Ўзбекистон давлат жисмоний тарбия ва спорт университети Нукус филиалида ўтказилган ота-оналар мажлиси
БАЁННОМАСИ
Нукус шаҳри 2021 йил 25 сентябрь
Соат 11-00
Қатнашганлар:
|
Филиал директори Б.Ж.Мамбетов, директорнинг ўқув ва тарбия ишлари бўйича ўринбосари Б.Утемуратов, «Спорт турлари» факультети декани Р.Шаниязов, «Спорт турлари» факультети деканининг ёшлар масалалар, маънавият ва маърифат ишлари бўйича ўринбосари Қ.Кенжебаев, профессор-ўқитувчилар, гуруҳ раҳбарлари ва талаба ёшлар.
|
К Ү Н Т Ә Р Т И Б И:
1. Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министрлигиниң 2019-жыл 9-январь күнги 23/49-санлы хаты
2. Филиал студент-жасларының кийиниў мәденияты, тәлим-тәрбия мәселелери, филиалдың ишки тәртип интизамы ҳаққында
Тыңланды: Мәжилисти филиал директоры Е.Ш.Төрениязов ашты ҳәм алып барды. Ол жыйналғанларды күн тәртибиндеги мәселелер менен таныстырып өтти. Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министрлигиниң 2019-жыл 9-январь күнги 23/49-санлы хаты менен таныстырар екен, ҳәзирги ўақытта айырым жасларымыздың қулақларына наушник тағып жүрип автомобиль жолларының кесилиспелеринен өтиўлери ақыбетинде қайғылы ҳәдийселер жүз берип атырғанлығы, бундай ис-ҳәрекетлердиң Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилиги ҳаққындағы кодекси 138-статьясы 1-бөлиминде көрсетилгениндей ҳуқуқбузарлық екенлиги, темир жоллардың белгиленбеген орынларынан кесип өтиўлери Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилиги ҳаққындағы кодекси 113-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген ҳуқуқбузарлық екенлиги ҳаққында, буннан басқа да айырым студент-жаслардың оқыў орынларына жеке автомашиналары менен келип кетпеўлери нәтийжесинде айырым жол транспорт ҳәдийселериниң жүз берип атырғанлығын айтып, бундай кеўилсизликлердиң алдын алыў мақсетинде ата-аналар менен филиал жәмәәти бирге ислесиўи лазымлығы ҳаққында тоқталып өтти ҳәм ата-аналардың да бул жуўапкершиликли ўәзийпаға белсендилик пенен қатнасыўын айтып өтти.
Сөзге шықты: Директордың оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша орынбасары Н.Абсаттаров сөз алып, жыйналған ата-аналардан филиалда билим алып атырған перзентлериниң тәлим-тәрбиясы, оқыўлары ҳаққында, олардың кийиниў мәденияты бойынша, перзентлери ижарада жасаўшы ата-анлардың жасаў орынларына барып, жасаў шәраятларын үйрениўлерин, олардың бос ўақытларын қалай өткерип атырғанлығын турақлы түрде қадағалап, бос ўақытларын мазмунлы өткериўлерине итибар қаратыўларын илтимас етип қалды.
Сондай-ақ филиалымызда студент-жасларымыздың билим алыўлары ушын барлық қолайлы шәраятлар жаратылғанлығы, студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы ҳәм қызықлы етип өткериўлери ушын филиалымызда спорт дөгереклери, спорт майданшалары, ҳәр түрли пән дөгереклериниң ислеп турғанлығы ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ филиалымыз профессор-оқытыўшыларының ҳәр түрли илимий атақларды ийелеп атырғанлығы ҳәм студент-жасларымыздың ерисип атырған жетискенликлери, филиалымыздан шығып атырған стипендиантларымызды мақтаныш пенен тилге алды. Ата-аналар өзлерин қызықтырған сораўларын берип, сораӯларына қанаатландырарлы дәрежеде жуўаплар алды.
Жоқарыда айтылған мәселелер бойынша пикир ҳәм усыныслардан келип шығып жыйналыс
ҚАРАР ЕТЕДИ:
1. Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министрлигиниң 2019-жыл 9-январь күнги 23/49-санлы хаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тәлим-тәрбия жумыслары еле де күшейттирилсин.
Директор Е.Ш.Төрениязов
Хаткер Қ.Сарсенбаев
Do'stlaringiz bilan baham: |