|
Пәрманы ѳзбекистан республикасын жəнеде раӯажландырыӯ бойынша хəрекетлер стратегиясы хақҚында
|
Sana | 23.02.2022 | Hajmi | 58,2 Kb. | | #140257 |
| Bog'liq 3-Tema
ѲЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ
ПӘРМАНЫ
ѲЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫН ЖƏНЕДЕ РАӮАЖЛАНДЫРЫӮ БОЙЫНША ХƏРЕКЕТЛЕР СТРАТЕГИЯСЫ ХАҚҚЫНДА
Ташкент қ.,
2017 жыл 7 февраль,
ПФ-4947-санлы
2017 — 2021 жылларда Ѳзбекистан Республикасын раӯажландырыӯдың бес бағдары бойынша Хəрекетлер стратегиясын тастыйықлаӯдағы мақсет:
- Жүргизилип атырған реформалардың натийжелилигин
жəнеде асырыӯ;
- Мəмлекет хəм жəмийеттиң хəр тəреплеме раӯажланыӯы
ушын шараят жаратыӯ;
- Мəмлекетимизди модернизация қылыӯ хəмде турмыстың барлық тараӯларын либералластырыӯ бойынша баслы бағдарларды əмелге асырыӯ.
Ҳəрекетлер стратегиясының баслы бағдарлары:
- Мəмлекетлик хəм жəмийетлик қурылыс дизимин жетилистириӯ;
II. Нызам үстинлигин тəмийинлеӯ хəм суд-хуқық дизимин
жəнеде реформаластырыӯ;
III. Экономиканы раӯажландырыӯ хəм либералластырыӯ;
IV. Социаллық саланы раӯажландырыӯ;
V. Қəӯипсизлик, миллетлер-аралық татыӯлықты хəм диний
кеңпейилликти тəмийинлеӯ.
I. Мəмлекетлик хəм жəмийетлик қурылыс дизимин жетилистириӯ бағдарындағы ӯазыйпалар: 1.1. Демократиялық реформаларды тереңлестириӯ хəм мəмлекетти модернизация қылыӯда Олий Мажлис, сиясий партиялардың ролин жəнеде күшейтириӯ; 1.2. Мəмлекетти басқарыӯ дизимин реформаластырыӯ; 1.3. Жамийетлик басқарыӯ дизимин жетилистириӯ. I. Мəмлекетлик хəм жəмийетлик қурылыс дизимин жетилистириӯ бағдарындағы ӯазыйпалар: 1.1. Демократиялық реформаларды тереңлестириӯ хəм мəмлекетти модернизация қылыӯда Олий Мажлис, сиясий партиялардың ролин жəнеде күшейтириӯ мəселесинде тийкарғы дыққат аӯдарылатуғын жумыслар: - Атқарыӯ хəкимияты үстинен парламенттың бақлаӯ ӯəкилликлерин жəнеде асырыӯ;
- Нызамлардың əмелге асырылып атырған реформаларға тəсирин күшейтириӯге қаратылған нызамшылық искерлигиниң сыпатын асырыӯ;
- сиясий дизимди раӯажландырыӯ, мəмлекет хəм жəмийет турмысында сиясий партиялар ортасында бəсеке ықлымын қəлиплестириӯ.
I. Мəмлекетлик хəм жəмийетлик қурылыс дизимин жетилистириӯ бағдарындағы ӯазыйпалар: 1.2. Мəмлекетти басқарыӯ дизимин реформаластырыӯ мəселесинде тийкарғы дыққат аӯдарылатуғын жумыслар: - мəмлекетлик басқарыӯды орайластырыӯдан шығарыӯ, мəмлекетлик хызметкерлердиң кəсиплик таярлығын, материаллық хəм социаллық тəмийинлениӯи дəрежесин асырыӯ,экономиканы тəртипке салыӯда мəмлекеттиң араласыӯын басқышпа-басқыш қысқартыӯ;
- мəмлекетти раӯажландырыӯ бойынша ӯазыйпаларды əмелге асырыӯда мəмлекет-жеке бирге ислесиӯдиң заманагѳй механизмлерин ендириӯ;
- мəмлекетлик хəкимият хəм басқарыӯ уйымларының искерлигинде ашықлықты тəмийинлеӯ, хабарландырыӯдың заманагѳй түрлерин ендириӯ;
- «Электрон ҳукимет» дизимин жетилистириӯ, мəмлекетлик хызметлердиң натийжелилиги хəм сыпатын жетилистириӯ.
I. Мəмлекетлик хəм жəмийетлик қурылыс дизимин жетилистириӯ бағдарындағы ӯазыйпалар: 1.3. Жамийетлик басқарыӯ дизимин жетилистириӯ мəселесинде тийкарғы дыққат аӯдарылатуғын жумыслар: - Халық пенен пикирлесиӯдиң натийжели механизмлерин ендириӯ;
- Жəмийетлик бақлаӯды əмелге асырыӯдың заманагѳй түрлерин раӯажландырыӯ;
- пуқаралык жəмийет институтларын раӯажландырыӯ;
- маҳəлле институты искерлигиниң натийжелилигин асырыӯ;
- журналистлардың кəсиплик искерлигин қорғаӯ.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|