Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қарақалпақ МӘмлекетлик университети


Боян егилген майданларды төгинлеў ҳәм



Download 3,31 Mb.
Pdf ko'rish
bet14/18
Sana31.03.2022
Hajmi3,31 Mb.
#522187
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18
Bog'liq
БОЯН ӨСИМЛИГИН ЕГИП КӨБЕЙТИЎ ҲӘМ ЖЕТИСТИРИЎ АГРОТЕХНОЛОГИЯСЫ

Боян егилген майданларды төгинлеў ҳәм 
суўғарыўдың тамыр зүрәәтлилигине тәсири
Тәжирийбе
вариантлары
Ығал ҳалда, 
т/га
Қурғақлай, 
т/га
Төгин берилмеген ҳәм суўғарылмаған майдан 
(контроль)
5,7
2,3
Төгин берилген ҳәм суўғарылған майдан
8,7
3,5
Бунда егисликке төгин ҳәм суў берилгенде тамыр зүрәәтлилиги 1,5 
есеге артатуғынлығы мәлим болды.
Өсимликтиң вегетациясы тамамланыўдан 2-3 ҳәпте алдын оның жер 
үстки бөлими орып жыйнап алынады ҳәм шарўа маллары ушын от-жем
сыпатында пайдаланылады. 


– 21 –
V. ТАМЫРЫ ЖЫЙНАП АЛЫНҒАН МАЙДАНЛАРДА 
ЖАҢАДАН БОЯНЗАРЛЫҚЛАРДЫ ПАЙДА ЕТИЎ УСЫЛЫ
Боянзарлықлардан боян тамырын жыйнап алыўда «өнимди жыйнап 
алыў» технологияларына үлкен итибар қаратыў керек. Мағлыўматларға 
тийкарланғанда, атызлардан боян тамырын жыйнап алыў процесинде 
тамырдың 20-25% бөлеги сүрип айдалған топырақ қатламында қалып 
кетеди [9,10,11]. Бул тамырлардан сол жылдың өзинде-ақ жаңадан 
өсимликлер көгерип шығады. Тамыры жыйнап алынғаннан кейин 1-3 
күн ишинде атыз майдан топырағына ислеў (текислеў, тырма-мала 
басыў) берилгенде, топырақ қатламында қалып қойған тамырлардан 
жаңадан өсимликлердиң өсип шығыўы ислеў берилмеген атызларға 
салыстырғанда анағурлым жоқары болатуғынлығы тәжирийбеде 
анықланды. Мысалы: «Қарақалпақбоян» ААЖ 5-участкасында алып 
барылған тәжирийбелерде ислеў берилген майданларда (рекультивация 
қылынған) ҳәр бир гектарда 30-37 мың дана өсимлик көгерип шыққан 
болса, ислеў берилмеген майданларда (рекультивация қылынбаған) 
барлығы болып 17 мың дана өсимлик көгерип шыққан. Тамыры жыйнап 
алынған майданларда топыраққа ислеў бериў усылын қолланғанда 
топырақ тегисленеди, тығызланады ҳәм топырақ ығаллығы сақланады. Бул 
жағдайлар жаңадан өсимликлердиң өнип шығыўы ҳәм раўажланыўына
қолайлықлар туўдырады. Ислеў берилген майданларға сол жылдың 
өзинде минерал төгинлер бериў ҳәм мәўсимде 600-700 м
3
/га нормада 
вегетациялық суўғарыў алып барыў керек болады. Тамыры жыйнап 
алынған ҳәм ислеў берилген майданлар суўғарылғанда өсимликтиң тез 
өсип раўажланатуғынлығы анықланды. Мысалы: суўғарылған атызларда 
өсимликтиң бийиклиги 97-102 см, қаптал шақалар саны 11-12 дана, ал 
суўғарылмаған атызларға тийислисинде 37-53 см ҳәм 3-4 дана болған.
Жуўмақлап айтқанда, тамыр шийки заты жыйнап алынған майданларға 
ислеў бериў (рекультивация) боян жетистириў технологиясындағы 
тийкарғы усыллардың бири болып есапланады.



Download 3,31 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish