Ибрайым юсупов


ПАЙҒАМБАР ЖАСЫНДАҒЫ АДАМҒА



Download 0,77 Mb.
Pdf ko'rish
bet6/34
Sana24.03.2022
Hajmi0,77 Mb.
#507838
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   34
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)

 
ПАЙҒАМБАР ЖАСЫНДАҒЫ АДАМҒА 
Сен енди пайғамбар жасына келдиң,
Бурынғыдай бийпул дәўраның болмас.
Катқудалық истиң басына келдиң,
Жаслардың қылығын қылғаның болмас. 
Жас минер, күш қайтар, толысар ақыл,
Атызлар жалаңаш, жыйналар дақыл.
Көрер көзге ерси және намақул
Ислердиң басына барғаның болмас. 
Ҳаўлықпай ҳаўалап ушар аласар,
Сабырлы қус деп журт оған қарасар.
Парасат белбеўи саған жарасар,
Шурт минезлик әйлеп, сынғаның болмас. 
Әўел расулилла алайҳиссалам
Ҳақтың бирлигине келтирди ийман.
Туўрылықты сүйер ҳақыйқат мудам,
Ҳийле менен жолды бурғаның болмас. 


17
Биреўлер - атеист, биреўлер - диндар,
Бул сөзден бираздың қулағы шыңлар
Пайғамбар жасына шықпаған ким бар?
Кеўилге менменлик алғаның болмас. 
Ҳийле менен сумлық екеўи егиз, 
Төртти төртке қоссаң шығармас сегиз,
Ҳаслына тартады түбинде негиз,
Негизи жоқ гәпти айтқаның болмас. 
Жақсылық гүлханын жаға билмесең,
Дурыслықтың жолын таба билмесең,
Такаббырлық туўын жыға билмесең,
«Ҳақпан» деп, айбарақ урғаның болмас. 
Не ис өтсе өтти жаслық шағыңда,
Нәпсиңди тый сен ендиги жағында.
Бул муқаддес жасқа келген ўағыңда,
Елеўиреп терис қайтқаның болмас. 
Өткен ислериңе тәўбе қылмасаң,
Гүзарыңды туўры жолға салмасаң,
Ҳүждан мүлкин ҳәзир қайта қурмасаң,
Ақыретте қайта қурғаның болмас. 
Июль, 1991-жыл. 
 
 
 
 
 
О
Ң
БА
Ғ
ЫРЛАР САТТЫЛАР СЕНИ 
(Аралға) 
Өлген нәрестениң бас ушында 


18
Өксип - өңсип жылайды ана. 
Сыртта, ашық айна тусында 
Бозлар бир ботасыз әрўана. 
Дәрти менен усы екеўиниң 
Көкте қуяш өртенип атқандай, 
Бир азалы жоқлаўдың үни 
Бар әлемди муңға тартқандай. 
Арал, Арал! Сен кешир бизди. 
Сорымызды сорлатқан елмиз. 
Ырыс қазаны - теңизимизди 
Қупә - күндиз урлатқан елмиз. 
Hесибесин ҳақтан тилеген, 
Мийнет шынықтырған билегин, 
Ақ көкирек еден елсең деп, 
Берген еди ығбалымызға, 
«Бир қазанның бир қулағына 
Ийелик ет, ол - несибең» деп. 
Ете алмадық саған ийелик, 
Ат табанлап, арба шүйелеп, 
Аўдарылды ырыс керсени. 
Жаманлықтан жийиркенбеген, 
Киси ығбалына үйренбеген 
Оңбағырлар, саттылар сени. 
«Тәбияттан күтпеңлер мийрим, 
Тәбияттан тартып ал!» деди, 
Сөзи жалған, ўәдеси шийрин, 
Олар партбилетли хан еди. 
«Мол ақ алтын ушын!» деп турып, 
Шарап кәсаларын қағысты. 
Дәрья суўын шөллерге бурып, 
Теңиз таслап кетти жағысты. 
Өзли - өзи аўыз жаласып, 


19
Сатып ҳүждан деген нәрсени, 
Қорлап өзиниң тәбият - анасын, 
Оңбағырлар, саттылар сени. 
Арал. Арал! Ол наймытларға 
Өкпе - гийне, тағне етпе сен. 
Кемиси ҳәзир соқлығып жарға, 
Бетлери жоқ саған бетлесер. 
Сен түўе сен, олар өзлерин, 
Өз ийманын, - өз исенимин, 
Басына күн туўған гезлери, 
Демде сатып кеттилер бүгин... 
Арал. Арал! Билесең бе сен, 
Ҳәзир сондай абырайың күшли. 
Ҳәмме халықтың тилиндесең сен, 
Аты - ҳаўазың әлемге түсти. 
Сениң дағдарысың даңқ әперип, 
Талайларға дәўран сүргизди. 
Үлкен лаўазымға көтерип, 
Бийик минберлерге миңгизди. 
Ант суў ишти олар сайланарда, 
«Биз Аралға суў беремиз» деп. 
«Алыс Сибирьдеги дәрьялардан 
Суўды айдап әкелемиз» деп, 
Минберлерден тотыдай сайрап, 
Сен тиймеслер сынға илинди. 
Бүгинлиги бәри тал шайнап, 
Кимлер екенлиги билинди. 
Ертең және болар сайлаўлар, 
«Аралым» деп aжылаған гезлерде, 
Және ўәде, және алдаўлар 
Даўыс бергизди бизлерге... 
Ат - абырай алғаннан кейин, 
Буўсанып өз мәртебесине, 


20
Басы тасқа тийгенге дейин, 
Олар сени алмас есине. 
Қәделери сиңгендей қумға, 
Қорлап инсап деген нәрсени, 
Инсапсызлық аукционында 
«Ким зыятқа» саттылар сени. 
Жылаған менен келмес орнына, 
Қуўдай сыңсып жылама, ана! 
Бозлай берме өйтип оншама, 
Ҳәй ботасы өлген әрўана! 
«Көз ийели» деген бабалар, 
Теңиздиң де ийеси бар - ды. 
Келер еле сондай заманлар: 
Суўы қашқан жағалықларды 
Қайта жуўып мәрўерт толқынлар, 
Шағалалар шарқ урар еле. 
Шегинисип сонда шөл - қумлар, 
Шалқар теңиз жарқырар еле. 
Арал, Арал! Сениң жағаңа 
Тастан орнатып бир бағана, 
Жаңа әўладлар жыйналып сонда, 
Жазып қояр мына нәрсени: 
«Жигирмаланшы әсир аяғында 
Оңбағырлар, саттылар сени...» 
 

Download 0,77 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   34




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish