Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қарақалпақ МӘмлекетлик университети



Download 3,31 Mb.
Pdf ko'rish
bet8/18
Sana31.03.2022
Hajmi3,31 Mb.
#522187
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   18
Bog'liq
БОЯН ӨСИМЛИГИН ЕГИП КӨБЕЙТИЎ ҲӘМ ЖЕТИСТИРИЎ АГРОТЕХНОЛОГИЯСЫ

– 12 –
2.2. Аймақтың топырағы
Республиканың суўғарып егилетуғын жерлери тийкарынан, отлақлы, 
отлақлы-тақыр, отлақлы-шөл, отлақлы-аллювиаль топырақ типлеринен 
ибарат.
Соңғы жыллары аймақтың экологиясында жүз берип атырған унамсыз 
жағдайлардың тәсиринде егислик майданлардың өнимдарлығы пәсейип 
бармақта. Көплеген егислик майданлардың топырағының қурамында 
гумустиң муғдары кем (0,41-0,80%) көрсеткишлерде болып қалмақта.
Соңғы жыллары аймақтың суўғарылып егилетуғын топырақларының 
шорланыў дәрежеси кемейип бармақта (1-сүўрет). 
1­сүўрет. Қарақалпақстан Республикасында суўғарып 
егилетуғын жер майданларының шорланыў дәрежеси
Мысалы: 2018-жылы шорланбаған топырақлар көлеми 2005-жылға 
салыстырғанда 36,2 мың/га ға артқан, ал күшли ҳәм оғада күшли 
шорланған топырақлар көлеми 34,6 мың/га ға кемейген.
Аймақтың суўғарылып егилетуғын жерлери шорланыў характери 
бойынша хлорид сульфатлы ҳәм сульфат-хлоридли типте болады.
2.3. Аймақтың өсимликлери
Әмиўдәрьяның төменги аймақларында тарқалған өсимликлердиң 
флоралық қурамы, қапламы ҳәм биоэкологиясы бойынша мағлыўматлар 
бир қатар илимий изертлеўлерде келтирилген [9,12,17,35]. Бул 
илимий жумысларда тәбийий өсимликлердиң тарқалыўы ҳәм өсип 
раўажланыўының нызамлылықлары, жасаў формалары фитоценозлардың 
структурасы ҳәм өнимдарлығы бойынша дереклер көрсетилген. 
Аймақта өсетуғын өсимликлер қапламы ағаш, пута, ярым пута ҳәм шөп 
формасындағы өсимликлерден ибарат.


– 13 –
III. БОЯН ӨСИМЛИГИНИҢ 
БИОЭКОЛОГИЯСЫ ҲӘМ МОРФОЛОГИЯСЫ
3.1. Боян өсимлигиниң тарқалыўы ҳәм биоэкологиясы
Илимий мағлыўматларда жабайы түринде боян өсимлиги Франция, 
Италия, Қубла-шығыс Европа (Украина ҳәм Молдавия киреди), Арқа 
Африка, Қубла Европа бөлими, Батыс Сибирь ҳәм Шығыс Кавказ 
аймақларында тарқалғанлығы көрсетилген [33].
Бул өсимлик шор топырақлы шөллерде, қырларда, салма, канал ҳәм 
дәрья бойларында, тоғайларда, жабайы от сыпатында егинзарларда өседи. 
Тийкарынан Орта Азияның шөл, қыр ҳәм таў зоналарында, Қазақстан, 
Арқа Кавказ, Кавказ арты Республикаларында, Россияның Түслик
районларында, Урал дәрьясы жағаларында ушырасады. [33].
Өзбекстанда болса, тийкарынан, Әмиўдәрья, Сырдәрья ҳәм Зарафшан 
дәрьяларының жағалары ҳәм тоғайларда өсип, тәбийий боянзарлықларды 
пайда етеди. 
Әмиўдәрьяның орта ҳәм төменги бөлими аймақларында боян өсим-
лигиниң экологиясы, морфологиясы ҳәм биологиясының өзгешеликлери 
айырым илимий изертлеўлерде үйренилген [7,9,10,13,17].
Өткен әсирдиң 40-жж.. ақыры 50-жж.. биринши ярымында 
Әмиўдәрьяның ортаңғы бөлиминен баслап, Қарақалпақстанның Қоңырат 
районына шекемги аралығында, дәрьяның еки бойында геоботаникалық 
изертлеўлер алып барылған, бунда боян өсимлигиниң биологиясына ҳәм 
тамыр қорларын анықлаўға итибар берилген [9,17]. 
А.Бахиев (1976) тәрепинен Әмиўдәрьяның төменги бөлиминде боян 
өсимлигиниң биоморфологиясы ҳәм оның тарқалған тийкарғы тәбийий 
массивлери ҳәм тамыр запасын анықлаў бойынша илимий изертлеў 
жумыслары алып барылған. Ол, өзиниң изертлеўлеринде бул аймақларда 
боянның тоғай, ағаш ҳәм пута өсимликлери менен бирге өсимликлер 
қапламы болып өсетуғынлығын, ағаш ҳәм путалар болмаған шөпли 
тоғайлықларда тийкарғы эдификатор болатуғынлығын көрсетеди. [9].
Боян өсимлиги канал, жап-салма бойларында, дақыллар егилген 
майданлардың шетлериндеги, дамбыларда ҳәм жайылым суўалма 
орынларда жақсы өсип раўажланады (2, 3-сүўретлер).


– 14 –
2­сүўрет. Канал жағалаўындағы боянзарлықлар.
3­сүўрет. Пахта атызы шетлериндеги дамбыларда боянзарлықлар.
Ол топырақ шорланыўына шыдамлы, жер асты изей суўлары 1-1,5 
метр болған, онша шорланбаған орынларда өседи. 
Өсимликтиң оқ ҳәм қаптал тамырлары топырақтың терең қатлам-
ларына шекем өсип, изей суўлардан пайдалана алады, сонлықтан ол 
типик фреатофитлер («phreatos» грек тилинде «қудық, бассейн», тамыр 
системасы терең жайласқан, жер асты суўынан пайдаланыўшы өсимлик) 
болып есапланады. 
А.Бахиевтың изертлеўлеринде аймақта боян формациялары 30 өсим-
ликлер ассоциацияларын қурайтуғынлығы, формация қурамында 
ѳсимликтиң 99 түри болып, олар 68 туўыс ҳәм 27 туқымласқа бирик-
тирилгенлиги көрсетилген. Улыўма 19 тийкарғы боянлық массив болып, 


– 15 –
олар 17,991 гектар майданды ийелеген [9]. С.Д.Даўлетмуратов изертлеў-
леринде өткен әсирдиң 70-80-жыллары аймақта 17 боянлық массив болып, 
олардың улыўма майданы 2,885 гектар деп белгиленген [17]. 

Download 3,31 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish