V бап. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР
V бапқа физикалық ҳəм юридикалық шахслардың
мүрəжатлары тараўындағы тартысларды шешиў, мүрəжат
етиўшиниң арзасы ямаса шағымы қанаатландырылған
жағдайларда материаллық зыянды қаплаў ҳəм мəнаўий зыян-
ды компенсациялаў тəртибин (26, 26-статьялар), сондай-ақ,
мүрəжатлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын
жуўапкерликти белгилеп бериўши статьялар киргизилген.
25-статья. Тартысларды шешиў
Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары
тараўындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгилен-
ген тəртипте шешиледи.
1.
Физикалық
ҳəм
юридикалық
шахслардың
мəмлекетлик органларға мүрəжатлары тараўындағы тар-
тысларды шешиўдиң нызамшылық тийкарлары.
Түсиник берилип атырған статья силтеме характерде бо-
лып, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мəмлекетлик
органларға мүрəжатлары тараўындағы тартысларды шешиўге
бағышланған. Усы статьяға муўапық, бул тартыслар нызам
ҳүжжетлеринде белгиленген тəртипте шешиледи.
Өзбекистан Республикасы Конституциясының 44-статья-
сына муўапық, ҳəр бир шахстың өз ҳуқық ҳəм еркинликлерин
суд арқалы қорғаў, мəмлекетлик органлар, лаўазымлы шах-
слар, жəмийетлик бирлеспелердиң нызамға қайшы келетуғын
ис-ҳəрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик
бериледи.
1
1
Өзбекистан Республикасы Конституциясы.- Т.: Узбекистан, 2014. – 16-б.
130
Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжат етиў
ҳуқықын əмелге асырыўды тəминлеўши нызамлар арасында,
биринши нəўбетте, кодификацияланған норматив ҳүжжетлер
ажыратылады: Жынаят-процессуал кодекси, Пуқаралық-
процессуал кодекс, Хожалық-процессуал кодекс, сондай-ақ,
Ҳəкимшилик жуўапкерлик ҳаққындағы кодекс. Бул норма-
тив ҳүжжетлер физикалық ҳəм юридикалық шахслардың суд
арқалы қорғаўды сорап мүрəжат етиў ҳуқықын тəртипке сала-
ды, сондай-ақ, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың арза
ҳəм шағымларын көрип шығыў формасын белгилеп береди.
Пуқаралық-процессуал кодекстиң 1-статьясы екинши
бөлимине муўапық, ҳəр қандай мəпдар шахс бузылған яки тар-
тысып атырған ҳуқықы ямаса нызам менен қорғалатуғын мəпин
қорғаў ушын нызамда белгиленген тəртипте судқа мүрəжат
етиўге ҳақылы, буның үстине, судқа мүрəжат етиў ҳуқықынан
ўаз кешиў ҳақыйқый емес.
1
Пуқаралық суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы нызам
ҳүжжетлери, басқа ислер менен бир қатарда, органлар ҳəм
лаўазымлы шахслардың ис-ҳəрекетлери (қарарлары) үстинен
берилген шағымлар бойынша ислерди көрип шығыў тəртибин
де белгилейди.
Пуқаралық
суд
ислерин
жүргизиў
ўазыйпалары
пуқаралардың жеке, сиясий, экономикалық ҳəм социаллық
ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм мəплерин, сондай-ақ,
кəрханалар, мəкемелер, шөлкемлер, жəмийетлик бирлеспе-
лер менен пуқаралардың өзин өзи басқарыў органларының
ҳуқықларын ҳəм нызам менен қорғалатуғын мəплерин қорғаў
мақсетинде пуқаралық ислерди дурыс, өз ўақтында көрип
шығыў ҳəм шешиўден ибарат.
ПКниң 10-статьясына муўапық, пуқаралық ҳуқықлары про-
цессуал нызамлар яки шəртнамада белгилеп қойылғанындай,
1
Өзбекистан Республикасының Пуқаралық-процессуал кодекси. – Т.: Адолат, 2012
– 187-б.
131
ислер қайсы иске тийисли болыўына қарап, суд, хожалық суды
яки ҳакамлық суды тəрепинен қорғалады.
Пуқаралық ҳуқықларды ҳəкимшилик тəртипте қорғаў тек
нызамда нəзерде тутылған жағдайларда ғана əмелге асырыла-
ды. Ҳəкимшилик тəртипте қабыл етилген қарар үстинен судқа
шағым етилиўи мүмкин.
Пуқаралардың прокуратура органларына мүрəжат етиў
тəртиби «Прокуратура ҳаққында»ғы Нызам
1
менен белгилене-
ди. Усы Нызамның 7-статьясына муўапық, прокуратура орган-
лары пуқаралардың арза ҳəм шағымларын жəне юридикалық
шахслардың мүрəжатларын көрип шығады, олардың бузылған
ҳуқықларын тиклеў ҳəм нызамлы мəплерин қорғаў илажларын
көреди.
Прокурор пуқараларды ҳəм юридикалық шахслардың
ўəкиллерин жеке өзи қабыллайды.
Прокурор өзине түскен усыныс, арза ҳəм шағымларды
тексериў ўазыйпасын зəрүр жағдайларда тийисли мəмлекетлик
басқарыў, қадағалаў ҳəм тексериў органларына, кəрхана ҳəм
шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына тапсырыў ҳəм олардан
тексериўге тийисли барлық материаллар менен бирге тексериў
нəтийжелери бойынша жазба мəлимлеме бериўин талап етиў
ҳуқықына ийе.
Пуқаралардың арза ҳəм шағымларын жəне юридикалық
шахслардың мүрəжатларын көрип шығыў нəтийжелери бой-
ынша прокурор қарар қабыл етеди, бул қарар үстинен жоқары
турыўшы прокурорға шағым етилиўи мүмкин.
Пуқараның арзасы, шағымы яки юридикалық шахстың
мүрəжаты бойынша қарар қабыл етилгеннен кейин прокурату-
ра органларында олар бойынша ис жүргизиў тоқтатылады.
1
«Прокуратура ҳаққында»ғы Нызам. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң
Ведомостлары, 2001 г. № 9-10, 168-ст.
132
Do'stlaringiz bilan baham: |