Коммерция тийкарында хызмет көрсетиўши кәрханалар ҳәм шөлкемлер финансы
Ҳәзирги күнде мамлекетимиз алдында базар экономикасында басқышпа-басқыш өтиўдей әҳмийетли ўазыйпа турыпты. Бул ўазыйпаны жеңисликли орынлаў көп тәреплеме финанслық характердеги маселелерди дурыс шешиў менен байланыслы. Базар экономикасы, оның түрли моделлери болыўы менен бирге характерленеди, ол мәмлекет тәрепинен сазланыўы менен толтырылатуғын социаллық бағдарлар хожалығы. Базар мүнәсибетлериниң структурасының өзинде де, оларды мәмлекет тәрепинен сазлаў механизминде де финанс үлкен роль ойнайды. Финанс - базар мүнәсибетлериниң ажралмас бөлеги ҳәм соның менен бир ўақыттың өзинде мәмлекет сиясатының әмелге асырыўдың әҳмийетли қуралы. Мине соның ушын да бүгинги күнде финанстың тәбиятын жақсы билиў, оның әмел қылыў қәcийетлерин шуқыр аңлап алыў‚ олардың социаллық ислеп шығарыўын нәтийжели раўажландырыў мәплерине ең толық ислетиў усылларын көрип әҳмийетли болып есапланады.
Кәрхананың исбилерменлик хызметиниң нәтийжеси сыпатындағы пайдаға ислеп шығарыў процессиниң пухта ойланган финанслық тәмийнаты, финанслық ресурслары бағдарларын ҳәм тийкарғы айланба капитал усылларын таңлаў арқалы ерисиледи. Исбилерменликтиң жеңисли, бир тарепиннен, кәрхана финанслық жағдайына ҳәм екинши тәрепинен салыққа тартыў системасына байланыслы. Бул финанслық мәселелерди келтирип шығарады, буларды еле экономикалық ҳәм сиясий турақлылық, улыўма экономиканы финасластырыўды сағламластырыў, салық сиясатын тереңлестириў тийкарында шешиледи.
Финанс экономикалық мүнәсибетлерине өзине сай орнын ийелейди. Оның өзине сайлығы сонда, ол ҳәмме ўакытта пул формасында келеди, бөлистириў характерине ийе материаллық ислеп шығарыў тараўы қатнасыўшыларының түрли дарамат ҳәм фондларының қәлиплесиўи ҳәм ислетилиўи көрсетиледи.
Қайта ислеп шығарыў процессинде түрли дәрежеде кәрхана ҳәм фирмалардан тәртип халық хожалығы тармақлары ҳәм пүтин жәмийетте түрли пул фондлары дүньяға келеди. Әне сол пул фондларын қалиплестириў, бөлистириў ҳәм ислетиў процессинде жүзеге келиўши экономикалық мүнәсибетлер финанслық мүнәсибетлерди шөлкемлестиреди. Пулдың ҳәрекет пенен байланыслы болған бәрше мүнәсибетлер финанслық мүнәсибетлерди шөлкемлестиреди деген жуўмақ кылып шықпайды. Финанслық мүнәсибетлер пулдың ҳәрекети менен байланыслы мүнәсибетлердиң тек бир бөлегин өз ислеп шығарыўына алады.
Финанслық мүнәсибетлер объектив ҳалда бар, бирақ жәмийеттеги ислеп шығарыў мүнәсибетлериниң ҳәрекетине сай келетуғын конкрет формада көрсетиледи. Ҳәзирги шараятта финанслық мүнәсибетлериниң формалары өзгермекте. Өзбектанда базар экономикасыныңбарпо қилинши нафақат мулкни мәмлекет тасарруфидан шығарыў, кәрханаларды меншиклестириў, бәсекини меншиклестириў, басекини раўажландырыў, баҳаларды ҳәм кәрхананың сыртқы экономикалық байланысларын либералластырыўды, бәлки халық хожалығын финансластырыў, финанслық мүнәсибетлериниң адекват системасын жаратыў да көзде тутылады.
Финанслық мүнәсибетлер кәрханалардан баслап улыўма мәмлекет аймағында болған басқышлап шығарыўдағы пулдың хәрекети менен байланыслы мүнәсибетлерди өз ислеп шығарыўға алыўы себепли улыўма мәмлекет, аймақлық ҳакимият органлары ҳәмде кәрханалар финансы парқланады.
Кәрхана финансы мәмлекеттиң жеке финанс системасының әҳмийетли курамлық бөлими болып, халық хожалығының түрли тармақларындағы кәрханаларда дараматлардың қәлиплеседи, бөлистирилиўи ҳәм ислетиў процессинде көрсетиледи. Кәрханалар финансы миллий дарамат ҳәм миллий байлық жаратылғаннан материаллық ислеп шығарыў тараўына хызмет көрсетеди. Өз әҳмийетине көра кәрханалар финансы финанслық системасының өзине сай бөлими. Ол мәмлекет финансыдан парқ қылади, себеби олар социаллық ислеп шығарыўның басқа-басқа тараўларына бой сынады.
Кәрханалар финансы исбилерменлик пенен өз ара байланыслы, себеби кәрхана исбилерменлик хызметиниң формасы есапланады. Соның менен кәрханалар финансын үйрениўде исбилерменликтиң бәрше тәреплери ҳәм субъектлерин өз ишине алмайды, бул өзиниң үйрениў предмети бар. Ол белгилер шегараларын анықлап алыўдан анықлап алыўдан алдын исбилерменлик түсинигинде тоқтап өтиў керек ҳәм базы сораўларға жуўап бериў керек. Тийкарынан, исбилерменлик хызметиниң формалары қәншелли түрли, финанс ҳәм исбилерменликтиң өз ара байланысы неде, бул түсиниклер «бизнес» сөзи менен қалай байланыслы, сораўларға жуўап бериўи керек.
Исбилерменлик хызмети формалары нызамшылық пенен шегаралап қойылған. Мәлим белгилерине көре исбилерменлер тәрепинен юридикалық шахс дүзбестен әмелге асырылатуғын индивидуал мийнет хызмети ҳәм юридикалық шахс болған, кәрхана парқланади. Хожалық жүргизиўши шахс сыпатында кәрхана түрли шөлкемлик ҳукыкый формаларда хызмет көрсетиўи мүмкин.
Кәрхананың исбилерменлик хызметиниң нәтийжесинде сыпатына пайдаға ислеп шығарыў процессиниң пухта ойланған финанслық тәмийнаты, финанслық ресурсларды ислетиў бағдарларын ҳәм тийкарғы айланма капиталды сарплаў усылларын таңлаў арқалы ерисиледи. Исбилерменликтиң әўметли, бир тәрепи, кәрхана финансының жағдайына да екинши тәрептен салықка тартыў системасына байланыслы. Бул финанслық маселелерди келтирип шығарып буларды еле экономикалық экономикалық ҳәм сиясий турақлылық, улыўма экономиканы финанслық жақтан беккемлеў, салық нызамшылығын тереңлестириў тийкарында шешиў керек.
Усы темада үйрениў объекти болып кәрханалар ҳәм олардың бирлеспелериниң хожалық процессинде келип шығатуғын қарежетлердиң қалиплесиўи ҳәм қарыз қарежетлериниң шакырылыўы, олардың кәрхананың қарежетлери ҳәм инвестицияларын финансластырыўға ислетилиўи, пайданың келип шығыўы ҳәм алынған пайданың бөлистирилиўи менен байланыслы болған пул мүнәсибетлери болып есапланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |