49
1000 В кернеўгеше болған электр үскенелеринде сынаў
жумысларын бийлик пенен
орынлаўға рухсат бериледи.
379. Сынаў жумыслары қурамында IV-топарға ийе болған жумыс алып барыўшы, III-то-парға ийе
болған бригада ағзасы, қорықлаў ушын қойылған II-топарға ийе персонал болған бригада
əмелге асырыўы керек.
380. Сынаў жумысларын орынлаўшы бригада қурамында жумыс орнын таярлаўшы ҳəм үскене
үстинен қадағалап барыў ушын оңлаў хызметкерлерин киргизиў мүмкин.
Үскенени монтаж етиў еки оңлаўшыдан ибарат бригада қурамына, сынаў жумысларын оңлаў
ушын наладка кəрханалары ямаса электролаборатория хызметкерлерин киргизиў мүмкин.
Бундай жағдайда сынаў жумысларына жумыс алып барыўшы ямаса оның көрсетпеси менен
наладка кəрханасы ямаса лаборатория хызметкерлеринен IV-топарға ийе болған ислеўши
басшылық етеди.
381. 1000 В кернеўден жоқары электр үскенелеринен сырта турып, ток өткизиўши бөлимле-
ри толық ҳəм сетка менен қоршалған, есиклери болса блокировка менен үскенеленген
турақлы орнатылған сынаў үскенелеринде изоляция материалларын ҳəм əнжамларын (қорғаў
қураллары, ҳəр қыйлы изоляциялық деталлар ҳ.б.) стационар сынаўдан өткизиў жумысларын
əмелдеги көрсетпеге тийкарланып III-топарға ийе болған бир персонал орынлаўы мүмкин.
382. Сынаў өткериўге берилетуғын наряд пенен ислеўге ҳəм жумыс таярлаў жумысларын
орынлаў ушын баслағыш сынаў ушын арналған электр үскенелеринде ислеп атырған басқа
бригадалар шығарылып жиберилгеннен ҳəм олар нарядларын жумысқа рухсат бериўшиге
тапсырғаннан кейин бериледи. Жергиликли нəўбетши болмаған электр үске-нелеринде
жумыс алып барыўшыға бригаданы жумыс орнынан шығарып
жибергеннен кейин
жумыстағы тəнеписти жазып нарядты өзинде қалдырыўға рухсат етиледи.
383. Сынаў мақсетинде қолланылатуғын сынаўшы қурылма ҳəм өлшеў үскенеси аймақлық
«Узстандарт» агентлиги кəрханасы тəрепинен тексерилиўи, ал сынаў лабораториясы
областлық сынаў талапларынан өткериў аттестациясынан өткен болыўы керек.
384. Сынаў өткерилип атырған үскене, сынаў үскенеси ҳəм жалғаўшы сымлары қорғаў ар-қан
ҳəм басқалар менен қорғалады ҳəм оларға жазыў сыртқа қаратылып «Сынаўда. Өмир ушын
қəўипли» деген плакат қыстырылыўы шəрт. Қоршаўларды сынаў өткериў-ши
персонал
ислейди.
385. Зəрүр болған ўақытта сыналып атырған үскене, сынаў үскенеси ҳəм жалғаўшы сымлар-ға
бийтаныс адамлардың жакынласыўының алдын алыў ушын II-топарға ийе болған бригада
ағзаларынан бири қорғаўшы етип қойылыўы керек. Қорғаўшы бригада ағзасы қоршаўдың
сыртында турыўы ҳəм сыналып атырған үскенени кернеў астында деп есаплаўы шəрт.
Қорғаўшы хызметкер өз жумыс орнын (постын) тек жумыс алып барыўшының рухсаты
менен таслап кетиў мүмкин.
386. Кабель линияларын сынаў ўақтында егер кабельдиң екинши ушы бириктирилген каме-рада,
комплекс бөлистириўши үскене отсекинде ямаса хана ишинде жайласқан болса, есикке ямаса
қоршаўға «Сынаўда. Өмир ушын қəўипли» деген плакат асылыўы шəрт.
Егер кабель
линиясының екинши ушы жайласқан хана есиги ҳəм оған исленген қоршаў исленбеген ямаса
кабельдиң фазалары трассадағы оңлаўшыға линия менен қосып сы-налатуғын болса
кабелдиң трассадағы фазасы жалғанған жерге плакатлар қыстырыўдан басқа жəне бригада
қурамына киргизилген II-топар хызметкерден еки нəўбетши хыз-меткер қорықлаўшы
болыўы керек.
387. Сынаў үскенеси ҳəм сыналыў үскенеси ҳəр қыйлы ханаларда ямаса бөлистириў
үске-несиниң басқа бир жеринде жайласқан болса, изоляция жағдайын тексерип турыў ушын
III-топарға ийе болған бригада ағзаларының бири жумыс алып барыўшыдан бөлек ту-рыўына
рухсат етиледи. Усы бригада ағзалары қоршаўдан сырта турыўлары ҳəм сынаў жумысларын
орынлаўдан алдын жумыс алып барыўшыдан көрсетпе алыўлары керек.
388. Сынаў өткерилетуғын жерден жерге жалғаўшыларды алыў ҳəм сынаў жумыслары та-мам
болғаннан кейин қайта орнына қойыў тек сынаў жумысларына басшылык етиўши
хызметкердиң көрсетпеси менен сынаў үскенелериниң жоқары кернеўли бөлимин
жерге
жалғағанда ғана əмелге асырылыўы мүмкин.
50
389. Сынаў схемасын жыйнаўда ең əўел сынаў үскенесин қорғаў ҳəм жумысшы жерге
жалғаў-шыларын жалғаў ҳəм керек болған ўақытта сыналатуғын үскене корпусын қорғаў
жерге жалғағышын жалғаў зəрүр. Көшпели сынаў үскенеси менен сынаў өткергенде усы
үске-не корпусын тек рабочий схема жəрдеминде жерге жалғаў қадаған етиледи. Көшпели
сынаў үскенеси корпусы кесе кесими 10 мм
2
болған ийилиўши мыс сым менен өз алды-на
жерге жалғаныўы керек. Сынаў өткериўден алдын корпусты жерге беккем жалған-ғанлығы
тексерилиўи зəрүр.
Сынаў үскенесин 380/220 В кернеўли дерекке жалғаўдан алдын оның жоқары кернеў-ли
бөлими жерге жалғаныўы керек.
Сынаў схемаларын жерге жалғаў ушын ислетилетуғын ийилиўши мыс сымның кесе кесими
кеминде 4 мм
2
болыўы керек.
390. Сынаў үскенесин 380/220 В кернеўли дерекке жалғағанда шынжыр үзиклигин
көрсете-туғын коммутацион аппаратлары арқалы ямаса үскенени басқарыўшы шитке
орнатыл-ған штепсиль вилкасы арқалы жалғаў шəрт.
Коммутацион аппаратын услап қалыўшы қурылма менен үскенеленген болыўы ямаса
аппараттың қозғалмас контактлери арасында изоляцион накладка қойылыўы керек.
Сынаў үскенесин 380/220 В кернеўли электр тармағына жалғаўшы сым ямаса кабель усы
дерекке орнатылған автоматик өширгиш ямаса сақлағыш пенен қорғалыўы шəрт. Көшпели
сынаў үскенесин электр тармағына усы электр тармағын эксплуатация етиў-ши
мекеме
ўəкили жалғап бериўи зəрүр.
391. Сынаў үскенесиндеги оператордың жумыс орны 1000 В кернеўден жоқары бөлегинен бөлек
болыўы керек. Үскенеси 1000 В кернеўден жоқары болған қурылмаға киретуғын есик
блокировка менен үскенеленген болып, есик ашылғанда үскенеден кернеў алы-ныўы ҳəм
үскенеге кернеў бериў мүмкин болмаслығы шəрт. Оператордың жумыс орнында үскенеге
1000 В тан төмен ҳəм оннан жоқары кернеў берилгенлигин көрсетиў-ши лампалы
сигнализациясы болыўы керек. Буннан тысқары көшпели сынаў үскене-еинде кернеў пайда
болыўы менен автоматик түрде ислеўши сыртқы лампалы сигнали-зациясы болыўы зəрүр.
392. Жоқары кернеўли туўрылаўшы ток алыў ушын қағыйдаға муўапық қатты ярым
өткиз-гишлерден жыйналған схемалардан қолланыў зəрүр.
Кенотрон сынаў үскенелери, хызмет етиўши хызметкерлерди рентген нурларының зə-ҳəрли
тəсиринен сақланыўлары ушын кенетрон үскенелерин эксплуатация ислеўде хызметкерлер
ушын қəўипсизлик техникасы бойынша типовой көрсетпесине
тийкар эксплуатация
ислениўи зəрүр.
393. Сыналыўшы үскене менен сынаўшы үскенесин жалғаўшы сым алдын сынаў үскенеси-ниң
жерге жалғанған жоқары кернеўли қурылмасына жалғанады. Бул сым сондай етип жалғаныў
керек сым кернеў астында ток өткериўши бөлимге усы қағыйданың №2-қосымшасындағы
3-графасында көрсетилген аралықтан жақын келиўге (ислеўге) жол қойылмаслық керек.
Сынаў үскенесинен келетуғын сымды кабель фазасына ямаса сынаўшы үскене фазасы-на
жалғаў ҳəм алыў сынаў басшысының көрсетпеси менен тек усы үскенеде жерге жал-ғаў
пышағын, көшпели жерге жалғағыш жəрдеминде жерге жалғанғаннан кейин, болмаса
арнаўлы лабоаторияда ислетилетуғын изоляцион рукоятканы жерге жалғаў жəрдеминде
жерге жалғанғаннан кейин амелге асырылады.
394. Жумыс алып барыўшы ҳəр сапар сыналыўшы үскенеге сынаў үскенесинен кернеў бериўден
алдын төмендеги илажларды орынлаўы шəрт:
ушы жыйналған схемалардың туўрылығын, персонал ҳəм қорғаўшы жерге жалға-ғыштың
беккемлигин тексериўи;
қорғаў ушын таярланған ҳəмме бригада ағзалары ҳəм қурылыс ушын таярланған
хызметкерлер өз орынларында турғанлығын бийтаныс
адамлар жумыс орнынан
шыға-рылғанлығын ҳəм үскенеге сынаў ушын кернеў бериў мүмкиншилигин тексериў;
бригада ағзаларын «Кернеў берип атырман» деген ескертиў ҳəм усы ескертиўди ҳəмме
бригада ағзалары еситкени туўрысында исеним пайда еткенин кейин сынаў үскенесин
жоқары кернеўли тəрепинен жерге жалғағышты алып таслап үскенени 380/220 В кернеўге
жалғаў зəрүр.
51
395. Сынаў үскенесин жоқары кернеў тəрепинен жерге жалғаў алып тасланған ўақыттан баслап
сынаў үскенеси ҳəм сыналыўшы үскене арасындағы сым кернеў астында деп есапланыўы
ҳəм сынаў схемасында ҳəм сыналыўшы үскене сымларының бир жерин қайта жалғаў қадаған
етиледи.
396. Сынаў үскенесиниң жоқары кернеўли тəрепинен кернеў берилген ўақыттан баслап сынаў
үскенесине кириў ҳəм ол жерден шығыў, сыналыўшы үскенеге жақынласыў ҳəм жерде турып
сынаў үскенеси корпусына жақынласып тийиў қадаған етиледи.
397. Кабеллерди сынаў ҳəм олардағы əзиз жерлерин қүйдириў менен табыў оларды жерге жалғаў
үскенеси бар қурылма тəрепинен орынланыўы зəрүр. Айырым жағдайда жерге жалғаў
үскенелери орнатылмаған кабеллерде усы жумыслар кəрхана басшысы рухсат-намасы менен
орынланыўы мүмкин.
398. Сынаў жумыслары тамам болғаннан кейин жумыс алып барыўшы сынаў үскенесинен
кернеўди нольгеше кемейтиреди, үскенени 380/220 В кернеўден үзиў ҳəм жоқары кернеў
тəрепиндеги жерге жалғағыш ҳəм «Үскенеден кернеў алынды» деген сөзлер менен бригада
ағзаларын ҳабардар етиўи керек. Тек соннан кейин сымларды қайта жал-ғаў ушын ямаса
сынаў жумысларын улыўма тамамланған тəғдирде сыналыўшы үскене-
ни сынаў үскенесинен үзип таслаў қоршаўлар алыныўы мүмкин.
399. Үлкен сыйымлы электр үскенелеринде (кабеллерде, генераторларда) сынаў жумыслары
тамам болғаннан соң қалған электр заряды алып тасланыўы зəрүр.
Do'stlaringiz bilan baham: