Нарядтың екинши бети 20. Электростанция, жəрдемши станция электр үскенелеринде ҳəм кабель линияларында жумыс
алып барғанда «Жумыс орны таярланды. Кереў астында төмендегилер қалды» деген қатарға
ислеўге рухсат етиўши хызметкер оңланып атырған ҳəм жумыс орны жанындағы қоңсы
жалғамлардың (ямаса қоңсы жалғамлар үскенелериниң) кернеў астында қалған ток өткизиўши
бөлимлерин көрсетиўи зəрүр.
Ҳаўа линияларында жумыс алып барғанда усы қатарларға наряд бериўши «Арнаўлы
көр-сетпелер» қатарында көрсеткен ток өткизиўши бөлимлер, керек болғанда басқа өткизиўши
бөлимлер де жазылып қойылады.
21. 3-кестеде ҳəр күни жумыс ислеўге рухсат етиў ҳəм тамамлаў, сол себептен бригаданы бир
жумыс орнынан екинши жумыс орнына көшириў ҳужжетлестириледи.
Егер жумыс алып барыўшы, рухсат етиўши ўазыйпасы бириктирилген жолы менен орынласа,
ҳəмде жумыс алып барыўшыға бригаданы қайта жумыс ислеўге қойыўда олардың жумысларына
рухсат етиў ушын рухсат берилген болса, ол рухсат етип атырған ўақтында кестениң 3 ҳəм
4-графаларына қол қояды.
Егер жумыс басшысы бригаданы қайтадан жумыс ислеўге қойыўда олардың ислеўлерине
рухсат етиў ушын рухсат берген болса, рухсат етип атырған ўақытта кестениң 3-графасына қол
қояды.
Жумыс күниниң тамам болыў мүнəсебети менен байланыслы болған жумысты тамам-лаўды
жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) 5 ҳəм 6 графаларды толтырыў менен ҳүжжет-лестириледи.
22. 4-кестеде автомобиль айдаўшысы ямаса механизм машинистин ҳəм крановщикти бри-гада
қурамына киргизиў ямаса шығарыўда қосымша жəне оған бириктирилген автомобиль, механизми
ҳəм автокранның түриде көрсетилиўи керек. 4-графаға бригада қурамын өзгерти-риўге рухсат
берген хызметкер қол қояды. Егер рухсат телефон ямаса радио арқалы берилсе, жумыс алып
барыўшы 4-графада сол хызметкер фамилиясын көрсетиўи зəрүр.
23. Жумыс толык тамамланғаннан соң жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) ҳəм жумыс басшысы
нарядтың усы жумысларды рəсмийлестириў ушын мөлжелленген қатарына жумыстың тамам
болыў ўақтын ҳəм сəнесин көрсетип қол қояды. Егер жумыс басшысы тайынланбаған болса
«Жумыс басшысы» деген қатарға ҳеш қандай кол қойылмайды.
Егер жумыстың толық тамам болғанлығын нарядта ҳүжжетлестириў ўақтында нəўбетши ямаса
тез-ара оңлаў хызметкерлеринен таярланған жумысларға рухсат етиўши жоқ болса ямаса жумыс
алып барыўшы бириктирилген жол менен рухсат етиў ўазыйпасында орынласа, жумыс басшысы
ямаса бақлаўшы усы рəсмийлестириўди тек өзиниң наряд экземплярына ислейди ҳəм жумысты
толык тамам болғанлығы туўрысындағы хабарды алған хызметкердиң лаўазымын ҳəм
фамилиясын көрсетип, ҳабар етилген ўақтын ҳəм сəнесин жазып қойыўы шəрт.
Егер жумыстың толық тамам болғанлығын нарядта ҳүжжетлестириў ўақтында нəўбетши ямаса
тез-ара оңлаў хызметкерлерден таярланған жумысларға рухсат етиўши қатнасып атыр-ған болса,
жумыс алып барыўшы ямаса бақлаўшы, усы рəсмийлестириўди нарядтың еки нусқасынада
жазады.
Егер бригада да жерге жалғағыш орнатылмаған болса, ол жағдайда «бригада қойған жерге
жалғағышлар алынды» деген сөзлер жумыс толық тамамланғанлығы туўрысындағы хабар-дан
кейин сызып қойылады.