ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА
АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ
ӘЖИНИЯЗ АТЫНДАҒЫ НӨКИС МӘМЛЕКЕТЛИК
ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ИНСТИТУТЫ
ФИЗИКА-МАТЕМАТИКА ФАКУЛЬТЕТИ
ФИЗИКА ОҚЫТЫЎ МЕТОДИКАСЫ
4-б курс студенти Байекеева Аминаныӊ
Физика ҳәм астрономияны оқытыўды жойбарластырыў пәнинен
КУРС ЖУМЫСЫ
Тема: Жақтылықтыӊ толқынлық ҳәм корпускулалық қәсийетлери
темасын оқытыўды жойбарластырыў
Илимий басшысы: А. Утениязова
Таярлаған: A. Байекеева
Нөкис-2020 жыл
ТЕМА: ЖАҚТЫЛЫҚТЫӉ ТОЛҚЫНЛЫҚ ҲӘМ КОРПУСКУЛАЛЫҚ
ҚӘСИЙЕТЛЕРИ ТЕМАСЫН ОҚЫТЫЎДЫ ЖОЙБАРЛАСТЫРЫЎ
МАЗМУНЫ
I.
КИРИСИЎ
II. ТЕОРИЯЛЫҚ БӨЛИМ
2.1. Оптика ҳаққында түсиник
2.2. Жақтылықтыӊ корпускуляр толқын ҳәм электромагнит
тәбияты
2.3. Жақтылықтыӊ тезлиги
III. МЕТОДИКАЛЫҚ БӨЛИМ
3.1. Сабақтыӊ технологиялық картасыı. Теманы үйрениў
басқышлары
3.2. Жойбарлаўда қолланылатуғы методлар
IV. ЖУЎМАҚЛАЎ
V. ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР
I.
КИРИСИЎ
Кадрлар таярлаўдың Миллий программасында улыўма билим бериўдиң
тоғыз жыллық улыўма билим (орта мектеплер) ҳәм үш жыллық орта арнаўлы
ҳәм профессионаллық билим (академиялық лицей ҳәм кәсип өнер
колледжлери) ғәрезсиз басқышлар сыпатында белгиленген. Улыўма билим
бериўши орта мектеплердиң 9-классын табыслы питкерген жаслар
Академиялық лицейлерде илим тараўлары (физика-математикалық, химия-
биология ҳәм гуманитарлық) бойынша терең билим алыўына мүмкиншилик
жаратылды.
Академиялық лицей ҳәм колледжлерде 1999-2000 оқыў жылынан баслап
жаңа оқыў стандартлары енгизилди ҳәм оқыў материаллары ҳәм
бағдарламалары экспертлик сынақтан өтти. Усы сынақлар нәтийжесинде
академиялық лицейлер ушын оқыў материаллары структурасы ҳәм
бағдарламалары қабылланды ҳәм ҳәрекет етпекте. Бул оқыў материалларында
шәртли ҳәм қосымша дүзиўшилери анықланды.
Тәбийий пәнлер бағдарламалары ҳәм оларды дүзиў бойынша
методикалық көрсетпелерде билим бериўдиң базалық, тереңлестирилген ҳәм
кеңейтилген вариантлары нәзерде тутылған. Усы вариантларға сәйкес
пәнлерге саат көлемлери белгиленген. Физика пәни ушын ҳәзирге шекемги
жаратылған оқыўлықлар тийкарынан академиялық лицейлердиң физика –
математикалық топарлары ушын арналған болып, оларда келтирилген
материаллар тийкарынан физикалық қубылысларды тәриплеўши түсиниклер
ҳәм нызамларды тереңлестириўге бағдарланған. Академиялық лицейлердиң
гуманитар бағдарлары ҳәм химия-биология топарлары оқытыўшылары
алдына қойылған мақсетлерге ерисиў ушын жеткиликли болған
мағлыўматларды таңлаўда үлкен қыйыншылықларға ушырамақта.
Улыўма орта билим мазмунын мәжбүрий ҳәм қосымша дүзиўшилер
қурайды. Академиялық лицейлерде гуманитарлық ҳәм физика-математикалық
топарларда оқытылатуғын толық физика курсы мазмуны бир биринен көп
парықланады. оқытылады. Физиканы терең үйрениўде қолланылыўшы
традициялық ҳәм кейинги жылларда пайда болған алтернатив сабақлықларды
анализлей отырып, олардың мазмуны ҳәм дүзилиси ҳаққында төмендегилерди
айтыўға болады:
1) Гуманитарлық ҳәм физика-математикалық топарлар ушын физиканы
терең үйрениўге бағдарланған оқыўлықлар мазмуны ҳәм дүзилиси өзгеше
болыўы керек. Физика-математикалық топарлардағы физиканы терең үйрениў
физикалық қубылыслардың математикалық интерпретациясы басым болса,
технологиялық профиллерде технологиялық процесслер ҳәзирги заман көз
қарасында талқыланыўы керек.
2) Физика-математикалық топарлар физикасы мазмунының теориялық
тийкарларын күшейтиў физикалық билимлер дүзилиси методологиясы
мәселелери менен байытылыўы керек. Бул физикалық қубылыс ҳәм
процесслердиң математикалық интерпретациясының жыйнақлылығын,
түсиниклилигин тәмийинлейди, дүньяға илимий көз қарасты қәлиплестиреди.
Бул курс жумысында жоқарыда айтылған бир қатар мәселелер көрип
өтилди. Соныӊ ишинде педагогикалық технологиялар жәрдеминде
жақтылықтыӊ дуализм теориясына ҳаққында кеӊ түсиник берип өтилди.
Do'stlaringiz bilan baham: |