Январь 2021 10-қисм
Тошкент
qarab kartochkalar tarqatiladi va hamma talabalar bir vaqtda darsda ishtirok etish imkonini beradi
bu esa vaqtni tejaydi. Ushbu interfaol o‘yinlarning maqsadi, o‘qituvchi va o‘quvchi o‘rtasidagi
hamkorlik, o‘quvchining ta’lim jarayonida faol harakati, ziyrakligi asosiysi esa darsni qiziqarli
tarzda o‘zlashtirib, yodda saqlab qolishidir.
Xulosa qilib aytganda,
Ingliz tili darslarida innovatsion usullarni qo‘llash natijasida
o‘quvchilarning mantiqiy fikrlash qobiliyatlari rivojlanadi, nutqi ravonlashadi, tez va to‘g‘ri javob
berish malakasi shakllanadi. Bunday usullar va o‘yinlar o‘quvchida bilimga ishtiyoq uyg‘otadi.
O‘quvchi darslarga puxta hozirlik ko‘rishga intiladi. Bu esa o‘quvchilarni ta’lim jarayonining
sub’yektlariga aylantiradi.
Foydanilgan adabiyotlar ro‘yxati.
1. Отабоева, М. Р. Chet tilini o‘qitishda zamonaviy innоvatsion texnologiyalaridan foydala-
nish va uning samaradorligi / М. Р. Отабоева. 2013.
2. O‘zbеkistоn Rеspublikasining Ta’lim to‘g‘risidagi Qоnuni. (1997 yil 29 avgustda qabul
qilingan).
69
Январь 2021 10-қисм
Тошкент
АРАЛЫҚТАН ОҚЫТЫЎ: БУЛ СИСТЕМАНЫҢ РЕСПУБЛИКАМЫЗДА
КЕҢНЕН ҚОЛЛАНЫЛЫЎДЫҢ СЕБЕПЛЕРИ
Амангүл Аманбаева
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының
академиялық лицейи информатика пәни оқытыўшысы
Аннотация:
бул мақалада аралықтан оқытыў системасы ҳәм оның ўазыйпалары
ҳаққында сөз етиледи.
Гилт сөзлер:
аралықтан оқытыў системасы, дәстүрий оқыў системасы, информациялық
коммуникациялық технологиялар, синхрон ҳәм асинхрон оқытыў.
Бүгинги информация әсири ҳәм пүткил дүнья жүзлик пандемия дәўиринде республи-
камыз билимлендириў тараўында аралықтан оқытыў системасы кирип келди. Бул оқытыў
системасы бир неше жыл алдын айырым жоқары оқыў орынларында жолға қойылып
баслаған еди. Көплеген раўажланған мәмлекетлерде кадрларды сыпатлы таярлаў мақсетинде
билимлендириў системасында оқыў процессин заманагөй информация-коммуникациялық
системаларға тийкарланған аралықтан оқытыў формасынан қолланады[2]. Билимлендириў
системасы тәжирийбелеринен бизге мәлим, оқыў процессинде интернет тармағы ҳәм
информация-коммуникалық системасы жәрдеминде жаңа билимлерди ийелеў, сақлаў,
узатыў ҳәм де әмелиятта қолланып, қарарлар қабыл етиў қуралына айландырыў есабынан
кадрлардың сыпат дәрежесин түптен жақсылаў имканиятлары көбейип бармақта.
Аралықтан оқытыў дегенде оқыў процесси мақсети, мазмуны, методлары, оқытыў
қураллары ҳәм интернет технологиялары жәрдеминде оқыўшы ҳәм де оқытыўшылардың
аралықтан турып, интерактив байланыс жасаў процесси түсиниледи[3]. Аралықтан оқытыў
бул қандай да бир тараўда қәнигелер таярлаў системасындағы барлық пәнлерди комплекс
тәризде дистанцион оқытыўға тийкарланған, бирақ усы комплекс шеңберинде қатаң белги-
ленген оқыў орны (имарат) ҳәм ўақыт критерияларының шәртли орнатылмаған тәлим фор-
масы есапланады. Бул анықлама мазмунын толық ҳәм дурыс түсиниў ушын оны жоқарыда
келтирилген аралықтан оқытыўдың анықламасы менен бирге келтириўимиз орынлы.
Бүгинги күнде аралықтан оқытыў системасы заманагөй билимлендириўдиң ең зәрүрли
ҳәм күннен күнге ен жайып, раўажланып атырған формасы болып табылады. Аралықтан
оқытыў системасы оқыўшының еркин, ғәрезсиз пикирлеўи, нәтийже ҳәм жуўмақ шығарыў
қәбилетлерин раўажландырады, өз бетинше тәлим алыўға, излениўге, пикирлеўге үйретеди.
Аралықтан оқытыўдың және бир абзаллығынан бири, онда ҳәр ким өзине қолай ўақытта,
қолай орында, қолайлы шәраятта билим алыўы мүмкин. Сол себепли бул система бүгинги
күнде пүткил дүнья жүзинде ен жайдырылмақта[2].
Көплеген жоқары оқыў орынлары менен бир қатарда үлкен-үлкен кәрханалар өз
қәнигелериниң билимлерин жетилистириўде аралықтан оқытыў системасынан пайдала-
нып, өз қәрежетлерин үнемлеп келмекте. Аралықтан оқытыўдың шөлкемлестириўшилик
ҳәм экономикалық абзаллықларынан бири, оқытыў ушын арнаўлы ханалар, доскалар,
столлар ҳәм де басқа оқыў қураллары зәрүр емес. Финанслық қәрежетлер тийкарынан
оқыў-методикалық материаллар таярлаў ҳәм де интернет трафиги ушын сарпланады. Бун-
нан көринип турғанындай тәбийий түрде қәрежетлер кемейеди. Оқыў-методикалық мате-
риаллар қаншелли дәрежеде түсиникли ҳәм анық болса, соншелли дәрежеде оқыўшының
өзлестириўине қолайлы болады.
Оқыўшыларға аралықтан оқытыў қаншелли дәрежеде зәрүр?
Бул оқытыўшы ҳәм оқыўшы арасындағы онлайн сабақ бериў процесси. Бундай сабақлар
ушын ең алды менен коммуникация қураллары, аралықтан оқытыўдың методикалық мате-
риаллары, электрон сабақлықлар, аудио, видео сабақлар, онлайн сабақлар (интернет бет-
лери) электрон китапханалар, өзлестириў дәрежесин анықлаў ушын тестлер, мультимедиа
сабақлықлары ҳәм интернетке байланысқан компьютер техникасы керек болады. Бундай
билимлендириўде оқыўшы ҳәр күни белгиленген бир оқыў орнына барыўы шәрт емес.
Және бир абзаллығы бул тәлим системасында ден-саўлығы саламатлығында нуқсаны бар,
алыс регионларда жасаўшы оқыўшылар, ҳәттеки еркинликлери шекленгенлер де тәлим
алыўы мүмкин. Мәкеме ямаса карханалардың қәнигелери ушын дистанцион тәлим, өз
70
Do'stlaringiz bilan baham: |