Тил миллет ғазыйнеси



Download 14,96 Kb.
Sana22.02.2022
Hajmi14,96 Kb.
#80826
Bog'liq
Тил миллет ғазыйнеси


Тил миллет ғазыйнеси
Мәмлекет аймағында кең тарқалған қарым-қатнас қуралы болып, милеттиң кеӯил-қәлби ҳәм үрип-әдетлерин өзине жәмлеген тил мәмлекетлик тил есапланады. Бизде бул ӯазыйпаны өзбек ҳәм қарақалпақ тиллери теңдей атқарып келмекте. Бул еки тил көп заманлардан берли бири-бирин толықтырып, байытып ҳәмде қолланыӯ орталығын кеңейтип келмекте.
Дуньяда еки мыңнан аслам тиллер бар болып,олардың барлығы мәмлекетлик тил статусына ийе емес. Биринши президентимиз И.Кәримов басламасы менен 1989-жылдың 21-октябринде өзбек тилине мәмлекетлик тил статусы берилди. Бул ғарезсизлигимиздиң дәслепки қәдемлери болып, буның нәтийжесинде оның раӯажланыӯы функционал шеберлиги кеңейип барыӯы менен характерленеди. Өзбек тилинде жазылған шығармалары оқыған ямаса еситкен адам бул тилдиң өзине тән гөзаллығын сезбей қалмайды.
Мәмлекетимизде өз тилин ҳурмет еткен ҳәр бир пуқара қәлбинде дуньяның басқа раӯажланған миллетлерге теңлесип, олардың дәрежесине жетиӯ сезими үлкен өзгерислерди әмелге асырыӯды талап етеди.
Өзбек тили мәмлекетлик тил бийлигин алған дәслепки даӯирлерден-ақ, мектеп системасында екинши класстан баслап үйрениӯди өз алдына мақсет етип қойды. Бунда мектеп, академиялық лицей, кәсип-өнер колледжлери ҳәм жоқары оқыӯ орынларында избе-изликте үйрениӯ, барлық рәсмий қағазларды толтырыӯ, өзбек тилинде еркин қатнас жасай алыӯ көнликпелерин қәлиплестириӯ ушын оқыӯ қолланба ҳәм сабақлықлар ислеп шығылды.
Өзбекистан аймағында 70 пайыздан аслам мектеплерде билимлендириӯ тили өзбек тили болса, ал Қарақалпақстан Республикасында 45 пайызды қурайды. Буннан келип шығады Қарақалпақстан аймағында да билимлендириӯ сапасында өзбек тили қарақалпақ тили менен теңдей хызмет атқарып келмекте.
Өзбек тили бай, гөззал ҳәм аӯдарма ушын қолай тил болып есапланады. Бул тилдиң тийкарын салған Әлишер Наӯайы даӯириниң өзинде-ақ өзбек тили халықтың қарым-қатнас жасаӯы ушын ҳәм әдебият ушын тең улес қоса алыӯы сыпатланған. Өзбек тилине мәмлекетлик тил статусының берилиӯи оның имканият дәрежесин және де асырады. Бугинги кунде Қарақалпақстанда, басқа сырт еллердеде өзбек тили арқалы ҳалқымыздың үрп-әдетлерин, тилди уйрениӯге деген қызығыӯшылығын кушейтпекте. Биз ойлаймыз келешекте өзбек тили дуньядағы кең қолланыла алатуғын тиллер қатарына кире алады. Себеби өзбек тили барлық туркий халыклар ушын орталық тил ӯазыйпасын атқара алыӯына исенемиз.
Download 14,96 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish