Тарийхый география


Өзбекистанда картография илими тарийхы



Download 0,95 Mb.
bet15/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Өзбекистанда картография илими тарийхы.

ХХ әсирге шекем республикамыз аймағының картографиялық жақтан үйренилиўи бирқанша төмен болған. Патша Россиясы Түркстанды басып алғаннан кейин экономикалық жақтан әҳмийетли бул үлкени картаға түсириў жумыслары басланды. Аймақтың ишки бөлимлери еле де жақсы үйренилмеген, дереклер жетерли дәрежеде толық ҳәм анық болмаған, план алыў әсбаплары, картографиялық сүўретлеў усыллары ҳәм карта ислеў техникасы раўажланбаған еди.


1934-жылы Орта Азия ҳәм Қазақстанда бирден-бир болған Ташкент картографиялық фабрикасы шөлкемлестирилди. Оған мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик шөлкемлерди тематикалық, сиясий-административлик ҳәм мағлыўматнама карталары менен, сондай-ақ, мектеп оқыўшыларын оқыў карта ҳәм атласлар менен тәмийнлеўдей үлкен ўазыйпа жүкленди. Көп өтпей өз алдына суўғарылатуғын районлар аўыл хожалық карталары, Өзбекистанның административлик картасы ҳәм Орта Азия халықлары миллий тиллеринде оқыў карталары дүзилди ҳәм басып шығарылды.
Өзбекистан аймағы сүўретленген картографиялық материаллар сол жыллары басып шығарылған бурынғы Аўқамның үлкен-киши ҳәм аўыл хожалығына тийисли арнаўлы энциклопедиялары қурамында да берилген.
1939-1940-жыллары барлық Орта Азия республикаларының дийўалый сиясий-административлик, тәбийий ҳәм экономикалық карталары таярланды ҳәм басып шығарылды. Олардың ишинде, әсиресе Өзбекистан ҳәм Түркменстанның аўыл хожалық карталары айрықша ажыралып турады. Оларда аўыл хожалығының қәнигелесиўи, егилип атырған ғоза сортларының жайласыўы, мәмлекет хожалықлары ҳәм олардын қәнигелесиўи көрсетилген. Белгилер усылы менен пайдалы қазылма кәнлери, әҳмийетли индустриал орайлар ҳәм гидроэлектростанциялар көрсетилген.
Урыстан кейинги жылларда картографлардың тийкарғы ўазыйпасы аўыл хожалығында, басқарыў ҳәм режелестириў органларын зәрүр картографиялық материаллар менен тәмийнлеў, алдыңғы хожалықлар ҳәм илимий изертлеў мәкемелериниң жетискенликлерин үгит-нәсиятлаў ҳәм әмелиятқа енгизилиўин тезлетиў еди.
1963-жылы республикамыздың биринши «Тәбийий-географиялық атласы» басып шығарылды. Атластың форматы 44х30 см, тийкарғы карталардың масштабы 1:3500000 ҳәм 1:500000, ықлым карталары 1:7500000 ҳәм 1:10000000 масштабларда дүзилген.
1968-жылы Өзбекистан Жер дүзиў ҳәм жойбарластырыў институты тәрепинен Өзбекистанның бирден-бир дәстүри тийкарында бир-бири менен өз-ара байланысқан қәнигелескен анық мақсетли «Дийўалый аўыл хожалық карталары» системасы таярланды ҳәм басып шығарылды. Усы система масштабы 1:1000000 болған 21 картадан ибарат болып, оларда республикамыз аўыл хожалығына ҳәр тәреплеме картографиялық сыпатлама берилген. Барлық карталардың мазмуны ҳәр түрли диаграммалар, графиклер ҳәм кестелер менен толтырылған.
1980-жылы Өзбекистанның биринши «Оқыў-үлкетаныўшылық атласы» баспадан шығарылды. Усы атлас кең жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳаланды. Ол республикамыз географиясы, тарийхы ҳәм мәдениятын үйрениўде оқыўшыларға жәрдемши қолланба болып хызмет етти.
1983-жылы республикамыз пайтахты Ташкенттиң 2000 жыллық юбилейи өткерилиўи мүнәсибети менен комплекс «Ташкент географиялық атласы» баспадан шығарылды. Картаның форматы 25х35см, тийкарғы карталарының масштабы 1:400 000 ҳәм 1:650 000. Атлас кирисиў ҳәм 6 бөлимнен ибарат болып, ол 48 карта ҳәм схемаларды өз ишине алған. Атлас Ленинград қаласының (1977-жыл) тарийхый-географиялық атласынан кейин бурынғы Аўқамда басып шығарылған екинши қала атласы есапланады.
1982-1985-жыллары 2 бөлимнен ибарат улыўма комплекс географиялық илимий-мағлыўматнама «Өзбекистан атласы» басып шығарылды. Усы атластың улыўма көлеми ҳәм мазмунының қамтыўына қарай миллий атласқа жақын деп есаплаў мүмкин. Атластың форматы 61х42см тийкарғы карталарының масштабы 1:2 500 00 ҳәм 1:3 500 000. Атлас 28 өз алдына бөлимнен ибарат болып, онда 322 көп реңли карта берилген. Атласты жойбарластырыў ҳәм карталарды дүзиўде авторлар тийкарғы итибарды системалы қатнас жасаған ҳалда республикамыздың тәбийий шәраяты ҳәм тәбийий ресурслары, халық хожалығы ҳәм оның тармақлары, мәденияты ҳәм тарийхының өзине тән өзгешеликлерин сақлап қалып, олардың ҳақыйқый жағдайын сәўлелендириўге қаратты. Усы атлас бурынғы Аўқамда басып шығарылған барлық комплекс илимий-мағлыўматнама атласлардан парқланып, Өзбекистан аўыл хожалығының жетекши тармағы – пахташылыққа өз алдына бөлимде биринши мәрте толық картографиялық сыпатлама берилди.
Өзбекистан ғәрезсизликке ерискеннен кейин, республика басшылығы мәмлекетимиз экономикасын раўажландырыў, ислеп шығарыў күшлеринен дурыс пайдаланыў ҳәм оны пүткил мәмлекет аймағы бойлап илимий тийкарда дурыс жайластырыў мәселелерине үлкен итибар қаратпақта. Сондай-ақ, ғәрезсизлик идеяларын нәсиятлаў, халықтың өсип баратырған материаллық ҳәм рухый зәрүрликлерин толық қанаатландырыў, мәмлекеттиң қорғаныў қәбилетин асырыў, оның аймағында геодезия ҳәм картографияға тийисли искерликти кең көлемде, анық реже ҳәм илимий тийкарда шөлкемлестириўге үлкен итибар берип келмекте. Усы мақсетте 1997-жылдың 25-апрелинде «Геодезия ҳәм картография ҳаққында» ғы Өзбекистан Республикасының Нызамы қабыл етилди. Усы нызамның мақсети Өзбекистан Республикасында геодезия ҳәм картографияға тийисли искерликтиң ҳуқықый тийкарларын белгилейди ҳәм де мәмлекеттиң, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың геодезия ҳәм картографияға болған талапларын қанаатландырыў ушын шәраятлар жаратыўға қаратылған.
Өткен қысқа ўақыт ишинде республикамыздың 1:1000000 ҳәм 1:1500000 масштаблы бир қатар дийўалый сиясий-административлик, тәбийий, экологиялық, улыўма экономикалық, климат ҳәм халық карталары басып шығарылды.
1999-жылы Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң буйыртпасы бойынша Мырза Улығбек атындағы Өзбекистан Миллий Университетиниң география факультети жәмәәти улыўма орта билим бериў мәкемелери ушын «Өзбекистан географиялық атласы»н баспаға таярлады.




  1. Download 0,95 Mb.

    Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish