Тема: Еритпелер ҳаққында теория



Download 279,5 Kb.
bet5/11
Sana24.02.2022
Hajmi279,5 Kb.
#240548
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Электролит еритп. музл темп doc.x

Раул нызамы.

Суйықлықтың пуўланыўы қәлеген температурада әмелге асады. Температураның артыўы менен пуўланыў күшейеди хәм пуў басымы артады.


Қандайда заттың ериўи ериткиштиң пуўланыўын қыйынластырады. Еритпениң пуў басымы ҳәмме ўақыт таза ериткиштиң пуў басымынан төмен болады. Пуў басымының төменлеўи еритпе концентрациясы жоқары болған сайын үлкен бола береди.
Француз алымы Раул еритпениң пуў серкишлигиниң төменлеўи ериген бийэлектролиттиң тәбиятынан ғәрезли болмай, ал ериген зат ҳәм ериткиш бөлекшелери санларының қатнасынан ғәрезли болатуғынын анықлаған. Буның мына формула менен көрсетиледи:


ямаса


шамасы ериткиштиң пуў басымының салыстырма төменлеўи, ал шамасы ериген заттың моляр үлеси болып табылады.
Усыларды есапқа алып, Раул нызамын былай тәриплеймиз:
Еритпе үстинде ериткиштиң тойынған пуў басымының салыстырмалы төменлеўи ериген заттың моляр үлесине тең
Еритпениң пуў басымының шамасы еритпениң қайнаў ҳәм тоңлаў температурасына тәсир етеди.


Криоскопия ҳәм эбулиоскопия.

Криоскопия. Суйықлықтың қатты кристалларының бетиндеги пуў басымына ийе температурада суйықлық тоңлап баслайды. Еритпелер таза ериткишке қарағанда төмен температурада тоңлайды. Таза ериткиштиң тоңлаў точкасы менен салыстырғанда еритпениң тоңлаў точкасының төменлеў дәрежеси менен белгиленеди. Қант, глюкоза, глицерин сыяқлы ҳәр қыйлы бийэлектролитлерден 1 моль ҳәм 1000 г суў алынса бул еритпелердиң барлығы ушын шамасы бирдей болады. Буның себеби 1000 г суўда ериген затлардың бирдей молекулалар саны болыўы менен түсиндириледи.


Таза ериткишке қарағанда 1000 г ериткиштен ҳәм 1 моль ериген заттан турған еритпениң неше градус төмен температурада тоңлайтуғынын көрсетиўши шама криоскопиялық константа деп аталады ҳәм мынадай формула менен көрсетиледи:
буннан
бунда М-ериген заттың молекуласының массасы
L-ериткиштиң массасы, г.
М-ериген заттың массасы, г
Мк-ериген заттың молял концентрациясы, моль/кг
Ериген заттың 1 молинен ҳәм 1000 г ериткиштен турған еритпе молял еритпе делинеди. Демек. Бйэлектролитлердиң барлық молял еритпелериниң тоңлаў температураларының төменлеўи турақлы шама болады.
Солай етип мәлим бир ериткиш ушын тоңлаў температурасының молял төменлеўи турақлы шама болады ҳәм ериген бийэлектролиттиң тәбятынан ғәрезли болмайды.
Эбулиоскопия. Суйықлық қайнаўы ушын оның пуў басымы сыртқы басымға теңлесиўи керек. Еритпениң қайнаў температурасы таза ериткиштиң қайнаў температурасынан жоқары болады.
Таза ериткишке қарағанда 1000 г ериткиш ҳәм 1 моль ериген заттан турған еритпениң неше градус жоқары температурада қайнайтуғынын көрсетиўши шама эбулиоскопиялық константа делинеди ҳәм төмендеги формула менен көрсетиледи:
буннан
Суў ушын табылған эбулиоскопиялық константа С. Демек, бийэлектролитлердиң суўлы молял еритпелери таза суўға қарағанда С ға жоқары температурада қайнайды, яғный бул еритпелердиң қайнаў точкалары 100+0,516=100,5160 С болады.
Эбулиоскопиялық константа ҳәр бир ериткиш ушын турақлы шама болып, ериген заттың тәбиятынан ғәрезли болмайды.
Эбулиоскопиялық ҳәм криоскопиялық константаларды табыў формулаларынан көргенимиздей тоңлаў ҳәм қайнаў температураларының төменлеўи ямаса жоқарылаўы бойынша ериген затлардың молекулалық массаларын анықлаў мүмкин. Криоскопиялық өлшеўлерди жүргизиў ушын арнаўлы Бекман термометри менен тәмийинленген прибор қолланылады.
Криоскопиялық ямаса эбулископиялық метод әсиресе жоқары молекулалы бирикпелердң молекулалық массаларын тәжирийбе жолы менен табыў ушын көбирек қолланылады.



Download 279,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish