Тема: Еритпелер ҳаққында теория



Download 279,5 Kb.
bet4/11
Sana24.02.2022
Hajmi279,5 Kb.
#240548
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Электролит еритп. музл темп doc.x

Осмометр

Жоқарысы жиңишке ҳәм узын, ал төмени кеңейтилген және түбине ярым өткизгиш мембрана тартылған колбаға еритпе салынады. Ол ишинде таза суўы бар стаканға орнатылады. Стакандағы суўдың қәдди менен колбадағы еритпениң қәдди бир линияда болмайтуғындай етип прибор орнатылады. Аздан соң колбадағы еритпениң қәдди көтериле баслайды. Бираздан соң колбадағы суйықлықтың қәдди бир точкада турады. Бул суў молекулаларының стаканнан колбаға ҳәм керисинше колбадан стаканға өтиў тезликлериниң теңлескенин көрсетеди. Колбадағы ерритпе қәддиниң дәслепки шамасы менен теппе-теңлик орнағаннан соңғы қәддисиниң айырмасы осмослық басымның мәниси болады.


Жоқарыдағы сүўретте көрсетилген А ҳәм В ыдысындағы еки түрли концентрациядағы еритпелер болыў жағдайлары болыў мүмкин.
Бунда үш түрли ҳәдийсе гүзетиледи.

  1. А ыдыстағы еритпеден В ыдыстағы еритпениң концентрациясы төмен болыўы мүмкин

Бунда мембрана арқалы төменнен жоқарыға суў молекулалары көплеў өтеди. Нәтийжеде В ыдысындағы суйықлықтың көлеми артады, ал А ыдыстағы суйықлық кемейеди. В ыдыста осмослық басым көбейеди. А ыдыстағы концентрациясы жоқары еритпе А ыдыстағы концентрациясы төмен еритпеге қатнасы бойынша гипертониялы болып табылады.

  1. А ҳәм В ыдысларындағы еритпелердиң концентрациялары тең болған ҳалда ериткиш молекулаларының еки тәрепке өтиў тезликлери тең болады, еки ыдыстада еритпелердиң көлемлери өзгермейди. Бунда салыстырылып атырған еритпелер изолациялы болады.

  2. А ыдыстағы еритпениң концентрациясы В ыдысьағы жоқары болған ҳалда мембрана арқалы ериткиш молекулалары А ыдыс тәрепке өтиўи көбирек болады. Нәтийжеде А ыдыстағы еритпениң көлеми артады ҳәм басым пайда болады. В ыдыстағы концентрациясы төмен еритпе А ыдыстағы жоқары концентрациялы еритпеге салыстырғанда гипотониялы болып есапланады.

Осмослық процесслерде ериткиш ярым өткизгиш перде арқалы түйискен еки еритпениң концентрацияларын теңлестириў бағдарында диффузияланады.
Көплеген тәжирийбелик мағлыўматларды изертлеп Голландия химиги Вант-Гофф 1887 жылы бийэлектролитлердиң еритпелерине газ нызамларын қолланыў мүмкин екенлигин көрсетти ҳәм мынадай анық берди. (Вант-Гофф нызамы)
Ярым өткизгишли мембранаға түсирилген осмослық басым ериген заттың газ ҳалында болып сол температурада еритпе көлеминдей көлемди ийелеп түсирген газ басымына тең болады.
Тийкарғы газ нызамларын бириктириўши Клайперон-Менделеев теңлемесин осмослық басым ушын төмендегише көрсетиўге болады:


ямаса

Ең соңғы теңлеме бийэлектролитлердиң еритпесинде осмослық басым еритпенң концентрациясы менен абсолют температураға туўры пропорционал екенлигин көрсетеди.


Теңдей көлемдеги ериген заттың молекулаларының бирдей саны тутқан еритпелер эквимоляр еритпелер деп аталады. Барлық эквимолекулалы еритпелер мәлим температурада изотониялы болады.
Осмослық басым биологиялық процесслерде үлкен роль ойнайды. Өсимлик ҳәм ҳайўан организминде турақлы осмослық басымның болыўы физиологиялық процесслердиң тийкарында жатады. Өсимлик клеткаларында осмослық басым кернеўлилик туўғызады. Бул қубылыс тургор деп аталады. Қурғақлылық жағдайында өсимликлер көп суўды пуўландырыўы нәтийжесинде кернеўллик кемейеди ҳәм өсимлик солыйды. Бул ҳал мазмолиз делинеди.



Download 279,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish