Социология пән сыпатында


Тема: Эмпирикалық социологиялық изертлеў ҳәм оның методлары



Download 84,53 Kb.
bet14/14
Sana30.04.2022
Hajmi84,53 Kb.
#598781
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14
Bog'liq
СОЦИОЛОГИЯ 1 КУРС УШЫН ТЕСТЛЕР 2021 2022

Тема: Эмпирикалық социологиялық изертлеў ҳәм оның методлары
1. Социологиялық изертлеў бағдарламасы деген не?
*A) социаллық объектти изертлеўдиң методологиялық, методикалық ҳәм процедуралық тийкарлары көрсетилген әҳмийетли социологиялық ҳүжжет
B) изертлеўдиң методологиялық, методикалық ҳәм процедуралық тийкарлары көрсетилген ҳүжжет
C) социаллық объектти изертлеўдиң методологиялық, методикалық тийкарлары көрсетилген ҳүжжет
D) социаллық объектти изертлеўдиң методикалық ҳәм процедуралық тийкарлары көрсетилген әҳмийетли социологиялық ҳүжжет
2. Социаллық объектти изертлеўдиң методологиялық, методикалық ҳәм процедуралық тийкарлары көрсетилген әҳмийетли социологиялық ҳүжжет – бул:
A) илимий изертлеў бағдарламасы
*B) социологиялық изертлеў бағдарламасы
C) социаллық изертлеў бағдарламасы
D) жойбарлық изертлеў бағдарламасы
3. Социологиялық изертлеў бағдарламасы қандай функцияларды атқарады: 1) методологиялық, 2) методикалық, 3) шөлкемлестириўши, 4) процедуралық
A) 2,3,4
B) 1,2
*C) 1,2,3
D) 1,2,3,4
4. Социологиялық изертлеў бағдарламасының методологиялық функциясы -
A) изертлеўдиң улыўмалық логикалық жобасын ислеп шығыў имканиятын береди, жобаның тийкарында теория-факт-теория изертлеў циклы әмелге асырылады
B) изертлеў жәмәәтиниң ортасында миннетлерди бөлистириўдиң анық системасының ислеп шығылыўын тәмийинлейди, изертлеў процесиниң нәтийжели динамикасын тәмийинлейди
C) социологиялық изертлеўдиң белгили бир избе-излигин. басқышпа-басқышлығын сәўлелендиреди
*D) үйренилетуғын машқалаларды анық анықлаў, изертлеў мақсетлери ҳәм ўазыйпаларын қәлиплестириў, изертлеў объекти ҳәм предметин анықлаў ҳәм дәслепки анализлеў имканиятын береди
5. Социологиялық изертлеў бағдарламасының методикалық функциясы -
*A) изертлеўдиң улыўмалық логикалық жобасын ислеп шығыў имканиятын береди, жобаның тийкарында теория-факт-теория изертлеў циклы әмелге асырылады
B) изертлеў жәмәәтиниң ортасында миннетлерди бөлистириўдиң анық системасының ислеп шығылыўын тәмийинлейди, изертлеў процесиниң нәтийжели динамикасын тәмийинлейди
C) социологиялық изертлеўдиң белгили бир избе-излигин. басқышпа-басқышлығын сәўлелендиреди
D) үйренилетуғын машқалаларды анық анықлаў, изертлеў мақсетлери ҳәм ўазыйпаларын қәлиплестириў, изертлеў объекти ҳәм предметин анықлаў ҳәм дәслепки анализлеў имканиятын береди
6. Социологиялық изертлеў бағдарламасының шөлкемлестириўшилик функциясы -
A) изертлеўдиң улыўмалық логикалық жобасын ислеп шығыў имканиятын береди, жобаның тийкарында теория-факт-теория изертлеў циклы әмелге асырылады
*B) изертлеў жәмәәтиниң ортасында миннетлерди бөлистириўдиң анық системасының ислеп шығылыўын тәмийинлейди, изертлеў процесиниң нәтийжели динамикасын тәмийинлейди
C) социологиялық изертлеўдиң белгили бир избе-излигин. басқышпа-басқышлығын сәўлелендиреди
D) үйренилетуғын машқалаларды анық анықлаў, изертлеў мақсетлери ҳәм ўазыйпаларын қәлиплестириў, изертлеў объекти ҳәм предметин анықлаў ҳәм дәслепки анализлеў имканиятын береди
7. Үйренилетуғын машқалаларды анық анықлаў, изертлеў мақсетлери ҳәм ўазыйпаларын қәлиплестириў, изертлеў объекти ҳәм предметин анықлаў ҳәм дәслепки анализлеў имканиятын береди -
A) социологиялық изертлеў бағдарламасының шөлкемлестириўшилик функциясы
B) социологиялық изертлеў бағдарламасының процедуралық функциясы
*C) социологиялық изертлеў бағдарламасының методологиялық функциясы
D) социологиялық изертлеў бағдарламасының методикалық функциясы
8. Изертлеўдиң улыўмалық логикалық жобасын ислеп шығыў имканиятын береди, жобаның тийкарында теория-факт-теория изертлеў циклы әмелге асырылады -
A) социологиялық изертлеў бағдарламасының шөлкемлестириўшилик функциясы
B) социологиялық изертлеў бағдарламасының процедуралық функциясы
C) социологиялық изертлеў бағдарламасының методологиялық функциясы
*D) социологиялық изертлеў бағдарламасының методикалық функциясы
9. Изертлеў жәмәәтиниң ортасында миннетлерди бөлистириўдиң анық системасының ислеп шығылыўын тәмийинлейди, изертлеў процесиниң нәтийжели динамикасын тәмийинлейди -
*A) социологиялық изертлеў бағдарламасының шөлкемлестириўшилик функциясы
B) социологиялық изертлеў бағдарламасының процедуралық функциясы
C) социологиялық изертлеў бағдарламасының методологиялық функциясы
D) социологиялық изертлеў бағдарламасының методикалық функциясы
10. Социологиялық изертлеў бағдарламасы ... ҳүжжет болып табылады
A) тарийхый
*B) илимий
C) социаллық
D) шахсий
11. Социологиялық изертлеў бағдарламасы қандай еки бөлимнен ибарат?
A) фундаментал ҳәм эмпирикалық
B) теориялық ҳәм әмелий
*C) методологиялық ҳәм процедуралық
D) методикалық ҳәм процедуралық
12. Социологиялық изертлеў бағдарламасы қандай бөлимлерден ибарат болады?
A) машқаланың қойылыўы, изертлеў мақсетлери ҳәм ўазыйпалары
B) изертлеў объекти ҳәм предмети, тийкарғы түсиниклер интерпретациясы
C) изертлеў методлары, изертлеў жобасы
*D) барлық жуўаплар дурыс
13. Социологиялық изертлеў …берилген жағдайда конкрет объекттиң изертлениў шегараларын көрсетеди
*A) предмети
B) объекти
C) мақсети
D) ўазыйпалары
14. Эмпирикалық изертлеўдиң … анықланыўыкеңилис-ўақытлық ҳәм сапалық-муғдарлық көрсеткишлердиң алыныўын көзде тутады.
A) предметиниң
*B) объектиниң
C) мақсетиниң
D) ўазыйпаларының
15. Социологиялық изертлеўдиң … ақырғы нәтийжелерге бағдарланады
A) предмети
B) объекти
*C) мақсети
D) ўазыйпалары
16. Социологиялық изертлеўдиң … мақсетти әмелге асырыў барысында жуўап алыныўы керек болған сораўларды қәлиплестиреди
A) предмети
B) объекти
C) мақсети
*D) ўазыйпалары
17. Қубылыслардың себеплери, үйренилип атырған социаллық қубылыслар ортасындағы өз-ара байланыс, үйренилип атырған машқаланың структурасы, социаллық машқалаларды шешиўге болған жантасыўлар туўралы итимал шамалаўлар – бул:
*A) гипотеза
B) теория
C) машқала
D) прогноз
18. Не нәрсе гипотезаны тастыйықлаўы, бийкарлаўыямаса дүзетиўи керек?
A) үйрениў
*B) изертлеў
C) эксперимент
D) бақлаў
19. Қандай гипотеза болмайды?
A) тийкарғы ҳәм жуўмақ
B) тийкарғы ҳәм тийкарғы болмаған
*C) миннетли ҳәм еркли
D) бирлемши ҳәм екилемши
20. Қандай гипотеза объект қәсийетлери, жеке элементлер ортасындағы байланыслар характери туўралы шамалаўларды өз ишине алады?
A) түсиндириўши
B) жуўмақ
C) екилемши
*D) сүўретлеўши
21. Қандай гипотезалар үйренилип атырған социаллық процесслер ҳәм қубылыслардағы байланыслардың толықлығы дәрежеси ҳәм себеп-ақыбетлик ғәрезлилик туўралы шамалаўларды өз ишине алады?
* A) түсиндириўши
B) жуўмақ
C) екилемши
D) сүўретлеўши
22. Не нәрсе гипотезаларды қәлиплестириўге қойылатуғын тийкарғы талапларға кирмейди?
A) Гипотеза эмпирикалық интерпретацияға ийе болмаған түсиниклерди өз ишине алмаўы керек
*B) Гипотеза қуоамалы болыўы керек
C) Гипотеза изертлеўдиң берилген дәрежесиндеги теориялық билимлер, методологиялық үскенеленгенлик ҳәм әмелий имканиятлары арқалы тексерилетуғындай болыўы керек
D) Гипотеза алдын анықланған илимий фактлерге қайшы болмаўы керек
23. Социологиялық изертлеў бағдарламасының процедуралық бөлими нени өз ишине алады?
A) изертлеў методикасын
B) изертлеў методологиясы ҳәм техникасын
*C) изертлеў методикасы ҳәм техникасын
D) изертлеў методикасы ҳәм методологиясын
24. Социологиялық изертлеўде информацияны топлаў, қайта ислеў ҳәм анализлеў усылларын сүўретлеў – бул:
A) изертлеў принципи
B) изертлеў методикасы
C) изертлеў методологиясы
*D) изертлеў техникасы
25. Қандай изертлеўлер таңлаў жыйынтығы үстинде алып барылады?
*A) эмпирикалық
B) теореялық
C) экспериментлик
D) ҳәр қандай
26. Эмпирикалық социологиялық изертлеўдиң табыслылығы тийкарынан неден ғәрезли болады?
A) таңланған методикадан
*B) бағдарламаның сапасынан
C) изертлеў техникасынан
D) изертлеўшиниң жобасынан
27. Таярлық социологиялық изертлеўлер қандай деп аталады?
A) сынақ
B) сүўретлеўши
*C) пилотаж
D) аналитикалық
28. Социологиялық изертлеўлердиң қайсы тури орын алмаған?
A) пилотаж
B) сүўретлеўши
C) аналитикалық
*D) сынақ
29. Социологиялық изертлеўдиң ең әпиўайы түри -
*A) пилотаж
B) сүўретлеўши
C) аналитикалық
D) сынақ
30. Социологиялық изертлеўдиң ең қурамалы түри -
A) пилотаж
*B) аналитикалық
C) сүўретлеўши
D) сынақ
31. Пилотаж социологиялық изертлеўдиң сүўретлемесин көрсетиң:
A) басланғыш социологиялық изертлеў, ол машқаланың актуаллық дәрежесин анықлайды
B) социологиялық изертлеўдиң ең терең түри, өз алдына үйренилип атырған қубылысты сүўретлеп ғана қалмастан, ал оның тийкарында жатырған себеплерди де анықлаў мақсетин қояды
*C) социологиялық изертлеў ҳәм анализдиң ең әпиўайы түри, себеби өз мазмуны бойынша шекленген ўазыйпаларды шешеди, адамлардың үлкен болмаған жыйынтыгын қамтып алады ҳәм әпиўайыластырылған бағдарламаға ҳәм инструментке тийкарланады
D) бир қанша қурамалы изертлеў. Өз мақсети ҳәм ўазыйпаларына көре, ол үйренилип атырған объект туўралы бир пүтин көз-қарасты беретуғын эмпирикалық мағлыўматларды алыўды көзде тутады
32. Сүўретлеўши социологиялық изертлеўдиң сүўретлемесин көрсетиң:
A) басланғыш социологиялық изертлеў, ол машқаланың актуаллық дәрежесин анықлайды
B) социологиялық изертлеўдиң ең терең түри, өз алдына үйренилип атырған қубылысты сүўретлеп ғана қалмастан, ал оның тийкарында жатырған себеплерди де анықлаў мақсетин қояды
C) социологиялық изертлеў ҳәм анализдиң ең әпиўайы түри, себеби өз мазмуны бойынша шекленген ўазыйпаларды шешеди, адамлардың үлкен болмаған жыйынтыгын қамтып алады ҳәм әпиўайыластырылған бағдарламаға ҳәм инструментке тийкарланады
*D) бир қанша қурамалы изертлеў. Өз мақсети ҳәм ўазыйпаларына көре, ол үйренилип атырған объект туўралы бир пүтин көз-қарасты беретуғын эмпирикалық мағлыўматларды алыўды көзде тутады
33. Аналитикалық социологиялық изертлеўдиң сүўретлемесин көрсетиң:
A) социологиялық изертлеўдиң ең терең түри, өз алдына үйренилип атырған қубылысты сүўретлеп ғана қалмастан, ал оның тийкарында жатырған себеплерди де анықлаў мақсетин қояды
B) басланғыш социологиялық изертлеў, ол машқаланың актуаллық дәрежесин анықлайды
C) социологиялық изертлеў ҳәм анализдиң ең әпиўайы түри, себеби өз мазмуны бойынша шекленген ўазыйпаларды шешеди, адамлардың үлкен болмаған жыйынтыгын қамтып алады ҳәм әпиўайыластырылған бағдарламаға ҳәм инструментке тийкарланады
D) бир қанша қурамалы изертлеў. Өз мақсети ҳәм ўазыйпаларына көре, ол үйренилип атырған объект туўралы бир пүтин көз-қарасты беретуғын эмпирикалық мағлыўматларды алыўды көзде тутады
34. Социаллық информацияны топлаўдың ең кең тарқалған методы:
A) бақлаў
*B) сораў
C) ҳүжжетлерди анализлеў
D) эксперимент
35. Әмелий социологиялық изертлеўлердиң басқа түрлерине қарағанда сораўдың әҳмийетли абзаллығы:
A) алынатуғын нәтийжелердиң исенимлилигиниң бир қанша жоқары дәрежеси
B) инструментарийди қәлиплестириўдиң әпиўайылығы
*C) социаллық турмыстың ҳәр қыйлы тараўларын қамтып алыўының кеңлиги
D) илгери сүрилген гипотезаларды тез ҳәм тиккелей тексериў мүмкиншилиги
36. Социологиялық сораў барысында анықладанады:
A) таңланған жыйынтықтың социаллық-демографиялық структурасы туўралы мағлыўматлар
B) таңланған популяциядағы норма ҳәм қәдириятлардың объектив бөлистирилиўлери
C) социаллық реаллық фактлериниң ҳүжжетли сәўлелениўи
*D) респондент деп аталатуғын адамлардың субъектив пикирлери
37. Эксперименттиң миннетли шәрти:
*A) қатнасыўшыларының еркли келисими
B) шәртлердиң саўатлы көрсетилиўи
C) экспериментал ҳәм қадағалаў топарларын дурыс таңлаў
D) изертлеўдиң ҳақыйқый мақсети ҳәм ўазыйпаларын қатнасыўшылардан сыр тутыў
38. Эмпирикалық социология – бул илимий пән болып, оның тийкарғы ўазыйпасы:
A) социаллық фактлерди теоретиялық қайта аңлаў ҳәм улыўмаластырыў
*B) социаллық информация дереклерин излеў, оны топлаў, қайта ислеў ҳәм анализлеў
C) оның тийкарында социаллық бирлесиклер раўажланатуғын улыўмалық нызамларды келтирип шығарыў
D) адамлардың үлкен топарларының минез-қулқы механизмлерин сүўретлеў
39. Социологиялық изертлеўлерде гипотеза – бул:
A) болыўы керек нәрселерди алдыннан прогноз қылыў болжаў)
B) мағлыўмат топлаў процедурасын сүўретлеў
*C) еки яки оннан көбирек өзгериўшилер ортасында байланыстың бар екенин шамалаўшы қағыйда
D) социаллық белгилерди анықлаўшы индикаторларды таңлаў
40. «Жабық сораў» түсиниги соны аңлатады:
A) жабық машқалаларды көзде тутыўшы сораўды
B) жуўабы жоқ сораўды
C) жуўабы ең бастан айқын болған сораўды
*D) жуўапларыдың бир неше альтернативалы вариантлары келтирилген ҳәм олардан тек биреўин таңлаў керек болған сораўды
41. «Ашық сораў» түсиниги социаологиялық сораўда соны аңлатады:
*A) ҳеш қандай жуўап альтернативалары усынылмайтуғын сораўды
B) жуўап алынбагын сораў
C) алдыннан жуўапқа исенбеген түрде қойылған сораў
D) қәлеген түрде жуўап бериў мүмкин болған сораў
42. Анкетада ямаса интервьюде сораўларды кодластырыў қандай мақсетте әмелге асырылады?
A) изертлеўшиниң ҳақыйқый мақсетин респонденттен жасырыў ушын
*B) статистикалық қайта ислеўди, сондай-ақ мағлыўматларды компьютерге киргизиўди аңсатластырыў ушын
C) алынатуғын бирлемши информацияны тәртипке салыў ушын
D) изертлеўшиниң ҳақыйқый нийетин респонденттин түсиниўине көмеклесиў ушын
43. Еки өзгериўши ортасындағы байланыс томендегиде көринис табады:
A) бир өзгериўшиниң мәниси өзгергенде екиншисинин мәнисиниң турақлылығында (өзгермейтуғынлығынды)
B) сораўнамада сораўлардың жайласқан қатарындағы жуўаплардың характерине тәсир жасаўында
*C) бир өзгериўшиниң мәниси өзгергенде екиншисинин мәнисиниң өзгеретуғынлығында
D) бирдей вербал аңлатыў орын алғанында
44. Қайсы метод өтмиштеги яки бүгинги күндеги ўақыялар туўралы информация алыўға мүмкиншилик береди?
A) ҳүжжетлерди үйрениў
B) эксперимент
C) бақлаў
*D) сораў
45. Қайсы методты социологлар ойлап таппаған?
*A) сораў
B) бақлаў
C) эксперимент
D) ҳүжжетлерди үйрениў
46. Социологиялық сораўдың журналистлик, юридикалық ямаса медициналық сораўдан парқы: 1) соралғанлардың муғдары, 2) исенимлилик ҳәм объективлик, 3) сораўдың мақсети
A) 1,2
*B)1,2,3
C) 2,3
D) 1,3
47. Социолог … табыў ушын изертленип атырған қубылысларды улыўмалықты табыўға ҳәрекет етеди
A) илимий жантасыўды
B) илимий дәлилди
*C) илимий фактти
D) илимий улыўмаластырыўды
48. Егер изертлеўде изертлеўши тәрепинен қойылған мақсетлерге муўапық таңлап алынған барлық респондентлер қатнасса, онда бул:
A) ҳәмме ушын улыўмалық сораў
B)тотал сораў
C) сайланба сораў
*D) жалпылама сораў
49. Если в ходе исследования опрашивается только часть респондентов, репрезентативная генеральной совокупности – это:
*A) сайланба сораў
B) ҳәмме ушын улыўмалық сораў
C)тотал сораў
D) жалпылама сораў
50. Анкета – бул:
A) аўызеки сораў
*B) жазба сораў
C) почтадан жиберилген сораў
D) баспасөздеги сораў
51. Кайсы тастыйықлаў дурыс: 1) Анкета деп сораўлардың ҳәр қандай дизимин айта алмаймыз, 20 Анкета деп сораўлардың ҳәр қандай дизимин айта аламыз.
A) еки тастыйықлаў да надурыс
B) еки тастыйықлаў да дурыс
*C) тек 1- тастыйықлаў дурыс
D) тек 2- тастыйықлаў дурыс
52. Надурыс пикирди табың:
A) Анкета – бул респондентлер көплигине қаратылған сораўлар болып, олар стандарт түрде соралады
B) Анкеталарда сораўлар максимал корректли ҳәм анық дүзиледи
C) Наанықлық ҳәм еки мәнислиликке жол қойып болмайды
*D) Бул мағлыўматларға кейин статистика аппаратын қолланып болмайды.
53. Жумыс яки оқыў орнында қоллланылатуғын топарлық анкеталар – бул:
*A) тиккелей
B) қыя
C) жалпылама
D) сайланба
54. Индивидуал, постадан жиберилетуғын ямаса баспасөздеги анкеталастырыў – бул:
A) тиккелей
*B) қыя
C) жалпылама
D) сайланба
55. Почтадан жиберилетуғын анкетаның абзаллығын көрсетиң?
A) тек басылымның мақсетли топарын пайдаланыў имканияты
B) анкеталардың қайтып келиўиниң пәслиги
*C) бир ўақытта үлкен территорияда сораў өткериў имканияты, соның қатарында жетип барыў қыйын болған жерлерде де
D) Сораў темасынан ғәрезли түрде анаў яки мынаў социаллық топар басым болады
56. Почтадан жиберилетуғын анкетаның кемшилигин көрсетиң?
A) тек басылымның мақсетли топарын пайдаланыў имканияты
B) анкеталардың қайтып келиўиниң пәслиги
*C) бир ўақытта үлкен территорияда сораў өткериў имканияты, соның қатарында жетип барыў қыйын болған жерлерде де
D) Сораў темасынан ғәрезли түрде анаў яки мынаў социаллық топар басым болады
57. Баспасөздеги анкетаның абзаллығын көрсетиң?
*A) тек басылымның мақсетли топарын пайдаланыў имканияты
B) анкеталардың қайтып келиўиниң пәслиги
C) бир ўақытта үлкен территорияда сораў өткериў имканияты, соның қатарында жетип барыў қыйын болған жерлерде де
D) Сораў темасынан ғәрезли түрде анаў яки мынаў социаллық топар басым болады
58. Баспасөздеги анкетаның кемшилигин көрсетиң?
A) тек басылымның мақсетли топарын пайдаланыў имканияты
*B) анкеталардың қайтып келиўиниң пәслиги
C) бир ўақытта үлкен территорияда сораў өткериў имканияты, соның қатарында жетип барыў қыйын болған жерлерде де
D) Сораў темасынан ғәрезли түрде анаў яки мынаў социаллық топар басым болады
59. Анкеталастырыў методына тән болғән улыўмалық кемшилик:
A) тек басылымның мақсетли топарын пайдаланыў имканияты
A) анкеталардың қайтып келиўиниң пәслиги
B) Сораў темасынан ғәрезли түрде анаў яки мынаў социаллық топар басым болады
C) респондент пенен шахсий контактлердиң болмаўы ситуациядан келип шығып сораўлар тәртиби ҳәм формасын өзгертиўге имканият бермейди
D) тек басылымның мақсетли топарын пайдаланыў имканияты
60. Ҳәзирги күнде сораўдың қайсы түри кем қолланылады?
A) сайланба сораў
B) тиккелей сораў
C) баспасөздеги сораў
*D) почтадан жиберилген сораў
61. Интерью – бул:
*A) аўызеки сораў
B)почтадан жиберилген сораў
C) прессадағы сораў
D) жазба сораў
62. Қайсы түрдеги интерью орын алмаған?
A) ярымформалластырылған
*B) қатаң белгиленген
C) формалластырылғын
D) формалластырылмаған
63. Интервьюер деген ким?
A) сораўларға жуўап бериўши адам
B) сораў дүзиўши адам
*C) сораўларға жуўапты жазып алыўшы адам
D)интервью проссецин бақлап барыўшы адам
64. Респондент деген ким?
A)интервью проссецин бақлап барыўшы адам
B) сораў дүзиўши адам
C) сораўларға жуўапты жазып алыўшы адам
*D) сораўларға жуўап бериўши адам
65. Сораўдан дерлик ҳеш парқы жоқ, тек ғана сораўларға жуўаплар респонденттиң өзи тәрепинен емес, ал интервьюер тәрепинен жазылады. Бул -
* A) формалластырылғын интервью
B) ярым формалластырылған интервью
C) формалластырылмаған интервью
D) қатаң белгиленген интервью
66. Тек сораўлардың сақланыўы керек дизими бар, бирақ интервьюер ситуациядан келип шығып қашан, қайсы сораўды бериўди ҳәм неше сораў менен шеклениўди өзи шешеди. Бул -
A) формалластырылғын интервью
*B) ярым формалластырылған интервью
C) формалластырылмаған интервью
D) қатаң белгиленген интервью
67. Тек сәўбетлесиў темасы ҳәм үлгили жобасы бар. Бул -
A) формалластырылғын интервью
B) ярым формалластырылған интервью
*C) формалластырылмаған интервью
D) қатаң белгиленген интервью
68. Формализованное интервью - это
A) Тек сораўлардың сақланыўы керек дизими бар, бирақ интервьюер ситуациядан келип шығып қашан, қайсы сораўды бериўди ҳәм неше сораў менен шеклениўди өзи шешеди
B) Тек сәўбетлесиў темасы ҳәм үлгили жобасы бар.
C) экспертлердиң пикирин сораў ҳәм анализлеў
*D) Сораўдан дерлик ҳеш парқы жоқ, тек ғана сораўларға жуўаплар респонденттиң өзи тәрепинен емес, ал интервьюер тәрепинен жазылады.
69. Ярымформалластырылған интервью - бул
*A) Тек сораўлардың сақланыўы керек дизими бар, бирақ интервьюер ситуациядан келип шығып қашан, қайсы сораўды бериўди ҳәм неше сораў менен шеклениўди өзи шешеди
B) Тек сәўбетлесиў темасы ҳәм үлгили жобасы бар.
C) экспертлердиң пикирин сораў ҳәм анализлеў
*D) Сораўдан дерлик ҳеш парқы жоқ, тек ғана сораўларға жуўаплар респонденттиң өзи тәрепинен емес, ал интервьюер тәрепинен жазылады.
70. Формалластырылмаған интервью - бул
A) Тек сораўлардың сақланыўы керек дизими бар, бирақ интервьюер ситуациядан келип шығып қашан, қайсы сораўды бериўди ҳәм неше сораў менен шеклениўди өзи шешеди
*B) Тек сәўбетлесиў темасы ҳәм үлгили жобасы бар.
C) экспертлердиң пикирин сораў ҳәм анализлеў
D) Сораўдан дерлик ҳеш парқы жоқ, тек ғана сораўларға жуўаплар респонденттиң өзи тәрепинен емес, ал интервьюер тәрепинен жазылады.
71. Экспертлерди сораў – бул:
A) Тек сораўлардың сақланыўы керек дизими бар, бирақ интервьюер ситуациядан келип шығып қашан, қайсы сораўды бериўди ҳәм неше сораў менен шеклениўди өзи шешеди
B) Тек сәўбетлесиў темасы ҳәм үлгили жобасы бар.
*C) экспертлердиң пикирин сораў ҳәм анализлеў
D) Сораўдан дерлик ҳеш парқы жоқ, тек ғана сораўларға жуўаплар респонденттиң өзи тәрепинен емес, ал интервьюер тәрепинен жазылады.
72. Ярым формалластырылған ҳәм формалластырылмаған интервьюлердиң абзаллық тәреплерин көрсетиң:
A) алынған мағлыўматларды салыстырыўдың қыйынлығы
B) барлық индивидуал нәтийжелерди салыстырыўдың жоқары дәрежеси
C) еркин пикир билдириў имканиятынын төменлиги
*D) диалогты қурыў тактикасының ийкемлескишлиги, респондент ушын өз көз-қарасын еркин ҳәм анық баян етиў имканияты
73. Ярым формалластырылған ҳәм формалластырылмаған интервьюлердиң кемшилик тәреплерин көрсетиң:
*A) алынған мағлыўматларды салыстырыўдың қыйынлығы
B) барлық индивидуал нәтийжелерди салыстырыўдың жоқары дәрежеси
C) еркин пикир билдириў имканиятынын төменлиги
D) диалогты қурыў тактикасының ийкемлескишлиги, респондент ушын өз көз-қарасын еркин ҳәм анық баян етиў имканияты
74. Формалластырылған интервьюдиң абзаллық тәреплерин көрсетиң:
A) алынған мағлыўматларды салыстырыўдың қйынлығы
*B) барлық индивидуал нәтийжелерди салыстырыўдың жоқары дәрежеси
C) еркин пикир билдириў имканиятынын төменлиги
D) диалогты қурыў тактикасының ийкемлескишлиги, респондент ушын өз көз-қарасын еркин ҳәм анық баян етиў имканияты
75. Формалластырылған интервьюдиң кемшилик тәреплерин көрсетиң:
A) алынған мағлыўматларды салыстырыўдың қйынлығы
B) барлық индивидуал нәтийжелерди салыстырыўдың жоқары дәрежеси
*C) еркин пикир билдириў имканиятынын төменлиги
D) диалогты қурыў тактикасының ийкемлескишлиги, респондент ушын өз көз-қарасын еркин ҳәм анық баян етиў имканияты
76. Төмендегилердиң қайсы бири аноним емес?
A) анкета
B) баспасөздеги сораў
C) почтадан жиберилген сораў
*D) экспертлик сораў
77. Гүўа (интервьюер) тәрепинен ўақыялардың тиккелей регистрацияланыўы – бул:
*A) бақлаў
B) анкета
C) интервью
D) экспертлик сораў
78. Бақлаўшының қатнасыўы дәрежеси бойынша бақлаў түрлерин көрсетиң:
A) күнделикли ҳәм илимий
*B) киргизилген ҳәм киргизилмеген
C) дала ҳәм лаборатория
D) реал ҳәм экспериментал
79. Өткерилиў орны бойынша бақлаў түрлерин көрсетиң:
A) күнделикли ҳәм илимий
B) киргизилген ҳәм киргизилмеген
*C) дала ҳәм лаборатория
D) реал ҳәм экспериментал
80. Илимий бақлаўдың күнделикли бақлаўдан парқын көрсетиң: 1) ол айқын изертлеў мақсетине бойсындырылған; 2) алдын ала ойланылған бағдарлама бойынша жобалаастырылады; 3) барлық мағлыўматлар протоколлар ҳәм күнделиклерде көрсетилип барылады; 4) информация басқа методлар арқалы қадағаланыўы мүмкин
A) 1,2
B) 1,3,4
C) 1,2,4
D) 1,2,3,4
81. Социологиялық бақлаў жәрдеминде нени бақлаў мүмкин емес?
*A) ўақыя қатнасыўшыларының шахсий мотивлерин
B) социаллық ситуацияның улыўмалық сыпатламасын
C) топарлар ҳәм индивидлердиң искерликлери мақсетлерин ҳәм социаллық мәплерин
D) демографиялық ҳәм социаллық белгилери бойынша ўақыялардың қатнасыўшыларын
82. Социолог тиккелей түрде үйренилип атырған процесске енгизилген; бақланыўшылар менен бирге ҳарекет етеди, контактке кириседи – бул:
A) киргизилмеген бақлаў
*B) киргизилген бақлаў
C) реал бақлаў
D) экспериментал бақлаў
83. Изертлеўши үйренилип атырған объекттен тысқарыда – бул:
A) реал бақлаў
B) экспериментал бақлаў
*C) киргизилмеген бақлаў
D) киргизилген бақлаў
84. Бақланыўшылар ушын тәбийий болған шәраятларда кешеди - бул:
A) киргизилген бақлаў
B) киргизилмеген бақлаў
C) лабораториялық бақлаў
*D) дала бақлаўы
85. Арнаўлы үскенеленген класста өткериледи, яғный изертлеўши тәрепинен қадағаланатуғын жасалма шәраятларда өткериледи – бул:
*A) лабораториялық бақлаў
B) дала бақлаўы
C) киргизилген бақлаў
D) киргизилмеген бақлаў
86. Социологияда ҳүжжет -
A) ҳәр қандай информация
*B) баспа яки қол жазба тексте, магнит лентасында, фото- яки киноплёнкада сақланған ҳәр қандай информация
C) рәсмий материаллар
D) рәсмий материаллар ҳәм ҳәр қандай информация
87. Изертлеўшиниң өзи келтирип шыққан материаллар – булар … ҳүжжетлер
A) шахсий
B) ийесиз
*C) мақсетли
D) нақ
88. Социологтан ғәрезсиз, қандай да бир басқа мақсетлерде жаратылған материаллар – бул … ҳүжжетлер
A) шахсий
B) ийесиз
C) мақсетли
*D) нақ
89. Шахсий есапқа алыў карточкасы, шахсқа берилген минезлеме ҳәм усыныс хатлары, хатлар, күнделиклер, мемуарлар, арзалар – булар … ҳүжжетлер
*A) шахсий
B) ийесиз
C) мақсетли
D) нақ
90. Статистикалық архивлер, баспа сөз мағлыўматлары, жыйналыслар протоколлары – булар … ҳүжжетлер
A) шахсий
*B) ийесиз
C) мақсетли
D) нақ
91. Шахсий ҳүжжетлер - бул:
A) Социологтан ғәрезсиз, қандай да бир басқа мақсетлерде жаратылған материаллар
B) Статистикалық архивлер, баспа сөз мағлыўматлары, жыйналыслар протоколлары
*C) Шахсий есапқа алыў карточкасы, шахсқа берилген минезлеме ҳәм усыныс хатлары, хатлар, күнделиклер, мемуарлар, арзалар
D) Изертлеўшиниң өзи келтирип шыққан материаллар
92. Мақсетли ҳүжжетлер - бул:
A) Статистикалық архивлер, баспа сөз мағлыўматлары, жыйналыслар протоколлары
B) Шахсий есапқа алыў карточкасы, шахсқа берилген минезлеме ҳәм усыныс хатлары, хатлар, күнделиклер, мемуарлар, арзалар
C) Социологтан ғәрезсиз, қандай да бир басқа мақсетлерде жаратылған материаллар
*D) Изертлеўшиниң өзи келтирип шыққан материаллар
93. Нақ ҳүжжетлер – бул:
*A) Социологтан ғәрезсиз, қандай да бир басқа мақсетлерде жаратылған материаллар
B) Статистикалық архивлер, баспа сөз мағлыўматлары, жыйналыслар протоколлары
C) Шахсий есапқа алыў карточкасы, шахсқа берилген минезлеме ҳәм усыныс хатлары, хатлар, күнделиклер, мемуарлар, арзалар
D) Изертлеўшиниң өзи келтирип шыққан материаллар
94. Ийесиз ҳүжжетлер – бу:
A) Шахсий есапқа алыў карточкасы, шахсқа берилген минезлеме ҳәм усыныс хатлары, хатлар, күнделиклер, мемуарлар, арзалар B) Статистикалық архивлер, баспа сөз мағлыўматлары, жыйналыслар протоколлары
*В) Статистикалық архивлер, баспа сөз мағлыўматлары, жыйналыслар протоколлары
C) Изертлеўшиниң өзи келтирип шыққан материаллар
D) Социологтан ғәрезсиз, қандай да бир басқа мақсетлерде жаратылған материаллар
95. Мәмлекетлик материаллар, қарарлар, арзалар, рәсмий жыйналыслар стенограммалары, мәмлекетлик статистика мағлыўматлары, архивлер ҳәм ҳәр қыйлы мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ағымдағы ҳүжжетлери, ис корреспонденциясы, суд органлары протоколлары, финанс есабаты – булар … ҳүжжетлер
A) бирлемши
B) екилемши
*C) рәсмий
D) нарәсмий
96. Көплеген жеке ҳүжжетлер, сондай-ақ жеке пуқаралар тәрепинен дүзилген ийесиз ҳүжжетлер – булар … ҳүжжетлер
A) бирлемши
B) екилемши
C) рәсмий
*D) нарәсмий
97. Тиккелей бақлаў яки сораў базасында, болып атырған ўақыяларды тиккелей регистрациялаў тийкарында дүзилген ҳүжжетлер – булар … ҳүжжетлер
* A) бирлемши
B) екилемши
C) рәсмий
D) нарәсмий
98. Бирлемши дереклер мағлыўматлары тийкарында қайта ислеўлер, улыўмаластырыўлар яки сүўретлеўлер – булар … ҳүжжетлер
A) бирлемши
*B) екилемши
C) рәсмий
D) нарәсмий
99. Рәсмий ҳүжжетлер - бул:
A) Тиккелей бақлаў яки сораў базасында, болып атырған ўақыяларды тиккелей регистрациялаў тийкарында дүзилген ҳүжжетлер
B) Бирлемши дереклер мағлыўматлары тийкарында қайта ислеўлер, улыўмаластырыўлар яки сүўретлеўлер болып табылатуғын ҳүжжетлер
*C) Мәмлекетлик материаллар, қарарлар, арзалар, рәсмий жыйналыслар стенограммалары, мәмлекетлик статистика мағлыўматлары, архивлер ҳәм ҳәр қыйлы мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ағымдағы ҳүжжетлери, ис корреспонденциясы, суд органлары протоколлары, финанс есабаты – булар … ҳүжжетлер
D) Көплеген жеке ҳүжжетлер, сондай-ақ жеке пуқаралар тәрепинен дүзилген ийесиз ҳүжжетлер
100. Нарәсмий ҳүжжетлер – бул:
A) Тиккелей бақлаў яки сораў базасында, болып атырған ўақыяларды тиккелей регистрациялаў тийкарында дүзилген ҳүжжетлер
B) Бирлемши дереклер мағлыўматлары тийкарында қайта ислеўлер, улыўмаластырыўлар яки сүўретлеўлер болып табылатуғын ҳүжжетлер
C) Мәмлекетлик материаллар, қарарлар, арзалар, рәсмий жыйналыслар стенограммалары, мәмлекетлик статистика мағлыўматлары, архивлер ҳәм ҳәр қыйлы мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ағымдағы ҳүжжетлери, ис корреспонденциясы, суд органлары протоколлары, финанс есабаты – булар … ҳүжжетлер
*D) Көплеген жеке ҳүжжетлер, сондай-ақ жеке пуқаралар тәрепинен дүзилген ийесиз ҳүжжетлер
101. Бирлемши ҳүжжетлер – бул:
*A) Тиккелей бақлаў яки сораў базасында, болып атырған ўақыяларды тиккелей регистрациялаў тийкарында дүзилген ҳүжжетлер
B) Бирлемши дереклер мағлыўматлары тийкарында қайта ислеўлер, улыўмаластырыўлар яки сүўретлеўлер болып табылатуғын ҳүжжетлер
C) Мәмлекетлик материаллар, қарарлар, арзалар, рәсмий жыйналыслар стенограммалары, мәмлекетлик статистика мағлыўматлары, архивлер ҳәм ҳәр қыйлы мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ағымдағы ҳүжжетлери, ис корреспонденциясы, суд органлары протоколлары, финанс есабаты – булар … ҳүжжетлер
D) Көплеген жеке ҳүжжетлер, сондай-ақ жеке пуқаралар тәрепинен дүзилген ийесиз ҳүжжетлер
102. Екилемши ҳүжжетлер - бул:
A) Тиккелей бақлаў яки сораў базасында, болып атырған ўақыяларды тиккелей регистрациялаў тийкарында дүзилген ҳүжжетлер
*B) Бирлемши дереклер мағлыўматлары тийкарында қайта ислеўлер, улыўмаластырыўлар яки сүўретлеўлер болып табылатуғын ҳүжжетлер
C) Мәмлекетлик материаллар, қарарлар, арзалар, рәсмий жыйналыслар стенограммалары, мәмлекетлик статистика мағлыўматлары, архивлер ҳәм ҳәр қыйлы мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ағымдағы ҳүжжетлери, ис корреспонденциясы, суд органлары протоколлары, финанс есабаты – булар … ҳүжжетлер
D) Көплеген жеке ҳүжжетлер, сондай-ақ жеке пуқаралар тәрепинен дүзилген ийесиз ҳүжжетлер
103. Контент-анализ – бул:
A) объектив анализ
B) экспертлик анализ
*C) муғдарлық анализ
D) сапалық анализ
104. Изертлеўдиң қайсы түри адамлардың ис-ҳәрекетлериниң мотивлерин түсиниўге имканият береди?
A) эксперимент
B) экспертлерди сораў
C) контент анализ
*D) фокус-группалар методы
Download 84,53 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish