МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў 109 слар ўәкиллериниң қабыллаўларды мәмлекет органлары ҳәм хожалық басқарыўы
органларының лаўазымлы шахслары қатнасыўында, сондайақ, видео конференциялық
байланыслар арқалы өткериў тапсырылды.
Қабыллаўханаларға келип түскен мүрәжатлардың дизимге алыныўы,
улыўмаластырылыўы, системаластырылыўы ҳәм көрип шығылыўы үстинен
қадағалаў бойынша бирден-бир электрон хабар дизимин енгизиў ҳәм жүргизиў жолы
менен мүрәжатлар менен ислесиўде заманагөй хабар-коммуникация технологиялары-
нан кең пайдалыныўды жолға қойыў белгиленди.
Пәрман менен мәмлекет органлары, хожалық басқарыўы органларының
баслықлары ҳәм лаўазымлы шахслары, барлық дәрежедеги ҳәкимлерге физикалық
шахслардың ҳәм юридикалық шахслар ўәкиллериниң көшпели қабыллаўларын,
соның ишинде Халық қабыллаўханалары тәрепинен шөлкемлестирилетуғын
қабыллаўларын турақлы өткерип барыў, ҳәр айда Өзбекистан Республикасы Пре-
зиденти аппаратының Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары
менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў Хызметине, Халық ҳәм виртуал
қабыллаўханалардан көрип шығыў ушын жиберилген мүрәжатлар менен ислеўге
байланыслы өз есабатын усынып барыў ўазыйпасы жүкленди. Мәмлекет орган-
лары ҳәм хожалық басқарыўы органларының баслықлары ҳәм лаўазымлы шахслары
мүрәәжатлар ҳаққындағы нызамшылық талаплары ҳәм нормаларын бузғанлықлары
ушын жынайый жазаға шекемги жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин екенлиги
ҳаққында қатаң ескертилди.
Жуўмақластырып айтқанда, Пәрман физикалық ҳәм юридикалық шахслардың
мүрәжатларының нызамларда белгиленген жағдайда ис жүзинде анық орынланыўына
ҳәм “халқымыз әзелден жоқары қәдирлеп киятырған ҳәмде барлық нәрседен үстин
қоятуғын әдиллик сезимлерин турмысымызда және де кең ен жайдырыўға” имканият
жаратады.
Әдебиятлар:
1 “Еркин ҳәм абадан, демократиялық Өзбекистан мәмлекетин мәрт ҳәм уллы халқымыз
бенен бирге қурамыз”. Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекистан Республикасы Президенти
лаўазымына кирисиў салтанатлы мәресимине бағышланған Олий Мәжлис палаталарының
2016-жыл 14-декабрьдеги қоспа мәжлисиндеги шығып сөйлеген сөзи. // «Еркин
Қарақалпақстан» газетасы, №126 (19900). 18-октябрь 2016-жыл.
2 «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын
түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Өзбекистан Республи-
касы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги Пәрманы. //«Еркин Қарақалпақстан» газе-
тасы, №12 (19932). 1-январь 2017-жыл.
3 Өзбекистан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары
ҳаққында»ғы Нызамы (Нызамшылық палатасында 2014-жылы 29-октябрьде қабыл етилген,
Сенат тәрепинен 2014-жылы 13-ноябрьде мақулланған).
РЕзЮМЕ
Мазкур мақолада Ўзбекистон Республикаси Президентининг Халқ қабулхоналарини таш-
кил этиш тўғрисидаги Фармонининг аҳамияти ҳақида сўз боради.
РЕзЮМЕ
В данной статье речь идёт о значении Указа Президента Республики Узбекистан о созда-
нии «Народных приемных» в Республике.
SUMMARY
In this article speech about the values the Decree of the President of the Republic of Uzbekistan
on establishment of “National liaison” in the Republic.