аўыр ойланып
)
Арыўхан, сонда,
Сен жетим қалғансаң, солай емес пе?
Жетимнен жетилдиң, муңайма ҳеш те.
Саған аспандағы қуяш та ашық ...
А р ы ў х а н
Кӛзге мақтаў саған емес мҥнәсип ...
Жҥр тезирек. Кешиккен усаймыз бизлер.
Ким екен бизден де алдын келгенлер?
Жума шығар деймен. Жҥр-жҥр тезирек ...
Ә б д и р а м а н
Қасындағы Айман болыўы керек ...
24
Ж у м а
Әбдираман, излеп жҥриппиз сени,
Биз кеше еситтик бир әңгимени ...
Ә б д и р а м а н
Ол ырас әңгиме. Шықтым жумыстан,
Бирақ, адамлар кӛп маған туўысқан,
Бәри-бир сизлерден бӛлинбеймен ҳеш,
Артистлик ҳеш истен кем жумыс емес.
Дурыс, театр жоқ ҳәзирше бизде,
Бирақ, ол болады, исен бул сӛзге.
Алтын таң нурына тӛсеп жапырақ,
Мине, бҥртик жарар бул әжайып бағ.
Бизлермиз сол бағдың туңғыш нәллери,
Жаңа турмыс еккен жақыннан бери.
Бул бағдың гҥллери - ӛмирдиң сәни,
Бул бағдың мийўасы - сулыўлық кәни.
Бундай бағда пискен шийрин жемисти
Қарақалпақ халқы татқан емести.
Оны татқан адам кешеди палдан.
Ӛмир сулыўлығын тҥсинер алдан
Ҳәм сол мийўа ушын, келешек ушын,
Ол адам аямас бойда бар кҥшин ...
А р ы ў х а н
Бул қандай гәп ӛзи? Әбдираманды
Ким, қалай жумыстан босатқан енди?
А й м а н
25
Оркестр дҥзиўди нийетлеп буннан,
Былтыр Әбдираман ӛзи Хийўадан
Әкелген еди жаңа саз-әсбапларын,
Биз нота билмедик. Сол ушын бәрин
Жыйнап қойған едик қулыплап ҳәзирше,
Дегиш алып кеткен сол жайды кеше ...
Ә б д и р а м а н
(
күлип
)
Сӛйтип, дәрья ушын жуўапкер болмақ,
Жаман айып емес, шынында, бирақ,
Сонша суўын ишип ӛстик дәрьяның,
Кӛтермей бола ма бир ойнағанын ...
Дегиш алған болса, алыпты жайды,
Ал, мениң ӛмиримди ала алмайды.
Мейли, дегиш жәбирин маған жҥклесин,
«Мҥлкин жәмийеттиң урлады» десин,
Ӛнерге ҳеш ўақта кирли қол менен
Хызмет қылып болмас. Ондайдан пәкпен.
Ӛтти дӛҳмет ҥстем болған заманлар.
Ҳәзир халық жаратқан әдиллик заң бар,
Сол заңды тасаланып гейпара надан,
Бизди алдағысы келер қайтадан.
Жоғал алдаў, ӛсек, жеке мәп сӛзи!
Сизлерди қутқармайды большевик кӛзи.
(
Аз-кем ойланып
)
Ал, мени жумыстан қуўыўшы «ерим»
Шҥбҳәли кӛринип жҥр кӛп ўақтан бери ...
К ӛ п ш и л и к
26
Ол ким? Неге гҥман еттиң, Әбеке?
Ә б д и р а м а н
Ӛзи тапқа тҥспес тоңмойын екен.
Маған ол айтады «баласаң» дейди,
«Театр деп шаўқым саласаң » дейди,
«Жаслар оқыў ушын келген бул жерге
Алағада салып, ғалаўыт берме.
Ҳәзир ойын емес, гҥрес қызбақта,
Сизлер ойнап жҥрсиз, - дейди, - аўлақта».
«Маған гҥррес керек, понимаешь» деп,
Теңселер, мәсликтен кӛзи мӛлдиреп.
«Саған ойын менен гҥрестиң парқын
Билиў бул турысыңда қыйынды, бәлким» -
Деп едим, бақырып, сермелеп қолын,
Шыжа-пыжа болды сабап столын ...
А й м а н
Шҥбҳәңиз тек сол ма?
Ә б д и р а м а н
Шҥбҳәм ол емес.
Оны кӛрген сайын басқа бир елес
Келер кӛз алдыма. Расын айтсам,
Оны биреўлерге шырамытаман ...
Ж у м а
Кимди айтып турсаң? Кимге усаттың?
Ә б д и р а м а н
27
Анығына жетсем сол ҳакыйқаттың.
Оннан соң айтарман ...
А р ы ў х а н
Аҳ, Әбдираман ...
Шынында бул ислер жәбир ғой саған.
Ә б д и р а м а н
Оның неси жәбир? Меннен ғам жеме ...
Жупқаңды кӛзиңе жаўыпсаң және,
«Ашық жҥр» дегеним қайда мен саған?
Ж у м а
(
Do'stlaringiz bilan baham: |