ланады.
Солай етип,
сөздиң предметлик -затлық мәниси оның лексикалық мәниси болады да, ал
оның белгили бир грамматикалық формада болыўы, грамматикалық хызметти атқарыўы
грамматикалық мәниси деп аталады.
Қарақалпақ тилинде сөздиң грамматикалық мәнисиниң практикалық жақтан әҳмийети
оғада уллы. Егер сөз грамматикалық жақтан тарийхый танылған белгили бир формаға ийе
болмағанда, турмыстың ҳәр қандай тәреплери ҳаққында пикир джүргизиў туўралы ойлап та
болмас еди, егер сөз бир-бири менен грмматикалық байланысқа түсиў қәсийетине ийе болмағанда,
бизиң тил менен қатнас жасаўымыз мүмкин болмаған болар еди.
Жуўмақлап айтқанда, ҳәзирги заман қарақалпақ тилинде сөз объектив шынлықтың қандай
да бир қубылысын (предметти, ҳәрекетти, олардың белгилериниң атамасын т.б.) билдиреди.
Мысалы: пахта, өндирис, пилле, салы, тынышлық, жақсы, жаман, узын, ерте, кеш, жасаў, өндириў
тағы басқалар. Мине бул оның предметлик-затлық мазмунын қурап, лексикалық мәнини пайда
етеди. Ал енди сол сөз арқалы билдирилетуғын қубылыслардың белгили бир предметке, ҳәрекетке
ямаса олардың белгилерине тийислилиги, сондай-ақ олардың бир-бирине қатнасы ҳәм байланысы
сөздиң грамматикалық мәниси болып есапланады.
Қарақалпақ тилинде сөздиң лексикалық мәниси менен грамматикалық мәнилери арасында
оғада тығыз байланыс болады. Бул байланыс сол сөзлер арқалы билдирилетуғын ойдан келип
шығады,айтылайын деген ой сөздиң лексикалық мәниси менен грамматикалық мәнилери
арасындағы бирликти дөретеди, усыған қарай, яғный атылайын деген ойға қарай гәптеги сөзлер
де, олардың грмаматкиалық байланысыў формасы да өзгереди. Мәселен, бизиң жоқарыдағы
келтирилген мысалымызда билдирилетуғын ой кептердиң уяға қоныўынан ибарат. Егер
сөйлеўшиниң ойы кептер ҳаққында емес, ал қустың басқа бир түри, айтайық, шымшық ҳаққында
болғанда, онда кейингиге байланыслы уяға, қонды деген сөзлер менен грмматикалық байланыста
шымшық деген сөз кирген болар еди. Егерде айтыўшының ойы кептер ҳәрекетиниң болымлы
жағдайы емес, ал болымсыз жағдайы ҳаққында болғанда, онда қонды деген сөздиң грамматикалық
формасы азырақ өзгериске түсип, қонбады болар еди. Ал егерде еле қонбаған, бирақ қонатуғын
болса, қонды деген фейилдиң өткен мәҳәли қонады болып, келер мәҳәл формасын қабыл еткен
болар еди. Өз гезегинде мине бул нәрсе айьылайын деген ой менен сол ой билдирилетуғын
гәптеги сөзлердиң лексикалық ҳәм грамматикалық мәнилери арасында тығыз байланысты,
бирликти де көрсетеди.
Қарақалпақ тилинде сөздиң лексикалық мәниси менен грамматикалық мәниси арасындағы
байланыс тилдеги мына фактлардант да көринеди. Мәселен, бил-билим, оқы-оқыўшы, сабыр-
сабырлы. адым-адымлы деген түбирлес сөзлердиң лексикалық мәнилери бирдей емес. Усаған
қарай олардың грамматикалық мәнилери де өзгерип отыр. Бунда бил, оқы деген сөзлер фейил
сөзлер болған болса, лексикалық мәнилериниң өзгериўи менен олар атлық мәниге көшип отыр,
сабыр, адым деген сөзлер атлық болса, лексикалық мәнилериниң өзгериўи менен олардың
грамматикалық мәнилери де өзгерип, келбетликке айланып отыр т.б.
Сөзлердиң лексикалық мәнилери менен грамматикалық мәнилери олардың ишки
мазмуны ҳәм сыртқы формасы арасындағы бирлик сыпатында хызмет қылады. Олар бир-биринен
ғәрезли болады.
Мине сол лексикалық бирлик, бир-бири менен байланыслылық ҳәм бир-биринен
ғәрезлилик қарақалпақ тилинде сөздиң лексикалық мәниси менен граммтикалық мәниси арасында
жүдә анық сезилетуғынлығын байқаймыз.
Солай етип, ҳәзирги заман қарақалпақ тилинде сөздиң усындай түрли мәниси, яғный
лексикалық мәниси менен грмамматикалық мәниси көзге түседи.
Қарақалпақ тилинде сөздиң лексикалық мәнилериниң типлери. Улыўма тил билиминде,
сондай-ақ қарақалпақ тилинде сөз бенен оның мәнилерине байланыслы мәселелерд шешиўде
сөздиң лексикалық мәнилериниң қандай түрлери бар екенлигин анықлаў оғада үлкен әҳмийетке
ийе. Сонлықтан биз қарақалпақ әдебий тилинде сөздиң лексикалық мәнилериниң түрлери
ҳаққында сөз етиўимиз керек.
Сөздиң лексикалық мәнилериниң түрлерин анализлеў мәселеси усы күнге шекем тил
билиминде еле де болса изертлеўди талап ететуғын мәселе болып киятыр. Көпшилик жағдайларда
сөздиң мәнилери туўралы пикир дүргизилгенде, оның туўра ҳәм аўыспалы мәнилери, көп
мәнилилиги, сөздиң контекст пенен байланыслықы т.б. туўралы көбирек сөз етиледи.
Ҳәзирги заман қарақалпақ тилинде де сөздиң лексикалық мәнилериниң сол үш типи көзге түседи.
Мәселен, адам, сулыў, ойнаў қусаған сөзлер предмет, қубылыс ҳәм олардың белгилери менен
тиккелей байланыслы лексикалық мәнилерге ийе. Олар басқа сөзлер менен еркин ҳәм кең түрде
қолланыла алады. Мысалды: киши пейил адам, жақсы адам. шаққан адам, искер адам; узын ағаш,
узын бойлы, узын көйлек, узын пальто, топ ойнаў, шахмат ойнаў, биллиард ойнаў, әстен ойнаў т.б.
Ал гейпара лексикалық сөз мәнилери тек белгили бир сөз дизбегиниң ишинде ғана
көнинеди, басқа сөзлердиң мәнилери менен еркин түрде байланыса бермейди, олардың мәнилери
қарақалпақ тилиниң лексикалық системасындағы айырым ишки законлылықлар менен
белгиленеди. Мәселен, телегей, мөлдир, дүт усаған сөзлердиң мәниси телегей теңиз, мөлдир суў,
дүт тоғай усаған фразеологиялық сөз дизбеклеринде ғана көринеди. Олар басқа сөзлер менен
еркин түрде қолланыла алмайды, ал шекленген сөз дизбегинде ғана қолланылады. Бундай мәнилер
қарақалпақ тилинде фразеологиялық байланысқан лексикалық мәнилерди қурайды.
Сөздиң лексикалық мәнилериниң үшинши типи функционаллық-синтаксислик шекленген
мәниден ибарат. Оның функциональлық -синтаксислик шекленген деп аталыўының себеби сонда,
ол синтаксислик функцияларға байланыслы белгили бир контексте ғана қолланылады. бул мәни
эмоциональлық-экспрессивлик характерге ийе болап келеди. Мысалы:
1. Барып турған көбик!-деди ол терис бурылып.
(қарақалақ халық ертеклеринен)
2. Ғарқ-ғарқ күлдиөлимине қуўанып,
Гүркилдесип ҳарам ойлы доңызлар
(Д.Назбергенов.ҒПушкин).
Бул мысаллардағы көбик, доңызлар сөзлериниң усы контекстеги мәнилери сиетаксислик
шәртли мәнилер болып табылады. Көбик, доңызлар сөзлери бул жерде предметтиң дәслепки
тиккелей атамасы мәнилерин аңлатып турған жоқ, ал сол контекстиң мазмунына баланыслы
екинши мәнилерде қолланылып тур.
Do'stlaringiz bilan baham: |