100-статья.
Халық депутатлары Кеңеслериниң ўәкилликлери қатарына
төмендегилер киреди:
аймақты раўажландырыўдың узақ келешекке мөлшерленген бағдарламаларын,
16
район, қаланың бас жобасын ҳәм оны қурыў қағыйдаларын ҳәкимниң усынысы
менен тастыйықлаў;
тийисли жергиликли бюджетлерди ҳәкимлердиң усынысы менен көрип шығыў
ҳәм қабыллаў, бул бюджетлердиң орынланыўы ҳаққындағы есабатларды
тастыйықлаў;
жергиликли салықлар ставкаларын ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди
нызамшылықта белгиленген муғдарлар шеңберинде белгилеў;
бюджеттен тысқары фондларды қәлиплестириў;
ҳәкимди ҳәм оның орынбасарларын лаўазымға тастыйықлаў, олардың жумысы
ҳаққындағы есабатларды тыңлаў;
нызамшылықта белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте халық депутатларының
ўәкилликлерин тән алыў ҳәм де мүддетинен алдын тоқтатыў, оларды
жуўапкершиликке тартыў ушын келисим бериў;
нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәкимниң шешимлерин тастыйықлаў;
тийисли прокурорлардың, ишки ислер уйымлары басшыларының, әдиллик
уйымларының ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымлары басқа бөлимлериниң
есабатларын тыңлаў;
ҳәкимниң ҳәм төмен турыўшы халық депутатлары Кеңесиниң Өзбекстан
Республикасы нызамшылығына муўапық болмаған шешимлерин бийкарлаў;
нызамда нәзерде тутылған басқа ўәкилликлерди әмелге асырыў.
101-статья.
Ўәлаятлар, районлар, қалалар ҳәкимлериниң ўәкилликлери қатарына
төмендегилер киреди:
нызамларды ҳәм де Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының
қарарларын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң, Министрлер Кабинетиниң
пәрманларын, қарарларын ҳәм бийликлерин, жоқары турыўшы уйымлардың ҳәм де
тийисли халық депутатлары Кеңесиниң шешимлерин орынлаў;
денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, жәмийетлик транспорт системаларының
нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў;
аймақларды экономикалық, социаллық ҳәм мәдений жақтан раўажландырыўды
тәмийинлеўге қаратылған илажларды әмелге асырыў;
пуқаралардың экономикалық, социаллық ҳәм басқа ҳуқықлары ҳәм де нызамлы
мәплерин қорғаўға, олардың қәўипсизлигин ҳәм жәмийетлик тәртипти
тәмийинлеўге тийисли илажларды әмелге асырыў;
муниципал мүлкти ҳәм жергиликли коммунал хожалығын басқарыў;
қоршап турған тәбийий орталықтың қорғалыўын тәмийинлеў;
пуқаралардың бос ўақтын шөлкемлестириў ҳәм мәденият тараўындағы
хызметлерден пайдаланыўын тәмийинлеў ушын шараятлар жаратыў;
жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм орынлаў;
халық депутатлары Кеңеслерине ўәлаятты, районды, қаланы экономикалық ҳәм
социаллық тәрептен раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын, ўәлаят ҳәм
Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң, район ҳәм қала бюджетиниң тийисли
жойбарларын, сондай-ақ, олардың орынланыўы ҳаққындағы есабатларды усыныў;
нызамда белгиленген жағдайларда, төменги турыўшы ҳәкимлердиң шешимлерин
бийкарлаў ҳәм халық депутатлары Кеңесине төменги турыўшы халық депутатлары
Кеңеслериниң ҳүжжетлерин бийкарлаў ҳаққында усыныс киргизиў;
17
республикада ҳәм шет елде ўәлаят, район ҳәм де қаланың рәсмий ўәкили ретинде
ис жүргизиў;
нызамда нәзерде тутылған басқа ўәкилликлерди әмелге асырыў»;
45)
Do'stlaringiz bilan baham: |