Поэмалар "Қарақалпақстан"



Download 1,18 Mb.
Pdf ko'rish
bet13/28
Sana24.12.2022
Hajmi1,18 Mb.
#895841
TuriПоэма
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   28
Bog'liq
I Yusupov Tumaris hám basqa poemaları 1974 @kitapxana 2021

Жетинши тараў 
 
ЖЫЛ ҚУСЛАРЫ АҒЫЛАР ТЫНБАЙ ... 

Ийне шаншар орын жоқ еди бунда,
Турды сыймағанлар клуб аўзында,
Қызыл сәтийин жапқан столда кӛзлер,
Жаңлар тҥрли даўыс, тҥрлише сӛзлер.
Қанша тығылса да, адамлар қойдай –
Қағысып, сыйысты тар болса да жай.
Журт силтидей тынып қулақ тҥреди.
Тек те шешен даўысы ҳҥким сҥреди. 
Сӛйлер Әбдираман дәрьядай тасып,
Аўзынан сӛз емес, мисли дҥр шашып:
«Бҥгин қарақалпақ театрының,
Биз тойлап отырмыз ашылыў кҥнин.
Бурын әрман етсек, бҥгин кӛрди кӛз,
Театр! Бул қандай қҥдиретли сӛз!
Бул сӛз еле бизиң турмысымызға
Сиңисип, қан менен қарысар, сонда, -
Сонда салтанатлы гҥлгин сарайдың,
Гӛззал халық ӛнери тиклеген жайдың
Беккем тырнағына қарап ойланып,


74 
Баҳалағыш халқым жазбастан танып,
Мийримли қол менен сыйпап тырнақты,
Еске алар биз ӛткен аўыр соқпақты ...
«Таң нуры» - жаңа ӛмир жаршысы болды,
Кӛпке жәрдемлести кӛриўге жолды ...
Бул нур тҥпкирлерге шашып сәўлесин.
Қуўатлап халықтың әдил гҥресин,
Инсанды ҥйретип ийгилик ойға,
Жаңа ӛмир кӛркин сиңдирер бойға ...»
«Әбекең саў болсын, ур шапалақты»,
«Ал, мынаў ким екен жасыл қалпақлы?»
«Жазыўшы Бегимов сӛйлейди" дей ме?»
«Сӛз техникумның муғаллимине» ... 
Әне, президиумнан турды Арыўхан.
«Сахнамыздың гҥли жасасын аман»
Деген хошеметлер астында кҥлип,
Халықтың ортасында турды ол келип ... 
А р ы ў х а н 
Кҥни кеше қызлар гҥңликте жасап,
Мисли Ӛмирзая жуддызға усап,
Жанбай атырып-ақ сӛниўши едик,
Тисти-тиске қойып кӛниўши едик.
Нан орнына жедик қайғы алмасын,
Суў орнына иштик кӛзимиздиң жасын,
Ошақ басы бизиң Ўатанымыз болды,
Суўдың соқпағынан басқа ҳеш жолды
Бизлер ҳеш ўақытта биле алған жоқпыз,
Еркинше сыңғырлап кҥле алған жоқпыз.
Енди ески ӛмирдиң жулдызы батты. 
Енди ығбал таңы биз ушын атты.
Енди хызметинде мәңги турыўға,
Мен тәжим етемен, халқым, алдында ... 


75 
Соннан аржағында не ислегенин
Еске тҥсире алмас сҥйиклим мениң.
Тек оның есинде: тәжим еткени.
Бир қҥдиретли тасқын гҥрлеп кеткени;
Халықтың қақ айрылып жол бергенлери;
Айманға бир ымлап «жҥр» деген жери
Ҳәм кҥлип, ентигип, қарамай журтқа,
Айман менен бирге шыққаны сыртқа. 

Сахнада кӛринген минсиз сулыўдай,
Кӛкте жҥзип барар шала толған ай,
Жипек орамалы желбиреп сәўир,
Билмедим, шӛплерге не сыбырлап жҥр,
Гҥўлеп гә елпилдеп, тынбай желеди,
Әтираптан бәҳәр ийиси келеди.
Келеди Арыўхан, кӛзде қуўаныш,
Қайтқан ғазлар даўысы еситилер алыс.
«Ҳей, қубладан келген соналы ғазлар,
Айтың, шын ба усы мендеги ығбал?»
«Ығбалың бар» десип ғазлар ғаңқылдар. 
А р ы ў х а н
Айман, айтшы, шын ба мениң ығбалым? 
А й м а н
Сен ӛзин ығбалсаң, тҥсинсең, жаным. 
А р ы ў х а н 


76 
Анаў айға қара, қандай такаббир,
Жҥзинде сәўлеси етеди дир-дир ... 
А й м а н 
Қәне? Кӛрмей турман сеннен басқа ай .. 
А р ы ў х а н 
Шайырлығың тутып турыпты-аў, пай-пай.
Қәне, бас аяқты, жетейик тезирек,
Билсем, әкем тегин келмеўи керек,
Сагынып келдимекен қызын ырастан?
Ямаса ... жоқ, бирге кетпеспен ҳаслан.
Әне, ол ӛзи де киятыр бунда,
Байғус кҥте-кҥте шаршағанды да.
Аға, берман бурыл. Кҥттиң бе узақ?
Ҳәзир жыйналыстан шыққаным сорап ... 
Ә к е с и 
Мен исенбей турман, қызым, кӛзиме,
Сен сол Арыўханның ырас ӛзи ме,
Я әрўағымысаң? Ба ... ба ... баўырым ...
Сени «ӛлди» десип отыр аўылың,
Мә, мына газетти оқып кӛр ӛзиң,
Тҥсиндир ҳәм оның мына бир сӛзин. 
А й м а н
(
ай жақтысына тутып оқыйды

«... Сонда актер ӛзин умытыўы керек,
Соқсын геўдесинде басқа бир жҥрек,
Арыўхан ойнарда қыздың ӛлимин,


77 
Ҳәтте алмағандай ишине демин,
Шынтлап ӛлип қалды» ... 
А р ы ў х а н 
Ҳа-ҳа-ҳа, қызық. 
Ким окып берсе де айтқан ғой бузып,
Сӛйтпесе келмес едиң. Жҥр кеттик, аға,
«Тирилген» қызыңнан бир тилек саған
Маған урыспайсаң ба жаңалық айтсам? 
Ә к е с и
Урыспайман, «нәмәрт» де ўәдемнен қайтсам. 
А р ы ў х а н 
Аға, ӛз еркимше, ойласпай саған,
Турмысқа шығып қойдым ... 
(Айман селк етеди)
Ә к е с и 
Қуўанышлыман.
Бирақ, кимге шықтың? 
А р ы ў х а н 
Мына жигитке.
Аға, бул исимди сен айып етпе? 
А й м а н
(
таңланып, албырап
)


78 
Жоқ, жоқ, бизлер еле ... 
А р ы ў х а н 
... той берген жоқпыз,
Сениң келиўиңди кҥткен едик биз.
Ҥйди әкел енди кӛширип тезден,
Қартаяр гезиңде жалғыз болма сен ... 
А й м а н
(
қуўанып

Алақанымызда сақлаймыз сизди. 
Ә к е с и 
Қалайша ол жерде аўылымызды
Таслап, мен қалаға кӛшип келемен?
Кҥшим бар, тәндарман, қызым, еле мен.
Ҥйден шыққан едим қашарды сатып,
Мә, ал, тойға жумсаң енди уқшатып. 
Қоса қарығайсыз, ӛнип-ӛскейсиз,
Жаңа турмыс палын бирге ишкейсиз,
Қайда жҥрсеңиз де болғайсыз аман! 
Бирақ, бир аталық ақыл айтаман:
Жаста биз ығбалдың изин де кӛрмедик,
Бай сҥрген дәўранды бир кҥн сҥрмедик,
Енди ел жаңарды, ӛзгерди заман,
Бахыт деген нәрсе сизге емес таң.
Серпип ҥстимизден тҥнди кешеги,
Бизге дәўран берген Ленин деседи,
Аўзын ғариплердиң тийгизгеи палға,
Сизлер садық болың сол ақсақалға... 


79 

Ата, қыз ҳәм кҥйеў баратыр қатар,
Ай нурына шӛмип айдын жол жатар.
Келер кәрўанлары жыл қусларының,
Тек жалғыз мақсети бардай бәриниң:
Арыўхан гӛззалдың туўған жерине,
Таза бәҳәр келген мениң елиме,
Олар асыққандай жетиўге мудам.
«Сӛнбес ығбалың бар сениң, Арыўхан»
Деп баратырғандай олар қыйқыўлап,
Кәрўан-кәрўан болып ӛтеди зуўлап ... 
Оқыўшым, рахмет, сен кӛрме айып. 
Шаршаған шығарсаң, кел хошласайық?
Тилеп сҥйиклиме қайырлы қәдем,
Сҥйип Әбекеңниң ышқысы менен,
Мен де усы жерде қалғым келеди,
Тоқтап азырақ дем алғым келеди, -
Тынығып, және жолға тҥсиўим ушын,
Жыл қусындай узақ ушыўым ушын. 
1956 - 1958-жыллар, Нӛкис. 


80 

Download 1,18 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish