Комитет по координации развития науки и технологий при кабинете министров республики узбекистан



Download 5,01 Kb.
Pdf ko'rish
bet159/176
Sana29.04.2023
Hajmi5,01 Kb.
#933389
1   ...   155   156   157   158   159   160   161   162   ...   176
Bog'liq
tezis

МАССАГЕТЛЕР ЭПОСЫ 
Хошниязов Ж. 
Ө
збекстан Республикасы Илимлер академиясы 
Қ
ара
қ
алпа
қ
стан б
ө
лимини
ң
Н.Д
ә
ў
қ
араев атында
ғ
ы Тил 
ҳә
м 
ә
дебият институты, Н
ө
кис 
қ
аласы
 
Адамзаттың турмыс тәжрийбелери тийкарында 
қәлиплесип ҳәм раўажланып баратырған ойлаў 
қәбилети асқан сайын барқулла сол қурақым өзи 
ушын ҳәр тәреплеме пайдалы шараятлар жаратып 
отырады. Әййемги заманнан кыятырған бул 
дәстүрли жолдың таўсылар жери жоқ. Оның қашан 
қалай басланғанлығыда белгисиз. Бирақ, тарийхый 
жазба яки аўызша дәреклерде сақланып қалған 
мағлыўматлар бойынша биз ушын, бизиң миллий 
сана сезимлеримизге емин еркин жайғаса алатуғын 
ўақыялар дүркинлери бирнешше мыңлаған жыллар 
даўамында турмыс орталығымызда қәлиплесип, 
ата-бабаларымыздың көркем пикирлей алыў имка-
ниятл ар ын 
бел гил еў ге 
м үм киншил икл ер 
туўғызады. Олар өз жетискенликлерин барқулла 
мақтаныш етип, қәте-кемшиликлерин үйренип
руўхый мәдет алатуғын, изги әўладларға үлги етип 
қалдыратуғын қәдириятларын ҳәрқыйлы усыллар 
менен 
әўладтан-әўладқа 
өткизип 
отырады. 
Солардың қатарында илим дүньясында массагетлер 
эпоси 
деп 
тән 
алынған 
бирқанша 
көркем 
дөретпелер 
орын 
алған. 
Буған 
«Тумарис», 
«Шырақ», «Зарина ҳәм Стриангия», «Зариадр ҳәм 
Одатида», 
қусаған 
эпикалық 
шығармаларды 
жатқарыўымыз мүмкин. Бул дөретпелер тиккелей 
массагетлер турмысы менен байланыслы болып 
бизиң эрамыздан бурынғы дәўирлердеги ата-
бабаларымыздың 
ой-пикирлерин, 
дүньяға 
көзқарасларын, 
күйиниш-cүйиниш 
сезимлерин 
сәўлелендире алады.
Массагетлердиң илимий орталықта Орта Азия 
халықларының, соның менен бир қатарда түркий 
қәўимлериниң пайда болыўында үлкен орын 
тутқанлығы мәлим. Массагетлер бирлеспеси бизиң 
эрамыздан бурынғы VII-V әсирлерде Ақша дәрья, 
Сирдәрья, Әмиўдәрья жағалаўларын бойлап макан 


172 
тутқан олар менен қоңсылас ҳәм араласқан ҳалда 
Хорезмлилер, Согдлар, Парфиянлар, Зарафшан да-
лаларында, Ферғана алапларында ҳәр қыйлы кәсип 
пенен шуғылланыўшы көшпели ҳәм отырықшы 
қәўимлер жайласқан. Олар Орта Азияның бизге 
белгили болған дәслепки турғынларының бири сы-
патында ҳәзирги жергиликли халықлардың ата-
бабалары, усы халықларды пайда еткен этник 
қатламлар есапланады. Массагетлер бирлеспеси та-
рийх сахнасына шығып басқа қоңсылас қәўимлер 
үстинен өз бийлигин жүргизген дәўирлерде олар 
ҳаққында ҳәр қыйлы мағлыўматлар аңыз әпсаналар 
сыпатында қәлиплесе баслады. Олар тийкарынан 
шарўашылық, 
дийқаншылық, 
аңшылық 
ҳәм 
балықшылық ислери менен шуғылланған. Тириши-
лик тийкары болған кәсиплик өнерге қатнас 
нәтийжесинде олардың дүньяға көзқараслары, 
ойлаў ҳәм пикирлеў имканиятлары исенимлери 
қәлиплескен 
ҳәм 
ўатан 
туйғысы, 
ўатанды 
қәстерлеў, ата мәканның қәдир-қымбатын қәдирлеў 
сезимлери баслы әҳмийетке ийе болған. Бизге ше-
кем 
жетип 
келген 
дәреклердиң 
қай-қайсыда 
көркемлик 
жақтан 
айырықша 
болып, 
жай 
баянлаўлардан әдеўир парқы барлығы көринип ту-
рады. 
Бул 
дөретиўшилик 
өнерге 
болған 
қатнаслардың дәреклериде әййемги тарийхый 
турмыслық тәсирлер менен байланыслы ҳалда ата-
бабаларымыздың дөретиўшилик қәбилетлериниң 
тер ең не н 
ба сл а на туғы нл ы ғын 
та р ийх ый 
жәмийетлик 
салмаққа 
ийе 
екенликлерин 
тастыйқлаўшы мағлыўматлар болыўы менен бирге-
ликте оны кәсиплик дәрежеге көтерген, оннан 
заўықлана алатуғын эстетикалық талғамы бай 
халық деп айтыўға толық мүмкиншиликлер бар. 
Нәтийжеде 
ата-бабаларымыз 
ески 
түркий 
халықлардың 
бири 
қатарында 
өзлериниң 
дөретиўшилик 
өнери 
менен 
де 
белгили 
болғанлығын көрсететуғын эстетикалық, этикалық, 
тәрбиялық руўхтағы халықлық шығармаларын изги 
әўладларға мийрас етип қалдырған. Анығрағы, ерте 
дәўирлердеги түркий қәўимлерин пайда еткен эт-
ник қатламлардың қурамында жүрген ўақытлардан 
ақ дөретиўшилик ислерине терең итибар берип, 
оны ҳәр тәреплеме пайдаланыў имканиятларын 
жүзеге шығарған. Адамлар образларды жаратпаған, 
ал олар арқалы ойлаўға пикирлеўге жол ашқан тик-
келей турмыслық тәсир деп баҳалаўымыз мүмкин.
Сак-массагетлер дәўиринен кыятырған естелик-
лерде тийкарынан ел қорғаў, ўатан сүйиўшилик, 
ышқы мухаббат туйғылары сөз етиледи. Улыўма 
бул тема Орта Азия халықларының эпикалық 
дөретпелери ушын муқаддес бағдар есапланып, 
дерлик барлығының аўызеки әдебиятында Тумарис, 
Шырақ, 
Зарина 
сыяқлы 
батыр 
қаҳарманлар 
ҳаққында олардың мәртликлери, адамгершилик, 
пидагерлик пазийлетлери туўралы өшпес мийрас-
лар 
сақланған. 
Булар 
илимий 
орталықта 
массагетлердиң қаҳарманлық эпосы ретинде тарий-
хый дәўирлерде болып өткен ири-ири ўақыялардың 
эпикалық баянлаўы нәтийжесиндеги ҳақыйқый 
мағлыўматлар болып есапланылады.
Массагетлер 
эпосының 
тематикасы 
ҳәм 
қаҳарманлар 
образларының 
бизиң 
миллий 
қаҳарманлық дәстанларымыздағы идеалар менен 
сәйкеслиги илимий-әмелий көзқарастан әдеўир 
қызығыўшылықлар 
туўдырады. 
Қайсы 
бир 
қаҳарманлық дәстанларымызды алып қарасақта 
ол а р ды ң 
м азм унында
жа қсылы қ 
пенен 
зулымлықтың 
араларындағы 
гүрес, 
өз 
ата-
мәканларының топырағын душпанның аяғының
астына таплаттырмай қорғаў, өзинен күшлилердиң 
зорлық-зомлықларына 
қарсы 
гүресиў, 
досқа 
ҳүрмет, душпанға ғәзеб идеалары жанғырып тура-
ды. Булар сыртқы жаўлап алыўшыларға қарсы 
гүресиў зәрүрлиги нәтийжесинде пайда болған 
уқсас сюжетлер болғаны менен типологиялық 
көзқарастанда генетикалық көзқарастанда ҳәр 
тәреплеме үйрениў талап етиледи.
Қарақалпақ 
фольклорында 
ҳаял 
қызлар 
образының сәўлелениў жағдайлары бурынлы-соң 
үйренилмеген тың мәселелердиң бири. Әсиресе, 
миллий аўызеки дөретпелеримиздиң ең салмақлы, 
ең мазмунлы ҳәм ески түрлериниң бири болған 
халық дәстанларымыздағы ҳаял қызлар образына 
тийисли көп ғана мағлыўматлар өз алдына илимий 
жумыслар 
алып 
барыўды 
талап 
ететуғын 
өзгешеликлерге бай болыўына қарамастан олар 
ҳаққында 
арнаўлы 
илимий 
изертлеўлерди
жанландыратуғын машқалалар анықлап қолға 
алынбай киятыр. Дурыс айырым белгили фольклор-
шы, тарийхшы алымларымыз тәрепинен бул 
мәселеге байланыслы гейпара пикирлер айтылып 
өтилгенлиги анық. Ҳаял қызлар образларына берил-
ген баҳалар жүдә шегараланған жағдайда исленип 
тек бир-еки дәстан қаҳарманлары әтирапында сөз 
етиледи. Ал, оларға шешиўши ҳәм улыўмалық 
дәрежедеги 
сыпатламалар 
бериў, ҳаял-қызлар 
образларының ҳәр қыйлы түрлерин анықлаў, 
олардың пайда болыў ҳәм қәлиплесиў жолларын 
анықлыў, 
образлардағы 
идеалық, 
көркемлик, 
эстетикалық бағдарларды үйрениў сыяқлы бир 
қатар 
ўазыйпалар 
өз 
шешимлерин 
күтип 

Download 5,01 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   155   156   157   158   159   160   161   162   ...   176




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish