Жақында қызық болады



Download 395,22 Kb.
Pdf ko'rish
bet14/18
Sana18.04.2022
Hajmi395,22 Kb.
#560837
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18
Bog'liq
М.Нызанов Жакында кызак болады

Ақыллы бөдене (ертек)
Тоғайлар патшасы Арыслан, бир күни алдына Айыўды шақырып алыпты.
— Усы қараған тоғайлардың бирине төрелик етесиз, — депти оған.
— Әпиў етесиз, мен төре бола алмайман, — депти Айыў.
— Неге?
— Себеплери бар.
— Айтың себеплерин!


Муратбай Нызанов - Жақында қызық болады
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 61
— Тақаллусин сорамасаңыз айтайын, — депти Айыў басын ийип. Арыслан
патшалық тахтының дөгерегинде арман-берман жүрипти де:
— Мейли, айтың — депти қәҳәр менен.
— Төре бола алмаслығымның биринши себеби, ҳаялымның пейли-ықпалы буған
сәйкес келмейди.
— Болғаны ма?
— Яқ. Екинши себеби — тоғайымыздың қәўли-қағыйдаларын ҳүрмет қыламан.
— Хош?
— Үшинши себеби — мениң үрим-путақларым көп.
— Тағы қандай себеплериңиз бар?
— Ең кейинги себебим, — ден саўлығым жақсы.
Тоғайлар патшасы Айыўға руқсат берип жиберипти де, сол заматтың өзинде барлық
ақылгөйлерин алдына шақырыпты. Ақылгөйлери узақ ойласыпты, лекин, Айыў
айтқан баҳананың мәнисин түсиндире алмапты.
— Бизиң мәсләҳәтимизден шетте қалған ким бар? — депти Арыслан қәҳәрленип.
— Тақсыр, бир қасық қанымнан кешсеңиз айтаман, — депти Түлки еки бүгилип.
— Айт!
— Гөҳиқап таўының етегинде қырық жыллық ғарры жигилдик бар. Соның түбинде
Сарышунақ деген ғарры бөдене жасайды. Бул гәптиң тақаллусин бир айтса сол айта
алады.
Арыслан көзди ашып-жумғанша Гөҳиқап таўының етегиндеги Сарышунақ бөденени
алдырыпты.


Муратбай Нызанов - Жақында қызық болады
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 62
— Айыў айтқан гәптиң тақаллусин бәлким сен түсиндирип берерсең! — депти
Арыслан.
— Әжеп болады, патшайым! — депти Бөдене тәжим етип, — Лекин, еки шәртим
бар.
— Ол қандай шәрт?
— Мен бул гәптиң тақаллусин тәнҳә өзиңизге айтаман. Екинши шәртим набада
мениң гәпим кеўлиңизге мәлел келтирсе, бир қасық қанымнан кешиң.
Арыслан оған сөз берипти.
— Айыў төрениң — ҳаялымның пейли-ықпалы сәйкес келмейди, — дегени,
«ҳаялымның, қолы таза, ол ҳеш кимнен ҳеш нәрсе алмайды. Ол ҳеш нәрсе алмаса,
мен сизге беретуғынымды қаяқтан таўаман?» дегени.
— Хош, екинши себебиниң тақаллуси не?
— Тоғайымыздың қәўли-қағыйдаларын ҳүрмет қыламан, — дегени төрелер бар
жерде қәўли-қағыйда бузылмай турмайды, мени ол жолға ийтермең дегени болады
тақсыр!
— Үшиншисин айт.
— Мениң үрим-путақларым көп, депти Айыў. Бул демеклик — қашан болмасын бир
күн мен сизге жақпай қалыўым турған гәп. Сонда мен себепли барлық
үрим-путақларым жазықсыздан жәбир шегеди, дегени болады.
— Төртиншиси?
— Айыў төрениң «ден саўлығым жақсы» дегени, ҳәзир ол ҳеш нәрседен алағадасыз
жасап атыр. Бийик мансапқа көтерилгеннен кейин ҳәмме оған ҳүрмет етеди, лекин,
ертең түскен ўақтында алдындағы табағына қоян дәрет сындырып кетиўи мүмкин.
Сол хорлыққа шыдай алмай, қәстеге гириптар боларман, дегени екен.


Муратбай Нызанов - Жақында қызық болады
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 63
— Бәрекелла, бөденежан, — депти Арыслан рийза болып. — Туўры айттың,
кишкене болсаң да мәрт екенсең, лекин енди өзиңниң қойған шәртиңниң мәнисин
айт, не ушын буның тақаллусин тәнҳә өзиңе айтаман дедиң? Мениң менен
жекпе-жек қалыўға қорықпадың ба?
Бөдене албырамастан жуўап берипти.
— Буның тақаллусин тәнҳә өзиңизге айтаман деўимниң мәниси — сиз Айыў айтқан
ҳақыйқаттың бәрин мойынладыңыз, буны ҳәмме көргенде абырайыңыз түсер еди.
Екиншиден, сиз бенен жекпе-жек қалыўға қорықпаўымның мәниси — Арыслан
Бөденени жеп қойыпты деген ат, сизге мүнәсип болмайтуғынын түсинер деп
исендим. Арыслан Бөдене айтқан төреликке жүдә рийза болыпты, ҳәм оны бир күн
мийман етип, кейин өз уясына апарып таслатыпты.
7. 01. 1994-жыл

Download 395,22 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish