен түйреп,
«Жаўызлық. бузақылық ордасын қыйрат» дедиң.
Езилгеи дыйхан тилегин, әрманын алға сүйреп,
Муңлы бурлақларға бахыт изледиң. 22-bet
Дедиң маған күлип муңлы:
«Көзиме шөп түсти мениң ...
Бала жаным сезип турды
Ҳеш қандай шөп түспегенин. 46-bet
Онда еле күшли жаңлап хош ҳаўазың тур сениң,
Аз шертилген, ерте үзилген муңлы сазың тур сениң.
Гөззал татар музасының мәканына бул ўақта
Сазың ышқыңда жаңадан әўладлар ағылмақта. 54-bet
Қосықлар өзгерсин муңсыз ҳеш қандай,
Гөне көринислерди көз көрмей қалсын.
Туўған жерге деген инсан ышқындай
Сениң даўысың ғана өзгермей қалсын. 65-bet
Соң бир от басында дүзде қонғанда,
Шөл тилсимин көрдим усы көзден мен...
Илим үңилмеген сол бийик жақтан,
Жерге бир жуп жулдыз муңлы баққандай. 66-bet

«Úmit jaǵası»
Диң аспанда муңлы "қуррыў-қуррыў" лап,
Не деп баратырсыз, байғус тырналар?
Не ис тапса, инсан пейлинен табар,
Ол қаст етсе, терис ағар дәрьялар. 3-bet

«Búlbil uyası»
Базда мусəпирлик ҳалға түсирип,
Көрмес ислерди де көргизер бизге.
Руўҳыятым айдап шөл - бəябанға
Муңымды самалға шағындырады. 67-bet
Жапырақларын төгип оның жолына,
Үнсиз гүзетеди мықлы шынарлар,
Ғарғалар ғақылдап анҳар бойында,
Əлле қайда муңлы майналар жылар. 84-bet
Анам айтар еди оның тəрийпин,
Əрманлы нашардың муңлы тарийхын,
Көзден бир-бир ушқан яңлы бар уйқым,
Өмиримниң кешинде сөнген сол жулдыз. 88-bet
Мөлт-мөлт етип муңлы қарар да турар,
Биреўди излеген болар да турар.
Жел үрлеген шамдай сөнер де қалар,
Ел аўзында ертек болған сол жулдыз. 88-bet
Қапталымда болмаса да бос орын,
Кеўлимде бир гүрси бос турар мудам.
Сол гүрси артынан келип қасыма,
Муңлы музам «жүр» деп əсте сыбырлар. 110-bet
Бир сулыў тəбассум муңлы жүзинен,
Сырлы сəўле таратқандай өзинен,
Қара көзи көлге ымырт түскендей,
Кете берди енесиниң изинен... 133-bet
Балалықтың муңлы елесли түси,
Еле көз алдымда ушырасыў усы.
Қулағымда, қызын жубата алмай,
«Келин!» деген енесиниң даўысы. 136-bet
Ашықларға муңлас,
Шайырға сырлас,
Бағ тапбаған жерде шеңгелге қонар ...
Тикенге тырналып ол уя салған,
Қара даўыл оны бузып ушырған. 144-bet

«Duzlı samal»

Бердақ бабамның муңласы,


Дәртиң баян әйле, дуўтар.
Гүмбирлеген сазға байсаң,
Дәртлеримди қозғағайсаң. 40-bet
ПИРИМ БИЙ
Шайыр иним,
Зийўарым, аман келдиң бе!
Даўыслар
Ел муңшысы,
Зийўарым, аман келдиң бе! 51-bet
Даўыслар
- Муңымызды муңлап жүрген,
дилўарымыз, бармысаң.
- Жоғымызды жоқлап жүрген,
Зийўарымыз, бармысаң! 65-bet
Download 40,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish